КОРРУПЦИЯҒА ҚАРСЫ ГҮРЕС: ЖАЗА ЕМЕС, ӘДИЛЛИК ҮСТИНЛИГИ
Коррупция – жәмийеттиң раўажланыўына тосқынлық ететуғын, мәмлекетлик басқарыўдың нәтийжелилигине ҳәм пуқаралардың нызамға болған исенимине кери тәсир көрсететуғын қәўипли иллет.
Соның ушын коррупцияға қарсы гүресиў бүгин тек ғана ҳуқық қорғаў уйымларының ўазыйпасы емес. Бул – мәмлекетлик уйымлар, пуқаралық жәмийети ҳәм ҳәр бир пуқараның улыўма жуўапкершилиги болып есапланады.
Судья сыпатында искерлигим даўамында усы ҳақыйқатқа исендим, коррупцияға қарсы гүресиўде тек ғана жазаны күшейтиўдиң өзи жетерли емес. Ең әҳмийетлиси – нызам бузылыўына алып келетуғын шараятларды ерте анықлаў, оларды сапластырыў ҳәм жәмийетте коррупцияға маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў болып есапланады.
Коррупцияға қарсы гүресиў нәтийжелилигин арттырыў, коррупцияға байланыслы жынаятлар ушын жуўапкершиликтиң сөзсиз екенлигин тәмийинлеў ҳәм профильактикалық механизмлерди күшейтиў мақсетинде 2026-жыл 22-июньда Өзбекстан Республикасының «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине коррупцияға қарсы гүресиў нәтийжелилигин арттырыўға, коррупцияға байланыслы жынаятлар ушын жуўапкершиликтиң сөзсиз екенлигин тәмийинлеўге қаратылған қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилди.
Бул нызам коррупцияға қарсы гүресиўдиң ҳуқықый механизмлерин буннан былай да жетилистириўге қаратылғаны менен әҳмийетли.
Атап айтқанда, коррупцияға байланыслы жынаятлардың ҳуқықый шеңбери және де анықластырылып, айырым коррупциялық қылмыслар ушын жуўапкершилик илажлары күшейтилмекте.
Онда тийкарғы мақсет тек ғана жазалаў емес, ал коррупцияға қарсы ҳуқықый иммунитетти күшейтиў, лаўазымлы шахслардың нызамға бойсыныўы ҳәм жуўапкершилигин арттырыўдан ибарат.
Суд ҳәкимиятының тийкарғы ўазыйпасы – нызам үстинлиги ҳәм әдил судлаўды тәмийинлеў.
Коррупцияға байланыслы жынаятлар бойынша ислерди көрип шығыўда бул талап және де айрықша әҳмийетке ийе. Себеби бундай ислер көбинесе лаўазым, хызмет ўәкиллиги ҳәм жеке мәплер менен байланыслы болады.
Бирақ шахстың лаўазымы, абыройы ямаса жәмийеттеги орны суд ушын тийкарғы норма бола алмайды.
Ҳәр бир исте жынаят қурамы, шахстың айыбы, қылмыстың ақыбетлери ҳәм басқа да барлық жағдайлар нызам талаплары тийкарында пуқта тексерилиўи керек.
Жуўапкершиликтиң сөзсизлиги – ҳәр қандай жағдайда жаза тайынлаўды аңлатпайды. Бул, бәринен бурын, жынаят ислеген ҳәм айыбы нызамлы тәртипте дәлилленген шахстың жуўапкершиликтен шетте қалмаўын тәмийинлеў болып есапланады.
Соның менен бирге, айыпсыз шахстың тийкарсыз жуўапкершиликке тартылыўына жол қоймаў да әдил судлаўдың ажыралмас талабы болып есапланады.
Жаңа нызамның әҳмийетли тәреплеринен бири коррупцияға байланыслы жынаятлардың ҳуқықый шеңберин анықластырыў менен байланыслы.
Бул, өз гезегинде, ҳуқықты қоллаў әмелиятында бирден-бир қатнасты қәлиплестириў, коррупциялық характерге ийе қылмысларды анық ажыратыў ҳәм оларға нызамлы ҳуқықый баҳа бериў имканиятын кеңейтеди.
Коррупциядан алынған нызамсыз дәраматларды жасырыў ямаса оларды легалластырыўға қаратылған ҳәрекетлерди де коррупцияға қарсы гүресиў системасынан шетте қалдырмаў әҳмийетли.
Себеби коррупцияға қарсы гүресиў тек ғана пара бериў ямаса алыў жағдайын анықлаў менен шекленип қалмаўы керек. Ол коррупция арқалы арттырылған пайда ҳәм қаржылардың кейинги ҳәрекетине де тийисли болыўы керек.
Коррупцияға қарсы гүресиўде жуўапкершиликтиң сөзсизлиги принципи айрықша орын ийелейди.
Соның менен бирге, айыпсыз шахстың тийкарсыз жуўапкершиликке тартылыўына жол қоймаў да әдил судлаўдың ажыралмас талабы болып есапланады.
Жаңа нызамның әҳмийетли тәреплеринен бири коррупцияға байланыслы жынаятлардың ҳуқықый шеңберин анықластырыў менен байланыслы.
Бул, өз гезегинде, ҳуқықты қоллаў әмелиятында бирден-бир қатнасты қәлиплестириў, коррупциялық характерге ийе қылмысларды анық ажыратыў ҳәм оларға нызамлы ҳуқықый баҳа бериў имканиятын кеңейтеди.
Коррупциядан алынған нызамсыз дәраматларды жасырыў ямаса оларды легалластырыўға қаратылған ҳәрекетлерди де коррупцияға қарсы гүресиў системасынан шетте қалдырмаў әҳмийетли.
Себеби коррупцияға қарсы гүресиў тек ғана пара бериў ямаса алыў жағдайын анықлаў менен шекленип қалмаўы керек. Ол коррупция арқалы арттырылған пайда ҳәм қаржылардың кейинги ҳәрекетине де тийисли болыўы керек.
Коррупцияға қарсы гүресиўде жуўапкершиликтиң сөзсизлиги принципи айрықша орын ийелейди.
Жаңа нызамшылықта айырым коррупциялық өзгешеликке ийе қылмыслар ушын жуўапкершиликтиң күшейтилиўи де әйне усы мақсетке хызмет етеди.
Әсиресе, лаўазымлы шахслардың хызмет ўәкилликлеринен пайдаланыўы менен байланыслы қылмысларға ҳуқықый баҳа бериўде анық нормалардың белгилениўи әҳмиетли.
Лаўазымлы шахсқа берилген ўәкиллик – жеке жеңиллик емес, ал жәмийет алдындағы жуўапкершилик.
Соның ушын хызмет ўәкиллигинен нызамға қайшы түрде пайдаланыў тек ғана белгили бир шахсқа емес, ал мәмлекетлик уйымға болған исенимге де зыян жеткереди.
Заманагөй қатнас коррупция жүз бергеннен кейин оған қарсы шара көриў менен шекленип қалмаўы керек.
Коррупциялық қәўип-қәтерлерди алдыннан анықлаў, мәплер соқлығысыўының алдын алыў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде ишки қадағалаўды күшейтиў – профилактиканың әҳмийетли қураллары болып есапланады.
Мине усы тийкарда жаңа нызам менен коррупцияға қарсы ишки қадағалаў ҳәм комплаенс механизмлерин күшейтиўге қаратылған көзқараслар айрықша әҳмийетке ийе.
Коррупциялық қәўип-қәтерлерди анықлаў ҳәм баҳалаў, оларды минималластырыў илажларын ислеп шығыў, шөлкемлерде коррупцияға қарсы ишки қадағалаўды жетилистириў – ҳуқықбузарлық жүз бергеннен кейин оны сапластырыўға қарағанда нәтийжелирек профильактикалық қатнас болып есапланады.
Себеби коррупцияға қарсы гүресиўдиң ең жақсы нәтийжеси көрилген жынаят ислериниң көплигинде емес, ал жынаят ислеўге имканият беретуғын шараятлардың азайыўында көринеди.
Коррупцияға қарсы гүресиўде және бир әҳмийетли қатнас – коррупциялық қәўип-қәтерлерди аймақлар ҳәм тараўлар кесиминде анықлаў болып есапланады.
Бундай қатнас коррупцияға қарсы илажларды улыўма түрде емес, ал анық қәўип бар болған тараўлар ҳәм процесслерге бағдарлаў имканиятын береди.
Мәмлекетлик сатып алыўлар, руқсат бериў, лицензиялаў, жер қатнасықлары, бюджет қаржыларынан пайдаланыў, кадрлар менен байланыслы қарарлар сыяқлы тараўлардағы коррупциялық қәўиплерди системалы таллаў олардың алдын алыўда үлкен әҳмийетке ийе.
Усы тийкарда коррупцияға қарсы гүресиўде статистика тек ғана жүз берген жынаятларды есаплаў қуралы емес, ал келешектеги профилактикалық илажларды белгилеў ушын әҳмийетли дәрек болыўы керек.
Коррупцияға қарсы нәтийжели гүресиўде пуқаралық жәмийетиниң қатнасыўы да әҳмийетли.
Коррупция жағдайы ҳаққында хабар берген шахстың ҳуқықлары қорғалмаса, бундай жағдайлар ҳаққында хабар бериўге исенимсизлик пайда болыўы мүмкин.
Сол себепли коррупция ҳаққында хабар берген шахсларды ҳуқықый қорғаў, оларды қуўдалаўдан сақлаў ҳәм нызамшылықта белгиленген тәртипте хошаметлеў механизмлерин күшейтиў әҳмийетли қәдем болып есапланады.
Бирақ бул жерде де тийкарғы ҳуқықый норма – қалыслық. Коррупция ҳаққындағы ҳәр қандай хабар ўәкилликли уйымлар тәрепинен нызам шеңберинде тексерилиўи керек. Хабар бериўдиң өзи шахстың айыплылығын аңлатпайды.
Айыплылық тек нызамда белгиленген тәртипте дәлилленгенде ғана ҳуқықый ақыбет келтирип шығарады.
Коррупцияға қарсы гүресиўде нызамшылық илажлары менен бир қатарда инсан факторы да шешиўши әҳмийетке ийе.
Ҳадаллық, ҳүжданы менен мийнет етиў, хызмет ўәкиллигинен жеке мәп жолында пайдаланбаў сыяқлы қәдириятлар жәмийетте қаншелли беккем болса, коррупция ушын сонша аз имканият қалады.
Әсиресе, жас әўладта коррупцияға маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў әҳмийетли.
Жасларға коррупцияның ҳуқықый ақыбетлерин түсиндириў менен бирге, оларға ҳадаллықтың қәдирин түсиндириўимиз керек. Себеби, коррупцияға қарсы иммунитет жаза қорқынышынан емес, нызамға ҳүрмет ҳәм ҳадаллық исениминен қәлиплеседи.
Судья ушын коррупцияға қарсы гүресиў – тек ғана жынаятқа жаза тайынлаў емес.
Бул – ҳәр бир исте нызам үстинлигин тәмийинлеў, шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў, дәлиллерге қалыс баҳа бериў ҳәм әдил қарар қабыл етиў дегени.
Судтың ҳәр бир нызамлы ҳәм тийкарлы қарары жәмийетте нызамға болған исенимди беккемлейди.
Соның ушын судьяның жуўапкершилиги тек ғана қарар қабыл етиў менен шекленбейди. Оның ҳәр бир қарары артында инсан тәғдири, жәмийеттиң әдилликке болған исеними ҳәм нызам үстинлиги турады.
Коррупцияға байланыслы жынаят ислеринде судтың қалыслығы ҳәм ғәрезсизлиги айрықша әҳмийетли. Суд жәмийетшиликтеги талапты емес, нызамды өлшем етиўи керек.
Себеби, қатаңлық – нызамлылықтан, әдиллик болса қалыслықтан басланады.
2026-жыл 22-июньде қабыл етилген бул нызам коррупцияға қарсы гүресиўдиң ҳуқықый тийкарларын буннан былай да беккемлеў, коррупцияға байланыслы жынаятлар ушын жуўапкершиликтиң сөзсиз екенлигин тәмийинлеў, профильактика механизмлерин күшейтиў ҳәм жәмийетте коррупцияға маўасасыз қатнасты қәлиплестириўге хызмет етеди.
Бирақ нызам қаншелли жетик болмасын, оның нәтийжеси әмелиятта қалай қолланылыўына байланыслы.
Коррупцияға қарсы гүресиўде мәмлекетлик уйымлар, судлар, ҳуқық қорғаў уйымлары, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм ҳәр бир пуқараның орны бар.
Мениң судья сыпатындағы беккем исенимим соннан ибарат: нызам ҳәмме ушын бирдей ислеген жерде әдиллик орнайды; әдиллик орнаған жәмийетте болса коррупцияға орын қалмайды.
Соның ушын коррупцияға қарсы гүресиўдиң ең күшли қуралы – тек ғана жаза емес, ал нызам үстинлиги, ашық-айдынлық, ҳадаллық ҳәм әдил судлаўға болған исеним болып есапланады.
Ерполат БЕРДИЕВ,
Жынаят ислери бойынша Қоңырат районы судының баслығы










