Инсан жәмийетшилигинде сондай унамсыз социаллық қубылыслар болады, оларға ҳәр бир инсан өзи яки жақын инсаны жолықпағанынша итибардан шетте болып көринеди. Усындай қубылыслардың бири бул адам саўдасы жынаяты.
Соның менен бир ўақытта бул жынаятқа халқаралық дәрежеде гүрес жәрияланған. Жынаятшылықтың бул қәўетерли түрине қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў мақсетинде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң бир қатар усыныс ҳәм мәжбүрий характерге ийе болған ҳүжжетлери қабыл етилген.
Атап айтқанда, «Адам саўдасына ҳәм үшинши шахслар тәрепинен денепурышлықтан пайдаланыўға қарсы гүрес ҳаққында»ғы Конвенция (1949-жыл), «Қуллық ҳәм қул саўдасын, қуллыққа уқсас институтлар ҳәм әдетлерди бийкар қылыў ҳаққында»ғы қосымша Конвенция (1956-жыл), «Трансмиллий уыймласқан жынаятшылыққа қарсы гүрес ҳаққында»ғы Конвенцияны толықтырыўшы «Адамлар, әйне, ҳаяллар ҳәм балалар саўдасын тоқтатыў, алдын алыў ҳәм оның ушын жаза ҳаққында»ғы баяннама (2000-жыл) усы категориядағы ҳалықаралық ҳуқықый ҳүжжетлер есапланады.
Буннан тысқары, адам саўдасына қарсы гүресиў жүзесинен мәмлекетлераралық бирге ислесиўди күшейтиў мақсетинде 2005-жылы ҒМДА шеңберинде «Адам саўдасына қарсы гүресиў саласында бирге ислесиўди күшейтиў ҳаққында»ғы келисиў, 2006-жылда сегиз ағза мәмлекет шеңберинде «Адам саўдасына қарсы гүрестиң 2007–2010-жылларға мөлшерленген дәстүри» қабыл қылынған еди.
Адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў мәселелерине тийисли миллий нызамшылығымызда ҳәм өзгерислер болмақта. Яғный, 2019-2020-жылларда усы бағдарлардағы искерликти тәртипке салыў мақсетинде 20 дан артық норматив-ҳуқықый ҳүжжет қабыл қылынды. Буннан тысқары, Халықаралық мийнет шөлкеми ҳәм Халықаралық миграция шөлкеминиң 6 Конвенция ҳәмде протоколлары ратификация қылынды. Балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнетке жол қойылғанлық ушын жуўапкершилик шараларын күшейтиў мақсетинде Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы ҳәмде Жынаят кодекслерине өзгерис ҳәм қосымшалар киритилди. Сол менен бирге, халықаралық тәжрийбелерди есапқа алған ҳалда «Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳаққында»ғы нызам жаңа редакцияда қабыл қылынды.
2023-жыл 21-декабрьде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип мийнет принциплерин кең енгизиўге тийисли қосымша иләжлар ҳаққында»ғы ПП-210-санлы Пәрманы менен Олий Мажлис сенатының баслығы басшылық ететуғын Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери бойынша миллий комиссия дүзилди.
Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 135-статьясында адам саўдасы, яғный адамды алыў-сатыў ямаса адамды оннан пайдаланыў мақсетинде жаллаў, тасыў, тапсырыў, жасырыў яки қабыл қылыў жынаят ушын жынайый жуўапкершилик белгиленген.
БМШниң статистик мағлыўматларына көре, адамлар кеминде 127 мәмлекеттен сатыўға шықпақта ҳәм олар 137 мәмлекетте эксплуатация қылынбақта. Ҳәр жылы түрли есап-китапларға көре, 20-40 миллион адам қуллықтың заманагөй формасы қурбанына айланбақта.
Бул машқаланың анық көлемин билиў жүдә қыйын, себеби, жынайый искерлик жасырын исленеди. Анық статистика жоқ, буны жүритип те болмайды. Халықаралық дәрежеде адам саўдасы қурбанларының бар жоғы 0,04 пайызы ғана анықланады екен.
Тилекке қарсы, дүнья бойлап сонша кең көлемли әмелият, тийисли үгит-нәсият алып барылыўына қарамай, ҳәр жылы миллионлап инсанлар «заманагөй қуллық», яғный адам саўдасы қурбанына айланбақта. Олар арасында ҳаяллар, қызлар, кекселер, ҳәтте жас балалар да барлығы жүдә ашынарлы. Бул жынаяттың раўажланыўына түртки болып атырған тийкарғы себеплерден бири адамлардың шет елге барыў ҳәм жумысқа жайласыў ҳаққында жетерли мағлыўматқа ийе емеслигидур. Ашынарлысы, өзге мәмлекет, жат орталыққа түсип қалғанлар мол дәраматқа исенип аўыр физикалық мийнетке жалланбақта, ҳаяллар болса денепурышлыққа мәжбүрленбекте.
БМШ мағлыўматына көре, дүньяда ҳәр жылы шама менен 2 миллион 700 мың адам адам саўдасының қурбанына айланбақта. Халықаралық экспертлердиң баҳалаўынша, бул жынаятшылық нәтийжесинде алынып атырған жыллық дәрамат муғдары 7 миллиард АҚШ долларынан асып кеткен. Қәўетерлендиретуғыны, адам саўдасы жынаятынан жәбирленгенлердиң 80 пайызы ҳаял ҳәм балалардур. Ҳәр жылы дүнья бойынша 600–800 мың ҳаял ҳәм балалар алдаў жолы менен сырт еллерге алып кетилип, сатып жиберилмекте.
Бүгинги күнде дүньяда адам саўдасының үш кең тарқалған түри бар болып, булар: жынысый эксплуатация (денепурышлық), мәжбүрий мийнет адам ағзаларын сатыўдур.
Жынысый эксплуатация ушын тийкарынан ҳаяллар (сол қатары қызлар) сатылады. Мағлыўматларға көре, ҳаяллардын 72 пайызы усы мақсетте сатылады екен.
Мәжбүрий мийнетке тартылғанлардың тийкарғы бөлегин болса, еркеклер қурайды екен. Бул көрсеткиштиң 85,7 пайызды қураўы адам саўдасынан жәбир көрген еркеклердиң көпшилиги мәжбүрий мийнет арқалы әмелге асырылыўын көриў мүмкин.
Адам ағзаларын сатыў жынаяты болса жүдә ҳәм көзге тасланбайтуғын адам саўдасының түри болып, адам саўдасы “товарлары” улыўма санының 1 пайыздан көп болмаған бөлегин қурайды екен. Бул түрдеги “товарлар”дың жыллық саўдасы 1 млрд. доллардан артық муғдарды қураўы жынаяттың бул категориясы да үлкен машқала екенлигин тастыйықлайды.
Бул жынаятлардың тийкарғы себеби, түп тамырына нәзер тасласақ, руўхый азғынлық, ашкөзлик, дүньяға ҳәдден тысқары берилиў ҳәм нәпсиге қул болыўшылықты көремиз.
Мине усындай жеркенишли жынаят биздиң мәмлекетимизди де шетлеп өтпеген. Ашынарлысы, пуқараларымыз да адам саўдасы қурбанларына айланбақта, буны ғалаба хабар қуралларынан көрип, еситип турмыз. Булардың бәршеси мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиз тәрепинен усы иллетке қарсы қатаң шаралар көриўди, адам саўдасына тартылған ҳәм оннан жәбир көрген ўатанласларымызды қорғаўды актуал ўазыйпа етип қоймақта.
Нызам ҳәм ҳуқық үстинлиги жәрияланған мәмлекетимизде инсан ҳуқықларының қорғалыўын әмелге асырыўшы органлар, бул киби иллетлерди анықлаўда күни-түн тынбай ислемекте.
Жуўмақлап айтқанда, адам саўдасының ҳәр қандай көринисине қарсы гүресиўде ҳалықаралық дәрежеде өз-ара ҳуқықый бирге ислесиў жолға қойылған ҳалда әмелге асырылса өз нәтийжесин береди.
Себеби, адам саўдасы – мәмлекет, миллет таңламайды ҳәм оғада аўыр жынаят!
Еркин УТЕНИЯЗОВ,
Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы