Буйрық тәртибинде ис жүргизиўдиң процессуаллық өзгешеликлери
Өзбекстан Республикасында барлық тараўларда басқышпа-басқыш реформалар әмелге асырылмақта.
Реформалар барысында әҳмийетли басқыш болған пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлериниң қорғалыўына қаратылған суд-ҳуқық системасындағы өзгерислер ҳәм жаңалықлар мәмлекет раўажланыўында айрықша орын ийелейди.
Бул бағдардағы реформалар биринши орында пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлериниң суд арқалы қорғалыўы ҳәм әдил судлаўдан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў, суд ислерин жүргизиўдиң процессуаллық тәртибин раўажландырыў ҳәмде Өзбекстан Республикасы нызамларын халықаралық ҳуқық нормалары ҳәм принциплерине муўапықластырыў нәзерде тутылады.
Өз гезегинде судларда ис көриў көлеминиң кеңейттирилиўи инсан ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўдың ең әҳмийетли кепили сыпатында суд ҳәкимиятының абыройын беккемлеў, судлардың сөзсиз ғәрезсизлигин тәмийинлеў ҳәмде олардың ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм күшли пуқаралық жәмийет қурыўдағы ролин көтериўге фундамент жаратады.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық-процессуаллық кодексинде барлық тайыпадағы пуқаралық ислердиң мазмунынан көриўдиң бирден-бир тәртиби белгиленген болып, оған көре пуқаралық ислери суд мәжлисинде, исте қатнасыўшы шахслардың қатнасыўында, олар тәрепинен судқа усынылған дәлийллер ҳәм әдил судлаўды әмелге асырыўда көмеклесиўши шахслар болған гуўалардың көрсетпелери, экспертлердиң жуўмақлары тийкарында мазмуны жағынан көрилип шығылады.
Бирақ суд әмелиятында пуқаралық ислерин көрип шығыўды жәнеде әпиўайыластырыў ҳәм раўажландырыў, усы орында пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм мәплерин қорғаўдың әпиўайыластырылған ҳәм қолайластырылған түри сыпатында айырым тайыпадағы пуқаралық ислери бойынша ислерди суд буйрығын шығарыў жолы менен шешиў үлкен әҳмийетке ийе екенлиги талап етиледи.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық-процессуаллық кодексиниң киши бөлими “Буйрық тәртибинде ис жүргизиў” деп аталады ҳәм 170-181-статьялардан ибарат “Суд буйрығы” деп аталатуғын 18-баптан ибарат.
Бул бапта суд буйрығына тийисли улыўма қағыйдалар, суд буйрығын бериў бойынша талаплар, суд буйрығын бериў ҳаққындағы арзаның түри ҳәм мазмуны, суд буйрығын бериў ҳаққындағы арзаға қосылатугын ҳүжжетлер, суд буйрығын бериў ҳаққындағы арзаны қабыл етиўден бас тартыў тийкарлары, суд буйрығын бериў ҳаққындағы арзаны қайтарыў, суд буйрығын бериў тәртиби ҳәм мүддети, суд буйрығының мазмуны, қарыздарға суд буйрығының көширме-нусхасын жибериў, суд буйрығының нызамлы күшке кириўи, суд буйрығын бийкар етиў тәртиплери белгиленген.
Солай етип, пуқаралық ислерин жүргизиў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери буйрық тәртибиндеги ислерди, даўа тәртибиндеги ислерди, айрықша тәртипте жүргизилетуғын ислерди көрип шығыў ҳәмде шешиў тәртибин белгилейди.
Демек, нызам талабына муўапық, суд буйрығы –бул судьяның судта исти көрместен шығарған ҳүжжет болып табылады.
Жоқарыда атап өтилгениндей, суд буйрығын шығарыў бойынша төмендеги талаплар қойылады:
-талап нотариал тастыйықланған питимге тийкарланған болса;
-талап жазба питимге тийкарланган ҳәм қарыздар тәрепинен тән алынған болса;
-коммунал хызметлер яки байланыс хызметлери төлеми бойынша қарыздарлықты тастыйықлаўшы ҳүжжетлерге тийкарланған өндириў ҳаққындағы талап шағым етилген болса;
-ер жетпеген балалар ушын алиментлер өндириў ҳаққындағы, әкеликти белгилеў менен яки үшинши шахсларды қатнастырыў зәрүрияты менен байланыслы болмаған талап шағым етилген болса;
-есапланған, бирақ хызметкерге төленбеген ис ҳақыны ҳәм оған теңлестирилген төлемлерди өндириў ҳаққында арыз қылынған болса;
-пуқаралардан салықлар ҳәм басқа мәжбүрий төлемлер бойынша қарыздарлықты өндириў ҳаққындағы талап шағым етилген болса;
-ижара шәртнамасында белгиленген ижара төлемлери мүддетинде төленбегенлиги себепли усы төлемлерди өндириў ҳаққында талап шағым етилген болса;
-көп квартиралы үйдиң жайлары мүлкдарларынан мәжбүрий бадаллар ҳәм төлемлерди өндириў ҳаққында талап шағым етилген болса;
-жазба питим бар болған жағдайда, өндириўди қарыздардың миннетлемелери орынланыўының тәмийнаты болған көшер мал-мүлкке қаратыў ҳаққында талап шағым етилген болса суд буйрығы бериледи.
Суд буйрығы тәртибинде ис жүргизиўди тәртипке салыўшы нызам нормаларының қоллнылыўында бирден-бир әмелиятты енгизиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының “Буйрық тәртибинде ис жүргизиўди тәртипке салыўшы нызам нормаларын қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында”ғы 2006-жыл 3-февралдағы 4-санлы қарары қабыл етилди ҳәм бул Пленум қарарында суд буйрығы тәртибинде ис жүргизиў ҳаққында кең түсиниклер берилген.
Суд буйрығын шығарыў ҳаққында судқа жазба түрде арза менен мүрәжат етиў талап етиледи. Оған қойылған талаплар даўа арзаға қойылған талапларға уқсас болады.
Соның менен бирге, буйрық шығарыў, шахстың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин әпиўайыластырылған тәртипте қорғаўды көзде тутады.
Демек, суд буйрығын шығарыў ҳаққындағы арзада талаплар баян етилип, оны тийкарлаўшы жағдайлар ҳәм тастыйықлаўшы ҳүжжетлер қосылған болыўы лазым.
Суд әмелиятында пуқаралар тәрепинен суд буйрығы шығарылғанда өзлери судқа шақыртылмағанлығынан наразы болып арзалар келип түседи.
Бундай арзаларға жоқарыда атап өтилгениндей, суд буйрығы исти мазмуны жағынан көрместен, бар болған жазба ҳүжжетлер тийкарында, шағым етилген талаптың мазмуны бойынша арза судқа келип түскен күннен баслап үш күн ишинде судья тәрепинен өндириўши ҳәм қарыздар деп аталыўшы тәреплердиң қатнасыўысыз шығарылатуғынлығы, 181-статьясына муўапық, қарыздар шағым етилген талапқа қарсы қарсылықларын суд буйрығын берген судқа суд буйрығының көширме-нусхасын алған күннен баслап 10 күнлик мүддетте жибериўге ҳақылы екенлиги түсиндириледи.
Сондай-ақ, қарыздардан шағым етилген талапқа қарсы наразылық болган жағдайда судья суд буйрығын бийкар етип, бул ҳаққында уйғарыў шығарады, бул уйғарыўда судья өндириўши билдирген талап бойынша даўа исин жүргизиў тәртибинде, яғный судқа даўа арза келтириўи мүмкинлигин түсиндиреди ҳәмде уйғарыў көширмеси уйғарыў шығарылғаннан кейин үш күннен кешиктирмей өндириўшиге ҳәм қарыздарға қол қойдырып тапсырылады яки оларға почта арқалы ямаса электрон ҳүжжет тәризинде жибериледи.
Жуўмақлап айтқанда, бул институт тек ғана судьяның ис көлеминиң кемейиўинеғана емес, ал және пуқаралардың бузылған ҳуқықларын тез ҳәм әпиўайы түрде қорғалыўына ерисиўге де хызмет етеди.
Зульфия Бабаджанова,
Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы