Автомобиль транспортында жолаўшылар тасыў искерлиги менен лицензиясыз шуғылланған 14 пуқараның иси ашық көшпели суд мәжилисинде көрилди

Жолға шыққанда ҳәр ким өз мәнзилине жетиў ушын асығады. Әлбетте, бунда мәнзилге қәўипсиз ҳәм исенимли, өз ўақытында жетип барыў биринши мәселе. Деген менен сиз минген автотранспорт ямаса такси хызмети менен шуғылланып киятырған шахслардың жолларда тийисли тараў ўәкиллери тәрепинен иркилип, нызамсыз ҳәрекети анықланса, бул жолаўшығада және транспорт басқарыўшысына да қолайсызлық туўдырары тәбийий.

Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 176 – статьясы 3-бәнтине муӯапық автомобиль транспортында жолашылар тасыў искерлиги менен лицензиясыз шуғылланыў  пуқараларға базалық есаплаў муғдарының 7 есеси, ал әмелдар шахсларға  30 есесине шекем жәрийма қолланыӯ белгиленген.

Деген менен ҳәзирги ӯақытта айырым транспорт басқарыӯшылары нызам талапларына бойсынбастан, арнаӯлы лицензиясыз халыққа хызмет көрсетиӯ жағдайлары ушыраспақта.

Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигиниң Автомобиллерде тасыӯлар қәӯипсизлигин тәмийинлеӯди бақлаӯ бөлиминиң қала хәм районлардағы сектор инспекторлары ҳәм Жол партуль хызмети  инспекторлары менен қоспа  рейд иләжлары өткерилип, нызам бузыўшылық жағдайлары анықланбақта.

Усындай нызам талапларын бузған автотранспорт басқарыӯшыларына тийисли тәртипте жәрийма жазасын белгилеӯ бойынша Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигиниң имаратында көшпели суд мәжлиси болып өтти.  Жынаят ислери бойынша Қараөзек районы судының судьясы Жеңис Алланиязов басшылығында өткерилген көшпели ашық  суд мәжилисинде, нызам талапларын бузып автотранспорт хызмети менен шуғылланып жүрген 14  пуқараның иси бойынша тийисли нызамлы  шаралар көрилди.

Дурыс, турмыс ғалма ғалы, бала-шағаны бағыў бәнеси менен нызам талапларына бойсынбай ҳәрекетлениў ўақыты келип усындай жуўапкершиликке себеп болады. «Ис қуралың саз болса, машаққатың да аз болады» дегениндей, халыққа нызамлы турде автотранспорт хызметин көрсетиў ҳәм транспорт басқарыўшылары, ҳәм жолаўшылар ушын да қәўипсиз және қолайлы.

 

Жеңис Алланиязов,

Жынаят ислери бойынша Қараөзек районы судының судьясы