Алимент өндириў ҳаққындағы  ислерди судта көриўдиң өзине тән өзгешеликлери

Ата-аналардың ер жетпеген өз балаларына, яғный 18 жасқа толмаған балаларына тәмийнат бериў миннетлемеси балалар ҳаққында ғамхорлық етиў түрлеринен бири болып, бул ата-ананың қонституциялық миннетлемелери дәрежесине көтирилген. Өзбекстан Республикасы Конституциясының 77-статьясы биринши бөлимине көре, ата-аналар ҳәм олардың орнын басыўшы шахслар өзиниң перзентлери ер жеткенге шекем бағыў,  олардың тәрбиясы, билим алыўы, саламатлығы, толық ҳәм ҳәр тәреплеме камалға келиўине ғамхорлық етиўге миннетли. Ата-ана ер жетпеген балаларына тәмийнат бериўи шәрт. Ер жетпеген балаларына алимент төлеў ҳәм оларға тамийнат бериўде ата-ананың миннетлемелри тең.

Ата-ана ер жетпеген балаларына тәмийнат бериўде өз-ара келисим белгилеўге ҳақылы. Мәселен, баланың өз ўақтында толық дем алыўын тәмийнлеў миннетлемеси ата-анадан тек биреўиниң мойнында болыўы ҳаққында келисип алыўылары мүмкин.  Ата-ананың ер жетпеген балаларына тәмийнат бериў ҳаққында дүзилетуғын шәртнама жазба формасында болып, нотариал тәртибинде тастыйықланыўы лазым. Тийисли келисимниң нотариал формасына әмел етилмеслиги келисимниң ҳақыйкый емеслигине ҳәм ақыбет нәтийжеде нызамлы күшке ийе болмаслығына алып келеди.

Егер ата-ана яки олардан бири ер жетпеген балаларының тәмийнатына байланыслы миннетлемесин орынламаса, зәрүр қәрежетти суд тәртибинде мәжбүрий рәўиште өндирип алыўға жол қойылады. Тийисли арза менен судқа ата-анадан бири мүрәжат етиўи мүмкин. Алимент төлеўден қастан  бас тартыў ата-ананың ата-аналық ҳуқықынан айырыўға, сондай-ақ  Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң   122-статьясына муўапық жынаят жуўапкершиликке тартыўға себеп болады.

Егер ер жетпеген балаларына тәмийнат бериў ҳаққында ата-ана ортасында келисим болмаса, олардың тәмийнаты ушын  алимент суд тәрепинен ата-аналардың ҳәр айдағы ис ҳақы ҳәм басқа дарамадының бир бала ушын-төрттен бир бөлеги, еки бала ушын-үштен бир бөлеги, үш ҳәм оннан артық бала ушын-ярымы муғдарында өндириледи. Ҳәр бир бала ушын өндирилетуғын алимент муғдары нызамшылық пенен белгиленген мийнетке ҳақ төлеўдиң ең кем муғдарының 26,5 пайызынан кем болмаўы керек.

 

Саодат Қайыпназарова,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы