Суўық күнлерде баспанасыз қалған бир ҳаял реабилитация орайына жайластырылды

 

Өзбекстан Республикасының 2022-жыл 16-декабрь күнги ӨРН-810 санлы «Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгертиў ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында»ғы Нызамы менен турақлы жасаў орны болмаған пуқараларды реабилитация орайына жайластырыў Ҳәкимшилик судлардан жынаят ислери бойынша район (қала) судлары ўәкиллигине берилди.

2023-жылдың 11-январь күни Хожели районы ИИБ баслығы тәрепинен баспанасыз қалған 1964-жылы туўылған А.А. исмли еркек жынысындағы бир пуқараға қарата жынаят ислери бойынша Хожели районы судына киритилген илтимаснама жабық суд мәжилисинде көрип шығылып, ИИБ илтимаснамасы қанаатландырылып, бул пуқара реабилитация орайына жайластырылған еди.

Усы жылдың 13-январь күни ИИБ баслығы тәрепинен киритилген және бир илтимаснама суд мәжилисинде көрип шығылды.

Судта бул пуқараның 1973-жылы Нөкис қаласында туўылған, өмирлик жолдасынан ажырасқан, 2 перзенти шаңарақлық балалар үйине тапсырылған, К.С. исмли 50 жастағы ҳаял екенлиги, оның үй-жайсыз екенлиги, күндизги күнлери баклажка, картон терип сатып, түнги ўақытлары көшеде дус келген жерлерде түнеп қалып, күн кеширип келгени анықланды.

Судқа келип түскен усы илтимаснама тезлик пенен көрип шығылып, К.С. исмли ҳаял Қарақалпақстан Республикасы ИИМ ППХ ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасының турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахсларды Реабилитация етиў орайына 30 сутка мүддетке жайластырылды.

 

Ибрайым Алланиязов

Жынаят ислери бойынша

Хожели районы судының баслығы 

Жер мәселеси бойынша нызамшылықтағы өзгерислерге түсиниклер берилди

 

 

Кегейли районы «Мәденият» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында Жынаят ислери бойынша Кегейли районы суды баслығы Р.Бекмуратова, Кегейли районы прокурорыныӊ жәрдемшиси К.Нарымбетов, Кегейли районы кадастр агентлиги хызметкерлери, Кегейли районы «Мәденият» МПЖ турғынлары қатнасыўында илаж өткерилди.

 

Илажда Жынаят ислери бойынша Кегейли районы судының баслығы Р.Бекмуратова сөзге шығып, Өзбекстан Республикасының 2021 жыл 16 августтағы «Жер учаскаларды ажыратыў ҳәм олардан пайдаланыў, сондай-ақ жерлерди есапқа алыў ҳәм мәмлекет жер кадастрын жүритиў системасын жеделлестириў мүнәсибети менен ӨзР айрым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында»ғы Нызам менен ҲЖҳКниң 60-статьясы 2-4 бөлимлери, 601, 68, 681, 69-статьяларына өзгерис ҳәм қосымшалар киритилгенлиги бойынша кең түрде түсиник берди.

 

 

Сондай-ақ, илаж соңында пуқаралардың суд-ҳуқық тараўына байланыслы сораўларына тийисли жуўаплар, түсиниклер берилди.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

Нызамның мазмуны ҳǝм әҳмийети түсиндирип ɵтилди.

 

Жынаят ислери бойынша Қанлыкөл район суды тәрепинен район прокуратура, Кадастр агентлиги менен биргеликте ϴзбекстан Республикасы 2021-жыл 16-августдағы «Жер участкаларын ажыратыў ҳǝм олардан пайдаланыў, жǝнеде жерлердиң есабын алыў ҳǝм мǝмлекетлик кадастрын жүритиў дизимин жеделлестириў менен ϴзбекстан Республикасының айырым нызам хүжжетлерине қосымшалар ҳǝм ɵзгерислер киритиў ҳақкында»ғы    ϴРН-708-санлы Нызамының мазмуны ҳǝм әҳмийети түсиндирип ɵтилди.

 

Ушырасыў даўамында илаж қатнасыўшылары ɵзлери қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

 

 

 

 

 

 

«Мениң мǝҳǝллем мениң судьям» шеңбериндеги ушырасыў

 

Хожели районы “Наўрыз” МПЖ имаратында, МПЖ баслығы А.Айтмуратова, жынаят ислери бойынша Хожели район судының баслығы И.Алланиязов, Хожели районы ИИБ профилактика инспекторы Ж.Тилепов, Кадастр агентлигиниң Хожели районы бɵлими баслығы А.Кайыпназаровлар менен биргеликте ҳәптениң ҳәр пийшемби күни “Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы күни” ушырасыўлары шеңберинде ϴзбекстан Республикасы 2021-жыл 16-августдағы «Жер участкаларын ажыратыў ҳǝм олардан пайдаланыў, жǝнеде жерлердиң есабын алыў ҳǝм мǝмлекетлик кадастрын жүритиў дизимин жеделлестириў менен ϴзбекстан Республикасының айырым нызам хүжжетлерине қосымшалар ҳǝм ɵзгерислер киритиў ҳақкында»ғы ϴРН-708-санлы Нызамының мазмуны ҳǝм әҳмийети түсиндирип ɵтилди.

 

 

Ушырасыў даўамында илаж қатнасыўшылары ɵзлери қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

Қарыз шәртнамасы деген не?

Статистикалық мағлыўматлар бүгинги күнде судларда пуқаралар ортасында қарыз ѳндириў менен байланыслы тартыслардың кѳбейип кеткенлигин кѳрсетеди. Мысалы, бундай категориядағы ислер           2020 жылға салыстырғанда 2021 жылда 309 иске, яғный 99,3 пайызға,  2021 жылға салыстырғанда 2022 жылда 31 иске, яғный 55.0 пайызға кѳбейген.

 

Ҳәммемиз билемиз нызамды билмеслик жуўапкершиликтен азат етпейди. Соның ушын ҳәр бир пуқара қандайда бир ҳуқықый қатнасыққа кирисиўден алдын әмелге асырмақшы болып атырған ҳәрекетлери бойынша ҳуқықый түсиникке ийе болыўы лазым.

 

Атап ѳтиў керек ҳалық арасында қарыз шәртнамасы әпиўайы тил хат түринде дүзиледи ҳәм судларға усы тил хатқа тийкар қарыз ѳндириў ҳаққында даўа арзалар бериледи.

 

Демек, қарыз бериўши қарыздың қайтарылыўын талап етиў ҳуқықына ийе болса, қарыз алыўшы алған пулды яки мүлкти қайтарыў миннетлемесин өз мойнына алады.

 

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексинде қарыз шәртнамасы, оның түри,  қарыз шәртнамасы бойынша пайызлар, қарыз алыўшының қарыз суммасын қайтарыў миннетлемелери, қарыз алыўшы тәрепинен қарыз шәртнамасы шәртлерин бузыў ақыбетлери, қарыз шәртнамасы жүзесинен даўласыў ҳәм тағы басқада нормалар белгиленген.

 

Демек, Кодекстиң 101-статьясына кѳре, питимлер деп – пуқаралар
ҳәм юридикалық шахслардың пуқаралық ҳуқық ҳәм миннетлемелерин белгилеў, өзгертиў яки бийкарлаўға қаратылған ҳәрекетлерге айтылады.

 

Қарыз шәртнамасы бойынша бир тәреп (қарыз бериўши) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) пул ямаса түрге уқсас белгилери менен белгиленген басқа буйымларды мүлк етип береди, қарыз алыўшы болса қарыз бериўшиге бир жола ямаса бөлип-бөлип, усындай суммадағы пулды ямаса қарызға алынған буйымлардың түри, сыпаты ҳәм муғдарына тең нәрсени (қарыз суммасын) қайтарып бериў миннетлемесин алады. Қарыз шәртнамасы пул яки мүлклер тапсырылған ўақыттан баслап дүзилген есапланады.

 

Қарыз шәртнамасы пуқаралар арасында, егер бул қарыздың суммасы базалық есаплаў муғдарының он есесинен артық болса, әпиўайы жазба формада дүзилиўи шәрт, шәртнамадағы тәреплерден бири юридикалық шахс болғанда суммасына қарамастан жазба түринде дүзилиўи шәрт. Қарыз шәртнамасының жазба формасына әмел қылмаў Пуқаралық кодексиниң 109-статьясында нәзерде тутылған ақыбетлерге алып келеди, яғный егер қарыз алыўшының тил хаты ямаса оған қарыз бериўши тәрепинен белгили сумма ямаса белгили муғдардағы мүлклер тапсырылғанлығын тастыйықлайтуғын басқа ҳүжжет бар болса, қарыз шәртнамасы жазба формада дүзилген есапланады, яғный бул жерде жоқарыда атап ѳтилгениндей қарыз алыўшының қарыз бериўшиге берген тил хаты қарыз шәртнамасы болып есапланады.

 

Питимниң әпиўайы жазба формасына әмел етпеў оның ҳақыйқый емеслигине алып келмейди, бирақ даў шыққан жағдайда тәреплерди питимниң дүзилгенлигин, мазмунын ямаса орынланғанлығын гүўалардың көрсетпелери менен тастыйықлаў ҳуқықынан маҳрум етеди. Тәреплер питимниң дүзилгенлигин, мазмуны ямаса орынланғанлығын жазба яки басқа дәлийллер менен тастыйықлаўға ҳақылы. Нызамда яки тәреплердиң келисиминде туўрыдан-туўры көрсетилген жағдайларда питимниң әпиўайы жазба формасына әмел етпеў оның ҳақыйқый емеслигине алып келеди.

 

Егер тил хатта Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 736-статьясы 2-бөлимине көре, қарызды бөлип-бөлип қайтарыў нәзерде тутылған болса, қарыз алыўшы қарыздың нәўбеттеги бөлимин қайтарыў ушын белгиленген мүддетти бузған жағдайда, қарыз бериўши қарыздың қалған барлық суммасын тийисли пайызлар менен бирге мүддетинен алдын қайтарыўды талап етиўге ҳақылы.

 

Сондай-ақ, қарыз бойынша пайызларды қарыздың өзин қайтарыў мүддетинен алдын төлеў нәзерде тутылған болса, бул миннетлеме бузылған жағдайда, қарыз бериўши қарыз алыўшыдан қарыз суммасын тийисли пайызлары менен бирге мүддетинен алдын қайтарыўды талап етиўге ҳақылы.

 

Қарыз алыўшы пул ямаса басқа мүлклерди қарыз бериўшиден әмелде алмағанлығын ямаса шәртнамада көрсетилгенинен кем муғдарда алғанлығын дәлийллеп, қарыз шәртнамасы бойынша даўласыўға ҳақылы.

 

Жазба формада дүзилиўи лазым болған қарыз шәртнамасы бойынша гүўалардың көрсетпелери жәрдеминде тартысыў мүмкин емес. Бирақ, шәртнама алдаў, зорлық ислетиў, қарыз алыўшының ўәкили қарыз бериўши менен жаман нийетте келисиўи ямаса қыйын жағдайлар тәсиринде дүзилген жағдайлардан тысқары. Егер қарыз алыўшы қарыз шәртнамасы бойынша тартысыўы даўамында пул ямаса басқа мүлклер ҳақыйқаттан да қарыз бериўшиден алынбағанлығы анықланса, қарыз шәртнамасы дүзилмеген есапланады. Қарыз алыўшы қарыз бериўшиден пул ямаса басқа мүлклерди шәртнамада көрсетилгенинен әмелде кем муғдарда алған жағдайда шәртнама усы муғдардағы пул ямаса буйымларға дүзилген есапланады.

 

Әмелиятта усы мазмундағы ислерди көргенде айрым ўақытлары қарыз алыўшы қарыз бериўшиге алган қарызын қайтарған, бирақ қарызды қайтарып берген ўақтында қарыз алғанда жазып берген тил хатын қайтарып алмаған яки қарыз бериўшиден қарызын қайтарып алғанлығы ҳаққында тил хат жаздырып алмаған жағдайлар көп ушырасады.

 

Әпиуайы тил менен айтқанда, қарыз алыўшы алған қарызын қарыз бериўшиге қайтарған ўақтында қарыз бериўшиден берген қарызын толық яки қысман қайтарып алғанлығы ҳаққында тил хат бериўди талап етиўге ҳақылы ҳәм қарыз бериўши бундай тил хат бериўи шәрт.

 

Бул жағдай Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң     257-статьясы 1-бөлиминде белгиленген, яғный қарыз бериўши, миннетлемениң орынланыўын қабыл етип алған ўақытта, қарыздардың талабы менен оған миннетлемениң толық яки қысман орынланғанлығын қабыл етип алғанлығы ҳаққында тил хат бериўи шәрт.

 

Ал, усы статьяның 2-бөлимине кѳре, егер қарыздар миннетлемени тастыйықлаў жүзесинен қарыз бериўшиге қарыз ҳүжжети берген болса, қарыз бериўши орынлаўды қабыл етип атырған ўақытта, яғный берген қарызын қайтарып алған ўақтында усы ҳүжжетти қайтарып бериўи, қайтарып бериўдиң имканияты болмағанда болса – буны өзи берип атырған тил хатта көрсетиўи керек.

 

Демек, қарыз алыўшы қарыз бериўшиге қарыз алғанлығы ҳаққында тил хат жазып берген болса, қарыз бериўши берген қарызын қайтарып алғанда бул тил хатты қайтарып бериўи, егер оны қайтарып бериў  имканияты болмаса – бул ҳаққында өзи берип атырған тил хатта көрсетиўи керек.

 

Мысалы, даўагер Р.К. жуўапкер К.Ғдан 10.000.000 сум қарыз өндириў ҳаққындағы даўа арза менен судқа мүрәжат еткен. Суд мәжилисинде жуўапкер К.Ғ. даўагер Р.К.дан алған қарызын толығы менен қайтарып бергенлигин, оны гуўа С.К. тастыйықлайтуғынлығын билдирген. Бирақ жуўапкер К.Ғ. қарыз бериўши Р.К.дан өзиниң қарыз алған ўақтында жазып берген тил хатын кайтарып алмаған ямаса қарыз бериўши Р.К.дан қарызын қайтарып алғанлығы ҳаққында тил хат жаздырып алмаған.

 

Бундай жағдайда жоқарыда атап өткенимиздей қарыз алыўшыны алған қарызын қайтарып бергенлигин гүўаларының көрсетпелери менен тастыйықлаў ҳуқықынан маҳрум етеди.

 

Жуўмақлап айтқанда, бүгинги күни системалы түрде пуқараларымыз арасында қарыз шәртнамасы ҳәм оннан келип шығатуғын ҳуқықый ақыбетлер ҳаққында ҳуқықый үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта ҳәм бул үгит-нәсиятлар бундай категориядағы ислердиң кемейиўине жәрдем береди деп ойлайман.

 

 

Зульфия Бабаджанова

Қарақалпақстан Республикасы

суды судьясы                                                                 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

Турақлы жасаў орны болмаған пуқараларды реабилитация орайына жайластырыў тәртиби өзгерди

«Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгертиў ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында»ғы ӨРН-810 санлы Өзбекстан Республикасының Нызамы 2022-жыл
16-декабрь күни күшке кирди.

 

Усы ўақытқа шекем турақлы жасаў орны болмаған пуқараларды реабилитация орайына жайластырыў Ҳәкимшилик судлары тәрепинен әмелге асырылып келинген болса, қабыл етилген Нызамға көре бундай ўәкиллик Ҳәкимшилик судлардан жынаят ислери бойынша район (қала) судлары ўәкиллигине берилди.

 

Жаңадан белгиленген тәртипке көре, турақлы жасаў орны болмаған пуқаралардың реабилитация орайына жайластырылыўын талап етиўши тийкарлар анықланған жағдайда ишки ислер органы бундай шахс ишки ислер органына келтирилген ўақыттан баслап 48 саат ишинде оны реабилитация орайына 30 суткадан кем болмаған мүддетке жайластырыў ҳаққында судқа илтимаснама жибериў ушын материалларды таярлаўы шәрт.

 

Турақлы жасаў орны болмаған пуқараларды реабилитация орайына жайластырыў ҳаққындағы материаллар бундай шахс анықланған жердеги яки реабилитация орайы жайласқан жердеги жынаят ислери бойынша район (қала) судына ишки ислер органы тәрепинен бериледи.

 

Илтимаснама усынылған ўақыттан баслап 24 саат ишинде судья тәрепинен жабық суд мәжилисинде жеке тәртипте көрип шығылады.

 

Нызам күшке киргенинен көп узамай, яғный 2023-жылдың январь айында Хожели районы ишки ислер бөлими баслығы тәрепинен үй-жайсыз суўық күнлерде баспанасыз қалған бир пуқараға қарата жынаят ислери бойынша Хожели районы судына киритилген илтимаснама жабық суд мәжилисинде көрип шығылып, қанаатландырылды.

 

Ибрайым Алланиязов

Жынаят ислери бойынша

Хожели районы судының баслығы                         

 

Бийзарылық ҳәрекетлерин ислеген шахсқа бес сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланды.

 

Жынаят ислери бойынша Елликқала район суды имаратында видеоконференция байланыс режиминде  ашық суд мәжлисинде пиротехника қуралларынан пайдаланып той мәресиминде бийзарылық ҳәрекетлерин ислеген шахсқа бес сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланды.

 

Пуқара И.Н. 2022-жыл 12-декабрь күни Елликқала районы «Қўшқора» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы “Боғибек ота” тойханасында болып атырған той мәресиминде пуқаралардың тынышлығын бузып, жәмийетте жүрис-турыс қағыйдаларын қастан менсинбестен бузып, тәртипке шақырған тойхана ис бақарыўшысының ескертиўине қарамастан, қарсылық көрсетип, тойхана ишинде жас өспирим танысы  И.Х. менен бирге темеки өнимлерин шегип, өзи менен алып келген бир дана пиротехника қуралын атып, бийзарылық ҳәрекетлерин ислеген.

 

Мәмлекетимизде пиротехника қуралларын республикамызға алып кириў, сатыў ҳәм сақлаў, сондай-ақ, оннан пайдаланыў қадаған етилген ҳәм бундай ҳәрекетлер ислеген шахсқа ҳәкимшилик жаза шаралары белгиленген.

 

Күнделикли өмиримиздиң тынышлығы тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, қәдир-қымбатын тәмийинлеў ҳәр биримиздиң Конституцияда белгиленген ўазыйпаларымыздан бири екенлигин умытпаўымыз лазым.

 

Оразбай Мауленов

Жынаят ислери бойынша Елликқала район суды баслығы

Нызамсыз саўдаға шек қойылды

Жынаят ислери бойынша Кегейли районы судының баслығы Р.Бекмуратова тәрепинен  Жынаят ислери бойынша Кегейли районы суды имәратында суд мәжлиси болып өтти.

Бунда нызамсыз түрде алкоголь өнимлериниң саўдасы менен шугылланған бир пуқараның қарсысына Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 1861-статьясы менен  топланған ҳәкимшилик ис-ҳүжжетлери көрип шығылды.

 

Суд бул пуқараның өз айыбын мойынлағанлығын, пушайманлығы, II-топар майыплығы бар екенлиги, бундай ҳалатларды тәкирар ислемейтуғынлығы ҳәм социаллық жағдайларын итибарға алып Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 33-статьясын қоллап, пуқараға усы статья санкцияларында нәзерде тутылған ең кем жәрийма жазасынан да кемирек жаза тайынлаўды лазым тапты.

Сондай ақ, суд мәжлисинде Кегейли районы судының баслығы Р.Бекмуратова тәрепинен иске қатнасып атырған пуқараға нызамсыз алкоголь өнимлери саўдасы менен шуғылланбаўды, саўда ислеў ушын тийисли тәртипте исбилермен сыпатында дизимнен өтип, алкоголь өнимлерин сатыў ушын лицензия алған ҳалда әмелге асырыўды, ҳәзирги ўақытта  исбилерменлик пенен шуғылланыў ушын мәмлекетимиз тәрепинен бир қатар мүмкиншиликлер жаратылғанлығын айтып, түсиниклер берилди.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

Кɵшпели суд мǝжилиси болып өтти

Хожели районы Педагогика коллежиниң мǝжлислер залында, жынаят ислери бойынша Хожели район судының баслығы И.Алланиязов тǝрепинен “Автомобиль транспортында жолаўшыларды тасыў хызмети менен лицензиясыз шуғылланыўдың” ҳǝм “Транспорт куралларын мǝс ҳалда баскарыў”дың алдын алыў бағдарында кɵшпели суд мǝжилиси ɵткерилди.

Кɵшпели суд мǝжилисинде автомобиль транспортында жолаўшыларды лицензиясыз тасығаны менен байланыслы 50 шахстың қарсысына топланған ҳǝкимшилик ис материаллары кɵрип шығылды.

Ҳǝкимшилик жуўапкершилик хақкындағы кодексиниң 1763-статьясының санкциясында пуқараларға базалық есаплаў муғдарының жети барабары муғдарында жәрийма салыўга себеп болады.

Егерде пуқаралар базалық есаплаў муғдарының бир барабарын тийисли тǝртипте тɵлеп ҳүжжетлерин рǝсмийлетирип, лицензия алған жағдайда бир жыл даўамында автомобиль транспортында жолаўшыларды нызамлы түрде тасып хызмет кɵрсете алады.

Буннан тысқары, кɵшпели суд мǝжилисинде транспорт куралларын мǝс ҳалда баскарған 4 шахстың қарсысына топланған ҳǝкимшилик ис материаллары кɵрип шығылды.

Ҳǝкимшилик жуўапкершилик хақкындағы кодекстиң 131-статьясының санкциясында транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан бир жыл алты айдан үш жылға шекем мүддетке айырылып, базалық есаплаў муғдарының жигирма бес барабары муғдарында жәрийма салыўга себеп болады.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

 

Мулк ҳуқықы ҳәм оны басқарыў

Пуқаралар ҳәм шахслар тәрепинен тәбият байлықлары ҳәм басқа затларды өзлестириў процессинде жәмийетлик қатнасықларды тәртипке салатуғын ҳәм беккемлейтуғын ҳуқықый нормалар системасы юридикалық мәнисте «мүлк» түсиниги арқалы қолланылады ҳәм ол мүлк ҳуқықы сыпатында көрип өтиледи.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 36, 53, 54-статьяларында мүлк ҳуқықының тийкарғы принциплери өз көринисин тапқан болып, оған көре, «ҳәр бир шахс мүлкдар болыўға ҳақлы», «базар қатнасықларын раўажландырыўға қаратылған Өзбекстан экономикасының тийкарын түрли көринистеги мүлк қурайды. Мәмлекет тутыныўшылардың ҳуқықы үстинлигин есапқа алып, экономикалық искерлик, исбилерменлик ҳәм мийнет етиў еркинлигин, барлық мүлк түрлериниң тең ҳуқықлылығын ҳәм ҳуқықый тәрептен бирдей қорғалыўына кепиллик береди», деп көрсетилген.

Өзбекстан Республикасының «Мүлкшилик ҳаққында»ғы Нызамға көре, мүлкдар өзине тийисли мал-мүлкке өз ықтиярына көре ийелиқ етеди, оннан пайдаланады ҳәм оны басқарады. Соған көре, мүлкдар өз мүлкине болған ҳуқықларын ықтиярий, өз қәлеўине көре әмелге асырады. Мүлкдардың өз-қәлеўи дегенде, оның ерки, қәлеўи менен өзи ҳәм басқалардың жәмийетлик мәплерин көзлеп, биреўдиң басымы ҳәм зорлығысыз ҳәрекет етиўи нәзерде тутылады. Бундай халларда, мүлкдарға қарата зорлық, басым көрсетилген болса, нызам мүлкдардың ерк-ықрарын еркин әмелге асырыўына кепиллик береди ҳәм қорғайды. Бирақта, мүлкдардың өз қәлеўине көре ис тутыўы нызамсыз болмаслығы лазым. Мүлкти өз қәлеўине көре ҳәм өз мәпин көзлеп ийелик етиў, мүлктен пайдаланыў ҳәм оны басқарыў, сондай-ақ, өз мүлк ҳуқықын ҳәр қандай бузылыўларының сапластырылыўын талап етиў ҳуқықы мүлк ҳуқықының мазмунын қурайды.Мүлк ҳуқықын басқарыў деп мүлктиң юридикалық тағдирин белгилеўге, яғный мүлк бойынша басқа шахслар менен болатуғын ҳуқықый қатнасықты белгилеў, өзгертиў яки бийкар етиўге қаратылған ҳуқыққа айтылады. Мүлк ийеси басқарыў ҳуқықына көре, мүлк бойынша ҳар қандай питимлер, шәртнамалар, сондай-ақ, мүлкти сатыў, саўға етиў, ижараға қойыў ҳаққындағы шәртнамаларды дүзе алыўы түсиниледи. Егер мүлк пүткиллей жарамсыз болып қалса, мүлк ийеси бундай мүлкти таслап жибериўи яки өзинен басқа қандай да бир усыллар менен азат етиўи мүмкин. Бул ҳуқық мүлкдардың өз мал-мүлкине қарата нызамға қайшы болмаған ҳәр қандай ҳәрекетлерди әмелге асырыўына имкан береди. Мүлк ҳуқықы тамамланыўы менен мүлкке ийелик ҳуқықы да тамамланады. Мысалы, мүлкти аманат қойыўда яки ижараға қойыўға оны ийелеў ҳәм пайдаланыў ҳуқықы, мүлктиң сатылыўы яки саўға етилиўинде болса субъектив мүлк ҳуқының үш элементи: ийелеў, басқарыў ҳәм ийелик етиў ҳуқықы толық басқа шахсқа (жаңа ийесине) өтеди. «Мүлк ҳуқықы» түсининги мазмунында тек ғана мүлкдардың ҳуқықлары емес, бәлким мал-мүлкти сақлап турыў миннетлемеси да түсиниледи. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниӊ 174-статьясына тийкар өзине тийисли мал-мүлкти сақлаў, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, мүлкдар мойнында болады. Егер мүлкдар бул миннетлемени орынламаса, оның мүлкий ҳуқықылары шегаралап қойылыўы яки мал-мүлк оннан алып қойылыўы мүмкин.

Мүлк ийелериниң өзлерине тийисли мүлк ҳуқықынан нызамсыз мақсетлерде яки биреўдиң зыянына пайдаланыўларына жол қойылмайды. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 172-статьясына тийкар мүлк ҳуқықын әмелге асырыў шәртлери төмендегилерден ибарат:

– бириншиден, мүлкдардың өз ҳуқықларын әмелге асырыўы басқа шахслардың ҳуқықларын ҳәм нызам менен қорықланатуғын мәплерин бузбаўы шәрт;

– үшиншиден, мүлкдар өзиниң үстинлик статусынан пайдаланыўға, басқа шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызам менен қорықланатуғын мәплерин кемситетуғын өзге ҳәрекетлерди қылыўға ҳақлы емес;

– төртиншиден, мүлкдар өз ҳуқықын әмелге асырғанында пуқаралардың ден-саўлығына ҳәм коршаган орталыққа зыян жеткизилиўиниң алдын алыў шараларын көриўге мәжбүр.

Улыўма мүлкий ҳуқықлар менен байланыслы қатнасықлары жәмийетлик қатасықлардың тийкарын қурайды. Сонлықтан ҳар бир пуқара өзлериниң мүлкий ҳуқықларын, мүлкке ийелик етиў, пайдаланыў ҳәм басқарыў менен байланыслы ҳуқықларын ҳәмде усы искерликтиң әмелге асырылыўы менен жүзеге келетуғын жуўапкершилик мәселелерин билиўи хәм әмел етиўи жәмийетте мүлкий ҳуқықый сананың қәлиплесиўинде үлкен әҳмийетке ийе.

 

Музаффар Сапаев,

Пуқаралық ислери бойынша

Нөкис районлар аралық

суды баслығы                                                                                                                  

Skip to content