«Ибратлы судья» сыйлығы тапсырылды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 7-декабрьдеги «Судьялардың ҳақыйқый ғәрезсизлигин тәмийинлеў ҳәм суд системасында коррупцияның алдын алыў нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы, «Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси ҳаққында»ғы нызамның тийисли статьялары ҳәм Судьялар жоқарғы кеңесиниң қарары менен мәмлекетимиздеги бир қатар судьялар «Ибратлы судья» сыйлығы менен сыйлықланып келинбекте.

Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңесинде «Ибратлы судья» сыйлығы менен сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы судлары судьялары ҳәм суд хызметкерлери онлайн видеоконференцбайланыс режиминде қатнасты.

Сыйлықланғанлар қатарында Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясы судьясы Султанмурат Давлетмуратов та бар.

Онлайн видеоконференцбайланыс режиминде өткерилген сыйлықлаў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарихов сыйлықты өз ийесине салтанатлы жағдайда тапсырды.

Бүгинги илажда Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңесиниң қарары менен 2022-жылдағы рейтинг көрсеткишлери бойынша ең жақсы жоқары нәтийже көрсеткен 20 судья «Ибратлы судья» сыйлығы менен сыйлықланды. Солардан 5 судья Жоқарғы суд судьялары болса, 15 и аймақлық судлардың судьялары есапланады.

Ең биринши мәрте 2020-жылдың жуўмағы менен 16 судья «Ибратлы судья» сыйлығына мүнәсип көрилген еди.



Профессионализм, әдеп-икрамлылық қағыйдаларына бойсыныў, мүрәжатлар менен ислесиў, билим дәрежеси, қабыл етилген суд қарарларының сапасы жәмленген рейтинг тийкарында ҳәр жылы дәстүрге айланған бул сыйлықлаў ҳәр бир судьяның әдилликти ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўинде үлкен жуўапкершилик жүклейди.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

Нөкис районы ҳәкимияти имаратында районда жасаӯшы ҳаял-қызлар менен «Ҳәр бир ҳаял-қыз мәмлекет ҳәм жәмийет қорғаӯында» темасында түсиник берилди

Ҳаял-қызларды зорлықтың ҳәр қандай көринисинен қорғаў бойынша илажлар алып барылмақта, бул  саладағы қатнасықларды тәртипке салыўшы  нызамлар ҳәм нызам асты ҳүжжетлер қабыл қылынбақта.

Атап айтқанда, 2019-жылы 2-сентябрьде Өзбекстан Республикасының «Ҳаял-қызларды зорлық ҳәм қысымнан қорғаў ҳаққында»ғы ӨРН-561-санлы Нызамы қабыл қылынды. Нызамда қысым ҳәм зорлықтың атамалары, сондай-ақ олардың көринислери, ҳаял-қызларды қысым ҳәм зорлықтан қорғаў саласында бир қатар ўәкилликли органлардың ўәкилликлери белгиленди.

Нызамның 5-статьясына муўапық, ҳаял-қызларды зорлық ҳәм қысымнан қорғаў саласындағы мәмлекет сиясатының тийкарғы жөнелеси сыпатында төмендегилер белгиленди:

-ҳаял-қызларды зорлық ҳәм қысымнан қорғаў саласында гендер сиясатын, мәмлекет дәстүрлерин ҳәмде стратегияларын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

-жәмийетте ҳаял-қызларға болған қысым ҳәм зорлыққа қарсы мурасасыз орталықты жаратыў;

-ҳаял-қызлардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң қысым ҳәм зорлықтан қорғалыўын тәмийинлеў;

-жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты жетилистириў, нызамшылықты беккемлеў;

-ҳаял-қызларға болған қысым ҳәм зорлықтың алдын-алыў, оларды анықлаў, оларға шек қойыў ушын нәтийжели шөлкемлескен-ҳуқықый механизмлерди жаратыў;

-ҳаял-қызларға қарсы қысым ҳәм зорлық ислениўине алып келетуғын себеплер ҳәмде шәрт-шараятларды сапластырыў бойынша шараларын көриў;

-қысым ҳәм зорлықтың алдын-алыў мақсетинде мәмлекетлик уйымлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ҳәм пуқаралық жәмийетиниң  басқа институтларының бирге ислесиўин тәмийинлеў.Сондай-ақ, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары ҳәмде нызамлы мәплериниң қысым ҳәм зорлықтан исенимли қорғалыўын тәмийинлеў барысындағы ислердиң нәтийжелилигин асырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 04-январь күнги  «Ҳаял-қызларды қысым ҳәм зорлықтан қорғаў дизимин жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 3-санлы қарары менен жәбир көрген ҳаял-қызларға қорғаў ордерин бериў тәртиби, қорғаў ордериниң орынланыўын тәмийинлеў тәртиби, әмел етиў мүддетин узайттырыў тәртиби, әмел етиў мүддетин тамамлаў тәртиби, қорғаў ордерин бериў жумысы үстинен мониторинг алып барыў тәртиби белгиленди.

Қорғаў ордери ишки ислер органларының таяныш пункты профилактика инспекторы тәрепинен төмендеги жағдайда бериледи:

-қысым ҳәм зорлық қурбанының мүрәжаты болғанда;

-физикалық ҳәм юридик шахслардың хабарлары, соның ишинде, ғалаба хабар қураллары ҳәм (яки) социаллық тармақлар арқалы тарқалған хабарлар тийкарында;

-қысым ҳәм зорлық ислеў яки оларды ислеўге урыныў жағдайларының ўәкилликли органлар ҳәм шөлкемлер исшилери тәрепинен тиккелей анықланғанда;

-мәмлекетлик органлардан ҳәм басқа шөлкемлерден алынған материаллар болғанда.

Профилактика инспектори мүрәжат ҳәм хабарларды үйрениў нәтийжеси бойынша бундай жағдай анықланғанда қорғаў ордерин рәсмийлестиреди, жәбирлениўшиниң разылығы менен ордер берилгенлиги ҳаққында пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органларын, сондай-ақ басқа ўәкилликли органларды хабардар етеди, Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексинде нәзерде тутылған жынаят белгилери анықланған жағдайда қорғаў ордерин бериў ҳаққындағы мәселени көрип шығыў менен бир ўақытта ис ҳүжжетлерин жынайый жуўапкершилик мәселесин шешиў ушын тийисли ҳуқықты қорғаў органына жибереди.

Буннан тысқары, 2021-жыл 19-май күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Зорлық ислетиўден жәбир көрген ҳаял-қызларды реабилитация қылыўға байланыслы ис-илажлар ҳаққындағы ПҚ-5116-санлы қарары қабыл қылынды.

Усы қарарға муўапық, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл  06-октябрь күнги «Зорлық ислетиўден жәбир көрген ҳаял-қызларды реабилитация етиў ҳәм бейимлестириў ҳәмде өз жанына қас етиўиниң алдын-алыў барасындағы ислерди жетилистириўге байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы 625-санлы қарары қабыл қылынды.

Сондай-ақ, Мәжбүрий орынлаў бюросы қасында «Алимент төлемлери» мәмлекетлик мақсетли фондын шөлкемлестириў, фонд қаржылары есабынан алимент төлеўшилерден алимент бойынша қарыздарлықты 3 ай ишинде өндириў имканы болмағанда өндириўшиге бир жола төлеп бериў ҳәм кейиншелик қарыздардан суд қарарысыз қайтарып өндирип алыў әмелиятын енгизиў тәртиби белгиленген.

Жуӯмақлап айтқанда, қабыл етилип атырған бул нызам, қарар ҳәм пәрманлар Ҳаял-қызлардыӊ ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин тәмийнлеўге хызмет етеди.

 

Сейтанов Азат

Жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды баслығы

 

Белгили жасаӯ орнына ийе болмаған шахсты реабилитация орайына жайластырыӯ мәселеси қайсы судта көриледи?

2022-жыл 16-декабрь күни «Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киритиӯ ҳаққында»ғы 810-санлы Өзбекстан Республикасының Нызамы Президент тәрепинен имзаланды.
Нызам менен Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуӯапкершилик ҳаққындағы кодекске өзгерис ҳәм қосымшалар, яғный белгили жасаӯ орнына ийе болмаған шахсты реабилитация орайына жайластырыӯ ҳаққында ис жүритиӯ тәртиби киритилди.

Нызам менен Ҳәкимшилик суд ислерин жүритиӯ ҳаққындағы кодекстиң белгили жасаӯ орнына ийе болмаған шахсларды реабилитация орайына жайластырыӯ ҳаққындағы илтимаснамаларды көрип шығыӯға байланыслы нормаларды Ҳәкимшилик жуӯапкершилик ҳаққындағы кодекске өткериӯ ҳәм тийисли ислерди көрип шығыӯды ҳәкимшилик судлардан жынаят ислери бойынша район, қала судларына өткериӯ белгиленди.

Оған көре, Ҳәкимшилик жуӯапкершилик ҳаққындағы кодекске белгили жасаӯ орнына ийе болмаған шахсты реабилитация орайына жайластырыӯ ҳаққында ис жүритиӯ тәртиби киритилди.

Белгили жасаӯ орнына ийе болмаған шахстың реабилитация орайына жайластырыӯды талап қылыӯшы тийкарлар анықланғанда, ишки ишлер уйымы бундай шахс ишки ислер уйымына алып келингеннен баслап 48 саатта оны реабилитация орайына 30 суткадан көп болмаған мүддетке жайластырыӯ ҳаққында судқа илтимаснама жибериӯ ушын материалларды таярлаӯы шәрт.

Нызамға көре ендиликте белгили жасаӯ орнына ийе болмаған шахсты реабилитация орайына жайластырыӯ ҳаққындағы материаллар бундай шахс анықланған жердеги яки реабилитация орайына жайласқан жердеги жынаят ислери бойынша район (қала) судына ишки ислер уйымы тәрепинен бериледи.

Илтимаснама усынылған ӯақыттан баслап 24 саат ишинде судья тәрепинен жабық суд мәжилисинде жеке тәртипте көрип шығылады.

 

Замир Бердимуратов,

Шымбай районлар аралық  экономикалық судының баслығы                                    

Суд ҳәм ғалаба хабар қуралларының бирге ислесиўи додаланды

Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, блогерлер ушын баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик суды судьясы Р.Худайбергенова, Қарақалпақстан радиоканалының бөлим баслығы Н.Бегимова, Нөкис районлараралық ҳәкимшилик суды баслығы Б.Досымбетов ҳәм басқалар шығып сөйлеп,  ҳәкимшилик судлары тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы мағлыўматлар берилди. Судлардың нызамлылықты тәмийинлеўдеги роли, ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиў мәселелери додаланып, пикир-усыныслар билдирилди.



Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде алып барылып атырған суд ҳуқық реформалары нәтийжесинде суд ҳәкимияты пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин тиклеўде, әдил судлаўды әмелге асырыў ҳәм ҳалықтың исенимине ерисиўде бир қанша нәтийжелерди қолға киргизбекте.

Реформалар нәтийжесинде ашылған ҳәкимшилик судлары пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик басқарыў уйымларының нызамсыз қарарлары ҳәм бул уйымлардың лаўазымлы шахсларының нызамға муўапық болмаған ҳәрекетлеринен қорғаўға хызмет етеди.

– Нөкис районлараралық ҳәкимшилик суды тәрепинен ҳәкимшилик уйымлар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм олардың лаўазымлы шахсларының қарарлары, ҳәрекетлери бойынша жәми 756  ис көрилген болса, соннан 438  ис бойынша пуқаралардың мүрәжатлери қанаатландырылып, бузылған ҳуқықлары тикленди,-дейди Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды баслығы Б.Досымбетов. – 269 ис бойынша усынылған талаплар тийкарсыз болғанлығы себепли арзалар қанаатлантырылмастан қалдырылды, 43 ис өндиристен қысқартылды, ал 6 ис көрместен қалдырылды.

Көрип тамамланған ислердиң 227 си көшпели суд мәжилислеринде, 264 и видеконференцбайланыс режиминде суд мәжилислеринде көрип шығылған.

Жол қойылған нызам бузылыў жағдайларын сапластырыў, алдағы ўақытлары болдырмаў мақсетинде 362 ис бойынша айрықша уйғарыўлар шығарылып, тийисли уйымларға орынлаў ушын жиберилген.

Өзбекстан Республикасы Жоқары суды пленумының 2020-жыл 21-февраль күнги «Суд додалаўы ашық-айдынлығын ҳәм судлардың жумысларына байланыслы мәлимлеме алыў ҳуқықын тәмийинлеў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, суд материалларының ғалаба хабар қураллары арқалы жәрияланыўының бир қатар тәртип-қағыйдалары белгиленген.

Суд додалаўының ашық-айдынлығы, пуқаралар, шөлкемлер, жәмийетлик бирлеспелер, мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң судлардың жумысларына байланыслы мағлыўматлардан хабардарлығын тәмийинлеў Өзбекстан Республикасы Конституциясы, «Судлар ҳаққында»ғы, «Мәлимлеме алыў кепилликлери ҳәм еркинлиги ҳаққында»ғы, «Мәлимлеме еркинлиги принциплери ҳәм кепилликлери ҳаққында»ғы, «Журналист жумысын қорғаў ҳаққында»ғы, «Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысларының ашық-айдынлығы ҳаққында»ғы, «Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында»ғы, «Ғалаба хабар қураллары ҳаққында»ғы нызамларға, бир қатар процессуал кодекслерге ҳәм басқа да номативлик ҳуқықый ҳүжжетлерге муўапық, белгиленген тәртипте әмелге асырылады.

ғалаба хабар қураллары белгили бир ис бойынша суд додалаўының нәтийжелерин алдыннан болжаўға ямаса судқа басқаша тәризде тәсир көрсетиўге ҳақысы жоқ. Судья суд қарары нызамлы күшке кирмей турып ис бойынша интервью бериўине ямаса ғалаба хабар қуралларынан шығыўына ҳақылы емес. Суд додалаўының ашық-айдынлығы процесс қатнасыўшысы болмаған шахсларға, соның ишинде, ғалаба хабар қураллары ўәкиллерине суд мәжилисинде қатнасыў имканияты берилиўи менен тәмийинленеди.

Илажда бирге ислесиў мәселелери бойынша пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан Республикасы суды

Өз исинен пушайман болды

Жынаят ислери бойынша Кегейли районы судының баслығы Р.Бекмуратованың басшылығында Кегейли районы МәдениятМПЖ имаратында көшпели суд мәжлиси болып өтти.

Бунда нызамсыз түрде алкоголь өнимлериниң саўдасы менен шуғылланған үш пуқараның қарсысына Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 1861-статьясы менен топланған ҳәкимшилик ис-ҳүжжетлери көрип шығылды.

Суд бул пуқаралардың өз айыбын мойынлағаны, пушайманлығы ҳәм бундай ҳалатларды тәкирар ислемейтуғынлығы, жумыссыз екенлигин инабатқа алып, Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 33-статьясын қоллап, пуқараларға усы статья санкцияларында  назерде тутылған ең кем жәрийма жазасынан да кемирек жаза тайынлаўды лазым тапты.

Сондай-ақ, суд мәжлисинде Кегейли районы судының баслығы Р.Бекмуратова тәрепинен иске қатнасып атырған пуқараларға нызамсыз алкоголь өнимлери саўдасы менен шуғылланбаўды, саўда ислеў ушын тийисли тәртипте исбилермен сыпатында дизимнен өтип, алкоголь өнимлерин сатыў ушын лицензия алған ҳалда әмелге асырыўды, ҳәзирги ўақытта исбилерменлик пенен шуғылланыў ушын мәмлекетимиз тәрепинен бир қатар мүмкиншиликлер жаратылғанлығын айтып, түсиниклер берилди.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

#Тайынлаў

“Судлар ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 73-статьясына муўапық ҳәмде “Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Регламенти ҳақкында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 41-статьясына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы қарары менен САЛИЕВ АМАНГЕЛДИ ГАНИБАЕВИЧ судьялық ўәкиллиги мүддети дәўирине Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының судьясы лаўазымына тайынланды.

 

#Тайынлаў

«Судлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 73-статьясына муўапық ҳәмде “Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Регламенти ҳақкында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 41-статьясына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы қарары менен ЖУМАБАЕВ РУСЛАН ТАЖИМУРАТОВИЧ судьялық ўәкиллиги мүддети дәўирине Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районлараралық ҳәкимшилик судының судьясы лаўазымына тайынланды.

#Тайынлаў

 

“Судлар ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 73-статьясына муўапық ҳәмде “Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Регламенти ҳақкында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 41-статьясына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы қарары менен ДОШМУРАТОВ ПОЛАТ МАХАМАДДИНОВИЧ судьялық ўәкиллиги мүддетиниң бес жыл мүддетине Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша Мойнақ районы судының баслығы лаўазымына тайынланды.

 

Кеўилсиз жағдайдың алды алынды

Жынаят ислери бойынша Шоманай район суды баслығы Р.Назаровтың басшылығында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде көшпели ашық суд мәжилиси өткерилди. Онда Шоманай районы ИИБ ЖҲҚТ тәрепинен ҳуқықбузар З.Ш.ның қарсысына Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 131-статьясы 1-бөлими менен топланған ис материаллары көрип шығылды.

Бул шахс усы жыл 21-декабрь күни өзине тийисли «Нексия» маркалы автотранспорт қуралын спиртли ишимлик ишкен мәс ҳалында басқарып баратырғанында ИИБ ЖПХ хызметкерлери тәрепинен иркилген. Ол «Алкотестер» техникалық үскинеси арқалы тексерилгенинде, спиртли ишимлик ишкен мәс ҳалында болғанлығы анықланған.

Суд тәрепинен ҳуқықбузыўшы З.Ш. спиртли ишимликлер ишкен мәс ҳалында автотранспорт қуралын басқарғаны ушын Өзбекстан Республикасы ҲЖҳК ның 131-статьясы 1-бөлими менен 1 жыл 6 ай мүддетке транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырылып, базалық есаплаў муғдарының 25 есеси муғдарында 7 миллион 500 мың сум жәрийма жазасы тайынланды.




Егер бул пуқара ЖҲҚБ инспекторлары тәрепинен иркилмегенинде жол транспорт ҳәдийсеси жүз бериўи ямаса айыпсыз бир инсанның өмирине қәўип туўдырыўшы жағдайлар болыўы мүмкин еди. Сол себепли ҳәр бир пуқараны сергекликке, нызамларға әмел етип жасаўға шақырған болар едик. Себеби, ҳәр бир нызам ҳүжжети пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын хызмет етеди.

Қарақалпақстан Республикасы суды

#Тайынлаў

 

“Судлар ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының
70-статьясына муўапық ҳәмде “Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Регламенти ҳақкында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 41-статьясына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы қарары менен МАУЛЕНОВ ОРАЗБАЙ ЖУМАБАЕВИЧ судьялық лаўазымында болыўдың гезектеги он жыллық мүддетине, соннан бес жыл мүддетке Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша Елликқала районы судының баслығы лаўазымына тайынланды.

 

Skip to content