Пәрман “Инсан қәдири ушын” идея тийкарында қабыл етилген

Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде барлык тараўларда жүдә кең көлемли реформалар әмелге асырылып келинбекте. Тийкарынан, Президентимиздиң басламасы менен “2017–2021 жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы жөнелиси бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы”ның қабыл қылыныўы мәмлекетимизде кеңирек демократиялық реформалар дәўирин баслап берди. Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде әмелге асырылған ислер барлық тараўларды қамрап алды. Ең тийкарғысы, мәмлекетимизде инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлери, қәдир-қымбатын, мәплерин, мәмлекетлик уйымлардың жәмийет алдында есабат бериўин тәмийнлеў реформалардың тийкарғы мақсети етип белгиленди.

Ҳәрекетлер стратегиясының логикалық даўамы сыпатында “Ҳәрекетлер стратегиясынан — Раўажланыў стратегиясы” принципине қарай еки үстин бағдардан ибарат болған 2022—2026-жылларға бағдарланған Жаңа Өзбекстанның раўжланыў стратегиясы ислеп шығылды ҳәм бул стратегия Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январдағы ПП-60-санлы Пәрманы менен тастыйықланды.

Мәмлекетимизде әдалат ҳәм нызам үстинлиги принциплерин раўажланыўдың ең тийкарғы ҳәм зәрүр шәртине айландырыў – Раўажланыў стратегиясының екинши үстин бағдары, ўазыйпасы сыпатында белгилеп алынды. Мине усы ўазыйпаны орынлаў ҳәмде суд ҳәкимиятының ҳақыйқый ғәрезсизлигин тәмийинлеў, судлар жумысының нәтийжелиги ҳәм әдил судлаўдың сапасын асырыў мақсетинде 2023-жыл 16-январь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Әдил судлаўға ерисиў имканиятларын және де кеңейтиў ҳәм судлар жумысы нәтийжелигин асырыўға байланыслы қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы ҳәм “Әдил судлаў жумысларын әмелге асырыўды натийжели шөлкемлестириў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы Пәрманлары қабыл етилди.

Президентимиздиң Пәрманы менен 2023—2026-жылларға бағдарланған суд системасын сапалы жағынан жаңа басқышқа алып шығыўдың қысқа мүддетли стратегиясы ҳәмде усы стратегияны әмелге асырыў бойынша ҳәрекетлер бағдарламасы тастыйықланды. Итибарлы тәрепи соннан ибарат, әдалатлы суд қарарларының қабыл етилиўине ерисиў арқалы халықтың, соның менен бирге, исбилерменлердиң суд системасына болған исенимин беккемлеў, ҳәр бир шахс суд ҳәм судьялар тымсалында өзиниң исенимли қорғаўшысын көриўине ерисиў менен бирге, суд қарарларының қатаң орынланыўын тәмийинлеў, бул бойынша мәмлекетлик уйымлары ҳәм жергиликли ҳәкимликлердиң жуўапкершилигин асырыў, стратегия шеңберинде әдил судлаўды тәмийинлеўдиң үстин ўазыйпалары сыпатында белгиленди.

Ҳәрекетлер бағдарламасы 10 бөлим 28 бәнттен ибарат болып, оның “Әдил судлаў сапасын түптен асырыў” деп аталыўшы 2-бөлиминиң 5-бәнти ҳәкимшилик суд ис жүритиўин жеделлестириўге қаратылған.

Усы бәнтте 2023-жыл ноябрь айына шекем “Ҳәкимшилик суд ислерин жүритиўин жеделлестириў концепция”сын ислеп шығыў, бунда:

– ҳәкимшилик уйымлар менен пуқаралар ҳәм исбилерменлер ортасындағы бәрше даўларды хатлаўдан өткерип, судлаўға тийисли қағыйдаларын жеделлестириў;

– ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў принциплерин сынлы үйренип, ғалабалық-ҳуқуқый қатнасықларының мазмун-мәнисин сәўлелендириўши принциплерди киритиў;

– ҳәкимшилик суд ислерин жүритиўге даўа институтын киритип, ҳәкимшилик уйымлары үстинен берилетуғын даўа түрлерин анық белгилеў;

– пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң ҳәкимшилик ҳүжжетке болған исенимин қорғаў системасын сын көз қараста үйренип, жеткерилген зыянды өндириў тәртибин анықластырыў;

– ҳәкимшилик судлар жумысларына ҳуқықы бузылған пуқара — арза бериўшиниң қәлеўине көре экстерриториал судлаўға тийисли механизмди енгизиў, белгилеў лазымлығы көрсетилген.

Суд-ҳуқуқ тараўына арналған жоқарыда атап өтилген Президент Пәрманлары әўели, “Инсан қәдири ушын” идея тийкарында қабыл етилген болып, олар әдалатлы суд системасын қәлиплестириў,
халық мәпи ҳәм инсан қәдир-қымбатын суд жолы арқалы нәтийжели қорғаў ҳәмде пуқаралардың әдил судлаўға болған исениминиң артыўына хызмет етеди.

 

Амир Нурлипесов,

Қарақалпақстан   Республикасы

ҳәкимшилик судының баслығы