Қарыз шәртнамасы деген не?

Статистикалық мағлыўматлар бүгинги күнде судларда пуқаралар ортасында қарыз ѳндириў менен байланыслы тартыслардың кѳбейип кеткенлигин кѳрсетеди. Мысалы, бундай категориядағы ислер           2020 жылға салыстырғанда 2021 жылда 309 иске, яғный 99,3 пайызға,  2021 жылға салыстырғанда 2022 жылда 31 иске, яғный 55.0 пайызға кѳбейген.

 

Ҳәммемиз билемиз нызамды билмеслик жуўапкершиликтен азат етпейди. Соның ушын ҳәр бир пуқара қандайда бир ҳуқықый қатнасыққа кирисиўден алдын әмелге асырмақшы болып атырған ҳәрекетлери бойынша ҳуқықый түсиникке ийе болыўы лазым.

 

Атап ѳтиў керек ҳалық арасында қарыз шәртнамасы әпиўайы тил хат түринде дүзиледи ҳәм судларға усы тил хатқа тийкар қарыз ѳндириў ҳаққында даўа арзалар бериледи.

 

Демек, қарыз бериўши қарыздың қайтарылыўын талап етиў ҳуқықына ийе болса, қарыз алыўшы алған пулды яки мүлкти қайтарыў миннетлемесин өз мойнына алады.

 

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексинде қарыз шәртнамасы, оның түри,  қарыз шәртнамасы бойынша пайызлар, қарыз алыўшының қарыз суммасын қайтарыў миннетлемелери, қарыз алыўшы тәрепинен қарыз шәртнамасы шәртлерин бузыў ақыбетлери, қарыз шәртнамасы жүзесинен даўласыў ҳәм тағы басқада нормалар белгиленген.

 

Демек, Кодекстиң 101-статьясына кѳре, питимлер деп – пуқаралар
ҳәм юридикалық шахслардың пуқаралық ҳуқық ҳәм миннетлемелерин белгилеў, өзгертиў яки бийкарлаўға қаратылған ҳәрекетлерге айтылады.

 

Қарыз шәртнамасы бойынша бир тәреп (қарыз бериўши) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) пул ямаса түрге уқсас белгилери менен белгиленген басқа буйымларды мүлк етип береди, қарыз алыўшы болса қарыз бериўшиге бир жола ямаса бөлип-бөлип, усындай суммадағы пулды ямаса қарызға алынған буйымлардың түри, сыпаты ҳәм муғдарына тең нәрсени (қарыз суммасын) қайтарып бериў миннетлемесин алады. Қарыз шәртнамасы пул яки мүлклер тапсырылған ўақыттан баслап дүзилген есапланады.

 

Қарыз шәртнамасы пуқаралар арасында, егер бул қарыздың суммасы базалық есаплаў муғдарының он есесинен артық болса, әпиўайы жазба формада дүзилиўи шәрт, шәртнамадағы тәреплерден бири юридикалық шахс болғанда суммасына қарамастан жазба түринде дүзилиўи шәрт. Қарыз шәртнамасының жазба формасына әмел қылмаў Пуқаралық кодексиниң 109-статьясында нәзерде тутылған ақыбетлерге алып келеди, яғный егер қарыз алыўшының тил хаты ямаса оған қарыз бериўши тәрепинен белгили сумма ямаса белгили муғдардағы мүлклер тапсырылғанлығын тастыйықлайтуғын басқа ҳүжжет бар болса, қарыз шәртнамасы жазба формада дүзилген есапланады, яғный бул жерде жоқарыда атап ѳтилгениндей қарыз алыўшының қарыз бериўшиге берген тил хаты қарыз шәртнамасы болып есапланады.

 

Питимниң әпиўайы жазба формасына әмел етпеў оның ҳақыйқый емеслигине алып келмейди, бирақ даў шыққан жағдайда тәреплерди питимниң дүзилгенлигин, мазмунын ямаса орынланғанлығын гүўалардың көрсетпелери менен тастыйықлаў ҳуқықынан маҳрум етеди. Тәреплер питимниң дүзилгенлигин, мазмуны ямаса орынланғанлығын жазба яки басқа дәлийллер менен тастыйықлаўға ҳақылы. Нызамда яки тәреплердиң келисиминде туўрыдан-туўры көрсетилген жағдайларда питимниң әпиўайы жазба формасына әмел етпеў оның ҳақыйқый емеслигине алып келеди.

 

Егер тил хатта Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 736-статьясы 2-бөлимине көре, қарызды бөлип-бөлип қайтарыў нәзерде тутылған болса, қарыз алыўшы қарыздың нәўбеттеги бөлимин қайтарыў ушын белгиленген мүддетти бузған жағдайда, қарыз бериўши қарыздың қалған барлық суммасын тийисли пайызлар менен бирге мүддетинен алдын қайтарыўды талап етиўге ҳақылы.

 

Сондай-ақ, қарыз бойынша пайызларды қарыздың өзин қайтарыў мүддетинен алдын төлеў нәзерде тутылған болса, бул миннетлеме бузылған жағдайда, қарыз бериўши қарыз алыўшыдан қарыз суммасын тийисли пайызлары менен бирге мүддетинен алдын қайтарыўды талап етиўге ҳақылы.

 

Қарыз алыўшы пул ямаса басқа мүлклерди қарыз бериўшиден әмелде алмағанлығын ямаса шәртнамада көрсетилгенинен кем муғдарда алғанлығын дәлийллеп, қарыз шәртнамасы бойынша даўласыўға ҳақылы.

 

Жазба формада дүзилиўи лазым болған қарыз шәртнамасы бойынша гүўалардың көрсетпелери жәрдеминде тартысыў мүмкин емес. Бирақ, шәртнама алдаў, зорлық ислетиў, қарыз алыўшының ўәкили қарыз бериўши менен жаман нийетте келисиўи ямаса қыйын жағдайлар тәсиринде дүзилген жағдайлардан тысқары. Егер қарыз алыўшы қарыз шәртнамасы бойынша тартысыўы даўамында пул ямаса басқа мүлклер ҳақыйқаттан да қарыз бериўшиден алынбағанлығы анықланса, қарыз шәртнамасы дүзилмеген есапланады. Қарыз алыўшы қарыз бериўшиден пул ямаса басқа мүлклерди шәртнамада көрсетилгенинен әмелде кем муғдарда алған жағдайда шәртнама усы муғдардағы пул ямаса буйымларға дүзилген есапланады.

 

Әмелиятта усы мазмундағы ислерди көргенде айрым ўақытлары қарыз алыўшы қарыз бериўшиге алган қарызын қайтарған, бирақ қарызды қайтарып берген ўақтында қарыз алғанда жазып берген тил хатын қайтарып алмаған яки қарыз бериўшиден қарызын қайтарып алғанлығы ҳаққында тил хат жаздырып алмаған жағдайлар көп ушырасады.

 

Әпиуайы тил менен айтқанда, қарыз алыўшы алған қарызын қарыз бериўшиге қайтарған ўақтында қарыз бериўшиден берген қарызын толық яки қысман қайтарып алғанлығы ҳаққында тил хат бериўди талап етиўге ҳақылы ҳәм қарыз бериўши бундай тил хат бериўи шәрт.

 

Бул жағдай Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң     257-статьясы 1-бөлиминде белгиленген, яғный қарыз бериўши, миннетлемениң орынланыўын қабыл етип алған ўақытта, қарыздардың талабы менен оған миннетлемениң толық яки қысман орынланғанлығын қабыл етип алғанлығы ҳаққында тил хат бериўи шәрт.

 

Ал, усы статьяның 2-бөлимине кѳре, егер қарыздар миннетлемени тастыйықлаў жүзесинен қарыз бериўшиге қарыз ҳүжжети берген болса, қарыз бериўши орынлаўды қабыл етип атырған ўақытта, яғный берген қарызын қайтарып алған ўақтында усы ҳүжжетти қайтарып бериўи, қайтарып бериўдиң имканияты болмағанда болса – буны өзи берип атырған тил хатта көрсетиўи керек.

 

Демек, қарыз алыўшы қарыз бериўшиге қарыз алғанлығы ҳаққында тил хат жазып берген болса, қарыз бериўши берген қарызын қайтарып алғанда бул тил хатты қайтарып бериўи, егер оны қайтарып бериў  имканияты болмаса – бул ҳаққында өзи берип атырған тил хатта көрсетиўи керек.

 

Мысалы, даўагер Р.К. жуўапкер К.Ғдан 10.000.000 сум қарыз өндириў ҳаққындағы даўа арза менен судқа мүрәжат еткен. Суд мәжилисинде жуўапкер К.Ғ. даўагер Р.К.дан алған қарызын толығы менен қайтарып бергенлигин, оны гуўа С.К. тастыйықлайтуғынлығын билдирген. Бирақ жуўапкер К.Ғ. қарыз бериўши Р.К.дан өзиниң қарыз алған ўақтында жазып берген тил хатын кайтарып алмаған ямаса қарыз бериўши Р.К.дан қарызын қайтарып алғанлығы ҳаққында тил хат жаздырып алмаған.

 

Бундай жағдайда жоқарыда атап өткенимиздей қарыз алыўшыны алған қарызын қайтарып бергенлигин гүўаларының көрсетпелери менен тастыйықлаў ҳуқықынан маҳрум етеди.

 

Жуўмақлап айтқанда, бүгинги күни системалы түрде пуқараларымыз арасында қарыз шәртнамасы ҳәм оннан келип шығатуғын ҳуқықый ақыбетлер ҳаққында ҳуқықый үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта ҳәм бул үгит-нәсиятлар бундай категориядағы ислердиң кемейиўине жәрдем береди деп ойлайман.

 

 

Зульфия Бабаджанова

Қарақалпақстан Республикасы

суды судьясы