ОҚЫЎШЫЛАР МЕНЕН АШЫҚ СӘЎБЕТЛЕСИЎ

 

Бүгинги күнде судлар тәрепинен жаслардың ҳуқықый мәдениятын жетилистириў, олардың санасында әдиллик ҳәм низам үстинлиги идеяларын сиңдириў бағдарында судлар тәрепинен жаслар менен ушырасыўларды шөлкемлестириў жақсы жолға қойылған.

 

Усы тийкарда жынаят ислери бойынша Шоманай районы судының баслығы Р.Назаров тәрепинен райондағы 13-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде оқыўшылар менен ашық сәўбетлесиў өткерилди. Онда судья тәрепинен оқыўшыларға ҳәкимшилик ҳуқуқбузарлық ҳәм ҳәкимшилик жуўапкершилик бойынша кең түрде түсиниклер берилди.

 

Атап өтилгениндей, перзент тәрбиясы жуўапкершиликли соның менен бирге жүдә нәзик мәселе. Сонлықтанда, балалардың мектепте ҳәм шаңарақта тәлим – тәрбия алыўында, кәсипке бағдарлаўда оқытыўшылар менен биргеликте ата-аналардың да теңдей жуўапкершилигин арттырыў зәрүр.

 

Жасырарлығи жоқ, бүгинги күнде жаслар арасында ҳәр түрли жынаятшылық жағдайларының көплеп ушырасып атырғанлығы аянышлы. Усы тийкарда, оқыў орынларында ҳәр ҳәптениң пийшемби күни “Жас өспиримлер арасында жынаятшылықтың ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў” бойынша илаж өткерилип, онда ата-аналардың толық қатнасыўын ҳәм турақлы түрде мектеп пенен, мектеп ата-ана менен байланысты беккемлеў бағдарында исленип атырған жумыслар өз нәтийжесин көрсетип атырғанлығы мысалларда келтирилди.

 

Еркин ҳәм ашық сәўбетлесиў даўамында судья жасларға “Өзбекстан Республикасының жасларға байланыслы сиясат ҳаққында”ғы Нызамның мазмун-мәнисин де түсиндирип өтти.

 

ШЫМБАЙ РАЙОНЫНДА ҚАБЫЛЛАЎ ӨТКЕРИЛДИ

 

Елимизде демократиялық ҳәм еркин пуқаралық жәмийетин қурыў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин кеңейтиў, әдил судлаўға ерисиў, суд иси жүритиўи сапасын жәнеде жақсылаўға қаратылып атырған итибар нәтийжесин бермекте.

 

Қарақалпақстан Республикасы судларының басшылары тәрепинен турақлы түрде өткерилип атырған көшпели қабыллаўларда пуқаралардың түрли мәселелер бойынша мүрәжатлары қабыл етилип, унамлы шешимин таппақта.

 

Қабыллаўдағы мүрәжатлардың басым көпшилиги пуқаралардың бузылған ҳуқықларын тиклеў, суд қарарынан наразы болыў, белгиленген жазаны жеңиллестириў, үй-жай, мийрас мәселелеринен ибарат.

 

Шымбай районында өткерилген нәўбеттеги қабыллаўда Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарихов район турғынларының суд-ҳуқық мәселелерине байланыслы мүрәжатларын тыңлады.

 

Қабыллаў барысында мүрәжатлар тийкарында машқалаларды шешиў бойынша тийисли ҳәм жуўапкер уйым ўәкиллерине тапсырма, мүрәжат етиўшилерге ҳуқықый түсиниклер берилди.

АДАМ САЎДАСЫ-АЎЫР ЖЫНАЯТ

 

Инсан жәмийетшилигинде сондай унамсыз социаллық қубылыслар болады, оларға ҳәр бир инсан өзи яки жақын инсаны жолықпағанынша итибардан шетте болып көринеди. Усындай қубылыслардың бири бул адам саўдасы жынаяты.

 

Соның менен бир ўақытта бул жынаятқа халқаралық дәрежеде гүрес жәрияланған. Жынаятшылықтың бул қәўетерли түрине қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў мақсетинде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң бир қатар усыныс ҳәм мәжбүрий характерге ийе болған ҳүжжетлери қабыл етилген.

 

Атап айтқанда, «Адам саўдасына ҳәм үшинши шахслар тәрепинен денепурышлықтан пайдаланыўға қарсы гүрес ҳаққында»ғы Конвенция (1949-жыл), «Қуллық ҳәм қул саўдасын, қуллыққа уқсас институтлар ҳәм әдетлерди бийкар қылыў ҳаққында»ғы қосымша Конвенция (1956-жыл), «Трансмиллий уыймласқан жынаятшылыққа қарсы гүрес ҳаққында»ғы Конвенцияны толықтырыўшы «Адамлар, әйне, ҳаяллар ҳәм балалар саўдасын тоқтатыў, алдын алыў ҳәм оның ушын жаза ҳаққында»ғы баяннама (2000-жыл) усы категориядағы ҳалықаралық ҳуқықый ҳүжжетлер есапланады.

 

Буннан тысқары, адам саўдасына қарсы гүресиў жүзесинен мәмлекетлераралық бирге ислесиўди күшейтиў мақсетинде 2005-жылы ҒМДА шеңберинде «Адам саўдасына қарсы гүресиў саласында бирге ислесиўди күшейтиў ҳаққында»ғы келисиў, 2006-жылда сегиз ағза мәмлекет шеңберинде «Адам саўдасына қарсы гүрестиң 2007–2010-жылларға мөлшерленген дәстүри» қабыл қылынған еди.

 

Адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў мәселелерине тийисли миллий нызамшылығымызда ҳәм өзгерислер болмақта. Яғный, 2019-2020-жылларда усы бағдарлардағы искерликти тәртипке салыў мақсетинде 20 дан артық норматив-ҳуқықый ҳүжжет қабыл қылынды. Буннан тысқары, Халықаралық мийнет шөлкеми ҳәм Халықаралық миграция шөлкеминиң 6 Конвенция ҳәмде протоколлары ратификация қылынды. Балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнетке жол қойылғанлық ушын жуўапкершилик шараларын күшейтиў мақсетинде Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы ҳәмде Жынаят кодекслерине өзгерис ҳәм қосымшалар киритилди. Сол менен бирге, халықаралық тәжрийбелерди есапқа алған ҳалда «Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳаққында»ғы нызам жаңа редакцияда қабыл қылынды.

 

2023-жыл 21-декабрьде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип мийнет принциплерин кең енгизиўге тийисли қосымша иләжлар ҳаққында»ғы ПП-210-санлы Пәрманы менен Олий Мажлис сенатының баслығы басшылық ететуғын Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери бойынша миллий комиссия дүзилди.

 

Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 135-статьясында адам саўдасы, яғный адамды алыў-сатыў ямаса адамды оннан пайдаланыў мақсетинде жаллаў, тасыў, тапсырыў, жасырыў яки қабыл қылыў жынаят ушын жынайый жуўапкершилик белгиленген.

 

БМШниң статистик мағлыўматларына көре, адамлар кеминде 127 мәмлекеттен сатыўға шықпақта ҳәм олар 137 мәмлекетте эксплуатация қылынбақта. Ҳәр жылы түрли есап-китапларға көре, 20-40 миллион адам қуллықтың заманагөй формасы қурбанына айланбақта.

 

Бул машқаланың анық көлемин билиў жүдә қыйын, себеби, жынайый искерлик жасырын исленеди. Анық статистика жоқ, буны жүритип те болмайды. Халықаралық дәрежеде адам саўдасы қурбанларының бар жоғы 0,04 пайызы ғана анықланады екен.

 

Тилекке қарсы, дүнья бойлап сонша кең көлемли әмелият, тийисли үгит-нәсият алып барылыўына қарамай, ҳәр жылы миллионлап инсанлар «заманагөй қуллық», яғный адам саўдасы қурбанына айланбақта. Олар арасында ҳаяллар, қызлар, кекселер, ҳәтте жас балалар да барлығы жүдә ашынарлы. Бул жынаяттың раўажланыўына түртки болып атырған тийкарғы себеплерден бири адамлардың шет елге барыў ҳәм жумысқа жайласыў ҳаққында жетерли мағлыўматқа ийе емеслигидур. Ашынарлысы, өзге мәмлекет, жат орталыққа түсип қалғанлар мол дәраматқа исенип аўыр физикалық мийнетке жалланбақта, ҳаяллар болса денепурышлыққа мәжбүрленбекте.

 

БМШ мағлыўматына көре, дүньяда ҳәр жылы шама менен 2 миллион 700 мың адам адам саўдасының қурбанына айланбақта. Халықаралық экспертлердиң баҳалаўынша, бул жынаятшылық нәтийжесинде алынып атырған жыллық дәрамат муғдары 7 миллиард АҚШ долларынан асып кеткен. Қәўетерлендиретуғыны, адам саўдасы жынаятынан жәбирленгенлердиң 80 пайызы ҳаял ҳәм балалардур. Ҳәр жылы дүнья бойынша 600–800 мың ҳаял ҳәм балалар алдаў жолы менен сырт еллерге алып кетилип, сатып жиберилмекте.

 

Бүгинги күнде дүньяда адам саўдасының үш кең тарқалған түри бар болып, булар: жынысый эксплуатация (денепурышлық), мәжбүрий мийнет адам ағзаларын сатыўдур.

 

Жынысый эксплуатация ушын тийкарынан ҳаяллар (сол қатары қызлар) сатылады. Мағлыўматларға көре, ҳаяллардын 72 пайызы усы мақсетте сатылады екен.

 

Мәжбүрий мийнетке тартылғанлардың тийкарғы бөлегин болса, еркеклер қурайды екен. Бул көрсеткиштиң 85,7 пайызды қураўы адам саўдасынан жәбир көрген еркеклердиң көпшилиги мәжбүрий мийнет арқалы әмелге асырылыўын көриў мүмкин.

 

Адам ағзаларын сатыў жынаяты болса жүдә ҳәм көзге тасланбайтуғын адам саўдасының түри болып, адам саўдасы “товарлары” улыўма санының 1 пайыздан көп болмаған бөлегин қурайды екен. Бул түрдеги “товарлар”дың жыллық саўдасы 1 млрд. доллардан артық муғдарды қураўы жынаяттың бул категориясы да үлкен машқала екенлигин тастыйықлайды.

 

Бул жынаятлардың тийкарғы себеби, түп тамырына нәзер тасласақ, руўхый азғынлық, ашкөзлик, дүньяға ҳәдден тысқары берилиў ҳәм нәпсиге қул болыўшылықты көремиз.

 

Мине усындай жеркенишли жынаят биздиң мәмлекетимизди де шетлеп өтпеген. Ашынарлысы, пуқараларымыз да адам саўдасы қурбанларына айланбақта, буны ғалаба хабар қуралларынан көрип, еситип турмыз. Булардың бәршеси мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиз тәрепинен усы иллетке қарсы қатаң шаралар көриўди, адам саўдасына тартылған ҳәм оннан жәбир көрген ўатанласларымызды қорғаўды актуал ўазыйпа етип қоймақта.

 

Нызам ҳәм ҳуқық үстинлиги жәрияланған мәмлекетимизде инсан ҳуқықларының қорғалыўын әмелге асырыўшы органлар, бул киби иллетлерди анықлаўда күни-түн тынбай ислемекте.

 

Жуўмақлап айтқанда, адам саўдасының ҳәр қандай көринисине қарсы гүресиўде ҳалықаралық дәрежеде өз-ара ҳуқықый бирге ислесиў жолға қойылған ҳалда әмелге асырылса өз нәтийжесин береди.

 

Себеби, адам саўдасы – мәмлекет, миллет таңламайды ҳәм оғада аўыр жынаят!

 

 

Еркин УТЕНИЯЗОВ,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы                       

РЕВИЗИЯ ТӘРТИБИНДЕ ИС ЖҮРГИЗИЎ

 

Мәмлекетимизде соңғы жыллары суд ислерин жүргизиў процессинде жаңа институтлар енгизилип, солардан жарасыў, медиация, дәслепки еситиў, сондай-ақ, суд қарарларының нызамлылығы, тийкарлылығы ҳәм әдалатлылығын тексериў сыяқлы институтлар жәнеде жетилистирилди.

 

Мәлим болғанындай, 2023-жыл 25-декабрьдеги Өзбекстан Республикасының «Суд қарарларының нызамлылығы, тийкарлылығы ҳәм әдалатлылығын тексериў институты жетилистирилиўи мүнәсебети менен Өзбекстан Республикасының Пуқаралық-процессуаллық кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамы қабыл етилди.

 

Усы өзгерислерге көре, Пуқаралық-процессуаллық кодекси суд ҳүжжетлерин ревизия тәртибинде қайта көриў бойынша ис жүргизиў ҳаққында жаңа нызам нормалары менен толтырылды.

 

Яғный, биринши инстанция судының апелляция яки кассация тәртибинде көрилген шешиўши қарары, уйғарыўы, қарары ҳәмде апелляция яки кассация инстанциясы судының уйғарыўы үстинен ревизия тәртибинде шағым (протест) берилиўи мүмкин.

 

Ревизия тәртибиндеги шағым (протест) Қарақалпакстан Республикасы судының пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясы атына жолланады, бирақ шешиўши қарарды шығарған судқа бериледи.

 

Ревизия тәртибиндеги шағым (протест) биринши инстанция судының шешиўши қарары, уйғарыўы, қарары нызамлы күшке кирген күннен баслап бир жыл ишинде бериледи.

Қарақалпақстан Республикасы суды тәрепинен ревизия тәртибиндеги шағым (протест)ды ис жүргизиўге қабыл етиў ҳақкындағы уйғарыў шығарылған күннен баслап бир ай мүддетте көрип шығылады.

Әмелдеги нызам нормаларын бирдей ҳәм дурыс қолланылыўын тәмийнлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2024-жыл 25-июньда «Судлар тәрепинен пуқаралық ислерин ревизия тәртибинде көриўдиң айырым мәселелери ҳаққында»ғы 20-санлы қарары қабыл етилди.

Пленум қарарының көрсетпелерине көре, суд ҳүжжетлери үстинен ревизия тәртибинде шағым (протест) бериў ҳуқықына даўагер (арза бериўши), жуўапкер, үшинши шахс ҳәмде олардың нызамлы ўәкиллери ҳәм ҳуқықый мийрасхорлары, айрықша тәртипте жүргизилетуғын ислер бойынша мәпдар шахс, исте қатнастырылмаған, бирақ ҳуқық ҳәм миннетлемелери ҳақкындағы мәселе суд тәрепинен шешилген шахслар, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил, палата ағзаларының мәпинде Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳәм оның аймақлық басқармалары, прокурор ийе болып есапланады.

 

Исте қатнасыўшы шахстың ўәкили, солардан адвокат, суд ҳүжжети үстинен ревизия тәртибинде шағым етиўге, егер бундай ҳуқық ўәкиллик бериўши тәрепинен берилген исеним хатта арнаўлы көрсетилген болғанда ғана ҳақылы. Исте қатнасыўшы шахстың ҳуқықый мийрасхоры тәрепинен берилген ревизия тәртибиндеги шағымға ҳуқық өткенлиги фактын яки бундай ҳуқық өтиўи мүмкинлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер (неке, туўылғанлық ҳақкындағы гүўалықлар, ўәсиятнама ҳ.т.б) қосымша етилиўи керек.

 

Пуқаралық-процессуаллық кодексиниң 52-статьясы 1-бөлимине муўапық, мәмлекет баскарыўы органлары, шөлкемлер (мәселен, фермер, дийхан хожалықлары ҳәм тамарқа жер ийелери кеңеслери ҳ.т.б) ҳәм айырым пукаралар тек ғана даўа арза (арза) олар тәрепинен берилген жағдайда ғана суд ҳүжжети үстинен ревизия тәртибинде шағым бериўи мүмкин.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды тәрепинен ревизия тәртибинде көрилген ислер бойынша суд ҳүжжети үстинен берилген ревизия тәртибиндеги шағым (протест) Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясы атына жолланады ҳәм туўрыдан-туўры Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судына бериледи.

 

Ал, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясының ревизия тәртибинде көрилген ислер бойынша қабыл етилген суд ҳүжжети үстинен протест келтириў ҳақкындағы арза Өзбекстан Республикасы Жоқаргы судының баслығы яки Бас прокуроры атына жолланады ҳәм тийлигинше, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды яки Бас прокуратураға бериледи. Усы суд ҳүжжети үстинен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумына жолланған протест туўрыдан-туўры Өзбекстан Республикасы Жоқаргы судына бериледи.

 

Ревизия тәртибиндеги шағымда (протестте) шағым (протест) жолланып атырған судтың аты, шағым (протест) берип атырған шахстың фамилиясы, аты, әкесиниң аты, жасаў мәнзили яки жайласқан жери (почта мәнзили), истиң саны, шағым етилип атырған (протест берилип атырған) шешиўши қарар, уйғарыў, қарар қабыл етилген сәне ҳәм усы суд ҳүжжетини қабыл еткен суд, шешиўши қарардың, уйғарыўдың, карардың надурыслығы неден ибарат екенлиги, шағым (протест) бериўшиниң илтимасы, шағым (протест)ға қосымша етилген жазба материаллардың дизими көрсетилиўи ҳәм шағым келтирген шахс яки оның ўәкили имзалаған яки протест келтирген прокурор тәрепинен имзаланған болыўы лазым. Шағымға (протестке) мәмлекетлик бажы ҳәм почта қәрежети төленгенлигин тастыйқлаўшы ҳүжжет, шағым ўәкил тәрепинен имзаланған жағдайда оның ўәкиллигин тастыйқлаўшы ҳүжжет қосылады.

 

Ревизия инстанциясы суды ревизия тәртибинде исти көрип атырғанда суд ҳүжжетлерин толық көлемде тексерип, ис ушын әҳмийетке ийе болған ҳалатлардың толық анықланғанлығы ҳәм дәлийлленгенлиги, суд ҳүжжетинде баян етилген жуўмақлардың ис ҳалатларына муўапықлығы, барлық билдирилген талаплар бойынша суд ҳүжжети қабыл етилгенлиги, материаллық ҳуқық нормалары дурыс қолланылғанлығы ҳәм процессуал нызам талапларына әмел етилгенлиги, суд ҳүжжети оның мазмуны ҳәм формасына көре нызамда белгиленген талапларға муўапықлығын анықлайды.

 

Ревизия инстанциясы суды шағымды (протестти) ревизия тәртибинде көриў нәтийжелери бойынша суд карарларын өзгериссиз калдырыў яки оларды толық ямаса қысман бийкар етиў, жаңа қарар қабыл етиў, суд қарарларын толық яки қысман өзгертиў, суд қарарларын бийкар етип, исти жаңадан көриў ушын төменги инстанция судларына жибериў, суд қарарларын толық яки қысман бийкар етип, арзаны көрместен қалдырыў ямаса ис жүргизиўден қысқартыў, айырым суд ҳүжжетлерин бийкар етип, иш бойынша илгери қабыл етилген суд ҳүжжетлеринен бирин өз күшинде қалдырыў ўәкилликлерине ийе.

 

 

Саодат  ҚАЙЫПНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы                                                                               

КОРРУПЦИЯҒА ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎДЕ ЖӘМИЙЕТШИЛИК ҚАДАҒАЛАЎЫ

 

Коррупцияға қарсы гүресиў саласындағы жәмийетшилик қадағалаў – пуқаралық жәмийети институтлары ўәкилликли ўәкиллериниң мәмлекетлик ҳәкимият органларында коррупция жағдайын баҳалаў мақсетинде норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерде белгиленген оның дәрежесин кемейтириў ҳәм оған қарсы гүресиў нәтийжелилигин асырыў бойынша ис-иләжларды ислеп шығыў механизмлери ҳәм қуралларынан пайдаланған ҳалда әмелге асырылатуғын арнаўлы искерлик есапланады.

 

Бүгинги күнде коррупцияға қарсы гүресиў саласында мәмлекетлик органлар менен пуқаралық жәмийети институтлары ортасында «көпир» ўазыйпасын атқарыўшы жәмийетшилик қадағалаўдың раўажланыў тенденциясы гүзетилмекте. Коррупцияға қарсы қаратылған жәмийетшилик қадағалаўының жаңа институциялық дүзилмелерин раўажландырыў ҳәмде шөлкемлестириў-ҳуқықый шәрт-шәраятларды жаратыў демократиялық мәмлекетлер ушын стратегиялық әҳмийетке ийе болмақта. Өйткени, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев Конституциямыз қабыл етилгенлигиниң 27 жыллығына бағышланған салтанатлы мәресиминдеги баянатында «Конституция ҳәм нызам үстинлигине ерисиўде жәмийетшилик қадағалаўынан басқа нәтийжели қурал жоқ. Ҳақыйқаттан да, халқымыз нызам бузылыўына қарсы қатты турмас екен, мәмлекетлик уйымлар, лаўазымлы шахслар қаншалық урынбасын, нызам үстинлигин тәмийинлеў қыйын болады» деген еди.

 

Мәмлекетимизде өткен дәўир даўамында «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилиўи пуқаралық жәмийети институтлары искерлигиниң социалласыўын ҳәмде коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыўдағы қатнасықларының жаңа басқышын баслап берди.

 

Мәмлекетлик органлардың искерлигинде “ашықлық” ҳәм “айдынлық” принциплерин тәмийинлеў, мәмлекетлик хызметкерлерге болған исенимди күшейтириўге қаратылған системалы реформалар әмелге асырып келинбекте.

 

Атап айтқанда, мәмлекетлик органлар ҳәм мәкемелер искерлиги үстинен жәмийетшилик қадағалаўды шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыў саласындағы қатнасықларды тәртипке салыўшы Өзбекстан Республикасының «Жәмийетшилик қадағалаўы ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилди.

 

Жәмийетшилик қадағалаўды жетилистириў бойынша реформалардың изшил даўамы сыпатында, ҳалықтың мәмлекетлик ҳәм жәмийет жумысларын басқарыўдағы қатнасын кеңейтириў, пуқаралар, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң өз-ара жақын бирге ислесиўин орнатыў, сондай-ақ жәмийетшилик қадағалаўды күшейтиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти жанында  Жәмийетшилик палатасы дүзилди.

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020 жыл 29 июньдағы «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын жетилистириў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында»ғы ПП-6013-санлы Пәрманында биринши мәрте коррупция жағдайларының себеп ҳәм шәрт шәраятларын анықлаў, оларды сапластырыўдың тәсиршең системасын жаратыў ислерине пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм мәмлекетлик емес сектордың басқа ўәкиллерин де кеңнен тартыў зәрүрлиги тийкарландырылды.

 

Пәрманға тийкар дүзилген Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў Агентлигиниң тийкарғы ўазыйпа ҳәм искерлик жөнелислеринен бири министрлик ҳәм мәкемелердиң коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў бойынша мәмлекетлик органлар, ғалаба хабар қураллары, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм басқа мәмлекетлик емес сектор ўәкиллериниң биргеликтеги нәтийжели искерлигин шөлкемлестириў етип белгиленди.

 

2020 жыл 30 июнь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М. Мирзиёев басшылығындағы «Әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў саласындағы ўазыйпалар додалаўы»на бағышланған видеоселектор мәжилисинде – коррупцияның алдын алыўда тәсиршең жәмийетшилик қадағалаў жолға қойылыўы, сондай-ақ, Агентликтиң кең жәмийетшилик, ғалаба хабар қураллары, пуқаралық жәмийетиниң басқа институтлары менен бирге халықтың ҳәм исбилерменлердиң коррупцияға мүнәсебетин үйренип барыўы ҳәм мәмлекетлик мәкемелер искерлигин баҳалап барыўы кереклигине айрықша итибар қаратылғаны әҳмийетли есапланады.

 

Әлбетте, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекетлик сиёсаттың жетискенлиги тийкарын жәмийетшилик қадағалаў қурайды. Мәмлекетлик органлар ҳәм лаўазымлы шахслардың коррупцияға қарсы гүресиў нәтийжелерине қалыс ҳәм квалификациялы баҳа берилмесе усы искерликтиң нәтийжели болыўы гүман астында қалады. Коррупцияға қарсы гүресиў нәтийжелилигин түптен асырыў бойынша ўазыйпалар коррупция жағдайларының себеп ҳәм шәрт-шараятларын анықлаў ҳәмде сапластырыўдың тәсиршең системасын жаратыў, соның менен бирге усы ислерди әмелге асырыўда пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм мәмлекетлик емес сектордың басқа ўәкиллерин де кеңнен тартыўды талап қылады. Өзбекстан юридикалық энциклопедиясында жәмийетшилик қадағалаў – бул мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў органлары ҳәмде мәмлекетлик емес шөлкемлер искерлиги үстинен пуқаралар, олардың бирлеспелери ҳәм өзин-өзи басқарыў, пуқаралық жәмийетиниң басқа институтлары, сондай-ақ мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес уйымлар қурамында дүзилген жәмийетшилик уйымлар тәрепинен нызам шеңберинде алып барылатуғын қадағалаў, деп түсиник берилген.

 

Коррупция мәмлекетлик басқарыўда системалы қәўип характерине ийе есапланып, ол халық ортасында мәмлекетлик ҳәкимиятқа болған исенимниң жойтылыўына ҳәм абыройсызланыўына себеп болады.

 

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 36-статьясында жәмийетшилик қадағалаў институтының конституциялық тийкарлары белгиленип, оған тийкар «Өзбекстан Республикасының пуқаралары жәмийет ҳәм мәмлекет ислерин басқарыўда тиккелей ҳәмде өз ўәкиллери арқалы қатнасыў ҳуқықына ийе. Бундай қатнасыў өзин-өзи басқарыў, референдумлар өткериў ҳәм мәмлекетлик органларды демократиялық тәризде қәлиплестириў, сондай-ақ мәмлекетлик органлардың искерлиги үстинен жәмийетшилик қадағалаўы тийкарында әмелге асырылады. Мәмлекетлик органлардың искерлиги үстинен жәмийетшилик қадағалаўын әмелге асырыў тәртиби нызам менен белгиленеди».

 

Жәмийетшилик қадағалаўының субъектлери есапланыўшы жәмийетлик бирлеспелер ҳәмде ғалаба хабар қураллары жәмийетшилик қадағалаўын әмелге асырыўдағы орны ҳәм роли шешиўши әҳмийетке ийе.

 

Сонлықтан коррупцияға қарсы гүресиў – жәмийетшилик қадағалаўының субъектлериниң бәрқулла дыққат орайында болыўлары лазым.

 

 

Спартак НИЯЗОВ,

Нөкис районлар аралық экономикалық суды баслығы

 

ҲУҚЫҚЫЙ БИЛИМЛЕНДИРИЎДЕ СУДЬЯЛАРДЫҢ ҚАТНАСЫЎЫНДА ӘМЕЛИЙ САБАҚЛАР

 

Жасларға суд-ҳуқық тараўына байланыслы билим ҳәм көнликпелерди бериўде әмелий шынығыўлардың орны айрықша. Себеби, әмелий шынығыўлар арқалы жаслардың ҳуқықый саўатханлығы еледе жетилистириледи, ҳуқықый мәденияты қәлиплестирилип, ҳуқықый түсиниклерди үйрениў ҳәм өзлестириў дәрежеси артады.

Усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасы судларының судьялары Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде билим алып атырған жасларға суд реформалары тийкарында сабақ өтип келмекте.

 

Айрықша атап өтиў орынлы, 2024-жылы 13-март күни дүзилген «Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ортасындағы юридикалық кадрларды таярлаў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында»ғы меморандумы да бул әмелий жумыслардың логикалық даўамы десек қәтелеспеймиз.

 

Университетинде студентлер тек ғана теориялық билим алып қоймастан, ал өз кәсип тараўларына байланыслы әмелий көнликпелерди қәлиплестириўи ушын кең имканиятлар жаратылған. Бүгинги күнде университеттиң Юридика факултети кешки тәлим формасы студентлерине Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы Камал Тарихов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик суды судяьсы Камалатдин Хожамуратовлар турақлы түрде сабақ берип келмекте. Бул сабақ процесслери студентлерге юридикалық билимлерди тек ғана теориялық жақтан өзлестириў менен бирге, реал суд процесслеринде ҳуқық нормаларының қалай қолланылатуғынын да билиў имканиятын бермекте.

 

 

Сабақ даўамында студентлер тараў ўәкиллеринен Өзбекстан Республикасында әмелге асырылып атырған суд-ҳуқық тараўындағы реформалар ҳаққында толық мағлыўмат алып, әсиресе соңғы жылларда ҳуқықый системаны жетилистириўге қаратылған кең көлемли реформалар, әдил судлаўдың ашық-айдынлығын тәмийинлеўге қаратылған өзгерислер, сондай-ақ, пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин исенимли қорғаў жолында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында кең түрде мағлыўмат алыў мүмкиншилигине ийе болмақта.

 

Сондай-ақ, судьялар тәрепинен судларда суд процесслериниң алып барылыў тәртиби, онда судья, прокурор ҳәм адвокаттың ўазыйпалары, судтағы тәртип-қағыйдалар, ҳүжжетлер менен ислесиў бағдарындағы әмелият бойынша да мағлыўматлар берилмекте.

 

Бул өз нәўбетинде, студент-жаслардың ҳуқықый тараў, соның ишинде суд ҳәкимиятына байланыслы мағлыўматларды алыў менен бирге, келешекте ийелейтуғын кәсиби бойинша тийкарғы әмелий билим ҳәм көнликпелериге ийе болыўында айрықша әҳмийетли.

ЭКОНОМИКАЛЫҚ СУДЛАРДА ИСЛЕРДИ КӨРИЎДЕ ПРОКУРОР ЎӘКИЛЛИКЛЕРИН ТƏМИЙИНЛЕЎГЕ ҚАРАТЫЛҒАН ЖАҢА ӨЗГЕРИСЛЕР МАЗМУНЫ

 

Мəмлекетимизде суд ҳəкимиятиниң ғəрезсизлигин, судларда  ашықлықты тəмийинлеў бойынша реформалар əмелге асырылмақта.

 

Нызамшылықтағы əҳмийетли өзгерислердиң бири “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине судда ислерди көриўде прокурор ўәкилликлерин тəмийинлеўге қаратылған өзгерислер ҳəм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы 2024-жыл 30-сентябрде ӨРH-968-санлы Өзбекстан Республикасының Нызамы қабыл етилди.

 

Бул Нызам менен Өзбекстан Республикасының Пуқаралық процессуал кодекси, Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси ҳəм Өзбекстан Республикасының Ҳəкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодекске айырым өзгерислер ҳəм қосымшалар киргизилди.

 

Усы Нызам менен Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодексине киргизилген өзгерислер ҳəм қосымшалар мазмунына тоқталып өтетуғын болсақ, алдын прокурор тек ғана нызамда нəзерде тутылған ҳалларда яки өзиниң даўа арзасы тийкарында қозғатылған ислерде қатынасыўы мүмкин еди. Ҳəзирги күнде бул тəртип өзгерди.

 

Жерге тийисли ҳуқықый қатнасықлар, мəмлекет мүлки менен байланыслы ислерде, əтирап-орталықты қорғаў ҳаққындағы нызамшылықты бузыў, мəмлекет бюджетинен өндириўлер, өз басымшалық менен қурылған жайға болған мүлк ҳуқықын тəн алыў етиў, жеке мүлкке ийелик қылыў ҳəм оннан пайдаланыў фактин анықлаў, бажыхана төлемлерин өндириў менен байланыслы ислерде прокурор қатнасыўын нəзерде тутатуғын өзгерислер киргизилди.

 

Суд мəжлиси ўақты ҳəм орны ҳаққында прокурор тийисли тəрзде хабарлы етилместен көрилген, нызамда прокурор қатнасыўы нəзерде тутылған ислер бойынша кассация протести, ревизия тəртибинде протест келтириў ҳаққындағы мəселени шешиў ушын тийисли судтан ислерди талап етип алыўға ҳақылы.

 

Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодексиниң
49-статьясына  киритилген өзгерислерге көре, прокурор өзиниң даўа арзасы тийкарында қозғатылған ислерде, соның менен бирге мəмлекеттиң нызам менен қорғалатуғын мəплерин қорғаў мақсетинде жерге тийисли ҳуқықый қатнаслар, мəмлекет мүлки менен байланыслы ислерде,
əтирап-орталықты қорғаў ҳаққындағы нызамшылықты бузыў, мəмлекет бюджетинен өндириўлер, өз басымшалық менен қурылған имаратға болған мүлк ҳуқықын тəн алыў етиў, жеке мүлк ретинде ийелик қылыў ҳəм оннан пайдаланыў фактин анықлаў, бажыхана төлемлерин өндириў менен байланыслы ислерде қатнасыўы мүмкин.

 

Прокурор басқа тареплердин арзасы менен қозғатылған ислерде өз басламасы менен қатнасыўы мүмкин емес.

 

Сондай-ақ, прокурор нызамда прокурор қатнасыўы нəзерде тутылған болып, бирақ ол суд додалаўының ўақты ҳəм орны туўрысында тийисли тəрзде хабарлы етилместен көрилген ис бойынша биринши инстанция судының нызамлы күшке кирмаган шешиўши қарары үстинен апелляция протести келтириўге ҳақылы.

 

Кодекс 265-статьясинин екинши бөлими төмендеги жана редакцияда баян етилди. Бул өзгериске көре апелляция арзасына қосымша етилетуғын ҳужжетлерге апелляция протестине исте қатнасыўшы басқа шахсларға апелляция протести ҳəм оған қосымша етилген, бул шахсларда болмаған ҳүжжетлердиң көширме нусқалары жиберилгенлигин ямаса тапсырылғанлығын тастыйықлайтуғын ҳүжжет, прокурор қатнасыўысыз көрилген ислер бойынша бул Кодекс 259-статясының биринши бөлиминде көрсетилген шахслар мүрəжəəтлариниң көширме нусқасы қосымша етиледи.

 

Нызамда прокурор қатнасыўы нəзерде тутылған болып, бирақ ол суд додалаўының ўақты ҳəм орны туўрысында тийисли тəризде хабардар етилместен көрилген ислерде  бул Кодекс 259-статясының биринши бөлиминде көрсетилген шахслар мүрəжатлариниң көширме нусқасы қосымша етилмейди.

 

Усы кодекстеги 269-статьясиниң биринши бөлими 11-бәнти төмендеги жаңа редакцияда баян етилди. Апелляция арзасы (протестининг) формасы ҳəм мазмуны бул Кодекснинг 263-статясында белгиленген талапларға муўапық болмаса ямаса апелляция арзасына бул Кодекс 265-статясының үшинши бөлиминде нəзерде тутылған ҳүжжетлер ямаса прокурор қатнасыўысыз көрилген ис бойынша келтирилген протестке тəрептиң мүрәжаты  көширме нусқасы қосымша етилмеген болса, буннан нызамда прокурор қатнасыўы нəзерде тутылған болып, бирақ ол суд додалаўының ўақты ҳəм орны туўрысында тийисли тəризде хабардар етилместен көрилген ислерден тысқары.

 

Бул Кодекс 288-статьясының екинши бөлими ҳəм төмендеги жаңа редакцияда баян етилген. Кассация протестине исте қатнасыўшы басқа шахсларға кассация протести ҳəм оған қосымша етилген, бул шахсларда əмелдеги болмаған ҳүжжетлердиң көширме нусқалары жиберилгенлигин ямаса тапсырылғанлығын тастыйықлайтуғын ҳүжжет, прокурор қатнасыўысыз көрилген ис бойынша бул Кодекс 282-статясының биринши бөлиминде көрсетилген шахслар мүрəжəəтлариниң көширме нусқалары қосымша етиледи, буннан нызамда прокурор қатнасыўы нəзерде тутылған болып, бирақ ол суд додалаўының ўақты ҳəм орны туўрысында тийисли тəрзде хабардар етилместен көрилген ислерден тысқары.

 

Бул Кодекс 313-статьясының екинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилген. Ревизия тəртибиндеги протестге исте қатнасыўшы басқа шахсларға протест ҳəм оған қосымша етилген, бул шахсларда əмелде болмаған ҳүжжетлердиң көширме нусқалары жиберилганлигин ямаса тапсырылғанлығын тастыйықлайтуғын ҳүжжет, прокурор қатнасыўысыз көрилген ис бойынша исте қатнасыўшы шахслар, исте қатнасыўға тартылмаған, бирақ ҳуқықлары ҳəм миннетлемелери туўрысында суд шешиўши қарары қабыл еткен адамлардың мүрәжаты  көширме нусқалары қосымша етиледи, буннан нызамда прокурор қатнасыўы нəзерде тутылған болып, бирақ ол суд додалаўының ўақты ҳəм орны туўрысында тийисли тəрзде хабардар етилместен көрилген ислерден тысқары.

 

Жоқарыда келтирилген өзгерислерге көре, прокурор нызамда прокурор қатнасыўы нəзерде тутылған болып, бирақ ол суд додалаўының ўақты ҳəм орны туўрысында тийисли тəризде хабардар етилместен көрилген ислер бойынша апелляция, кассация ҳам ревизия тәртибинде арза бериўге ҳақылы.

 

Бул Нызам прокуратура органларының əдил судлаўды əмелге асырыўға көмеклесиў бойынша искерлиги нәтийжелилигин жəне де асырыўға, пуқаралардың ҳуқық ҳəм еркинликлерин, жəмийет ҳəм де мəмлекеттиң нызам менен қорғалатуғын мəплерин қорғаўға, соның менен бирге судта ислерди көриўде нызамлылықты беккемлеўге хызмет етеди.

 

 

Бақберген УБАЙДУЛЛАЕВ,

Беруний районлар аралық экономикалық суды судьясы                                              

КЕПИЛЛИК ШӘРТНАМАСЫНЫҢ ЖУЎАПКЕРШИЛИГИ ҚАНДАЙ?

Елимизде исбилерменлик жумысын әмелге асырыў яки пуқаралардың турмыслық талапларын қанаатландырыў мақсетинде қолайлы мүмкиншиликлер жаратылған. Ҳәр ким қәлеген буйымды сатып алып пайдаланыўы, исбилерменлар болса жумысын және де кеңейтиўи мүмкин.

 

Ҳәзирги күнде кредит шөлкемлери тәрепинен қәлеген турмыслық яки баска буйым шәртнама тийкарында жеткерилип берилмекте. Кредит алыўшы пуқаралардың жыллық дәраматлары жетерли муғдарда болмаса, онда басқа бир шахстың кепил болыўы талап етиледи.

 

Айырым пуқаралар яки исбилерменлик субъектлери кепилликтиң жуўапкершилигин сезбеген ҳалда  кепиллик шәртнамаларын қол қойып, тастыйықлап атыр. Бул болса өз гезегинде кредит алыўшы менен кепил арасында даў, тартыс келтирип шығарып, кепилдиң жуўапкершилиги пайда болмақта.

 

Кепиллик дегенимиз не? Кепиллик – үшинши шахстың басқа шахс кредиторы алдындағы усы шахстың кредит шәртнамасынан келип шығатуғын миннетлемелери бойынша толық ямаса жарым-жарты жуўапкер болыў миннетлемеси болып есапланады.

 

Кепиллик шәртнамасы басқа шахстың кредиторы ҳәм кепил арасында дүзиледи. Кепиллик шәртнамасы бойынша миннетлемениң мазмуны қарыздар тийкарғы миннетлемени орынламаған ямаса зәрүр дәрежеде орынламағанда кепилдиң қарыздар менен бирге кредитор алдында жуўап бериў миннетлемеси болып табылады.

 

Кепиллик өз алдына шәртнама менен рәсмийлестирилиўи, сондай-ақ, кепиллик ҳаққындағы шәртлер олар менен қайсы шәртнама миннетлемелери тәмийинленип атырған болса, сол шәртнмаға киргизилиўи мүмкин. Бундай жағдайда шәртнамаға кредитор, қарыздар ҳәм кепил тәрепинен қол қойылады.

 

Нызамға муўапық, қарыздар кепиллик пенен тәмийинленген миннетлемени орынламаған яки зәрүр дәрежеде орынламаған жағдайда  кепил ҳәм қарыздар кредитор алдында солидар жуўап береди, егер нызамда яки кепиллик шәртнамасында кепилдиң субсидиар жуўапкер болыўы нәзерде тутылған болмаса.

 

Егер, кепиллик шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылмаса, кепил кредитор алдында қарыздар менен теңдей көлемде жуўап береди. Атап айтқанда, процентлер, қарызды өндирип алыў бойынша суд шығымларын ҳәм қарыздар миннетлемени орынламағанлығы ямаса зәрүр дәрежеде орынламағанлығы себепли кредитор көрген басқа зыянларды төлейди.

 

Кредитор тәрепинен даўа бир ўақыттың өзинде кепил ҳәм қарыздарға, қарыздар тәрепинен тийкарғы миннетлеме орынламағанлығына байланыслы усыныс етилип, солидар жуўапкершилик ҳаққындағы қағыйдаларды қолланыў зәрүр  болған жағдайларда, бундай жуўапкершилик тек кепил яки тек қарыздарға жүклениўи мүмкин емес. Кепил ҳәм қарыздар кредитор алдында солидар жуўап бериўи керек.

 

Кепил кредитордың талапларына қарсы өзиниң наразылығын билдириўге ҳақылы. Кепилдиң наразылық билдириў мүмкиншиликлери тек қарыздардың тийкарғы миннетлемелери бойынша билдириўи мүмкин болған наразылықлар шеңберинде шекленеди (Пуқаралық Кодексиниң  294-статьясы). Кепилдиң көрсетилген кредитор талапларына қарсы наразылықларға болған ҳуқықы қарыздардың тийкарғы миннетлеме бойынша қарызды тән алғанлығы яки кредитор талапларына қарсы қандай болса да наразылықлардан ўаз кешиў жағдайлары менен жоғалмайды (Пуқаралық Кодексиниң  294-статьясы, биринши бөлими).

 

Пуқаралық Кодексиниң 295-статьясы, биринши бөлимине муўапык, егер нызамда яки кепил менен қарыздар арасында дүзилген шәртнамада басқаша тәртип белгиленбесе, миннетлемени орынлаған кепилге кредитордың усы миннетлеме бойынша ҳуқықлары ҳәм гиреўге алыўшы сыпатында кредиторға тийисли болған хуқықлар кепил кредитордың талабын қанша көлемде қанаатландырған болса, сонша көлемде өтеди. Кепил кредиторға төленген суммаға процентлер төлеўди ҳәм қарыздар ушын жуўапкершилик мүнәсибети менен көрген басқа зыянларды төлеўди қарыздардан талап етиўге ҳақылы.

 

Егер, тийкарғы миннетлемени орынлаў мүддети көрсетилмеген ҳәм белгилениўи мүмкин болмаған яки  талап етип алыў пайыты менен белгиленген болса, кредитор кепиллик шәртнамасы дүзилген күннен баслап бир жыл ишинде кепилге даўа қозғатпаған жағдайда  кепиллик бийкарланады.  (Пуқаралық Кодексиниң 298-статьясы).

 

Жуўмақлап айтқанда, ҳәр бир шәртнама бул миннетлеме. Кепиллик шәртнамасын қол койыўдан алдын соңынан жүзеге келиўи мүмкин болған жуўапкершиликти пуқта ойлап, шәртнама дүзилиўи мақсетке муўапық болады. Өйткени, шәртнама тәреплердиң ықтыярлы келисими тийкарында дүзиледи.

 

Н. ТАИРОВ,

Пуқаралық ислери бойынша Беруний районлараралық судының  судьясы

АШЫҚ КӨШПЕЛИ АШЫҚ СУД МӘЖИЛИСИ ӨТКЕРИЛДИ

 

Қанлыкөл районындағы Жаслар орайы имәратының мәжилислер залында Жынаят ислери бойынша Қанлыкɵл районы суды тәрепинен көшпели ашық суд өткерилди. Онда суд баслығы М.Бекимбетовтың басшылығында, судья жәрдемшиси Т.Нурлепесовтың хаткерилигинде, 39 шахстың қарсысына топланған 37 ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ис материаллары көрип шығылды. Ашық суд мәжилисинде ис материаллары бойынша 12 шахсқа қарата ҳәкимшилик қамақ жазасы, 27 шахсқа қарата жәрийма ҳәм ескертиў жәрияланды.

 

Суд мәжилисинен соң, суд баслығы пуқаралар менен ашық сәўбетлесиў өткерип, олардың мүрәжатларын тыңлады. Онда мүрәжат еткен 20 шахстың арзалары көрип шығылып, нызамлы қарарлар қабыл етилди.

 

 

Сондай-ақ, судья тәрепинен нызамшылықтағы жаңалықлар жөнинде де кең турде мағлыўмат берилди. Атап айтканда, 2024-жыл 30-сентябрьдеги «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине судларда ислерди көриўде прокурордың ўәкилликлерин тәмийинлеўге қаратылған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы ӨРН-968-санлы Өзбекстан Республикасының Нызамының мазмуны ҳәм әҳмийети бойыншада сөз етилди.

ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ БАЛАҒА ШАҢАРАҚЛЫҚ (ТУРМЫСЛЫҚ) ЗОРЛЫҚ ЕТКЕНИ УШЫН ЖУЎАПКЕРШИЛИК ПЕНЕН ТОЛЫҚТЫРЫЛДЫ

Мәмлекетимиз басшысы «Шаңарақлық (турмыслық) зорлықтан қорғаў илажларының  күшейтилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамға қол қойды.

Сенаттың  Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери комитетиниң баслығы Малика Қодирхонова усы нызамның әҳмийети ҳаққындағы пикирлери менен ортақласты:

– Жаңа Өзбекстанда қылмыс ҳәм жынаят ушын жаза қатаң тәмийинленбекте. Атап айтқанда, нызамшылыққа «шаңарақлық (турмыслық) зорлық» сыяқлы түсиник киргизилип, усы хықықбузарлықлар ушын тийисли түрде ҳәкимшилик ҳәм  жынайый жуўапкершилик белгиленди.

Нызамшылықтағы жынысый еркинликке қәўип туўдырыў жынаятына аўырластырыўшы жағдайлар сыпатында қаралып, және де күшлирек санкциялар менен толықтырылды.

Жас өспиримлерге жынысый зорлық еткен шахслардың балаларға тәлим-тәрбия бериўи, балалар менен тиккелей ислесиўи, усы сыяқлы жумыс түрлери менен шуғылланыўы қадаған етилди.

 

 

Тилекке қарсы, алып барылып атырған ҳәрекетлерге қарамастан тараўда айырым кемшиликлер  көзге тасланбақта.

Шаңарақлық (турмыслық) зорлыққа тек жас өспиримлер емес, ал  балалар да ушырамақта. Бирақ әмелдеги Ҳәкимшилик  жуўапкершилик  ҳаққындағы ҳәм Жынаят кодекслериниң тийисли статьялары диспозициясында шаңарақлық (турмыслық) зорлықтың қурбаны ерли-зайыплылар, бурынғы ерли-зайыплылар, бир руўзыгершилик тийкарында биргеликте  жасап атырған шахслар ямаса улыўма перзентке ийе болған шахслар болыўы мүмкин екенлиги нәзерде тутылған болып, буған балалар киргизилмеген.

Нәтийжеде шаңарақлық (турмыслық) зорлыққа ушыраған балаларға жынаят ислерин  квалификациялаўда тергеў уйымларында түрли машқалалар жүзеге келген.

Әлбетте, тараўдағы бар машқала ҳәм хуқықый бослықларды сапластырыў мақсетинде ислеп шығылған бул нызам менен балаларды қорғаўдың хуқықый тийкары беккемленди.

Жаңа нызам 6 статьядан ибарат болып, 3 кодекске тийисли өзгерислер менен қосымшалар  киргизилди. Биринши әҳмийетли тәрепи сонда, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 59-2-статьясы ҳәм Жынаят кодексиниң 126-1-статьясы балаға шаңарақлық (турмыслық) зорлық еткени ушын жуўапкершилик пенен толықтырылды.

Екинши әҳмийетли тәрепи болса, Жынаят-процессуал кодексине шаңарақлық (турмыслық) зорлық менен байланыслы жынаят ислери бойынша жарасыў ҳаққындағы арзаны  сорастырыў ҳәм дәслепки тергеў басқышларында емес, суд  додалаў ўақтында бериў тәртиби енгизилди.

Яғный,  шаңарақлық (турмыслық) зорлық бойынша жынаят ислери бойынша жарасыў ҳаққындағы арза тек исти судта көриў процесинде, суд додалаўының қәлеген басқышында, бирақ суд мәсләҳәтханаға кириўден алдын берилиўи мүмкин екенлиги белгиленди.

Бул неге керек? Себеби тергеў басқышында ерли-зайыплылардың өз-ара жарасқаны ақыбетинде айыпланыўшы тәреп  жаза сөзсиз екенин сезинбей, бир жыл даўамында және  қайта зорлық етиўи жағдайлары бақланбақта.

2023-жыл  ҳәм быйылғы жылдың май айына  шекем жүз берилген 894 шаңарақлық (турмыслық) зорлық пенен байланыслы жынаятлардың 55,6 проценти, яғный 506и тәреплер жарасқаны мүнәсибети менен жуўмақланған, Қалған 44,4 проценти, яғный 388и бойынша суд тәрепинен тйиисли жазалар тайынланған.

Сол себепли, нызамшылыққа бундай өзгерислер киргизилгени оғада әҳмийетли.

Нызам шаңарақлық (турмыслық) зорлық пенен байланыслы жынаят ислерин ҳәр тәреплеме, толық ҳәм қалыс көрип шығылыўына хуқықый тийкар жаратты. Буннан тысқары, нызам зорлық ислеген шахстың минезине көрсетилетуғын унамлы тәсирдиң  күши және де артыўына, балалар ҳәм ҳаял-қызлардың зорлыққа ушыраўының алдын алыў илажларының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм шаңарақлардағы руўхый-адамгершилик орталықты жақсылаўға хызмет етеди.

 

Н.Абдураимова, ӨзА

Skip to content