Спиртли  ишимликлер ишиўге әдетленген ҳаялға суд қарар етеди

Халқымыз әзелден гөззаллық тымсалы болған әдиўли аналар, ҳаял-қызларға айрықша ҳүрмет көрсетип, оларды пидайылық ҳәм мийрим-шәпәәт, өмир даўамшылары, өзгеше нәзиклик пенен гөззаллықты өзлеринде жәмлеген әжайып жаратылыс сыпатында тәрийплеп келген.

Мәмлекетимизде сондай ҳаял-қызлар бар шаңарақ уйытқысы болып, перзентлер тәрбиясына айрықша итибар қаратыў менен бирге, жәмийеттеде өз орнына ийе, үлги алыўға ылайықлы.

Деген менен жәмийетимизде өмирден алжасқан, турақлы мақсети жоқ, спиртли ишимлик ишип келип, үйиниң тынышлығын бузатуғын, ҳаял атына дақ түсирип киятырған ҳаял-қызларымызда ушырасады.

Пуқара З.Ж көп ўақытлардан берли ишиўшиликке берилип, ҳәр дайым үйине келип, иниси ҳәм келини менен жәнжеллесип, шаўқым шығарып, шаңарақтың берекетин қашырып келген.

Иниси О.Ж: -Әжапа жасыңызда бир жерге келип қалды, енди ишиўшиликти тоқтатың, тыныш жасайық, мениң перзентлеримде үлкейип, есейип қалды,- деген гәплерине де пәрўа етпестен, спиртли ишимлик ишип келип, әдеттегидей жәнжел шығарыўды даўам етти.

Илажсыз қалған иниси Кегейли районы ишки ислер бөлими баслығы атына арза менен мүрәжәәт етип, арзасында әжапасы З.Жның спиртли ишимлик ишкенди қоймай атырғанлығын, әжапасын  мәжбүрий түрде емлениўге жибериўди сораған.

Суд мәжилисинде пуқара О.Жның Кегейли районы ишки ислер бөлими баслығы атына жазған арзасын қуўатлап, әжапасы З.Ж кейинги ўақытлары кѳп спиртли ишимлик ишип жүргенлигин, спиртли ишимлик ишип келип үйинде тынышлығын бузатуғынын, сол себепли оны мәжбүрий түрде емлениўге жибериўди баян етип көрсетпе берди.

Суд мәжилисинде З.Жда ҳәзирги ўақытта спиртли ишимликти көп ишип жүргенлигин, өзлигинен қоя алмаслығын, мәжбүрий емлениўге жибериўге қарсы емеслигин айтып өтти.

Сондай-ақ, амбулатор тәртипте өткерилген суд-наркологиялық экспертизасының 2023-жыл 11-январь күнги жуўмағында, пуқара З.Ж алкоголизмниң 2-басқышында екенлиги, мәжбүрий түрде медициналық емлеў шаралары қолланыўға мүтәж екенлиги көрсетилген.

Суд, жоқарыдағыларға тийкар, пуқара З.Жны алкоголизмнен мәжбүрий емлениўге жибериўди лазым табады.

Себеби, Өзбекстан Республикасы 2020-жыл 27-октябрь күнги ӨРН-644-санлы «Наркологиялық кеселликлер профилактикасы ҳәм оларды емлеў ҳаққында»ғы нызамының 7-статьясы талабына көре, Өзбекстан Республикасы ишки ислер министрлиги ден-саўлықты сақлаў уйымлары ҳәм мекемелериниң жуўмақлары тийкарында наркологиялық кеселликлерге шалынған шахсларды профилактикалық есапқа алыўды әмелге асырады, наркологиялық кеселликлерге шалынған шахсларды мәжбүрий емлеўге жибериў ушын ҳүжжетлердиң рәсмийлестирилиўин тәмийнлейди, сондай-ақ усы шахсларды судтың нызамлы күшине кирген қарары тийкарында наркология мекемелерине алып барыўға көмеклеседи.

Суд, пуқара З.Жны алкоголизм кеселлигине қарсы мәжбүрий түрде емлеў ушын Республикалық наркология диспансерине жибериўди сораған Кегейли районы ишки ислер бөлими баслығы тәрепинен киритилген усынысты қанаатландырыўды лазым тапты.

Пуқара З.Ж Республикалық наркология диспансеринде емленип келип, өмириниң қалған жағында, мәмлекетимизде ҳаял-қызларға жаратылып атырған кең көлемли имканиятлардан үнемли пайдаланып, өмирде өз орнына ийе болыўына исенимимиз кәмил.

 

Райса Бекмуратова,

Жынаят ислери бойынша

Кегейли районы судының баслығы