Судьялар әдеби Кодекси  

Судьялық мәдениятының ең әҳмийетли тәреплериниң бири бул-оның ҳәр қандай унамсыз пазыйлетлерден жырақ болыў мақсетинде өзин-өзи қадағалап барыўы болып табылады. Судья буған, әлбетте ерискеy болыўы керек.

Суд процессиндеги мәденият, этика қағыйдаларына әмел етиў “юридикалық тазалық”тың тийкары. “Юридикалық тазалық” сыпатында биз ҳақыйқатты жүзеге шығарыўда керексиз ҳәр қандай артықша ҳәм орынсыз талапларға қарсылықты түсинемиз.

Әдилликти излеп судқа келген адам, биринши гезекте өзиниң қандай қабыл етилгенлигине қарап, судқа болған мүнәсибетин қәлиплестиреди. Сонлықтанда, пуқараларды қабыл етиў судьядан кәсиплик шеберлик ҳәм мәденият пенен бирге жоқары потенциалды да талап етеди. Суд мәдениятын жетилистириў усы арқалы судтың абыройын, статусын асырыў мақсетинде судьялар ҳам суд хызметкерлери өз мийнет ўақытларынан нәтйижели пайдаланыўы және судқа мүрәжаат етиўши пуқаралардың да ўақытын қәдирлеўи шәрт. Мине усы тийкарда әсиресе, судьялардың искерлигинде Судьялар әдеби кодексиниң тутқан орны айрықша.

Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңесиниң 2018-жыл 29-январьдағы 490-санлы қарары менен Судьялар әдеби кодекси тастыйықланды ҳәм 2021-жыл 19-ноябрьдеги 1642-санлы қарары менен жаңа өзгерислер киргизилди.

Кодекс ҳәр бир судья ушын әдил судлаўды әмелге асырыў менен байланыслы кәсиплик искерлигинде ҳәм хызметтен тысқары ўақтында мәжбүрий болған, жоқары әдеп-икрамлылық талапларына, Өзбекстан Республикасы нызам ҳүжжетлери қағыйдаларына, әдил судлаў ҳәм судьялардың әдеби-минез-қулқы бағдарындағы халықаралық стандартларға тийкарланған қағыйдаларды белгилейди.

Кодекс бойынша судья әдеп-икрамлылығына байланыслы улыўма талаплар, судья әдил судлаўды әмелге асырыўда-инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң суд тәрепинен қорғалыўы суд ҳәкимияты органлары жумысының мазмуны ҳәм мәниси екенлигин умытпаўы лазым.

Судья ҳәр қандай жағдайда өз абыройы ҳәм қәдир-қымбатын сақлаўы, әдеп-икрамлылық нормаларына әмел етиўи, кишипейил, әлпайым болыўы ҳәм де қопаллыққа жол қоймаўы шәрт.

Сондай-ақ, ол өз миннетлемелерин әмелге асырыўда оған тәсир өткерилгенлиги ҳаққында жуўмақ шығарыўға жол қоятуғын ҳәм де судьяның бийғәрезлигине ҳәм қалыслығына гүман туўдырыўы мүмкин болған ҳеш қандай ҳәрекетти ислемеўи ямаса басқа шахсларға сондай ҳәрекетлерди ислеўи ушын имканият жаратып бермеўи тийис.

Ол дос таңлаўда ҳәм таныс арттырыўда абайлы болыўы, өзиниң  қәдир-қымбаты ҳәм абройына зиян жеткериўи мүмкин болған қатнасықлардан өзин тыйыўы шәрт.

Судья өз антына садық қалыўы, сондай-ақ парасатлылық, шыдамлылық, ҳадаллық, әлпайымлылық, илимге умтылыўшылық пазыйлетлерине ийе болып, жәмийетте жетик судьялық статусына ийе болыўы керек.

Судьялар жоқарғы Кеңесиниң 2022-жыл 19-январьдағы 1657-санлы қарары менен «Судьялар әдеби комиссиялары ҳаққында»ғы Реже тастыйықланды.

Бул Комиссия жумысының тийкарғы мақсети физикалық ҳәм юридикалық шахслардың судьялар тәрепинен Судьялар әдеби кодексиниң судьялардың әдеби, икрамлылығы ҳәм руўхыйлығы мәселелери қағыйдаларын бузылғанлығы ҳақққындағы мүрәжатларын ҳәм де ғалаба хабар қуралларында, интернет тармағында жәрияланған хабар ҳәм мағлыўматлардың өз ўақтында қалыс үйренилиўин тәмийинлеўге ҳәм де Судьялар әдеби кодекси қағыйдалары бузылыўының алдын алыўға қаратылған.

 

 

 

Нызаматдин Абдакимов,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы