ТӘБИЯТ БАЙЛЫҚЛАРЫНАН АҚЫЛҒА МУЎАПЫҚ ПАЙДАЛАНЫЎ – НЫЗАМ ТАЛАБЫ
Экология ҳәм тәбият байлықларынан надурыс пайдаланыў, яки оларға зыян жеткериў жынаят есапланады. Себеби ана тәбият – адамзаттың тиришилик дәреги, жәмийет раўажланыўы ҳәм келешек әўладлар саламатлығының тийкары. Елимизде тәбиятты қәстерлеп сақлаў, жер ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, қоршаған орталықты қорғаў тараўында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлери арқалы турақлы раўажланыўды тәмийинлеў, экологиялық мәдениятты арттырыў ҳәм тәбийғый байлықларды қорғаў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленген.
Жер ҳәм жер асты байлықлары ҳәр бир мәмлекеттиң ең әҳмийетли миллий байлықлары. Сонлықтанда, олар тек ғана экономиканың түрли тараўлары ушын тийкарғы дәрек емес, ал халықтың турмыс сапасы ҳәм келешек әўладлардың абаданлығы ушын да бийбаҳа ғәзийне болып есапланады.
Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 197-статьясында жер ямаса жер асты байлықларынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў жынаят екенлиги белгилер қойылған. Бул норма тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас ҳәм әдил пайдаланыўды тәмийинлеў, соның менен бирге оларды қорғаў мақсетинде енгизилген.
Сондай-ақ, 197-1-статьяда суўғарылатуғын жерлерди өзбасымшалық пенен ийелеп алыў жағдайларына қарсы гүресиў нормалары да белгиленген. Жерден пайдаланыўшы ямаса ижараға алыўшы өз аймағында жердиң өзбасымшалық пенен ийелеп алынғаны ҳаққында мәлим болса, ол бул жағдай ҳаққында тийисли уйымларға хабар бериўи шәрт. Егер бул миннетлеме орынланбаса ямаса шара көрилмесе, шахс жуўапкершиликке тартылыўы мүмкин.
Жер ҳәм жер асты ресурсларынан надурыс пайдаланыў топырақтың деградациясына, суў ресурсларының патасланыўына ҳәм экологиялық турақлылықтың бузылыўына алып келиўи мүмкин. Суўғарылатуғын жерлерди өзбасымшалық пенен ийелеп алыў болса тек ғана нызам бузылыўшылық емес, ал халықтың турмыс тәризине де унамсыз тәсир көрсетеди.
Сондай-ақ, жер қазылмалары, суў резервлери ҳәм минерал ресурслар мәмлекет экономикасының турақлы өсиўине хызмет етеди. Белгиленген тәртип-қағыйдаларға әмел етиў ҳәр бир пуқара ҳәм кәрхананың миннети есапланады.
Жынаят кодексиниң бул статьяларында жәрийма, белгили ҳуқықтан айырыў, мәжбүрий жәмийетлик жумыслар, айырым жағдайларда болса азатлықты шеклеў ямаса еркинен айырыў жазаkары белгиленген.
Жер ҳәм жер асты байлықлары – ҳәр биримиздиң улыўма байлығымыз. Оларды қәстерлеп сақлаў, нызам шеңберинде ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў ҳәр биримизден жуўапкершиликти талап етеди. Себеби ана тәбиятқа бүгинги дурыс мүнәсибет ертеңги әўлад ушын мүнәсип мийрас қалдырыў деген сөз.
Жасур УРАЗБАЕВ,
Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы