Ѳним жеткерип бериў шәртнамасы ҳәм шәртнама шәртлери бузылғанлық ушын жуўапкершилик  

 Ѳзбекстан Республикасы нызамшылығына тийкар, ѳним жеткерип бериў шәртнамасына муўапық исбилерменлик искерлиги менен шуғылланып атырған ѳним жеткерип бериўши-сатыўшы шәртлесилген мүддетте яки мүддетлерде ѳзи ислеп шығаратуғын ямаса сатып алатуғын товарларды сатып алыўшыға исбилерменлик искерлигинде пайдаланыў ушын яки жеке, шаңарақлық мақсетлерде, рузгерде ҳәм соған уқсас басқа мақсетлерде пайдаланыў менен байланыслы болмаған басқа мақсетлерде пайдаланыў ушын тапсырыў, сатып алыўшы болса товарларды қабыл қылыў ҳәм олардың ҳақысын тѳлеў миннетлемесин алады.

Бир тәрептиң товарлар жеткерип бериў шәртнамасын дүзиў ҳаққындағы усынысы шәртнама жойбары формасында басқа тәрепке жиберилген жағдайда, екинши тәреп шәртнаманы басқа шәртлерде дүзиўге разы болса, жойбарды алғанынан соң кеши менен отыз күн ишинде келиспеўшиликлер баяннамасын дүзеди ҳәм оны имзаланған шәртнама менен қайтарады, келиспеўшиликлер баяннамасын алған тәреп отыз күнлик мүддетте шәртнама шәртлерин келисиў шараларын кѳриўи яки шәртнама дүзиўден бас тартыўын басқа тәрепке жазба рәўиште билдириўи лазым.

Ѳним жеткерип бериў шәртнамасы шәртлери бойынша келиспеўшиликлер баяннамасын алған, бирақ шәртнама шәртлерин келисиў шараларын кѳрмеген ҳәм шәртнама дүзиўден бас тарыўын белгиленген мүддетте басқа тәрепке мәлим қылмаған тәреп шәртнама шәртлерин келисип алыўдан бас тартыў ақыбетинде жеткизилген зыянды қаплаўға мәжбүр.

Товарларды толық жеткерип бермегенлик яки жеткерип бериў мүддетлерин кешиктирип жибергенлик ушын нызамда яки шәртнамада белгиленген неустойка, егер неустойканы ѳндириўдиң басқаша тәртиби нызамда яки шәртнамада белгиленбеген болса, ѳним жеткерип бериўшиден шәртнаманың әмел қылыў мүддетинде миннетлеме әмелде орынланғанына шекем ѳндириледи.

Буннан тысқары, егер сатыўшы тәрепинен миннетлеме бузылғанлығы ақыбетинде шәртнама бийкар қылынғанынан кейин ақылға уғрас мүддет ишинде сатып алыўшы шәртнамада нәзерде тутылған товар орнына басқа шахстан бир қанша жоқары, лекин ақылға уғрас баҳада товар сатып алса, сатып алыўшы сатыўшыдан шәртнамада белгиленген баҳа менен оның орнына дүзилген питимдеги баҳа ортасындағы парықтан ибарат зыянды қаплаўды талап қылыўы мүмкин.

Егер сатып алыўшы тәрепинен миннетлеме бузылғанлығы ақыбетинде шәртнама бийкар қылынғанынан кейин ақылға уғрас мүддет ишинде сатыўшы товарды басқа шахсқа шәртнамада нәзерде тутылғанынан бир қанша тѳменирек, бирақ ақылға уғрас баҳада сатқан болса, сатыўшы сатып алыўшыдан шәртнамада белгиленген баҳа менен оның орнына дүзилген питимдеги баҳа ортасындағы парқтан ибарат зыянды қаплаўды талап қылыўы мүмкин.

Ал, егер шәртнама бийкар қылынғанынан кейин оның орнына басқа питим дүзилмеген ҳәм товардың белгиленген баҳасы бар болса, тәреп шәртнамада белгиленген баҳа менен шәртнама бийкар қылынған пайттағы белгиленген баҳа ортасындағы парқтан ибарат зыянды қаплаў ҳаққында талап қойыўы мүмкин.

 

Қарақалпақстан Республикасы судының

экономикалық ислер бойынша судьясы       Спартак Ниязов