Жазадан мүддетиден алдын шǝртли рǝўиште азат етилди

Жынаят ислери бойынша Шоманай районы суды баслығы Р.Назаров тǝрепинен райондағы “Моншақлы” мәкан пуқаралар жыйыны имаратында, көшпели ашық суд мәжилиси өткерилди.

Онда Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 122-статьясы 2-бөлими менен судланған О.З. ға тайынланған дүзетиў ислери жазасының өтелмеген мүддетинен бурын Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 73-статьясына тийкар шәртли түрде азат етиў ҳаққындағы Шоманай районы Ишки ислер бөлиминиң усынысы ис материаллары менен көрип шығылды.

Көшпели суд мǝжилисинде илгери жынаят ислеп, Шоманай районы шки ислер бөлими Пробация топары қадағалаўында болып суд тәрепинен тайынланған жазаны өтеп атырған бул шахстың, мийнетке ҳадал мүнәсибетте болғаны, руўхый жақтан дүзелгени, жынайый қылмысының ақыбетин терең аңлап жетип, әмелде пушайман болғанлығы итибарға алынып, тайынланған жазадан мүддетинен алдын шәртли рәўиште азат етилди.

 

Соның менен бирге, судья тәрепинен О.З.ға жазаның өтелмеген бөлеги дәўиринде қастан жаңа жынаят ислесе, суд оған Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 60-статьясында көрсетилген қағыйдаларға муўапық жаза тайынланыўын түсиндирди.

 

Кɵшпели суд мǝжилисинде қатнасыўшыларға намысқа тийиў, бийзарылық сыяқлы жынаятлардың келип шығыў себеплери ҳǝм олардың алдын алыў бағдарында ҳуқықый түсиник берип ɵтилди.

 

Р.Назаров,

Жынаят ислери бойынша Шоманай районы суды баслығы