Әдиллик ҳәм руўҳыйлық – өз-ара байланыслы түсиниклер, руўҳыйлық болмаған жерде ҳеш қашан әдиллик болмайды

Бизлер, мәмлекетимизде ҳуқықый демократиялық мәмлекет, ашық ҳәм еркин пуқаралық жәмийетинде жасаўды мақсет еткен екенбиз, бундай мәмлекет ҳәм жәмийет шараятында әдилликти орнатыў суд ҳәкимияты арқалы әмелга асырылыўын есте сақлаўымыз зәрүр.

Әдилликти қарар таптырыўда суд ҳәкимияты яғный, ҳәр бир судья бийғәрез ҳәм қалыс болыўы шәрт.

Бул бағдарда тараўда соңғы жылларда әмелге асырылып атырған системалы рефомаралар нәтийжесинде суд ҳәкимиятының ҳақыйқый бийғәрезлигин тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳам еркинликлерин исенимли қорғаўда әдил судлаўға ерисиў дәрежеси анағурлым асты. Өткен қысқа дәўир ишинде заманагөй концепцияға тийкарланған абсолют жаңа бирден-бир суд системасы жаратылды. Усы тәризде суд ҳәкимияты бийғәрезлигиниң конституциялық принципин әмелде тәмийинлеўге имканият жаратылды.

Әлбетте, ҳәр бир тараўдың жәмийетте өз ўазыйпасын толық дәрежеде, нәтийжели әмелге асырыўы сол тараўға хызмет етиўши кадрларға, олардың өмирлик ҳәм ис тәжрийбесине, професионаллығына ҳәмде руўҳый дүньясының, көз қарасларының кеңлеги шеңберине байланыслы.

Усы көз қарастан суд ҳәкимиятының жәмийеттеги ўазыйпасы әдиллик орнатыў екен, суд корпусы судьяларының сол қатары, хызметкерлериниң руўҳый дүньясының өлшемлери шешиў орынға шығады.

Әдиллик пенен руўҳыйлық бәрқулла жақын болады. Олар бири бирин толықтырады.

Әдиллик орнатыў ушын судья нызамларды ҳәм оны қоллаўды жақсы билетуғын билимли қәнийге болыўы менен бирге көплеген инсаный пазыйлетлерге ийе, ҳәр қандай жағдайда да ҳүждән әмирине қулақ тутатуғын, өзи шығарған қарары ушын толық жуўапкершиликти сезинетуғын бир сөз бенен айтқанда жоқары руўҳыйлыққа ийе инсан болыўы керек. Неге дегенде, руўҳыйлығы жоқары, ерк-ықрары беккем инсан ҳеш ўақытта әдилсизликке жол қоймайды.

Руўҳыйлығы жоқары судьяның келбети төмендегилерде сәўлеленеди: ол әдиллик тәрезисин қолында беккем услаған ҳалда өз ўазыйпасын бийғәрез атқарады, антына садық қалады, судьялық этикасына булжытпай әмел етеди. Ҳадал, нызамды ҳүрмет ететуғын ҳәм оған бойсынатуғын, сап ҳүждән ҳәм беккем ерк-ықрар ийеси болады. Ол Ўатанға, елине садық, пидәйы, кемтарлықты әдет қылған, оны өсирген, исеним билдирип судья деген шарапатлы лаўызым берген ҳалқы алдында бәрқулла қарыздарлықты, жеке жуўапкершилигин сезетуғын инсандур. Әне усындай пазыйлетлерге ийе судьялар ғана ҳақыйқый әдиллик паспанлары бола алады.

Бунда жас судьяларымыз да ишки, тәбийғый сезимлерин қаншалық дәрежеде басқара алыў қәбилетине ҳәмде инсаныйлық сезимлерине ийе екенлиги оғада үлкен әҳмийетке ийе.

Бул мәселеде олардан данышпанларға тән ғайбарлық, қатты қоллық, сабырлылық, узақты көре билиў қәсийетлери талап етиледи. Ҳәр бир исте ақ кеўил ҳәм қалыс болмақ лазым.

Бәрше ушын үлгили инсан болыўға ҳәрекет етиў, иллетлерден аўлақ болыўды мақсет етип жүриў адамды, әлбетте жақсылыққа, жетикликке алып барады. Биз өзлигимизди, тарийхымызды билип, ата-бабалар мийрасынан сабақ шығарып, судьялық кәсибимизге үлкен жуўапкершилик пенен мүнәсебетте болыўымыз керек. Соның менен бирге, тараўда ислеген бизден алдыңғы танықлы нураный кәсиплеслеримиз ҳаққында билиў, дүньядан өткенлерин еслеп, оларға ҳүрмет көрсетиў жас әўлад ўәкиллери – бизлер ушын ҳәм қарыз, ҳәм парыз есапланады.

Ата-бабаларымыз қәдириятлары ҳәмде муқаддес динимиздиң мазмун-әҳмийетинде руўҳый тәрбия жатады. Соның ушын руўҳый тәрбияда еки әҳмийетли өзгешелик бар: бири – қандай да әмеллерди орынлаўға үндеў болса, екиншиси – қандайда әмеллерден тыйылыў.

Соннан келип шыққан ҳалда руўҳыйлық та пазыйлетлер ҳәм иллетлерден ибәрат. Халық пазыйлетли адамларды биймәлел инсан, иллетли адамларды биймәни инсан дейди.

Пазыйлетлер дегенде тек ғана жақсы қәсийетлер, иллетлер дегенде болса, тек ғана жаман қәсийетлер түсиниледи. Инсанды басқа жанзатлардан ажыратып, оны үстин қылып туратуғын жәми пазыйлетлер жыйындысы  бул руўҳыйлықдур.

Пазыйлетлерге: ийман, сабыр, қанаатшыллық, уят-ар-намыс, ҳүждан. Шүкиршилик, пидәкерлик, мийнет сүйгишлик, ўатанды сүйўшилик, ғайбарлық, епшиллик, мәртлик, садықлық, ержүреклик, шаққанлық, билимданлық, ақыллылық, ҳадаллық, пәклик, азадалық, опалылық, туўрысөзлик сыяқлылар киреди. Бундай пазыйлетлер инсанды ҳәр тәреплеме безейди, оның ел арасында абырайын, ҳүрмет – итибарын асырады.

Адамды унамсыз тәрептен сүўретлеўши, бийабырай-биймәни қылыўшы сондай қәсийетлер бар булар иллетлердур.

Иллетлерге: урлық, өтирик сөйлеў, ериншеклик, бийталаплық, сабырсызлық, билимсизлик, дәмегөйлик, парахорлық, ўәдеде турмаслық, сатқынлық, опасызлық, нәпсихорлық, ғийбатшыллық, интизамсызлық, беттен алыўшылық, шегиў, ишиўшилик, нәшебетлик, қумарпазлық, тәрбиясызлық сыяқлылар киреди. Бундай иллетлер адамды абырайсызландырады, ҳүрметин түсиреди, набыт етеди.

Инсан минез-қулқындағы бундай қәте ҳәм кемшиликлерден жаслық ўақларынан-ақ қутылып барыўы зәрүр. Себеби, ол бундай иллетлерге әдетленип бир өмирге қутыла алмай қалыўы мүмкин.

Руўҳыйлыққа мәниси жағынан жақын келетуғын «ағартыўшылық», «мәденият», «цивилизация» түсиниклери де бар. Бирақ булар да әдебият ҳәм көркем-өнер, физикалық тәрбия ҳәм спорт, сиясат ҳәм экономика, дин ҳәм әдеп икрамлылық ҳәм басқада бир қатар салалар сыяқлы руўҳыйлық түсинигиниң қурамлық бирликлери есапланады.

Судья жәмийет турмысында қандай салалар бар болса, бәршесинен хабардар болыўы лазым. Себеби, суд процессинде ол мәденият, салық, бажыхана, билимлендириў, экономика, улыўма алғанда бәрше салаларға тийисли ислерди көрип шығады. Судта қатнасыўшылар менен сәўбетке кириседи. Усындай жағдайларда судья кеминде олардың дәрежесиндеги улыўма түсиниклерге ийе болыўлары, ҳақыйқатлықты аңлаў ушын олардан бир қәдем үстин турып пикирлеўи керек. Судья кең билимге ийе болса, көрилип атырған мәселе бойынша да қәнийгедей пикир жүритип,  ҳақыйқатты жүзеге шығара алады. Сонда ғана сол тараў ўәкиллери, судта қатнасыўшылар да қарардың әдиллигине исенеди, судтан наразы болмайды. Бунда судьяға жәрдемге келетуғын ең жақын көмекши бул КИТАП.

Әмелдеги процессуаллық нызамшлыққа көре, судьялар бәрше дәлийл ҳәм ҳүжжетлерди тексериў арқалы ақырғы жуўмаққа келиўден алдын ишки исенимге тийкарланыўы лазымлығы белгиленген. Ал, бул ишки исенимниң өзи не дейтуғын болсақ. Бул – билим, тәжрийбе, өзлестирилген көнликпе тийкарында ҳүждан ҳәм сезимниң әдиллик тәрезисине салып турып қабыл етилетуғын тоқтамдур. Сол ушында китапқумарлық оғада әҳмийетлидур. Себеби, ең нәзик кеширмелер, сезимлер китап оқыў арқалы қәлиплеседи, түрленеди.

Судья оғада китапқумар болыў, китап пенен дос болыўы керек. Себеби китап жәмийет турмысындағы мүнәсебетлерди шырайлы форма ҳәм мазмун менен ақ қағазға көширеди. Судья инсан қәлбин аңлаўы ушын бундай шығармаларды оқыўы лазым. Судья китапқумар болса, оқығанларын терең анализ етип барса судта қатнасыўшылардың руўҳый кеширмелерин түсинеди, олардың кеўиллерине нәзер сала алады. Сол арқалы өзи қабыл еткен қарардың әҳмийетин оларға аңлатып, түсиндире алады.

Сол ушын да судьяларымыздың тарийхый, бурынғы шығармаларды ҳәмде бүгинги күндеги ең жаңа шығармаларды оқып барыўлары олардың билимлерин асырыў менен бирге, дүньяға көз-қарасын, руўҳый дүньясын байтып барады.

Әлбетте, судьяларымыз, олардың жәрдемшилериниң бос ўақытлары жүдә кем. Бирақ оқыўдан, илим излеўден тоқтаған инсанның пикирлеўи пәсейип, дәрежеси өсиўден тоқтап барабереди. Сол ушын да замманнан артта қалмаўға ҳәрекет етип, буған имкан таўып китап оқып, өзлериңиздиң үстиңизде ислеп билим ҳәм тәжрийбелериңизди арттырыўыңызды, бул арқалы руўҳый дүньяңызды кеңейтип барыўыңызды сорап қаламан.

 

 

Е.Утениязов,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы