КӨШПЕЛИ СУД – ЖЫНАЯТҚА ЖАЗА, ЖӘМИЙЕТШИЛИККЕ ҲУҚЫҚЫЙ САБАҚ
Шымбай районы Әдиллик бөлими имаратында Жынаят ислери бойынша Шымбай районы судының баслығы А.Успанов басшылығында көшпели ашық суд мәжилиси өткерилди.
Көшпели суд мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 248-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятты ислегенликте айыпланып атырған П.Д. ҳәм И.Б., сондай-ақ, Жынаят кодексиниң 238-статьясы 3-бөлими «б» бәнти ҳәм басқа да статьяларында нәзерде тутылған жынаятларда айыпланып атырған А.А.ға жынаят ислери көрип шығылды.
Суд додалаўы даўамында П.Д. ҳәм И.Б. өз айыпларын толық тән алып, қылмысларынан пушайман екенликлерин билдирди. Суд ҳүкимине бола, олар Жынаят кодексиниң 248-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятты ислегенликте айыплы деп табылып, усы статья санкциясы шеңберинде жәрийма жазасы тайынланды.
Сондай-ақ, А.А. да өз айыбын толық мойынлап, жеткерилген материаллық зыян толық қапланғанын мәлим етти. Суд тәрепинен ол Жынаят кодексиниң 238-статьясы 3-бөлими «б» бәнти ҳәм басқа да статьяларында нәзерде тутылған жынаятларды ислегенликте айыплы деп табылып, 3 жыл 7 ай мүддетке еркин шеклеў жазасы тайынланды.
Суд мәжилисиниң жуўмағында суд баслығы тәрепинен елимизде суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң суд системасына байланыслы жақында қабыл етилген пәрманларының мазмун-мәниси бойынша ҳуқықый түсиниклер берилди.
Көшпели суд мәжилислери тек ғана жынаят ислерин көрип шығыў емес, ал халық арасында ҳуқықый мәдениятты арттырыўға да хызмет етип атырғаны атап өтилди.






