Рәсмий мәлимлеме: Нөкис қаласындағы ғалабалық тәртипсизликлер бойынша 22 судланыўшыға ҳүким оқылды

2023-жыл 31-январь күни, Бухара ўәлаяты судының имаратында 2022-жыл 1-2-июль күнлери Нөкис қаласындағы ғалабалық тәртипсизликлерди ислегенликте айыпланып атырған 22 судланыўшыға байланыслы жынаят исин көрип шығыў бойынша суд процеси тамамланып, суд ҳүкими жәрияланды.

 

Бул жынаят иси Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясының судьясы Елиўбай Абибуллаевтың басшылығында биринши инстанция судында көрип шығылды.

 

Жәрияланған суд ҳүкимине бола, Саламат Қалилаев, Нурлан Султамуратовқа 3 жылдан; Полат Нурниязовқа 4 жыл; Қаҳарман Сейтимов ҳәм Бердах Генжебаевқа 5 жылдан; Саиипназар Калимов, Арыслан Темирханов ҳәм Полат Шәмшетовқа 6 жылдан; Амирбек Адилбеков, Бахтияр Қәдирбергенов, Сейдабулла Медетов ҳәм Нурлан Найиповқа 7 жылдан; Разбек Бекмуратов, Султанбек Каипов, Дәўлетмурат Джийемуратов ҳәм Байрам Сейтниязовқа 8 жылдан; Аллабай Тоқымбетовқа 8 жыл 6 ай мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланды.

 

Еркинен айырыў жазасына судланғанларға тайынланған жаза мүддетлерин олар қамаққа алынған күннен баслап есапланатуғыны белгиленип, жазаны улыўма тәртиптеги колонияларда өтеў белгиленди.

 

Сондай-ақ, Азамат Нуратдинов 5 жыл, ЖКның 62-статьясына тийкарланып дәслепки қамақта отырған 6 ай 13 күни шегирилип, өтеў ушын 4 жыл 5 ай 17 күн;

 

Ахмет Сметуллаев 5 жыл, ЖКның 62-статьясына тийкарланып дәслепки қамақта отырған 6 ай 22 күни шегирилип, өтеў ушын 4 жыл 5 ай 8 күн;

 

Азамат Турданов 5 жыл, ЖКның 62-статьясына тийкарланып дәслепки қамақта отырған 6 ай 25 күни шегирилип, өтеў ушын 4 жыл 5 ай 5 күн еркин шеклеў жазасына судланды.

 

Еркинликти шеклеў жазасына судланған А.Нуратдинов, А.Сметуллаев ҳәм А.Турданов суд залында қамақтан азат етилди.

 

Лолагүл Қаллыханова 8 жыл еркинен айырыў жазасына судланып, ЖКның 62-статьясына тийкарланып дәслепки қамақта отырған 6 ай 24 күни тайынланған жазадан шегирилип, өтеў ушын 7 жыл 5 ай 6 күн еркинен айырыў жазасы қалдырылып, ЖКның 72-статьясы қолланылып, жаза 3 жыл мүддети менен шәртли деп белгиленип, суд залында қамақтан азат етилди.

 

Дәўлетмурат Тәжимуратов ЖКның 159-статьясы 4-бөлими, 167-статьясы 3-бөлими «а» бәнти, 243-статьясы, 244-статьясы 3-бөлими ҳәм 244-1-статьясы 3-бөлими «а», «б», «г» бәнтлеринде нәзерде тутылған жынаятларды ислегенликте айыплы деп табылып, ЖКның 59-статьясы тәртибинде 16 жыл еркинен айырыў жазасына судланып, жазаның дәслепки 2 жылын түрмеде, қалған бөлимин қатты тәртипли колонияда өтеў белгиленди.

 

Сондай-ақ, судланғанлар Д.Тәжимуратов, Л.Қаллыханова, А.Турданов, А.Сметтулаев ҳәм Д.Джиемуратовтың айыбынан ЖКның 28,104-статьясы 3 бөлими «а» бәнти, судланғанлар Р.Бекмуратов пенен С.Каиповтың айыбынан ЖКның 104-статьясы 3-бөлими «а» бәнти, судланған А.Нуратдиновтың айыбынан ЖКның 244-1-статьясы 3-бөлими «г» бәнти шығарылды.

 

Буннан тысқары, жүз берген жынаятлар ақыбетинде жеткерилген 6,8 миллиард сумнан артық зыянның 256 миллион сумы қапланғанлығы инабатқа алынып, қапланбаған 6,5 миллиард сумнан артық муғдардағы материаллық зыянларды судланғанлардан солидар тәртипте өндириў, өзлестириў жолы менен талан-тараж етилген 228 миллион сум зыянды судланған Д.Тәжимуратовтан өндириў, судланғанларға тийисли болып жынаят иси шеңберинде хатлаўға алынған мүлклерди зыянды қаплаўға қаратыў белгиленди.

 

Бул ҳүкимнен наразы болған тәреплер Қарақалпақстан Республикасы суды арқалы Жоқарғы судының жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясы апелляция инстанциясына процессуаллық нызамшылықта белгиленген тәртип ҳәм мүддетлерде шағымлар бериўге, прокурор болса протест билдириўге ҳақылы екенлиги мәлим етиледи.

 

Сондай-ақ, жынаят исин тергеў даўамында жол қойылған айырым қәте-кемшиликлер бойынша айрықша  уйғарыў шығарылды.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды