СИЗ СОРАҒАН ЕДИҢИЗ

 

Сораў: Экономикалық судларда суд ҳүжжети үстинен кимлер қандай тәртип ҳәмде мүддетлерде апелляция тәртибинде шағым бериўи мүмкин?

 

Жуўап: Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 259-статьясына көре, исте қатнасыўшы шахслар, сондай-ақ, исте қатнасыўға тартылмаған лекин ҳуқықлары ҳәм миннетлери туўрысында суд шешиўши қарар қабыл еткен шахслар биринши инстанция судының нызамлы күшке кирмеген шешиўши қарары үстинен апелляциялық шағым бериўге ҳақылы.

 

Прокурор, жоқары турыўшы прокурор тек ғана прокурор қатнасында көрилген ис бойынша, сондай-ақ исте қатнасыўшы шахслар, исте қатнасыўға тартылмаған лекин ҳуқықлары ҳәм миннетлери туўрысында суд шешиўши қарар қабыл етилген шахслардың мүрәжатлары бар болған жағдайда биринши инстанция судының нызамлы күшке кирмеген шешиўши қарары үстинен апелляция тәртибинде протест келтириўге ҳақылы.

 

Исбилерменлик субъектлери ортасында жүзеге келетуғын экономикалық тартыслар, сондай-ақ исбилерменлик искерлиги менен байланыслы болмаған тартыслардан басқа ислер бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил биринши инстанция судының нызамлы күшке кирмеген шешиўши қарары үстинен апелляциялық шағым бериўге ҳақылы.

 

Судтың әпиўайыластырылған ис жүргизиў тәртибиндеги, ҳуқықый тәсир шарасын қолланыў ҳаққындағы ис бойынша шешиўши қарары үстинен апелляциялық шағым (протест) шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап он күн мүддет ишинде, ал басқа қарарлар үстинен апелляциялық шағым (протест) қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай мүддет ишинде берилиўи мүмкин.

 

Апелляциялық шағымды (протести) бериўдиң өткерип жиберилген мүддети, шағым (протест) берген шахстың илтимаснамасы бойынша апелляция инстанциясы суды тәрепинен, егер илтимаснама шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап еки айдан кешиктирместен берилген ҳәм мүддет өткерип жиберилиўиниң себеплери суд тәрепинен үзрли деп табылған болса, тиклениўи мүмкин.

 

Исте қатнасыўға тартылмаған лекин ҳуқықлары ҳәм миннетлери туўрысында суд шешиўши қарар қабыл етилген шахслар, сондай-ақ суд мәжлисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте хабардар етилмеген шахслар ушын апелляциялық шағым бериў мүддети оларға қарар қабыл етилгенлиги мәлим болған күннен баслап есапланады.

 

Апелляциялық шағымға мәмлекетлик бажы ҳәм почта қәрежети төленгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер, исте қатнасыўшы басқа шахсларға апелляциялық шағым ҳәм оған қосымша қылынған ҳүжжетлердиң көширме нусқалары жиберилгенлигин яки тапсырылғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет, шағым ўәкил тәрепинен имзаланған болса, оның имзалаўға ўәкиллигин тастыйықлаўшы ҳүжжет, сондай-ақ, даўа арзаны қайтарыў яки даўа арзаны қабыл етиўден бас тартыў ҳаққындағы уйғарыў үстинен апелляциялық шағым берилген болса, даўа арза ҳәм судқа усынылған оған қосымша қылынған ҳүжжетлер апелляциялық шағымға қосымша қылыныўы керек.

 

Апелляциялық шағым (протест) апелляция инстанциясы суды атына жазылады, бирақ шешиўши қарарды қабыл еткен судқа тапсырылады.

 

Қарақалпақстан Республикасында апелляциялық шағымлар (протестлер) районлар аралық экономикалық судларының, Қарақалпақстан Республикасы судының биринши инстанция тәртитбинде қабыл еткен шешиўши қарарлары үстинен берилгенде – Қарақалпақтан Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы тәрепинен көрип шығылады.

 

 

Спартак НИЯЗОВ,

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы