СУДЛАРДЫҢ ҲАҚЫЙҚЫЙ ҒӘРЕЗСИЗЛИГИН ТӘМИЙИНЛЕЎ – ӘДИЛ СУДЛАЎ САПАСЫН АРТТЫРЫЎДЫҢ ӘҲМИЙЕТЛИ ФАКТОРЫ

 

Бүгинги күнде дүньяда глобал қәўип-қәтерлер трансформацияланып атырған оғада қурамалы шараятта ҳәр бир мәмлекет алдында, биринши нәўбетте, пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаў, инсан ушын мүнәсип ҳәм абадан турмыс кешириў шараятларын жаратыў ўазыйпасы турыпты. Бул стратегиялық әҳмийетли мақсетлерге ерисиўде инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўды өзиниң тийкарғы ўазыйпасы етип белгилеген мәмлекетлик ҳәкимияттың бийғәрез тармағы – суд ҳәкимияты айрықша әҳмийетке ийе.

 

Әлбетте, судлар искерлигиниң нәтийжелилиги ҳәм әдил судлаўдың сапасы көп жағынан суд ҳәкимиятының ҳақыйқый ғәрезсизлигине тиккелей байланыслы. Сонлықтанда, халықаралық-ҳуқықый ҳүжжетлерде де суд ҳәкимияты ғәрезсизлигин тәмийинлеўге байланыслы анық кепилликлер белгиленген. Атап айтқанда, БМШ тәрепинен 1985-жылы қабыл етилген Суд ҳәкимияты ғәрезсизлигиниң тийкарғы принциплериниң 1-бәнтине муўапық, суд ҳәкимияты ғәрезсизлиги мәмлекет тәрепинен кепилленеди ҳәм мәмлекеттиң Конституциясы ямаса нызамларында беккемленеди.

 

Усы тийкарда, судлардың ҳақыйқый ғәрезсизлигин тәмийинлеў Өзбекстан Республикасында мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген. Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң атап өткениндей, «судлардың жумысына ҳәр қандай араласыў әдил судлаўға көлеңке салыў есапланады. Бул бойынша ҳәм сораў, ҳәм жуўапкершилик қатты болады.»

 

Мәмлекетимиздиң миллий ҳуқық системасында суд ҳәкимияты ғәрезсизлиги айрықша кепилленген. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 136-статьясында судьялар ғәрезсиз екенлиги, тек ғана нызамға бойсыныўы, судьяның әдил судлаўды әмелге асырыў искерлигине ҳәш қандай араласыўға жол қойылмайтуғыны ҳәм бундай араласыў нызамға муўапық жуўапкершиликке себеп болатуғыны қатаң белгилеп қойылған.

Бул конституциялық қағыйдалар нызамларымызда және де толық беккемленген. Мәселен, «Судлар ҳаққында»ғы Нызамның 67-статьясына бола, судьялардың бийғәрезлиги төмендеги кепилликлер арқалы тәмийинленеди:
судьяларды нызамда белгиленген тәртипте сайлаў, тайынлаў ҳәм азат етиў;

судьялардың қол қатылмаслығы;

әдил судлаўды әмелге асырыўда қатаң процессуаллық тәртиплерге әмел етилиўи;

қарар қабыл етиўде судьялар мәсләҳәтиниң сыр сақланыўы ҳәм де оны жәриялаўды талап етиўдиң қадаған етилиўи;

судқа ҳүрметсизлик етиў ямаса белгили бир ислерди шешиўге араласқанлық, судьялардың қол қатылмаслығын бузғанлық ушын жуўапкершилик белгилениўи;

судьяларға мәмлекет есабынан олардың жоқары статусына мүнәсип материаллық ҳәм социаллық тәмийнат жаратылыўы.

 

Нызам нормаларының талаплары бузылған жағдайда, нызамшылықта тийисли жуўапкершилик шаралары нәзерде тутылған. Атап айтқанда, судқа ҳүрметсизлик еткени ушын Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 180-статьясында, тергеў ямаса суд ислерин шешиўге араласқаны ушын болса Жынаят кодексиниң 236-статьясында қатаң жуўапкершилик белгиленген. Бул болса суд ҳәкимияты ғәрезсизлигине байланыслы кепилликлерди және де беккемлейди.

 

Улыўмаластырып айтқанда, суд ҳәкимиятының ғәрезсизлиги – әдил судлаўдың сапасын арттырыўдың ең әҳмийетли кепили болып есапланады. Бул принцип Конституция ҳәм нызамларымызда айрықша беккемлеп қойылған. Суд ҳәкимияты ғәрезсизлигине қарсы қаратылған ҳәр қандай ҳәрекет жәмийетлик қәўипли қылмыс сыпатында баҳаланып, нызам менен жуўапкершиликке себеп болады.

 

Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң атап өткениндей, «судлардың ҳақыйқый ғәрезсизлигин тәмийинлеў биз ушын ең тийкарғы ўазыйпа болып есапланады. Әсиресе, суд қайсыдур лаўазымлы шахстың қолы жететуғын уйымға айланып қалыўына улыўма жол қоймаў шәрт.»

 

 

Азат ИМАТОВ,
Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суд судьясы