Гендер теңлигин тәмийинлеў мәселеси мәмлекет сиясаты дәрежесине көтерилди

 

Конституциямызда барлық пуқаралар бирдей ҳуқық ҳәм еркинликлерге ийе болып, жынысы, миллети, тили, дини, социаллық келип шығыўы, исеними, шахсы ҳәм социаллық жағдайына қарамастан, нызам алдында тең екенлиги белгилеп қойылған.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018 жылы
20-октябрь күни 841-санлы «2030-жылға шекем болған дәўирде турақлы раўажланыў тараўындағы миллий мақсет ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыў ис-иләжлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, бул қарар менен Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас Ассамблеясының 2015-жылдың сентябринде Турақлы раўажланыў бойынша өткерилген саммитинде қабыл етилген
70-санлы резолюциясына муўапық, сондай-ақ, 2030-жылға шекем болған дәўирде БМШ Глобал күн тәртибиниң Турақлы раўажланыў мақсетлерин избе-изликте әмелге асырыў бойынша системалы ислерди шөлкемлестириў мақсетинде 2030-жылға шекем болған дәўирде турақлы раўажланыў тараўындағы Миллий мақсет ҳәм ўазыйпалар тастыйықланды.

Соның менен бирге 5-мақсет ретинде «Гендер теңликти тәмийинлеў ҳәм барлық ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм имкәниятларын кеңейттириў» белгиленип, бул мақсетти әмелге асырыўға байланыслы тоғыз ўазыйпа ислеп шығылды.

Бесинши мақсеттиң ўазыйпасына муўапық, 2030-жылға келип барлық ҳаял-қызларға қарата кемситиўлердиң ҳәр қандай формасына шек қойыў, сиясий, экономикалық ҳәмде социаллық турмыста қарарлар қабыл етиўдиң  барлық дәрежелеринде ҳаяллардың толық ҳәм нәтийжели қатнасын ҳәмде жетекшилик етиў ушын тең имкәниятларды тәмийинлеў зәрүр.

Соңғы жылларда гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаяллардың социаллық ҳәмде сиясий турмысындағы ролин асырыў бойынша ислер бир неше жөнелислерде алып барылмақта:

-ҳаяллар ҳуқықлары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин жеделлестириў,

-ҳаялларды қорғаўдың институционал тийкарларын жеделлестириў,

-халықтың гендер теңлик ҳәм ҳаяллар ҳуқықлары ҳаққындағы хабардарлығын асырыў.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев Мирамонович 2019-жылы июнь айында Олий Мажлис Сенатындағы сөзинде «Мени адамларымыздың санасындағы пайда болған стереотип көп ойландырады. Әдетте биз ҳаялды алды менен ана, шаңарақ уйытқысы, қорықшысы сыпатында ҳүрмет етемиз. Бирақ бүгун ҳәр бир ҳаял әпиўайы гүзетиўши емес, бәлким мәмлекетимизде әмелге асырылып атырылған демократиялық өзгерислердиң актив ҳәм дөретиўши қатнасыўшысы болыўы керек» деген еди. Сол күни Президенттиң усынысына муўапық, мәмлекет тарийхында биринши мәртебе Сенат баслығына ҳаял адам сайланды.

Өзбекстан Республикасының 2019-жылы 3-сентябрь күни қабыл етилген «Ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ушын тең ҳуқық ҳәм имкәниятлар кепилликлери ҳаққында»ғы  нызамы менен миллий нызамшылығымызда биринши мәретебе «гендер», «гендер статистикасы», «гендер-ҳуқықый экспертиза», «жынсы бойынша тиккелей кемситиў», «жынсы бойынша қыя кемситиў» түсиниклери пайда болды.

Бул нызам менен «гендер» түсинигине төмендегише тәрийп берилди.

Гендер – бул ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ортасындағы қатнасықлардың жәмийет өмири ҳәм искерлигиниң барлық тараўларында, атап айтқанда сиясат, экономика, ҳуқық, идеялогия ҳәм мәденият, билимлендириў
илим-пән тараўларында сәўлеленетуғын социаллық тәрепи.

Бул нызам мәмлекетимизде ҳаял-қызлар ҳәм ерлерге тең ҳуқық ҳәм имкәниятларды тәмийинлеўге қаратылған жоқары юридикалық күшке ийе ҳүжжет болып, усы тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы жөнелислерин, мәмлекетлик басқарыў механизмлери сыяқлы мәселелерди ҳәм белгилейди.

Өзбекстан Республикасының 2019 жылы 3-сентябрь куни қабыл етилген «Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында»ғы нызам менен зорлық, жынысый зорлық, физикалық зорлық, экономикалық зорлық, руўхый зорлық түсиниклерине түсиндирмелер берилди.

Зорлық- бул бир шахыстың екинши бир шахысқа қарата қастан физикалық, руўхый, жынысый ямаса экономикалық тәсир өткериў ямаса бундай тәсир өткериў шараларын қоллаў менен қорқытыў арқалы оның мири, ден-саўлығы, жынысый қол қатылмаслығы, абырайы, қәдир-қымбаты ҳәм оның назым менен қорғалатуғын басқа да ҳуқық ҳәм еркинликлерине қәўип туўдыратуғын нызамға қайшы ҳәрекет, ҳәрекетсизлик болып есапланады.

Бул нызам менен миллий нызамшылығымызға қорғаў ордери, яғный басым ҳәм зорлықтан жәбирлениўшиге мәмлекет қорғаўын усыныўшы, ҳаял-қызларға басым өткерип атырған ямаса оларға қарата зорлық ислеген шахсқа ямаса шахслар топарына қарата усы нызамда белгиленген тәсир шарасын қолланыўға себеп болыўшы ҳүжжет, бул ҳүжжетти бериў тәртиплери еңгизилди.

Гендер теңлик бойынша институционаллық ис-иләжларға келетин болсақ, ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қурамында ҳаяллар ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм кемситиўдиң ҳәр қандай формасын сапластырыў бойынша миллий нызамшылықты ҳалық аралық стандартларды муўапықластырыў менен шуғылланыўшы ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери комитети шөлкемлестирилди.

Буннан басқа, зорлықтан жәбир көрген шахсларды реабилитация етиў ҳәм адаптация, өз жанына қастыянлық етиўдиң алдын-алыў Республикалық орайы, Ҳаял қызлар исбилерменлик орайлары шөлкемлестрилди.

Соңғы жылларда гендер теңлигин тәмийинлеў мәселеси мәмлекет сиясаты дәрежесине көтерилди ҳәм бул мәмлекетимиздиң инсан ҳуқықлары тараўындағы жедел қәдемлериниң бири болды.

Қабыл етилген нызамлар алдағы ўақытта елимиздиң раўажланыўына үлесин қосыўшы тарийхый ҳужжетлер болды десек қәтелеспеймиз.


Руслан Жумабаев,

Нөкис районлараралық

ҳәкимшилик суды судьясы 

Әдил судлаў сыпатын асырыў жолында

Соӊғы жылларда суд-ҳуқық тараўындағы әмелге асырылып киятырған реформалар – суд ҳәкимиятының ғәрезсизлигин сондай-ақ, судлар жумысында ашықлықты тәмийинлеў менен бир қатарда пуқара ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў кепилликлерин күшейтиў имканиятын берип келмекте.

Соның менен бирге «Жаңа Өзбекстан – жаңа суд» принципи шеңберинде халықтың әдил судлаўға ерисиў имканиятларын және де кеңейтиў ушын суд-ҳуқық системасын реформалаўды жеделлестириў ҳәм тараўға алдағы халықаралық стандартларды енгизиўди талап етпекте.

Мине усыған көре Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2023-жыл16-январь күни 11-санлы Пәрманы қабыл етилип, усы Пәрмән менен «2023-206-жылларға мөлшерленген суд тараўын сыпат тәрепинен жаӊа басқышқа алып шығыўдыӊ қысқа мүддетли СТРАТЕГИЯСЫ» тастыйықланды.

Усы Стратегияда судлардыӊ бир қатар тийкарғы ўазыйпалары белгиленип, бул ўазыйпаныӊ бири Әдил судлаў сыпатын түптен асырыў болып есапланады.

Яғный,

судларда ис жүритиў сапасын еледе асырыў иләжлерин көриў,

Жоқарғы суд инстанцияларыныӊ суд қарарларын қайта көриўде санлы технологиялардан пайдаланыў имкәниятларын кеӊейтириў, халық ушын түсиникли ҳәм қолай, сондай-ақ төменги суд инстанциялары қәтелерин өз ўақтында туўырлаўға көмек бериўши механизмлерди жолға қойыў,

Аймақларда халық санынан келип шығып, судьялық штат бирликлери санын басқышпа-басқыш асырып барыў,

Судьялардыӊ қәнийгелесиўи талап етилетуғын түрдеги ислер бойынша қәнийгелестирилген судьялар корпусын кеӊейтириў иләжлерин көриў,

Суд ислерин көриўде бирден-бир суд әмелиятын тәмийинлеў ушын зәрүр болған иләжлерди көриў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Буннан тысқары, суд процесслери ҳәм суд қарарлары жүзесинен жәмийетшилик арасында туўры ҳәм қалыс пикирлерди пайда етиў бойынша – судлар искерлиги менен байланыслы түрли дереклерден жәрияланған қалыс болмаған ҳәм бир тәреплеме берилген мағлыўматлар бойынша тезлик пенен мүнәсийбет билдириўди жолға қойыў белгиленбекте.

Бул ўазыйпалар пуқаралар ҳәм юридикалық шахслар арасында, әсиресе халық арасында судлардыӊ абыройын түсириўге қылынған ҳәрекетлердиӊ алдын алыўға, олардыӊ судларға болған исенимин еледе күшейтириўге жәрдем береди.

 

Бекбаулы Досымбетов,

Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды баслығы 

Спиртли  ишимликлер ишиўге әдетленген ҳаялға суд қарар етеди

Халқымыз әзелден гөззаллық тымсалы болған әдиўли аналар, ҳаял-қызларға айрықша ҳүрмет көрсетип, оларды пидайылық ҳәм мийрим-шәпәәт, өмир даўамшылары, өзгеше нәзиклик пенен гөззаллықты өзлеринде жәмлеген әжайып жаратылыс сыпатында тәрийплеп келген.

Мәмлекетимизде сондай ҳаял-қызлар бар шаңарақ уйытқысы болып, перзентлер тәрбиясына айрықша итибар қаратыў менен бирге, жәмийеттеде өз орнына ийе, үлги алыўға ылайықлы.

Деген менен жәмийетимизде өмирден алжасқан, турақлы мақсети жоқ, спиртли ишимлик ишип келип, үйиниң тынышлығын бузатуғын, ҳаял атына дақ түсирип киятырған ҳаял-қызларымызда ушырасады.

Пуқара З.Ж көп ўақытлардан берли ишиўшиликке берилип, ҳәр дайым үйине келип, иниси ҳәм келини менен жәнжеллесип, шаўқым шығарып, шаңарақтың берекетин қашырып келген.

Иниси О.Ж: -Әжапа жасыңызда бир жерге келип қалды, енди ишиўшиликти тоқтатың, тыныш жасайық, мениң перзентлеримде үлкейип, есейип қалды,- деген гәплерине де пәрўа етпестен, спиртли ишимлик ишип келип, әдеттегидей жәнжел шығарыўды даўам етти.

Илажсыз қалған иниси Кегейли районы ишки ислер бөлими баслығы атына арза менен мүрәжәәт етип, арзасында әжапасы З.Жның спиртли ишимлик ишкенди қоймай атырғанлығын, әжапасын  мәжбүрий түрде емлениўге жибериўди сораған.

Суд мәжилисинде пуқара О.Жның Кегейли районы ишки ислер бөлими баслығы атына жазған арзасын қуўатлап, әжапасы З.Ж кейинги ўақытлары кѳп спиртли ишимлик ишип жүргенлигин, спиртли ишимлик ишип келип үйинде тынышлығын бузатуғынын, сол себепли оны мәжбүрий түрде емлениўге жибериўди баян етип көрсетпе берди.

Суд мәжилисинде З.Жда ҳәзирги ўақытта спиртли ишимликти көп ишип жүргенлигин, өзлигинен қоя алмаслығын, мәжбүрий емлениўге жибериўге қарсы емеслигин айтып өтти.

Сондай-ақ, амбулатор тәртипте өткерилген суд-наркологиялық экспертизасының 2023-жыл 11-январь күнги жуўмағында, пуқара З.Ж алкоголизмниң 2-басқышында екенлиги, мәжбүрий түрде медициналық емлеў шаралары қолланыўға мүтәж екенлиги көрсетилген.

Суд, жоқарыдағыларға тийкар, пуқара З.Жны алкоголизмнен мәжбүрий емлениўге жибериўди лазым табады.

Себеби, Өзбекстан Республикасы 2020-жыл 27-октябрь күнги ӨРН-644-санлы «Наркологиялық кеселликлер профилактикасы ҳәм оларды емлеў ҳаққында»ғы нызамының 7-статьясы талабына көре, Өзбекстан Республикасы ишки ислер министрлиги ден-саўлықты сақлаў уйымлары ҳәм мекемелериниң жуўмақлары тийкарында наркологиялық кеселликлерге шалынған шахсларды профилактикалық есапқа алыўды әмелге асырады, наркологиялық кеселликлерге шалынған шахсларды мәжбүрий емлеўге жибериў ушын ҳүжжетлердиң рәсмийлестирилиўин тәмийнлейди, сондай-ақ усы шахсларды судтың нызамлы күшине кирген қарары тийкарында наркология мекемелерине алып барыўға көмеклеседи.

Суд, пуқара З.Жны алкоголизм кеселлигине қарсы мәжбүрий түрде емлеў ушын Республикалық наркология диспансерине жибериўди сораған Кегейли районы ишки ислер бөлими баслығы тәрепинен киритилген усынысты қанаатландырыўды лазым тапты.

Пуқара З.Ж Республикалық наркология диспансеринде емленип келип, өмириниң қалған жағында, мәмлекетимизде ҳаял-қызларға жаратылып атырған кең көлемли имканиятлардан үнемли пайдаланып, өмирде өз орнына ийе болыўына исенимимиз кәмил.

 

Райса Бекмуратова,

Жынаят ислери бойынша

Кегейли районы судының баслығы

 

Пәрман “Инсан қәдири ушын” идея тийкарында қабыл етилген

Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде барлык тараўларда жүдә кең көлемли реформалар әмелге асырылып келинбекте. Тийкарынан, Президентимиздиң басламасы менен “2017–2021 жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы жөнелиси бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы”ның қабыл қылыныўы мәмлекетимизде кеңирек демократиялық реформалар дәўирин баслап берди. Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде әмелге асырылған ислер барлық тараўларды қамрап алды. Ең тийкарғысы, мәмлекетимизде инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлери, қәдир-қымбатын, мәплерин, мәмлекетлик уйымлардың жәмийет алдында есабат бериўин тәмийнлеў реформалардың тийкарғы мақсети етип белгиленди.

Ҳәрекетлер стратегиясының логикалық даўамы сыпатында “Ҳәрекетлер стратегиясынан — Раўажланыў стратегиясы” принципине қарай еки үстин бағдардан ибарат болған 2022—2026-жылларға бағдарланған Жаңа Өзбекстанның раўжланыў стратегиясы ислеп шығылды ҳәм бул стратегия Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январдағы ПП-60-санлы Пәрманы менен тастыйықланды.

Мәмлекетимизде әдалат ҳәм нызам үстинлиги принциплерин раўажланыўдың ең тийкарғы ҳәм зәрүр шәртине айландырыў – Раўажланыў стратегиясының екинши үстин бағдары, ўазыйпасы сыпатында белгилеп алынды. Мине усы ўазыйпаны орынлаў ҳәмде суд ҳәкимиятының ҳақыйқый ғәрезсизлигин тәмийинлеў, судлар жумысының нәтийжелиги ҳәм әдил судлаўдың сапасын асырыў мақсетинде 2023-жыл 16-январь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Әдил судлаўға ерисиў имканиятларын және де кеңейтиў ҳәм судлар жумысы нәтийжелигин асырыўға байланыслы қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы ҳәм “Әдил судлаў жумысларын әмелге асырыўды натийжели шөлкемлестириў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы Пәрманлары қабыл етилди.

Президентимиздиң Пәрманы менен 2023—2026-жылларға бағдарланған суд системасын сапалы жағынан жаңа басқышқа алып шығыўдың қысқа мүддетли стратегиясы ҳәмде усы стратегияны әмелге асырыў бойынша ҳәрекетлер бағдарламасы тастыйықланды. Итибарлы тәрепи соннан ибарат, әдалатлы суд қарарларының қабыл етилиўине ерисиў арқалы халықтың, соның менен бирге, исбилерменлердиң суд системасына болған исенимин беккемлеў, ҳәр бир шахс суд ҳәм судьялар тымсалында өзиниң исенимли қорғаўшысын көриўине ерисиў менен бирге, суд қарарларының қатаң орынланыўын тәмийинлеў, бул бойынша мәмлекетлик уйымлары ҳәм жергиликли ҳәкимликлердиң жуўапкершилигин асырыў, стратегия шеңберинде әдил судлаўды тәмийинлеўдиң үстин ўазыйпалары сыпатында белгиленди.

Ҳәрекетлер бағдарламасы 10 бөлим 28 бәнттен ибарат болып, оның “Әдил судлаў сапасын түптен асырыў” деп аталыўшы 2-бөлиминиң 5-бәнти ҳәкимшилик суд ис жүритиўин жеделлестириўге қаратылған.

Усы бәнтте 2023-жыл ноябрь айына шекем “Ҳәкимшилик суд ислерин жүритиўин жеделлестириў концепция”сын ислеп шығыў, бунда:

– ҳәкимшилик уйымлар менен пуқаралар ҳәм исбилерменлер ортасындағы бәрше даўларды хатлаўдан өткерип, судлаўға тийисли қағыйдаларын жеделлестириў;

– ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў принциплерин сынлы үйренип, ғалабалық-ҳуқуқый қатнасықларының мазмун-мәнисин сәўлелендириўши принциплерди киритиў;

– ҳәкимшилик суд ислерин жүритиўге даўа институтын киритип, ҳәкимшилик уйымлары үстинен берилетуғын даўа түрлерин анық белгилеў;

– пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң ҳәкимшилик ҳүжжетке болған исенимин қорғаў системасын сын көз қараста үйренип, жеткерилген зыянды өндириў тәртибин анықластырыў;

– ҳәкимшилик судлар жумысларына ҳуқықы бузылған пуқара — арза бериўшиниң қәлеўине көре экстерриториал судлаўға тийисли механизмди енгизиў, белгилеў лазымлығы көрсетилген.

Суд-ҳуқуқ тараўына арналған жоқарыда атап өтилген Президент Пәрманлары әўели, “Инсан қәдири ушын” идея тийкарында қабыл етилген болып, олар әдалатлы суд системасын қәлиплестириў,
халық мәпи ҳәм инсан қәдир-қымбатын суд жолы арқалы нәтийжели қорғаў ҳәмде пуқаралардың әдил судлаўға болған исениминиң артыўына хызмет етеди.

 

Амир Нурлипесов,

Қарақалпақстан   Республикасы

ҳәкимшилик судының баслығы                                             

Пәрман халық мәпи ҳәм инсан қәдир-қымбатын суд жолы арқалы нәтийжели қорғалыўын  тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

Мәмлекетимизде суд-ҳуқық системасын жәнеде жетилистириў, пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаў илажларын күшейтириў, әдил судлаўды нәтийжели тәмийинлеў ҳәм судлардың ролин асырыў бойынша изшил ислер алып барылмақта.

 

Суд-ҳуқық саласын жәнеде жетилистириў мақсетинде Президентимиз тәрепинен 2023 жыл 16 январь күни «Әдил судлаўға ерисиў имканиятларын  жәнеде кеңейтиў ҳәм судлардың искерлигиниң нәтийжелилигин асырыўға байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы 11-санлы Пәрманы қабыл етилди.

 

Пәрманға муўапық, 2023-2026-жылларға бағдарланған суд системасын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўдың қысқа мүддетли стратегиясы тастыйықланды.

 

Стратегияның шеңберинде әдил судлаўды тәмийинлеўдиң тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленди:

 

«Инсан қәдири ушын» идеясы тийкарында ҳақыйқый әдил суд системасын қәлиплестириў ҳәм оның жумысын халық мәпи ҳәм инсан қәдирин нәтийжели қорғаўға қаратыў;

 

әдил суд қарарларының қабыл етилиўине ерисиў арқалы халықтың, соның ишинде, исбилерменлердиң суд системасына болған исенимин беккемлеў, ҳәр бир шахс суд ҳәм судьялар тымсалында исенимли қорғаўшысы сыпатында көриўине ерисиў;

 

пуқаралар ҳәм исбилерменлерге өз ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин судларда қорғай алыўы ушын барлық имканиятларды жаратыў, суд жумысларын алып барыўда тартысыў ҳәм тәреплердиң теңлиги принциплерин толық жүзеге шығарыў, судлардың қалыслығын әмелде тәмийинлеўге қаратылған нызамшылықты жетилистириў;

 

судлардың жумысын толық санластырыў, жасалма инттелект технологияларын енгизиў, уйымлар аралық электрон мағлыўмат алмасыўды жақсылаў, суд мәжлислеринде аралықтан турып қатнасыў имканиятларын кеңейтиў;

 

судьялардың ғәрезсизлиги ҳәм қол қатылмаслығы кепилликлерин күшейтиў, судқа ҳүрметсизлик етиў ҳәм суд жумысына араласыў жағдайларының алдын алыў бойынша нәтийжели механизмлерди ислеп шығыў;

 

суд қарарларының қатаң орынланыўын тәмийинлеў, бул бағдарда мәмлекетлик уйымлар ҳәм жергиликли ҳәкимликлердиң жуўапкершилигин арттырыў;

 

судьялар ҳәм суд хызметкерлеринде жоқары қарым-қатнас мәдениятын қәлиплестириў арқалы судқа мүрәжат еткен ҳәр бир пуқара ҳәм исбилерменде судтан, өз гезегинде болса мәмлекеттен разылық сезимин оятыў.

 

Бул илажларды әмелге асырыў бойынша ҳәрекетлер бағдарламасы тастыйықланды.

 

Сондай-ақ, Пәрманда суд қарарлары нызамлы, тийкарланған ҳәм әдил қабыл қылынғанлығын тексериўдиң пуқараларға қолай  ҳәм әпиўайыластырылған тәртибин жаратыў мақсетинде районлараралық, район, қала судлары тәрепинен биринши инстанцияда көрилген ислерди ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген судларда апелляция яки кассация тәртибинде қайта көрип шығыў, ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген судлар тәрепинен апелляция яки касаация инстанция тәртибинде көрилген ислерди усы судларда қадағалаў тәртибинде қайта көрип шығыў, ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген судлар тәрепинен қадағалаў тәртибинде көрилген ислерди Жоқарғы судтың судлаў коллегияларында қадағлаў тәртибинде қайта көрип шығыў, жоқары инстанция судлары тәрепинен исти жаңадан көриў ушын төменги судларға жибериў тәртибин бийкар етип, оларға ис бойынша жуўмақлаўшы қарар қабыл қылыў миннетлемесин жүклеў бойынша нызам жойбары ислеп шығылғанлығы атап өтилди.

 

Пәрманда судьялардың ҳақыйқый ғәрезсизлигин тәмийинлеў мақсетинде олардың жумысына ҳәр қандай араласыўдың қатаң жазаланатуғыны, судьялардың қәўетерсиз ислеўи ушын мәмлекет тәрепинен барлық шараятлар жаратылатуғыны атап өтилди ҳәм бул бағдарда төмендеги шаралар белгиленди:

 

Судқа ҳүрметсизлик етиў жағдайлары бойынша ҳәкимшилик жуўапкершилик шараларын күшейтиў менен биргеликте жынайый жуўапкершиликти де белгилеў;

 

суд жумысларын шешиўге араласқаны  ҳәм суд ҳүжжетин орынламағаны ушын жуўапкершилик илажларын күшейтиў, сондай-ақ, суд ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған тәсиршең механизмлерди енгизиў;

 

әдил судлаўды әмелге асырыў жумысына араласқанлығына байланыслы ҳәр бир жынаят исиниң жуўмағы бойынша жәмийетшиликти ғалаба хабар қураллары арқалы мәжбүрий түрде хабардар етиў тәртибин енгизиў;

 

судьяға байланыслы турақ жайдың қол қатылмаслығына, жазыўлар, телефон арқалы сөйлесиўлер ҳәм басқа да сөйлесиўлер, байланыс тармақлары арқалы жиберилетуғын почта, курьерлик жөнетпелер ҳәм телеграф хабарларының сыр сақланыўына болған ҳуқықларды шеклеўши, сондай-ақ, абонентлер ямаса абонент қурылмалары арасындағы байланыслар ҳаққындағы мәлимлемени алыўдан ибарат оператив-излеў илажларының өткерилиўине тек ғана Бас прокурордың санкциясы тийкарында жол қойылыўын белгилеў;

 

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң процессуаллық характерге ийе болмаған, ҳуқықый түсиник бериў бағдарындағы мәселелер бойынша мүрәжатларын әдиллик уйымлары тәрепинен көрип шығыў әмелиятын жолға қойыў.

 

Сондай-ақ, әдил судлаўды әмелге асырыўға көмеклесиўде Бас прокуратура ҳәм Жоқары судтың барлық басқышлардағы суд жумысларын жүргизиўде тартысыў ҳәм тәреплердиң теңлиги принциплерин толық жүзеге шығарыў, судлардың әдиллигин әмелде тәмийинлеўге қаратылған жаңа механизмди енгизиў белгиленди.

 

Бул Пәрман суд ҳәкимиятының ғәрезсизлигин тәмийинлеў ҳәмде пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң әдил судлаўға болған исенимин асырыўға тасланған және бир қәдем болып, халық мәпи ҳәм инсан қәдир-қымбатын суд жолы арқалы нәтийжели қорғалыўын  тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

Гаўҳар Зарипова,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы

 

 

 

 

Өз перзенти алдында миннетлемесин орынламаған әкеге 15 сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланды.

 

 

Жынаят ислери бойынша Қанлыкөл район суды тәрепинен 2023-жыл 19-январь күни Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКның 47/4-статьясы 1-бөлими менен ҳуқықбузыўшы шахс Б.Тға қарсы ҳәкимшилик иси көрип шығылды.

 

Суд мәжилисинде анықланған жағдайларға қарағанда, пуқаралық ислери бойынша Қоӊырат районлараралық судының суд буйрығына тийкар, қарыздар Б.Тдан өндириўши Н.Уныӊ пайдасына оның тәрбиясындағы жас өспирим еки перзентиниң тәмийнаты ушын ҳәр айдағы ис ҳақы ҳәм басқада дәраматларының 1/3 бөлеги муғдарында алимент өндириў белгиленген болсада, Б.Тның алимент напақасынан қарыздарлығын  бир неше мәртебе ескертилиўине қарамастан төлеўден қастан бас тартып келген.

 

 

Суд ис ҳүжжетлерин үйренип шығып, ҳуқықбузыўшы шахсқа 15 сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланды.

 

Мақсет Бекимбетов,

Жынаят ислери бойынша Қанлыкөл район суды баслығы

Нызамның мазмун-мәниси ҳәмде әҳмийети түсиндирилди  

 

Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы суды баслығы Ш.Шамамбетов, Нөкис қаласы ИИО ЖМБ 4-санлы ИИБ профилактика аға инспекторы  Б.Емжаров, Нөкис қаласы ИИО ЖМБ 3-санлы ИИБ профилактика аға инспекторы Б.Халмуратов, Нөкис қаласы ИИО ЖМБ профилактика инспекторлары, суд хызметкерлери қатнасыўында илаж өткерилди.

 

 

Илажда Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы судының баслығы  Ш.Шамамбетов  Өзбекстан Республикасының 2022-жыл 16-декабрдеги «Өзбекстан Республикасының айырым нызам хужжетлерине өзгерис ҳәмде қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы ӨРН-810-санлы Нызамы бойынша белгили жасаў жерине ийе болмаған шахсты реабилитация орайына жайластырыў  ҳаққында ис журитиў тәртиби, мазмун-мәниси ҳәмде әҳмийетин толық түсиндирип өтти.

 

 

Буннан соң, Нөкис қаласы ИИО ЖМБ 4-санлы ИИБ профилактика аға инспекторы Б.Емжаров, 3-санлы ИИБ профилактика аға инспекторы  Б.Халмуратов Өзбекстан Республикасының 2022-жыл 16-декабрдеги «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис хәмде қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы ӨРН-810-санлы Нызамы бойынша  белгили жасаў жерине ийе болмаған шахсты реабилитация орайына жайластырыў  ҳаққында илтимаснама киритиў тәртиби ҳәм әмелиятта ушырасып атырған машқалаларды судлар менен биргеликте унамлы шешиў бойынша тийисли усыныс ҳәмде пикирлерин билдирип өтти.

 

Илаж қатнасыўшылары күн тǝртибиндеги мǝселе бойынша өз пикир ҳǝм усынысларын билдирип, қызықтырған сораўларына тийисли жуўаплар алды.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

 

Пуқараларды онлайн тәризде қабыллаў өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының басшылары тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық тәреплерди онлайн тәризде қабыллаў өткерилди.

 

Онда пуқаралардың суд қарарларына ҳәм басқа да мәселелерге байланыслы оннан аслам мүрәжатлары көрип шығылды.

 

Атап айтқанда, Беруний районындағы Жаңа әсир көшесинде жасаўшы М.К. исмли пуқара Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судында көрилип атырған ис бойынша мағлыўмат бериўин сорап мүрәжат етти.

 

Усы райондағы Бәҳәр көшеси турғыны Ш.С. исмли пуқара Д. Қ. ҳәм оның әкеси  М. Қ.ға 2014-жылы 10500 АҚШ доллары бергенлигин ҳәм усы күнге шекем қайтарып ала алмай жүргенлигин айтып, пулларын өндирип бериўин сорап  мүрәжат етти.

 

Сондай-ақ, Төрткүл районы, Жамбасқала аўыл пуқаралар жыйыны турғыны С.Т. исмли пуқара Қарақалпақстан Республикасы судының 2021-жыл, 20-майдағы ақлаў ҳукиминиң орынланыўы ҳаққындағы мәселе бойынша арза менен мүрәжат етти.

 

-Бүгинги қабыллаў Елликқала, Төрткүл, Әмиўдәрья ҳәм Беруний районлары турғынлары ушын шөлкемлестирилди. Қабыллаўды онлайн тәризинде өткериўден мақсет, пуқаралардың усы күнлерде узақ жолдан келип қыйналыўының алдын алыў, әўерегершиликлерди болдырмаў, олар ушын қолайлы шараятлар жаратып, орынларда шешилмей атырған машқалаларды үйрениў ҳәм шешимин табыў болып есапланады,-дейди Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары А.Керимбаев.

 

 

Қабыллаў даўамында мүрәжатлардың көпшилиги өз орнында шешилип, айырым мүрәжатлар бойынша үйрениў жумыслары алып барылатуғынлығы белгиленип, орынланыўы қадағалаўға алынды.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

Ашық суд мәжлиси өткерилди

 

Бүгин Кегейли районы Ишки ислер бɵлиминиң мәжлислер залында ашық суд мәжлиси болып ɵтти. Ашық судты Жынаят ислери бойынша Кегейли районы судының баслығы Р.Бекмуратова басқарып барды.

Өткерилген суд мәжилисинде 19 ис кɵрилген болып, соннан 8 пуқараға мәс ҳалында автотранспорт қуралынан 1 жыл 6 айға барлық түрдеги автотранспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырыў ҳәмде есаплаў мүғдарының 25 есесине шекем жәрийма жазасы тайынланды.

 

 

2 автотранспорт басқарыўшысының айдаўшылық гуўалығын мүддетинен алдын қайта тиклеў мәселесиде кɵрип шығылды. Қалған  пуқараларға да нызам шеңберинде тийисли шаралар көрилди.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

Нызамшылықтағы өзгерислер ҳаққында түсиниклер берилди


Әмиўдәрья районы ишки ислер бөлиминде профилактика инспекторларының қатнасыўында 2022-жыл 16-декабрь күнги «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымша  ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының мазмун-мәнисин кеңнен түсиндириў ҳәм келип шығыўы мүмкин болған машқалаларды биргеликте сапластырыў мәселелерине бағышланған семинар болып өтти.

Семинарда Жынаят ислери бойынша Әмиўдәрья районы судының баслығы А.Сафаров, ишки ислер бөлиминиң баслығы Ж.Юсупов, прокурор жәрдемшиси З.Қудайбергенов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, усы мәселелер бойынша кең түрде мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахсларды реабилитациялаў арқалы оларға ҳуқықый, социаллық, психологиялық, медициналық ҳәм басқа да жәрдем көрсетиўге, сондай-ақ, оларға жәмийетшилик тәрепинен қабыл етилген әдеп-икрамлық нормалары ҳәм қағыйдаларын сиңдириўге қаратылған илажларды әмелге асырыўдың ҳуқықый тийкарлары жаратылған.

Усы нызам менен Өзбекстан Республикасының «Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында»ғы кодексине де бир қатар өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилген еди.

Бүгинги күнде ишки ислер уйымларының турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахсларды реабилитация орайларына жайластырыў ҳаққындағы өтиниш хатлары районлараралық ҳәкимшилик судлар тәрепинен көрип шығылмақта.

Районлараралық судлар тек республикамыздың ҳәм ўәлаят орайларында, аймақлардың географиялық жайласыўы бойынша бир-биринен узақта жайласқанлығы ҳәм ишки ислер уйымлары хызметкери усы ис пенен шуғылланыўы даўамында өз хызмет орнын узақ мүддет бос қалдырып атырғанлығы себепли турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахсларды реабилитация орайына жайластырыў ҳаққындағы өтиниш хатларды көрип шығыў әмелиятын пуқараларға қолайлылық жаратыў көз-қарасынан қайта көрип шығыў зәрүрлиги келип шықпақта.

– Усы нызам менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодексиниң турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахсларды реабилитация орайына жайластырыў ҳаққындағы өтиниш хатларды көрип шығыўға байланыслы нормаларды Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм тийисли ислерди көрип шығыўды ҳәкимшилик судлардан жынаят ислери бойынша районлық ҳәм қалалық судларға өткериў нәзерде тутылмақта,-дейди Жынаят ислери бойынша Әмиўдәрья районы судының баслығы А.Сафаров. – Нызамда талап етилип атырған нормалар турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахсларды реабилитация орайына жайластырыўға байланыслы қыйыншылықлардың ҳәм әўерегершиликлердиң алдын алыўға хызмет етеди.

Семинарда турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахсларды реабилитация орайына жайластырыў ҳаққындағы исти алып барыў, реабилитация орайына жайластырыў ҳаққындағы өтиниш хатын бериў, оның көриниси ҳәм мазмуны, оған қосымша етилетуғын ҳүжжетлер, суд тәрепинен көрилип шығылыўы процесслери ҳаққында кең түрде түсиниклер берилди. Турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахсларды реабилитация орайына жайластырыў ҳаққындағы өтиниш хатты қанаатландырыў ҳаққындағы қарарды бийкарлаў ҳәм шахсты реабилитация орайынан босатыў, өтиниш хатты қанаатландырмастан қалдырыў ҳаққындағы қарарды бийкарлаў ҳәм турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахсларды реабилитация орайына жайластырыў бойынша да мағлыўматлар берилди.



Семинарда пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан Республикасы суды

Skip to content