Инсан қәдири ушын

Кегейли районындағы «Мәденият» аўыл пуқаралар жыйынында “Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында”ғы Конституциялық нызам жойбарының мазмун–мәнисине бағышланған ушырасыў өткерилди.

Онда Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды баслығы Б.Досымбетов, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды судьясы А.Салиев ҳәм жынаят ислери бойынша Кегейли районы судының баслығы Р.Бекмуратовалар сөзге шығып, бас нызамымызға киргизилип атырған өзгерислер “Инсан қәдири ушын” баслы идея тийкарында әмелге асырылып атырғанын айрықша атап өтти.

Иләж барысында Конституциялық реформалардың мазмуны ҳәм әҳмийети, Референдум түсиниги бойынша аймақ турғынларына кең түрде мағлыўмат берилди.

 

Райса Бекмуратова,

жынаят ислери бойынша Кегейли районы судының баслығы 

Жаңа Өзбекстанның-жаңа Конституциясы инсән мәплери ушын

Жаңаланып атырған Конституцияда сорастырыў, тергеў ҳәм суд процессинде инсан ҳуқықларына тийисли 9 ең әҳмийетли кепилликлер төмендегилерден ибарат.

 

  • Шахсты услаў ўақтында оған түсинерли тилде оның ҳуқықлары ҳәм услап турылыўы тийкарлары түсиндирилиўи шәрт.
  • Шахс өзиниң айыпсызлығын дәлиллеўи шәрт емес ҳәм қәлеген ўақытта индемеў (үнсизлик) сақлаў ҳуқықынан пайдаланыўы мүмкин.
  • Айыплылыққа тийисли барлық гүманлар гүман қылыныўшы, айыпланыўшы, судланыўшы яки еркинен айырыў жазасын өтеп атырғанның пайдасына шешилиўи керек.
  • Егер шахстың өз айыбын тән алғанлығы оған қарсы жалғыз дәлил болса, ол айыплы деп табылыўы яки жазаға тартылыўы мүмкин емес.
  • Шахс өзине ҳәм жақын туўысқанларына қарсы гүўалық бериўге мәжбүр емес.
  • Шахс судтың қарарысыз қырқ сегиз сааттан артық мүддет услап турылыўы мүмкин емес.
  • Қамаққа алыў, қамаққа алыў ҳәм қамақта сақлаўға тек ғана судтың қарарына көре жол қойылады.
  • Жазыспалар, телефон арқалы сөйлесиўлер, почта, электрон ҳәм басқа хабарлар сыр сақланыўын шеклеўге ҳәмде үй-жайда тинтиў өткизиўге тек ғана нызамға муўапық ҳәм судтың қарарына тийкар жол қойылады.
  • Ҳәр кимге квалификацияланған юридикалық жәрдем алыў ҳуқықы кепиллестириледи. Нызамда нәзерде тутылған жағдайларда юридикалық жәрдем мәмлекет есабынан көрсетиледи.

 

Еркин Утениязов,
 Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы  

 

Жынайый жуўапкершиликтен азат етилди

Биз күнделикли турмыс ғалма-ғалы менен тиккелей жолға шығар екенбиз, мәнзилимизге бийқәтер жетип алыўды гөзлеймиз. Солайда болса, ҳеш биримиз ҳәрекет қәўипсизлиги менен кепилленбегенбиз. Жоллардағы азғана итибарсызлық өмиримиз ушын орны толмас өкинишке себеп болыўы мүмкин.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети юридика факультетиндеги арнаўлы суд залында өткерилген гезектеги көшпели суд мәжилиси усындай авто авария жағдайына байланыслы болды.

Жынаят ислери бойынша Шоманай районы суды баслығы Р.Назаровтың басшылығында, судья жәрдемшиси И.Мурзамбетовтың, Шоманай районы прокурорының аға жәрдемшиси А.Худайназаров, жәбирлениўши А.А.ның қатнасыўында Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 266-статьясы 1-бөлиминде көрсетилген жынаятты ислегенликте гүманланыўшы М.Ш ның қарсысындағы жынаят иси көрип шығылды.

Ис ҳүжжетлерине бола, М.Ш өзиниң басқарыўындағы “Спарк” маркалы автотранспорт қуралын Нөкис қаласы Өзбекстан гүзары көшеси бойлап Орайлық дийқан базары тәрепинен 21-киши район тәрепке қарай басқарып киятырғанда әмелдеги “Жол ҳәрекети қағыйдалары”ның 11-бәнти киши “г” бәнтиниң “Ҳәрекетлениў процесинде пиядалар, әсиресе, балалар, майыплығы болғанлар, қарияларға ҳәм велосипедшилерге абайлы болыў керек”, 77-бәнтинде “Ҳәрекетлениў ўақтында автотранспорт басқарыўшы анықлай алыў имканиятындағы қәўип пайда болса, транспорт қуралының тезлигин ол толық тоқтатыўды тәмийинлейтуғын дәрежеде төменлетиўи ямаса тосықты басқа ҳәрекет қатнасыўшылары ушын қәўип туўдырмайтуғын ҳалда айланып өтиў илажларын көриўи керек” деп көрсетилген қағыйдаларға бойсынбастан, қәўипсизлик иләжларына әмел етпей, усы асфальт жолдың ортасындағы тосық бойлап киятырған пуқара А.А ны қағып жиберип, жол транспорт ҳәдийсесин ислеген. Ақыбетинде пуқара А.А дене жарақатын алып, емлеўхана жатқарылған.

Суд мәжилисинде, гүманланыўшы М.Ш, айыбына толық ықрарлығын, ислеген қылмысынан шын кеўилден пушайман екенлигин, бул кылмыстың ақыбетин түсинип жеткенлигин, жәбирлениўшиниң нызамлы ўәкилинен кеширим сорағанлығы, оның кеширим бергенлигин, ықтыярлы түрде жәбирлениўши А.А менен жарасқанлығын, ҳеш ким оларға басым өткермегенлигин айтып, жынаят исин оз-ара жарақсанлығы мүнәсибети менен тоқтатыўды сорап, көрсетпе берди.

Көшпели ашық суд мәжилисинде суд гүманланыўшы, жәбирлениўшиниң көрсетпелерин, олардың арзаларын, прокурордың пикирлерин тыңлап, ис материалларын үйренип, уйғарды. Яғный Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 266-статьясы 1-бөлиминде көрсетилген жынаятты ислегенликте гүманланыўшы сыпатында иске тартылған  М.Ш жынаят иси жынаят кодексиниң 661 – статьясына тийкарланып жынайый жуўапкершиликтен азат етилип, ис тәреплердиң өз-ара жарасқанлығы мүнәсибети менен ҳәрекеттен тоқтатылды. Сондай-ақ, жәбирлениўшиге Өзбекстан Республикасы Жынаят процессуал кодексиниң 583-статьясы 5-бөлимине муўапық бул жарасыў суд тәрепинен тастыйықланғаннан соң, усы ис бойынша ис жүргизиўди қайта тиклеў бойынша өтиниш хат бериў ҳуқықы жоғалатуғынлығы түсиндирилди.

Өткерилген ашық суд процесинде университеттиң юридика факультетиниң 2-курс студентлери қатнасып, олар өзлериниң теориялық билимлерин әмелиятта беккемлеў мүмкиншилигине ийе болды.

 

Расул НАЗАРОВ,

Жынаят ислери бойынша Шоманай районы суды баслығы

Балалар тәрбиясы менен байланыслы пуқаралық ислерди көриў тәртиби ҳәмде өзгешеликлери

 

 

Өзбекстан Республикасы Конституцияының 63-статьясына көре шаңарақ жәмийеттиң тийкарғы буўыны есапланады ҳәмде жәмийет ҳәм мәмлекет қорғаўында болыў ҳуқықына ийе. Республика пуқаралардың жеке ҳәм социаллық мәплери муўапықласқан шаңарақты қорғаў мәмлекетлик әҳмийетке ийе болған ўазыйпалардың бири болып есапланады. Балаларды инсанпарўарлық қадриятларын ҳүрметлеў, аналықты қорғаў ҳәм балалардың ҳуқықын қорғаў ҳаққындағы халық аралық қағыйдаларына садық болыў, руўхыйлық мийрасты сақлаў ҳәм раўажландырыў, оларды пайдалы мақсетке таярлаў ата-аналардың конституциялық ҳәм руўхыйлық миннетлемеси.

1998 жыл 1 сентябрден әмелде болған Өзбекстан Республикасының Шаңарақ кодекси шаңарақты беккемлеў, ер жетпеген балалар ҳәм мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзаларының мәплерин қорғаў үстинлиги нәзерде тутылған. Балалар тәрбиясы менен байланыслы болған даўларды судлар тәрепинен туўры шешилиўи ата-аналар ҳәм балалар ҳуқықларын қорғаў, ата-аналардың балаларды тәрбиялаўдағы жуўапкершиликлерин асырылыўын тәмийинлеўге имканият туўдырады, ата-аналардың балалар мәплерине қарсы болған ҳуқықлардан пайдаланыўларға, ер-жетпегенлер нызам бузыўшылықларының алдын алыў шараларының бири болып есапланады. Балалар тәрбиясы менен байланыслы болған тартысларды көриўде судлардың итибарын бундай тартысларды өз ўақтында ҳәм туўры шешиў балалар ҳәм шаңарақ мәплерин қорғаўының айрықша кепиликлериниң бири екенлигин нәзерде тутқан ҳалда нызамларга қатаң итибар бериў зәрүрлигине қаратылған.

Балалар тәрбиясы менен байланыслы болған: баланың басқа-басқа турған ата-анадан қайсы бири менен бирге жасаўы;

баласынан бөлек жасайтуғын ата ямаса ананы баласының тәрбиясына қатнасыўға қарсылықты сапластырыў;

басқа шахслардың тәрбиясында болған балаларды ата-анасына қайтарыў;

ата-аналық ҳуқықынан айрыў ҳәм ата-аналық ҳуқықын тиклеў;

ата-аналық ҳуқықынан айырмастан балаларды алыў;

баланың ата-ана менен көрисиўи;

ата-аналық ҳуқықын шеклениўин бийкар қылыў;

перзентликке алыўды бийкар етиў ямаса оны ҳақықый емес деп табыў ҳаққындағы ҳәм басқа тартыслар судта көриледи.

Суд басқа-басқа жасайтуғын ата-аналар арасында болған олардың қайсы бири менен қайсы баласы жасаў ушын қалыўы ҳаққындағы тартысларды шешиўде Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниӊ                         71-статьясында белгиленген  ата ҳәм ананың ҳуқық ҳәм миннетлемелериниӊ теңлигине тийкарланған ҳалда, ер-жетпеген балалардың мәплерине сәйкес келетуғын  қарар шығарыўы лазым. Бунда суд ата-ананың бириниң материаллық аўҳалы үстүнлигиниң өзи баланы оған алып бериў ушын асас болатуғын шәрт есапланбаслығын нәзерге алған ҳалда, баланың ата-анадан, аға-иниден, апа-сиӊлисинен қайсы бирине байланып қалғанлығын, ата-анадан қайсы бири балаларына көбирек ғамҳорлық ҳәм итибар көрсетип атырғанлығы, балалардың жасына ҳәм ата-ананың қайсы бирине кеўил қойғанлығы, ата-ананың әдепллик ҳәм басқа жеке пазийлетлерин, ата-ананың ҳәр бири менен бала ортасындағы мүнәсебетлерин, баланы тарбиялаў ҳәм оның ер жетиўи ушын шәрт-шәриятлар жаратыў имканиятын итибарға алыўы лазым. Суд 10 жасқа толған баланың ата-анасының қайси бири менен жасаў нийети барлығын есапқа алыўы мүмкин.

Ер-жетпеген балалардың ата-анасының қайсы бири менен қалыўы ҳаққындағы даў некеден ажыратыў ҳаққындағы даў менен биргеликте шешилип атырған жағдайларда балалар басқа шахслардың тәрбиясында екенлиги ҳәмде олар балаларды ата-анасына қайтарыуға қарсылық көрсеткенликлери анықланса, суд бул даўды айрықша ис жүритиўге ажыратыў ҳаққындағы мәселени шешиўи лазым.

Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексининг 73-статьясына муўапық ата-аналар басқа шахслар алдында балаларды жеке тәрбия қылыўда үстүнлик ҳуқықына ийе ҳәм балаларды нызамға тийкарланбаған ҳалда услап турған ҳәр қандай шахстан қайтарылыўы талап қылыўға ҳақлы. Бул талапты көриўде суд баланы ата-анасына қайтарыў оның мәплерине қарсы деген жуўмаққа келсе, баланың пикирин есапқа алған ҳалда ата-ананың даўасын қанаатландырмастан қалдырыўға ҳақлы.

Сондай-ақ, суд ата ямаса ананың баласының тийисли тәрбиясын тәмийинлеў имканиятларын, ата ямаса ананың баласы менен өз-ара мүнәсибетлери, баланың өз ихтиярында болған шахсларға қәншелик үйренип қалғанлығы ҳәм басқа ҳалатларды итибарға алады. Егер                               ата-ананың ҳәм, бала ихтиярында болған шахслардың ҳәм оны тийисли тәрбиялай ямаса тәмийинлей алмағанлығы анықланса, суд қәўендерлик ҳәм мийхасхор уйымларыныӊ ямаса прокурордың даўасына тийкар баланы қәўендерлик ҳәм мийрасхор уйымларының қарамағына алып береди. Бундай талап қойылмаған болса, суд өзиниң жеке уйғарыўы менен бул уйымлардыӊ итибарын сондай даўа қозғатыў  зәрурлигине қаратады.

Судлар ата-аналардың балаларды, оларды нызамға ямаса судтың шешиўши қарарына муўапық, өз ихтиярларында сақлап атырған шахслардан  алып бериў ҳаққындағы даўларды көрип атырғанда, даўа жүзеге келген ўақытқа келип, атап өтилген шахсларға ямаса балалар мәкемелерине балаларды алып бериў ушын тийкар болған жағдайлар өзгерген-өзгермегенлиги, балаларды ата-аналарға қайтарыў олардың мәплерине сай келиў-келмеслигин анықлаўлары лазым.

Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексининг 76-статьясына тийкар баласынан бөлек жасайтуғын ата ямаса ана баласы менен көрисиў, оның тәрбиясына қатнасыў мәселесин шешиў  ҳуқықына ийе.

Ата-ана баладан бөлек жасайтуғын ата (ана)ның ата-аналық ҳуқықларын әмелге асырыў тәртиби ҳаққында жазба түрде келисим дүзиўге ҳақлы.

Егер ата-ана келисе алмаса, даў ата-ана (ямаса олардың бири)ниң талабына тийкар суд тәрепинен қәўендерлик ҳәм мийрасхор уйымы қатнасында шешиледи. Суд бөлек жасайтуғын ата ямаса ананың баласын тәрбиясында қатнасыў тәртибин белгилейди ҳәм бала менен бирге жасайтуғын ата ямаса анаға қарсылық қөрсетпеў миннетлемесин жүклейди. Судтың шешиўши қарарын қастан орынламаған жағдайда суд баладан бөлек жасайтуғын ата (ана)ның талабына тийкар бала мәплерин ҳәм оның пикирин есапқа алған ҳалда баланы оған алып бериў ҳаққында  шешиўши қарарды шығарыўы мүмкин.

Ата-аналық ҳуқықынан айрылмаған ата-аналардың, нызамға ямаса судтың шешиўши қарарына муўапық, басқа шахслар ихтиярында балалардың тәрбиялаўларына қарсы келетуғын жағдайларды сапластырыў ҳаққында мәселе ҳәм судлар тәрепинен усындай тәртипте шешиледи.

Шаңарақ кодексининг 80-статьясына муўапық ата-аналық ҳуқықынан айырыў суд тәртибинде әмелге асырылады. Ата-аналық ҳуқықынан айырыў ҳаққындағы ислер ата (ана)ның (олардың орнын басыўшы шахслардың), прокурордың, сондай-ақ ер-жетпеген балалардың ҳуқықларын қорғаў миннетлемеси жүкленген уйым ямаса мәкемелердиӊ (қәўендерлик ҳәм мийрасхорлық уйымы, ер-жетпегенлер жумыслары менен шуғылланыўшы комиссиялар, жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айрылған балалар мәкемелери ҳәмде басқа мәкемелер) даўасына тийкар көриледи.

 

 

Саодат Каипназарова,        

Қарақалпақстан Республикасы суды

 судьясы

 

Конституциялық реформалардыӊ мазмуны ҳәм әҳмийети

Конституция жойбарындағы статьялар саны әмелдеги 128 ден 155 ке, нормалар саны 275 тен 434 ке артты. Яғный, Тийкарғы  нызамымыздыӊ 65 процент тексти халқымыздыӊ усыныслары тийкарында жаӊаланды. Өзбекстан – социаллық мәмлекет деп белгиленбекте. Социаллық, бул – инсанға итибар ҳәм ғамхорлық, дегени. Мәмлекеттиң социаллық тараўдағы миннетлемелери менен байланыслы Конституциядағы нормалар 3 есеге көбейтилмекте. Конституцияда ҳәр кимниң турақ-жайлы болыў ҳуқықы белгиленип атыр.

Мағлыўмат ушын: өткен жылы мәмлекетимизде 50 мың шаңарақ ушын жаңа квартиралар алыўға шараят жаратып берилген. Быйылғы жылы 90 мың шаңарақты турақ-жайлы етиў шеги алынған. Жақын 2-3 жылда бул көрсеткишти 200 мыңға жеткизиў үстинде исленип атыр.

Ҳеш ким судтың қарарысыз ҳәм нызамға муўапық емес ҳалда турақ-жайынан айырылыўы мүмкин емеслиги, турақ-жайынан айырылған мүлк ийелерине турақ-жайдың баҳасы ҳәм де ол көрген зыянлардың орны нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ҳәм тәртипте алдыннан ҳәм де тең баҳада қапланыўы тәмийинлениўи кепилленип атыр.  Халықты кепилленген бийпул медициналық хызметлерден пайдаланыўы ҳәм жойбарға киритилмекте. Улыўма, жойбарда халықтың саламатлығын асыраў менен байланыслы нормалар 4 есе көбейтирилмекте.

Мағлыўмат ушын: Бунда, усы жылда “Кепилленген хызметлер пакети” қайта көрип шығылып, 20 түрдеги кеселликлер бойынша диагностика, емлеў ҳәм профилактика хызметлери көлеми толық қамтып алынады.

Көп ушырайтуғын 20 түрдеги кеселликлер бойынша басланғыш буўындағы бийпул анализ түрлери  15 тен 25 ке шекем, тексериўлер 10 нан 20 ға шекем, дәрилер  64 тен 90 ға асырылады.

Социаллық мәмлекетке тән бундай жақынласыў билимлендириў тараўы бойынша да көплеген статья ҳәм нормаларда өз сәўлелениўин таппақта. Билимлендириў ҳәм илим-пәнге байланыслы нормалар дерлик 2 есеге асып атыр. Пуқаралардың жоқары оқыў орныларына мәмлекетлик грант есабынан оқыў ҳуқықы қатаң белгиленбекте. Мағлыўмат ретинде айтыў мүмкин, 2017-жылға шекем жоқары оқыў орныларына кириў ушын мәмлекетлик грантлар саны тек қысқарып келген болса, соңғы алты жылда бул тараўдағы жағдай пүткиллей өзгерди. Грантлар саны 2 есе көбейип, 40 мыңға жетти. Соннан, магистратура ушын – 5 есе көбейди. Пуқаралардың бийпул басланғыш кәсип-өнерге оқытылыўы белгиленбекте. Майыплылығы бар балаларымызға өз теңлеслери менен бирдей билим алыўы ушын бәрше шараятлар жаратылмақта. Соның ушын, бундай имканиятлар инклюзив билим сыпатында Конституцияға киргизилмекте. Мәмлекет шаңарақтың толық раўажланыўы ушын социаллық, экономикалық, ҳуқықый ҳәм басқа шараятлар жаратыўы конституциялық беккемленбекте. Енди, перзентлер тәрбиясы, оларға билим бериў, бәркамал ер жеткизиў ҳәм ата-ана мәжбүрияты сыпатында белгиленбекте. Баланың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў ҳәмде қорғаў, оның физикалық, интеллектуал ҳәм мәдений тәрептен толық раўажланыўы ушын ең жақсы шараятларды жаратыў мәмлекеттиң миннети сыпатында белгиленбекте.

Инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў мәмлекеттиң ең жоқары мақсети етип белгиленбекте. Инсан ҳуқықларына тийисли нормалар 3 еседен артыққа аспақта. Инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери нызамларымыздың, ҳәр бир министрлик ҳәм мәкеме жумысының мазмунына айланыўы қатаң талап етип белгиленбекте. Нызамлардағы анықсызлықлар инсан пайдасына шешилиўи шәрт ҳәм зәрүр. Жаңаланып атырған Конституция халықшыл мәмлекет қурыў мақсетинде күшли парламент, ықшам ҳәм жуўапкерли ҳүкимет, ғәрезсиз ҳәм әдалатлы суд системасын қурыўға қаратылған. Парламент палаталарының ўәкилликлери қайта көрип шығылмақта. Сол себепли, Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаттың ўәкилликлери сезилерли дәрежеде кеңеймекте, еки палата жумысындағы қайталаныўлар сапластырылып, ҳәр бириниң жуўапкершилик тараўы анық белгиленбекте.

Соның менен бирге, Конституцияның барлық тексти жаңаланып атырғанлығын инабатқа алып, тек ғана статьялардың тәртип номери өзгерген. Алдынғы 70-75-статьялар жойбарда тийислисинше 85-90-статьялар сыпатында келтирилмекте.

Себеби, Конституцияның статьялары 27 ге көбеймекте, ҳәзирги ўақытта 155 ти қурамақта.

Аралбойы мәселеси Конституция дәрежесине алып шығылды.

Мәмлекет Аралбойы регионының экологиялық системасын қорғаў ҳәмде тиклеў, регионды социаллық ҳәм экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша илажлар көреди.

 

Бахтияр Торебаев,

Пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлараралық
суды 
баслығы 

Исбилерменлердиң ҳуқықлары нызам қорғаўында

 

Мәмлекетимиз басшысының 2020-жылы 29-декабрьдеги Өзбекстан Республикасы Олий Мәжилисине жоллаған мүрәжәәтнамасында инвесторлар ҳуқықларын мүнәсип қорғаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судында инвестициялық даўлар ҳәм бәсекиликке байланыслы ислерди көриў бойынша арнаўлы судлаў коллегиясы дүзилгенлиги, енди инвесторлар, өз қәлеўине көре, даўларды шешиў ушын туўрыдан-туўры Жоқарғы судқа мүрәжәәт етиў мүмкинлиги белгиленди.

Суд системасын санластырыў және де кеңейттирилип, пуқараларымызға суд имәратына келип жүрместен «онлайн» тәртипте мүрәжәәт етиў имканияты жаратылды, сондай-ақ, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлари өз арзаларын көрип шығыў процессин аралықтан турып қатнасып барыў имкәнияты жаратылды.

Суд ҳәкимиятының ғәрезсизлигин, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлариниң ҳуқық ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлеў ҳәмде әдил судлаўға ерисиў дәрежесин асырыў суд-ҳуқық системасын реформалаў тараўында мәмлекет сиясатының тийкарғы үстин бағдарларынан болып есапланады.

Тараўдағы барлық реформалар бир нәрсеге – судларда ашықлық, әдалат үстинлигин тәмийинлеўге қаратылған.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик уйымлар менен қатнасықларда Пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ҳуқықларын нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў ҳәмде халықтың судқа болған исенимин және де асырыў иләжлари ҳаққында»ғы 2022-жыл 29-январь күнги ПҚ-107-санлы қарары қабыл етилгенлиги ҳәм ҳәкимшилик судларда Мәмлекетлик уйымлар менен қатнасықларда Пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеўде зәрүр ҳүжжет болды.

Оған көре, Мәмлекетлик уйымлар менен қатнасықларда Пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў ҳәмде ҳәкимшилик суд ислерин жүритиўди халықаралық стандартлардан келип шыққан ҳалда жетилистириў мақсетинде, Ҳәкимшилик судларының биринши нәубеттеги ўазыйпасы етип пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң мәмлекетлик уйымлар менен қатнасықларда нызам үстинлигин тәмийинлеў менен бир қатарда олардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў мағлыўмат ушын қабыл етилип, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Судьялар Жоқарғы кеңеси ҳәмде мәпдар министрлик ҳәм кеңселер менен биргеликте мәмлекетлик уйымлардың қарарлары үстинен берилген шағымларды көрип шығыўда ҳәкимшилик судларының ролин күшейтиў, оларды пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳақыйқый қорғаўшысына айландырыўға қаратылған тәртиплерди процессуал нызам ҳүжжетлеринде белгилениўин тәмийинлеў көрсетилип өтилди.

Жуўмақластырып айтқанда, Мәмлекетлик уйымлар менен қатнасықларда, пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң бузылған ҳуқықларын тиклеў мәселеси ҳәкимшилик судлардың биринши нәўбеттеги ўазыйпасы болып есапланады.

 

Амир Нурлипесов,

Қарақалпақстан  Республикасы

ҳәкимшилик судының баслығы                       

Суд-ҳуқық тараўына байланыслы мүрәжатлар тыңланды

Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм ҳәкимшилик суды, Қарақалпақстан Республикасы судлары судьялары квалификациялық коллегиясының басшылары  тәрепинен Шоманай, Қанлыкөл, Қоңырат районы пуқаралары ушын онлайн тәризде қабыллаў өткерилди.

 

Онда пуқаралардың суд қарарларына ҳәм басқа да мәселелерге байланыслы мүрәжаты көрип шығылды.

 

 

Атап айтқанда, жер-мүлк, кадастр, ажырасыў, суд қарарынан наразылық ҳәм басқа да мәселелер бойынша көплеген мүрәжатлар билдирилди.

 

Шоманай районындағы Ақ жап АПЖ турғыны А.Қалдыбаевтың билдириўинше, ҳаялы менен ажырасыўды қәлемейтуғынын, бирақ ҳаялының ата-анасы бирге жасаўына қарсылық етип атырғанлығын айтып әмелий жәрдем сорады.

 

Шоманай районы Ақ жап АПЖдан Ж.Қайпова өзине жумысқа кириў бойынша  районлық Бәнтликке көмеклесиў орайы тәрепинен жоллама берилгенлиги, бирақ жумыс орны жолламасы болса да жумысқа қабыл етпегенлигинен наразы екенлигин билдирди.

 

Сондай-ақ, Қоңырат районы, Таллық мәҳәллеси, Сейтжанов көшесиниң турғыны У.Қоңыратбаев кадастр ҳүжжетлерин мәмлекетлик дизимнен қайта өткериў бойынша әмелий жәрдем сорап мүрәжат етти.

 

Қабыллаў даўамында мүрәжатлардың көпшилиги өз орнында шешилип, тийисли мәсләҳәтлер берилди. Ал, айырым мүрәжатлар бойынша үйрениў жумыслары алып барылатуғынлығы белгиленип, орынланыўы қадағалаўға алынды.

 




Қарақалпақстан Республикасы суды

Ɵзбекстан Республикасы Конституциясы-бул мениң Конституциям

Усы жылы 30 апрель күни «Ɵзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққындағы» Ɵзбекстан Республикасы Конституциялық нызамы жойбары бойынша Ɵзбекстан Республикасы референдумы болып ɵтеди.

Елимизде инсан, оның ɵмири, еркинлиги, қәдир-қымбаты ҳәм басқада ҳуқықлары уллы қәдирият болып есапланады.

1992-жылы 8-декабрь күни қабыл етилген тийкарғы нызамымыз қабыл етилгенинен бери оған киритилген ɵзгерислер тийкарынан мәмлекетлик басқарыўы ҳәм сайлаў нызамшылығына байланыслы болса, ҳәзирги ўақытта киритилип атырылған ɵзгерислердеги тийкарғы ɵзгешелик, инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўдың кепилликлерин ҳәм социаллық қорғаўын күшейтириўге қаратылғанлығы менен айрықша ажыралып турады.

Атап айтатуғын болсақ, Конституциямызда:

– өлим жазасы қадаған етилмекте;

– шахсты судтың қарарысыз 48 сааттан артық мүддетте услап турыў мүмкин емеслиги белгиленбекте;

– адамлардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин шеклеў менен байланыслы барлық ҳәрекетлерге, тек ғана ҳәм тек суд қарары тийкарында жол қойылыўы беккемленбекте.

Яғный, әдил судлаўды әмелге асырыўда “Хабеас корпус” институти жәнеде кеңейтирилди;

– биринши мәрте айыпланыўшы ҳәм судланыўшыларға өзине қарсы көрсетпе бермеў, яғный “үнсизлик” ҳуқықы берилмекте;

– Ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық қураллар менен қорғаўға ҳақлы екенлиги белгиленбекте;

– Ҳәр ким Өзбекстан Республикасының нызамшылығына ҳәм халықаралық шәртнамаларына муўапық инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўшы халық аралық уйымларға, егер мәмлекеттиң ҳуқықый қорғаўға тийисли барлық бар болған ишки қуралларынан пайдаланған болса, мүрәәжәт етиў ҳуқықы беккемленбекте;

– Ҳәр ким мәмлекет уйымларының ямаса олар лаўазымлы шахслардың нызамға қайшы қарарлары, ҳәрекетлери ямаса ҳәрекетсизлиги себепли келтирилген зыянның орны мәмлекет тәрепинен қапланыўы ҳуқықына ийе екенлиги белгиленбекте;

– Шахсты услаў ўақтында оған түсиникли тилде өз ҳуқықлары ҳәм услап турыў тийкарлары түсиндирилиўи керек екенлиги белгиленбекте;

– Айыплылығына байланыслы барлық гүманлар, егер оларды сапластырыў мүмкиншиликлери таўсылған болса, гүман қылыныўшының, айыпланыўшының, судланыўшының ямаса еркинен айырыў жазасын өтеп атырған шахстың пайдасына шешилиўи керек екенлиги белгиленбекте;

– Гүманланыўшы, айыпланыўшы ямаса судланыўшы өзиниң айыпсызлығын дәлиллеп бериўи шәрт емеслиги беккемленбекте;

– Ҳеш ким өзине ҳәм жақын туўысқанларына қарсы гүўалық етиўге мәжбүр емес екенлиги белгиленбекте;

– Егер шахстың өз айыбын тән алғанлығы оған қарсы бирден-бир дәлил болса, ол айыпкер деп табылыўы ямаса жазаға тартылыўы мүмкин емес екенлиги кепилленбекте;

– Шахстың судланғанлығы ҳәм буннан келип шығатуғын ҳуқықый ақыбетлер оның туўысқанлары ҳуқықларын шеклеў ушын тийкар болыўы мүмкин емес екенлиги беккемленбекте.

Жуўмақлап айтатуғын болсақ, Жаңа Ɵзбекстандағы ɵзгерислерге муўапық түрде ɵзгертилип атырылған Конституциямыздың қабыл етилиўи ҳәр биримиздиң ертеңги күнимиздиң ҳуқықый кепили деп есаплайман.

 

Ж.Аймаганбетова

Қарақалпақстан Республикасы

ҳәкимшилик суды судьясы

Референдумға арналған илажлар даўам етпекте

 

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында Конституциялық реформалардың мазмуны ҳәм әҳмийетин түсиндириўге бағышланған ушырасыў өткерилди.

 

Онда Қарақалпақстан Республикасы судының судьялары Г.Зарипова, С.Ниязов, У.Сабиров, Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы Б.Баймуратов, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы орынбасары А.Сейтахов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, ҳәзирги ўақытта елимизде үлкен сиясий процесс басланғанлығын, атап айтқанда, усы жылдың 30-апрель күни киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалар менен жаңаланған Өзбекстан Республикасы Конституциясы бойынша Өзбекстан Республикасында улыўма халықлық референдум өткериў белгиленгенлигин атап өтти.

 

Конституциялық реформалардың мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.

 

Атап өтилгениндей, соңғы алты жылда ерискен табысларымызды, атап айтқанда, экономика, инсан ҳуқықлары, әдил судлаў, сөз ҳәм диний еркинлик, социаллық қорғаў тараўларындағы жүзлеген шеклеўлерди алып таслаў, нақ пул, валюта, кредит, дебитор-кредитор мәселелериндеги машқалаларды шешиў, қоңсы мәмлекетлер менен қатнасықларымызды жақсылаў сыяқлы жетискенликлеримизди исенимли конституциялық қорғаў арқалы тәмийинлеўимиз керек. Усы ерисилген табыслар, ҳуқық ҳәм еркинликлерден тек ғана ҳәзирги емес, ал, келешек әўладларымыз да емин-еркин пайдаланыўы ушын оларды, әлбетте, Конституцияда белгилеп қойыўымыз зәрүр.

 

Булардың барлығы ушын беккем ҳуқықый тийкар зәрүр ҳәм Жаңа Өзбекстанға жаңаланған Конституция керек.

 

Конституцияның тексти илимпазлар ямаса қәнигелер тәрепинен кабинетлерде жазылмады. Ал, дәслеп халқымыздың пикири, усыныслары еки басқышта үйренилди. Соннан кейин Конституция жойбары таярланды.

 

Тийкарғы нызамымыздың 65 процент тексти халқымыздың усыныслары тийкарында жаңаланды. Өзбекстан – социаллық мәмлекет, деп белгиленбекте. Социаллық бул – инсанға итибар ҳәм ғамхорлық, дегени.

 

 

 

Илаж қатнасыўшылары пикир-усынысларын билдирип, қызықтырған сораўларына жуўап алды.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

Басым ҳәм зорлыққа қарсы гүресиў тараўындағы нызамшылық.

 

Бүгинги күнде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар, нызамшылық тараўындағы жүз берип атырған өзгерислер, дүньяның ең уллы қәдирияты болған инсан, оның жәмийетте мүнәсип өмир сүриўи, ҳуқық ҳәм мәплериниң тәмийинлениўи, олардың ҳеш қандай тосқынлықларсыз әмелге асырылыўын, ҳәр қандай реформа инсан ҳәм оның мәпи ушын хызмет етиўин нәзерде тутқан ҳалда ислеп шығылады.

Өзбекстан Республикасының «Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында» ғы Нызамы 2019 жыл 2 сентябрь күни қабыл етилген болып, нызамның баслы мақсети – ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў тараўындағы мүнәсибетлерди тәртипке салыў болып табылады. Ҳаял-қызларға  қарата жүз беретуғын басым ҳәм зорлық бул – физикалық, жынысый, экономикалық, социаллық ҳәм руўхый  басым өткериў, зорлық көрсетиў менен байланыслы болған ҳәрекет яки ҳәрекетсизликте өз көринисин табады. Ҳәр қандай түрдеги басым яки зорлыққа ушыраған жәбирлениўши  бундай өз еркине қарсы ҳәр қандай қол қатыўлардан тийисли ўәкилликли уйымларға, шөлкемлерге ямаса тиккелей судқа шағым етиўи, бийпул телефон линиясы арқалы бийпул ҳуқықый мәсләҳәт, социал-экономикалық, психологиялық ҳәм медициналық жәрдем алыўы, өзине  жеткизилген материаллық ҳәм руўхый зыян ушын компенсация  талап етиў ҳуқықына ийе.

Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў тараўында гендер сиясаты, мәмлекет бағдарламасы ҳәм стратегияларын ислеп шығыў, жәмийетте ҳаял-қызларға қарата жүз бериўи мүмкин болған бундай унамсыз  ҳалатларға  келисимсиз қатнаста болыў,  ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты еле де жетилистириў,  зорлық жағдайының жүзеге келиўи  себеплерин ҳәм  шәрт-шәраятларын анықлаў, алдын алыў иләжларын көриў, сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер, пуқаралық жәмийети институтларының бирге ислесиўин тәмийинлеў мәмлекет сиясатының тийкарғы бағдарлары етип алынған.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, ишки ислер органлары, мийнет ҳәм бәнтликке көмеклесиў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў мекемелери мине усындай ўәкилликлерге ийе болып, өз нәўбетинде искерлигинде ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаўда бирге ислесиўди жолға қояды.  Басым ҳәм зорлықтан жәбирленгенлер, соның менен бирге бундай басым ҳәм зорлық  көрсетиўге бийим болған шахслар  ҳаққында тийисли ўәкилликли уйымлар тәрепинен Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик статистика комитетиниң бирден-бир электрон мағлыўматлар базасына мағлыўматлар киритип барылады.

Ҳаял-қызларға қарата басым ҳәм зорлық көрсетиўдиң алдын алыў бойынша жеке тәртиптеги иләжлар  көриў – басым өткерилген, зорлыққа ушыраған жәбирлениўшиниң мүрәжаты,  физикалық ҳәм юридикалық шахслар мүрәжатлары, сондай-ақ, нызамда нәзерде тутылған жағдайларда  профилактика сәўбетин өткизиў, қорғаў ордерин бериў, жәбирлениўшиге жәрдем көрсетиў бойынша арнаўлы орайларға орналастырыў, зорлық минез-ҳулқын өзгертиў бойынша дүзетиў дәстүрлерин өтиўде сәўлеленеди. Профилактика сәўбети ғайры социаллық минез-ҳулқтың жәмийетлик ҳәм ҳуқықый ақыбетлерин түсиндириў, жуўапкершилик ҳаққында ескертиў мақсетинде өткериледи. Қорғаў ордери жәбирлениўшиге зорлық  факти яки ол жүз бериў қәўипи анықланғанда, ал зорлық ислеген шахсларға қорғаў ордери нусқасы ишки ислер органы лаўазымлы шахсы қорғаў ордери шәртлери ҳәмде оны орынламаў ақыбетлеринен хабардар етип бериледи.  Қорғаў ордери  ишки ислер уйымлары тәрепинен 24 сааттан 30 күнге шекем бериледи ҳәм ордер рәсмийлестирилген күннен баслап күшке киреди. Он сегиз жасқа толмаған, басым ҳәм зорлықтан жәбирленгенлер қорғаў ордерин алыў ҳаққында арза менен мүрәжат етиўге ҳақылы. Қорғаў ордеринде шеклеўлерде нәзерде тутылады, яғный, басым өткизиўди, зорлық көрсетиўди қадаған етиў,  жәбирлениўши менен мүнәсибетин шеклеў, зорлыққа ушыраған жәбирлениўшини даўалаў, мәсләҳәт бериў, жәрдем көрсетиў бойынша арнаўлы орайға жайғастырыў ушын қарежетлер, материаллық ҳәм руўхый зыян ушын компенсация  төлеў миннетин зорлық көрсеткен шахсқа жүклеў мүмкин.

Соның менен бирге, басым өткизиў, зорлық көрсетиў жағдайларының алдын алыў ҳәм жәбирлениўшиниң қәўипсизлиги тәмийнлеў мақсетинде, зорлыққа бейим шахстың минез-ҳулқын өзгертиўде оған руўхый ҳәм социаллық жәрдем көрсетиўге қаратылған иләжлар әмелге асырылады.

Жуўмақлап айтқанда,  ҳаял-қызлардың жәмийеттеги, шаңарақтағы орны ҳәм ролин асырыў, оларды ҳәр қандай басым ҳәм зорлық мүнәсибетлерден қорғаў,  саламат турмыс тәрзин қәлиплестириў ушын әмелге асырылып атырылған ислер буның айқын көриниси бола алады.

 

Саодат Каипназарова,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы                                                       

 

Skip to content