ҲƏКИМШИЛИК ИС ЖҮРИТИЎИНДЕ КЕЛИСИМ ПИТИМИНИҢ ӘҲМИЙЕТИ

 

Тəреплер, яғный арза бериўши ҳəм жуўапкер ҳəкимшилик суд ислерин жүритиўдиң барлық басқышларында ҳəм суд ҳүжжетин орынлаў барысында тартысты келисим питимин дүзген ҳалда толық кɵлемде ямаса қысман шешиўи мүмкин.

 

Тəреплердиң келисимине тек қана жуўапкерде ҳəкимшилик ықтыярыйлық (дискрецион ўəкиллик) бар болғанда ғана жол қойылады.

 

Келисим питими суд тəрепинен тастыйықланғаннан кейин дүзилген деп есапланады.

 

Кеңселик-ҳуқықый ҳүжжетлер бойынша тартыслар ҳаққындағы, сайлаў комиссияларының ис-ҳəрекетлери (қарарлары) жүзесинен тартыслар ҳаққындағы, нотариал ҳəрекетти əмелге асырыў, пуқаралық ҳалаты дəлалатнамаларын жазыўды дизимге алыўдан бас тартылғанлығы ямаса нотариустың ямаса пуқаралық ҳалаты дəлалатнамаларын жазыў уйымы лаўазымлы шахсының ҳəрекетлери (ҳəрекетсизлиги) жүзесинен тартыслар ҳаққындағы ҳəмде мəмлекетлик дизимнен ɵткизиўден бас тартыў ямаса белгиленген мүддетте мəмлекетлик дизимнен ɵткериўден бас тартыў үстинен шағым етиў ҳаққындағы ислер бойынша, сондай-ақ, үшинши шахслардың ҳуқықлары ҳəм нызамлы мəплерине тийисли шəртлерди нəзерде тутатуғын ислер бойынша келисим питиминиң дүзилиўине жол қойылмайды.

 

Келисим питими жазба формада дүзиледи, оны дүзген адамлар тəрепинен имзаланады.

 

Келисим питиминде орынланыўына байланыслы талапларға жуўап бериўи ҳəмде онда миннетлемелерди орынлаўдың тəреплер тəрепинен келисилген шəртлери, тəртиби ҳəм мүддетлери ҳаққындағы қағыйдалар, сондай-ақ, суд қəрежетлерин бɵлистириў ҳаққындағы шəртлер ҳəм нызамға қайшы болмаған басқа шəртлер кɵрсетилиўи керек.

 

Тəреплер тəрепинен келисим питими шəртлери бойынша қабыл етилген миннетлемелердиң орынланыўы тəреплерди бир-бирине ямаса басқа ўақыяларға (ҳəрекетлерге) байланыслы етип қойыўы мүмкин емес.

 

Келисим питими суд қəрежетлерин бɵлистириў ҳаққындағы мəселеге қарата да дүзилиўи мүмкин.

 

Егер келисим питиминде суд қəрежетлерин бɵлистириў ҳаққындағы шəрт болмаса, суд бул мəселени келисим питимин тастыйықлаў ўақытында, улыўма тəртипте шешеди.

 

Келисим питими оны дүзген шахслар санынан бир нусха артық болған нусхаларда дүзиледи ҳəм имзаланады. Усы нусхалардан бири ис материалларына қосып қойылады.

 

 

Жанат АЙМАГАНБЕТОВА,

Қарақалпақстан Республикасы ҳəкимшилик судының судьясы