ЖАСЛАР КЕЛЕШЕГИНЕ ҚӘЎИП: НАРКОМАНИЯ ҲӘМ ОНЫҢ АҚЫБЕТЛЕРИ
Нәшебентлик – бул тек ғана бир инсанның денсаўлығы ҳәм тәғдирине қәўип салатуғын иллет емес, ал пүткил жәмийеттиң турақлылығына үлкен қәўип туўдыратуғын аўыр социаллық машқала болып есапланады. Ол инсанның санасын ҳәлсиретип, ерк-ықрарын сындырады, оны руўхый кризиске ҳәм жынаят жолына жетелейди. Нәшебентликке дуўшар болған шахс тек ғана өз өмирин изден шығарып қоймастан, ал оның шаңарағы, перзентлери ҳәм жақынлары да руўхый ҳәм материаллық жақтан аўыр соққы алады.
Бул иллет жәмийетте жынаятшылықтың артыўына, шаңарақлардың бузылыўына, жаслардың келешегиниң изден шығыўына себеп болады. Әсиресе, жас әўладтың нәшебентлик қуралына түсип қалыўы миллет келешеги ушын үлкен қәўип есапланады. Сол себепли нәшебентликке қарсы гүресиў, оның алдын алыў ҳәм халықтың ҳуқықый санасын арттырыў бүгинги күнниң ең әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып есапланады.
Егер әмелиятқа мүрәжат ететуғын болсақ, Жынаят ислери бойынша Мойнақ районы судында нәшебентлик қураллары менен байланыслы жынаят иси көрип шығылып, судланыўшыға нызамлы ҳүким шығарылды.
Судта анықланыўынша, пуқара Р.Б 2025-жыл 10-январь күни нәшебентлик заты – гашишти нызамға қайшы түрде басқа шахсқа өткериў мақсетинде сақлап, оны жеткерип бериўге урынған. Бул ҳәрекет ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив илажлар даўамында әшкар етилген.
Тексериў процесинде судланыўшының ҳәр қыйлы орынларға жасырып қойылған жәми 4 дана гашиш нәшебентлик заты анықланып, айғақлы дәлил сыпатында рәсмий тәртипте алынды. Суд-химиялық экспертиза жуўмағына бола, бул элементлер қурамында актив нәшебентлик зат – тетрагидроканнабинол бар болып, улыўма сап аўырлығы 1,3 граммды қураған.
Суд мәжилисинде судланыўшы өз айыбына бираз ықрар болып, нәшебентлик затты дәслеп жеке тутыныўы ушын сатып алғанын, кейин болса танысының усынысы менен оны биргеликте тутыныў мақсетинде алып шыққанын билдирген. Соның менен бирге, ол қылмысынан пушайман екенлигин билдирген.
Суд тәрепинен ис материаллары, гүўалардың көрсетпелери ҳәм экспертиза жуўмақлары ҳәр тәреплеме талланып, дәслепки тергеў уйымы тәрепинен берилген ҳуқықый баҳа қайта көрип шығылды. Анықланыўынша, нәшебентлик заты басқа шахсқа әмелде өткерилмегенлиги себепли, жынаят ақырына жеткерилмеген деп табылып, ҳәрекетлер Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 25 ҳәм 273-статьяларына муўапық қайта квалификацияланды.
Суд жазаны тайынлаўда судланыўшының айыбын мойынлаўы, шын кеўилден пушайман болыўы, алдын судланбағаны, шаңарақлы екени ҳәм еки перзенти бар екенлигин жеңиллестириўши жағдайлар сыпатында есапқа алды. Усы тийкарда оған Жынаят кодексиниң 57-статьясы қолланылып, жеңилирек жаза тайынланды.
Суд ҳүкимине бола, Р.Б Жынаят кодексиниң 25, 273-статьясы 2-бөлими менен айыплы деп табылып, 3 жыл мүддетке еркинен айырылады. Ол жазаны улыўма тәртиптеги колонияда өтейди.
Сондай-ақ, ис бойынша айғақлы дәлиллер нызамлы тәртипте жоқ етилиўи, процессуал қәрежетлер болса айыпланыўшыдан өндирилиўи белгиленди.
Бул жағдай және бир мәрте нәшебентлик қураллары менен байланыслы ҳәр қандай нызамсыз ҳәрекетлер жынайый жуўапкершиликке себеп болатуғынын көрсетеди. Судлар тәрепинен бундай жынаятларға қатаң ҳәм әдил шаралар қолланылыўы жәмийетте нызамлылық ҳәм ҳуқық-тәртипти тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе.
Бүгинги күнде нәшебентликке қарсы гүресиў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланған болып, бул жынаят түрине маўасасыз ҳәм қатаң илажлар көрилмекте. Ҳуқық қорғаў уйымлары, суд уйымлары ҳәм жуўапкер шөлкемлер тәрепинен нәшебентлик қуралларының нызамсыз айланысына қарсы кең көлемли профилактикалық ҳәм оператив илажлар избе-из әмелге асырылмақта.
Суд әмелияты соны көрсетпекте, нәшебентлик пенен байланыслы ҳәр қандай ҳуқықбузарлыққа нызам шеңберинде қатаң жуўапкершилик сөзсиз. Бул болса жәмийетте нызамлылықты тәмийинлеў, халықты, әсиресе, жасларды бундай иллеттен сақлаўға хызмет етеди.
Дамир ЗИЯМБЕТОВ,
Жынаят ислери бойынша Мойнақ районы судының баслығы






