Пәрман халық мәпи ҳәм инсан қәдир-қымбатын суд жолы арқалы нәтийжели қорғалыўын  тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

Мәмлекетимизде суд-ҳуқық системасын жәнеде жетилистириў, пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаў илажларын күшейтириў, әдил судлаўды нәтийжели тәмийинлеў ҳәм судлардың ролин асырыў бойынша изшил ислер алып барылмақта.

 

Суд-ҳуқық саласын жәнеде жетилистириў мақсетинде Президентимиз тәрепинен 2023 жыл 16 январь күни «Әдил судлаўға ерисиў имканиятларын  жәнеде кеңейтиў ҳәм судлардың искерлигиниң нәтийжелилигин асырыўға байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы 11-санлы Пәрманы қабыл етилди.

 

Пәрманға муўапық, 2023-2026-жылларға бағдарланған суд системасын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўдың қысқа мүддетли стратегиясы тастыйықланды.

 

Стратегияның шеңберинде әдил судлаўды тәмийинлеўдиң тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленди:

 

«Инсан қәдири ушын» идеясы тийкарында ҳақыйқый әдил суд системасын қәлиплестириў ҳәм оның жумысын халық мәпи ҳәм инсан қәдирин нәтийжели қорғаўға қаратыў;

 

әдил суд қарарларының қабыл етилиўине ерисиў арқалы халықтың, соның ишинде, исбилерменлердиң суд системасына болған исенимин беккемлеў, ҳәр бир шахс суд ҳәм судьялар тымсалында исенимли қорғаўшысы сыпатында көриўине ерисиў;

 

пуқаралар ҳәм исбилерменлерге өз ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин судларда қорғай алыўы ушын барлық имканиятларды жаратыў, суд жумысларын алып барыўда тартысыў ҳәм тәреплердиң теңлиги принциплерин толық жүзеге шығарыў, судлардың қалыслығын әмелде тәмийинлеўге қаратылған нызамшылықты жетилистириў;

 

судлардың жумысын толық санластырыў, жасалма инттелект технологияларын енгизиў, уйымлар аралық электрон мағлыўмат алмасыўды жақсылаў, суд мәжлислеринде аралықтан турып қатнасыў имканиятларын кеңейтиў;

 

судьялардың ғәрезсизлиги ҳәм қол қатылмаслығы кепилликлерин күшейтиў, судқа ҳүрметсизлик етиў ҳәм суд жумысына араласыў жағдайларының алдын алыў бойынша нәтийжели механизмлерди ислеп шығыў;

 

суд қарарларының қатаң орынланыўын тәмийинлеў, бул бағдарда мәмлекетлик уйымлар ҳәм жергиликли ҳәкимликлердиң жуўапкершилигин арттырыў;

 

судьялар ҳәм суд хызметкерлеринде жоқары қарым-қатнас мәдениятын қәлиплестириў арқалы судқа мүрәжат еткен ҳәр бир пуқара ҳәм исбилерменде судтан, өз гезегинде болса мәмлекеттен разылық сезимин оятыў.

 

Бул илажларды әмелге асырыў бойынша ҳәрекетлер бағдарламасы тастыйықланды.

 

Сондай-ақ, Пәрманда суд қарарлары нызамлы, тийкарланған ҳәм әдил қабыл қылынғанлығын тексериўдиң пуқараларға қолай  ҳәм әпиўайыластырылған тәртибин жаратыў мақсетинде районлараралық, район, қала судлары тәрепинен биринши инстанцияда көрилген ислерди ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген судларда апелляция яки кассация тәртибинде қайта көрип шығыў, ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген судлар тәрепинен апелляция яки касаация инстанция тәртибинде көрилген ислерди усы судларда қадағалаў тәртибинде қайта көрип шығыў, ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген судлар тәрепинен қадағалаў тәртибинде көрилген ислерди Жоқарғы судтың судлаў коллегияларында қадағлаў тәртибинде қайта көрип шығыў, жоқары инстанция судлары тәрепинен исти жаңадан көриў ушын төменги судларға жибериў тәртибин бийкар етип, оларға ис бойынша жуўмақлаўшы қарар қабыл қылыў миннетлемесин жүклеў бойынша нызам жойбары ислеп шығылғанлығы атап өтилди.

 

Пәрманда судьялардың ҳақыйқый ғәрезсизлигин тәмийинлеў мақсетинде олардың жумысына ҳәр қандай араласыўдың қатаң жазаланатуғыны, судьялардың қәўетерсиз ислеўи ушын мәмлекет тәрепинен барлық шараятлар жаратылатуғыны атап өтилди ҳәм бул бағдарда төмендеги шаралар белгиленди:

 

Судқа ҳүрметсизлик етиў жағдайлары бойынша ҳәкимшилик жуўапкершилик шараларын күшейтиў менен биргеликте жынайый жуўапкершиликти де белгилеў;

 

суд жумысларын шешиўге араласқаны  ҳәм суд ҳүжжетин орынламағаны ушын жуўапкершилик илажларын күшейтиў, сондай-ақ, суд ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған тәсиршең механизмлерди енгизиў;

 

әдил судлаўды әмелге асырыў жумысына араласқанлығына байланыслы ҳәр бир жынаят исиниң жуўмағы бойынша жәмийетшиликти ғалаба хабар қураллары арқалы мәжбүрий түрде хабардар етиў тәртибин енгизиў;

 

судьяға байланыслы турақ жайдың қол қатылмаслығына, жазыўлар, телефон арқалы сөйлесиўлер ҳәм басқа да сөйлесиўлер, байланыс тармақлары арқалы жиберилетуғын почта, курьерлик жөнетпелер ҳәм телеграф хабарларының сыр сақланыўына болған ҳуқықларды шеклеўши, сондай-ақ, абонентлер ямаса абонент қурылмалары арасындағы байланыслар ҳаққындағы мәлимлемени алыўдан ибарат оператив-излеў илажларының өткерилиўине тек ғана Бас прокурордың санкциясы тийкарында жол қойылыўын белгилеў;

 

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң процессуаллық характерге ийе болмаған, ҳуқықый түсиник бериў бағдарындағы мәселелер бойынша мүрәжатларын әдиллик уйымлары тәрепинен көрип шығыў әмелиятын жолға қойыў.

 

Сондай-ақ, әдил судлаўды әмелге асырыўға көмеклесиўде Бас прокуратура ҳәм Жоқары судтың барлық басқышлардағы суд жумысларын жүргизиўде тартысыў ҳәм тәреплердиң теңлиги принциплерин толық жүзеге шығарыў, судлардың әдиллигин әмелде тәмийинлеўге қаратылған жаңа механизмди енгизиў белгиленди.

 

Бул Пәрман суд ҳәкимиятының ғәрезсизлигин тәмийинлеў ҳәмде пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң әдил судлаўға болған исенимин асырыўға тасланған және бир қәдем болып, халық мәпи ҳәм инсан қәдир-қымбатын суд жолы арқалы нәтийжели қорғалыўын  тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

Гаўҳар Зарипова,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы