«Суд-ҳуқық реформаларын әмелге асырыўда нызам үстинлигин тәмийинлеўдиң конституциялық тийкарлары» атамасында семинар өткерилди

«Суд-ҳуқық реформаларын әмелге асырыўда нызам үстинлигин тәмийинлеўдиң конституциялық тийкарлары» атамасында семинар өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова, Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарихов, Қарақалпақтан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлипесов, Қарақалпақтан Республикасы Әдиллик министри С.Мәмбеткадиров, Қарақалпақтан Республикасы прокуратурасы, Қарақалпақтан Республикасы ИИМ тергеў басқармасы тергеўшилери, Қарақалпақтан Республикасы бажыхана басқармасы, Қарақалпақтан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы қәнигелери, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң юридика факультетиниң профессор-оқытыўшылары, судьялар ҳәм Өзбекстан судьялар жоқарғы мектеби тыңлаўшылары,  ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Семинарды Қарақалпақтан Республикасы судының баслығы К.Тарихов кирис сөзи менен ашып берди ҳәм басқарып барды. Барлық семинар қатнасыўшылар 9-апрель Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабул етилгениниң отыз жыллық қутлы сәнеси менен қутлықлап , бүгинги өткерилип атырған иләждың әҳмийети жөнинде сөз етти.

 

Қарақалпақтан Республикасы Жоқарғы кеңеси комитет баслығы З.Реймова сөзге шығып, Президентимиз Ш.Мирзиёевтың тиккелей басламасы менен барлық тараўлардағы сыяқлы, суд-ҳуқық тараўында да избе излик пенен бир қанша реформалар әмелге асырылып атырғанлығн атап өтти. Сондай-ақ, 2022-2026-жылларда Өзбекстан Республикасын жәнеде раўажландырыў бойынша ҳәрекетлер стратегиясының екинши бағдарында нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық системасын жәнеде реформалаўға қаратылған суд ҳәкимиятының шын мәнидеги бийғәрезлигин ҳәм де пуқаралардың ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин беккемлеў, ҳәкимшилик, жынаят, пуқаралық ҳәм экономикалық нызамшылығын, жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў системасы нәтийжелилигин асырыў, суд процесси даўамында тартысыў принципин толық қәлиплестириў, юридикалық жәрдем ҳәм ҳуқықый хызметлер сапасын түптен жақсылаў нәзерде тутылған. Белгиленген ўазыйпалар тийкарында, Қарақалпақтан Республикасы судлары ҳәм оның қала ҳәм районлардағы судлары тәрепинен бүгинги күнде пуқаралардың ҳуқықларын ҳәм еркинликлерин, сондай-ақ, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд арқалы қорғаў, әдил судлаўды тәмийинлеўге байланыслы бир қатар жумыслар әмелге асырылып келинбекте.

 

Атап айтқанда, Қарақалпақтан Республикасы жынаят ислери бойынша судлары тәрепинен 2 545 шахсқа қарата 1969 жынаят иси көрип тамамланған болса, Қарақалпақтан Республикасы пуқаралық ислери бойынша судлары тәрепинен 22 134 пуқаралық ис көрип тамамланған, Қарақалпақтан Республикасы экономикалық судлары тәрепинен жәми 10 135 экономикалық ис, Қарақалпақтан Республикасы ҳәкимшилик судлары тәрепинен жәми 756 ғалабалық-ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын ислер көрип тамамланған.

 

Семинар күн тәртибине бола, дәслепки баянатты судлар ғәрезлигин тәмийинлеўдиң конституциялық тийкарлары бойынша Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университети юридика факультетиниң жынайый-ҳуқықый ҳәм пуқаралық-ҳуқықый пәнлер кафедрасы доценти Қ.Сейтназаров баянат жасады.

Көпшиликтиң хабары бар, усы жылдың 30-апрель күни киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалар менен жаңаланған Өзбекстан Республикасы Конституциясы бойынша Өзбекстан Республикасында улыўма халықлық референдум өткерилиўи белгиленген.

Референдум – халқымыз турмысында жаңа бет ашатуғын әҳмийетли сиясий илаж. Жаңа редакциядағы Конституцияда инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлериниң қорғалыўы және де жетилистирилмекте. Соның ишинде, Конституциямыз алдын әмел етип келген «мәмлекет-жәмийет-инсан» принципин «инсан-жәмийет-мәмлекет» деп өзгертиў, яғный, бәринен бурын, инсан мәпин ҳәмме нәрседен үстин қойыўды мақсет еткен. Жойбарға тийкарланып инсанның абырайы ҳәм қәдир-қымбатына қол қатылмайды, ҳеш нәрсе оларды кемситиў ушын тийкар болыўы мүмкин емес. Инсанның ҳуқықлары менен еркинликлери тиккелей әмел етеди сондай-ақ, нызамлар, мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслар жумысының мәнис-мазмунын белгилеп береди.

 

Конституция жойбарындағы статьялар саны әмелдеги 128 ден 155 ке, нормалар саны 275 тен 434 ке артты. Яғный, Тийкарғы нызамымыздыӊ 65 процент тексти халқымыздыӊ усыныслары тийкарында жаӊаланды.

Жаңаланып атырған Конституция халықшыл мәмлекет қурыў мақсетинде күшли парламент, ықшам ҳәм жуўапкерли ҳүкимет, ғәрезсиз ҳәм әдалатлы суд системасын қурыўға қаратылған. Атап айтқанда, Парламенттиң суд ҳәм қадағалаў уйымлары, ҳуқықты қорғаўшы уйымлар ҳәм арнаўлы хызметлер жумысы үстинен қадағалаў функциялары күшейтилмекте. Суд ҳәкимиятының шын мәнисиндеги ғәрезсизлигин тәмийинлеў мақсетинде Судьялар жоқары кеңесиниң барлық ағзаларын Сенат тәрепинен сайлаў системасы киргизилмекте. Айырым жоқары лаўазымлы шахслардың лаўазымына сайланыў ямаса тайынланыў мүддетлери бойынша шеклеўлер белгиленеди.

 

Сенат Баслығы ҳәм Нызамшылық палатасы Спикери, Жоқары суд ҳәм Судьялар жоқары кеңеси баслықлары, олардың орынбасарлары, Бас прокурор, Орайлық сайлаў комиссиясы баслығы, ҳәкимлерди лаўазымға еки мүддеттен артық сайлаў ямаса тайынлаўға шеклеў киргизилмекте.

Конституциялық суд судьяларын қайта сайланыў ҳуқықысыз 10 жылға сайлаў тәртиби белгиленбекте (ҳәзирги ўақытта биринши мәрте 5 жылға, кейин және 10 жылға сайланады). Баянатшы усы ҳам басқада, конституциядағы жаңа статья ҳәм нормалар жөнинде қатнасыўшыларға кең түрде мағлыўмат берди.

Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы Г.Зарипова «Жаңаланып атырған Конституцияның мазмун-мәниси» бойынша баянат жасады.

 

 

 

 

 

 

 

Өзбекстан Республикасының жаңа редакцияда қабыл етилиўи күтилип атырған Конституциясында ҳәммеге маман юридикалық жәрдем алыў ҳуқықының кепиллениўи, нызамда нәзерде тутылған жағдайларда, юридикалық жәрдем мәмлекет есабынан көрсетилиўи, ҳуқықбузарлықлардан жәбирленгенлердиң ҳуқықлары нызам менен қорғалыўы белгиленген. Сондай-ақ, мәмлекет жәбирленгенлерге қорғалыў ҳәм әдил судлаўдан пайдаланыўды тәмийинлеўи, оларға жеткерилген зыянның орны қапланыўы ушын шараятлар жаратылыўы тәмийинлениўи нәзерде тутылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды судьясы Ж.Аймағанбетова «Суд-ҳуқық реформаларын әмелге асырыўда нызам үстинлигин тәмийнлеўдиң конституциялық тийкарлары ҳәмде коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар, коррупцияны сапластырыў илажлары» атамасында баянат жасады.

Суд системасында коррупцияға қарсы гүресиў тараўында алып барылып атырылған ислер тиккелей, Республикамызда бул бойынша Президентимиз Шавкат Мирзиёев басшылығында əмелге асырылып атырылған реформалар менен байланыслы. Сондай ақ, Ш.Мирзиёевтың басламасы менен киритилген «Коррупцияға қарсы гуресиў ҳаққында»ғы нызам 2016 жылы 24 ноябрде Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатаси тәрепинен қабыл етилип, бул нызам 2016 жылы 13 декабрде Сенат тәрепинен мақулланған ҳәм бул нызам 2017 жылы 3 январь куни Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен имзаланды.

«Коррупцияға қарсы гуресиў ҳаққында»ғы нызамның 4-статьясына муўапық, коррупцияға қарсы гүресиўдиң тийкарғы принциплери болып, нызамлылық, пуқаралар ҳуқықлары, еркинликлери ҳəм нызамлы мəпдлериниң үстинлиги, ашықлық, системалылық, мəмлекет ҳəм пуқаралық жəмийетиниң бирге ислесиўи, коррупцияның алдын алыўға байланыслы ис-илажлардың үстинлигин, жуўапкершиликтиң бар екенлиги белгиленген.

Усы нызамның 6-статьясында, коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы мəмлекетлик сиясаты мəмлекетлик дəстүрлер ҳəм басқа дəстүрлер тийкарында əмелге асырылыўы мүмкинлиги кɵрсетилген.

Нызамның 25-статьясында, судлардың ғəрезсизлигин ҳəм еркинлигин, олардың искерлигиниң ашықлығын тəмийинлеў, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларды ислегенлик ушын жуўапкершиликтиң бар екенлиги принципин тəмийинлеў ис-илажларының бири сыпатында кɵрсетилген.

Семинарда баянатшы тәрепинен бул бойынша кең түрде тусиниклер берилди. Иләж қатнасыўшылардың өз-ара сораў жуўап ҳәм пикир алмасыўлары менен даўам етти.