СУД СИСТЕМАСЫНДА КОРРУПЦИЯҒА ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎ

Өзбекстанда коррупцияға қарсы гүресиў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланды. Мәмлекет басшысы Шавкат Мирзиёев жумысының дәслепки күнлеринен-ақ бул иллетке қарсы маўасасыз гүресиў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў және мәмлекетлик уйымлардың искерлигинде ашық-айдынлықты тәмийинлеўди тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгилеп берди.

 

Бул бағдардағы әҳмийетли ҳуқықый тийкарлардан бири – «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызамның қабыл етилиўи болды. Бул ҳүжжет коррупция түсинигине анық тәрийип берип, оған қарсы системалы гүресиўдиң беккем тийкарын жаратты. Нызамға бола, шахстың өзиниң хызмет дәрежесинен жеке ямаса басқалардың мәпи жолында нызамға қайшы түрде материаллық ямаса материаллық емес пайда алыўы коррупция сыпатында баҳаланады. Әпиўайы тил менен айтқанда, бул – пара алыў-бериў, таныс-билислик ҳәм лаўазымынан жеке мәп жолында пайдаланыў жағдайлары болып есапланады.

 

Соңғы жыллары суд системасында коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў бағдарында избе-из ҳәм комплексли илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Жоқарғы суд баслығы Б.Исламовтың басшылығында судлар искерлигинде ашық-айдынлықты күшейтиў, мүрәжатлар менен ислесиў системасын жетилистириў ҳәм жәмийетлик қадағалаўды кеңейтиўге айрықша итибар қаратылмақта.

 

Бүгинги күнде пуқаралар ушын суд системасында коррупция жағдайларына дус келген жағдайда оператив мүрәжат етиў имканиятлары жаратылған. Исеним телефоны, Телеграм-бот ҳәм рәсмий веб-сайт арқалы мүрәжат жибериў мүмкин. Ең әҳмийетлиси, мүрәжат еткен шахстың сыр сақланыўы ҳәм мүрәжат белгиленген тәртипте көрип шығылыўы нызам менен кепилленген.

 

Суд системасында ҳадаллық орталығын беккемлеў мақсетинде Жоқарғы суд Президиумының қарары менен пара усыныс етилгени ҳаққында хабар бериў ҳәм оны көрип шығыў тәртиби де енгизилди. Бул болса судьялар ҳәм суд хызметкерлери жумысында ашық-айдынлық стандартларын және де күшейтиўге хызмет етпекте.

 

2024-жыл 27-декабрьде қабыл етилген «Судларда коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы буйрық болса тараўда жаңа басқышты баслап берди. Бул ҳүжжет пенен коррупцияға қарсы сиясат, мәплер соқлығысыўын басқарыў, қәўип-қәтерлерди баҳалаў, мәмлекетлик сатып алыўлардың ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм мүрәжатларды қабыл етиў тәртибин қамтып алған бир қатар әҳмийетли ишки ҳүжжетлер тастыйықланды.

 

Сондай-ақ, судьялар ҳәм суд хызметкерлериниң ҳуқықый санасы ҳәм жуўапкершилигин арттырыў мақсетинде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша арнаўлы оқыў бағдарламалары жолға қойылған. Әмелде ҳәр қыйлы темаларда лекция ҳәм семинарлар турақлы өткерилип келинбекте.

 

Жуўмақластырып айтқанда, суд системасында коррупцияға қарсы гүресиў тек ғана жаза шаралары менен шекленип қалмаған. Бүгин бул процесс профилактика, ашық-айдынлық, санластырыў ҳәм институционаллық қадағалаў механизмлери арқалы комплексли түрде жолға қойылған. Бул болса, өз гезегинде, әдил судлаўға болған исенимди беккемлеўге хызмет етпекте.

 

Жанат АЙМАГАНБЕТОВА,

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суд судьясы