Кепиллик шәртнамасы бойынша миннетлемелер

Кепиллик-бул қарыздардың миннетлемесиниң орынланыӯы ушын үшинши шахс-кепил жуўапкер болатуғын ҳуқықый қатнасық болып есапланады.

Кепиллик тийкарғы шәртнама бойынша кепил ҳәм кредитор ортасында дүзилетуғын шәртнамаға тийкар пайда болады.

Кепиллик шәртнамасы бойынша кепил басқа шахс өз миннетлемесин толық яки бир бөлегин орынлаўы ушын оның кредиторы алдында жуўап бериўди өз мойнына алады.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 292-статьясына муўапық, кепиллик шәртнамасы келешекте пайда болатуғын миннетлемени тәмийинлеў ушын да дүзилиўи мүмкин.
Кепиллик шәртнамасы жазба түрде дүзилиўи керек. Шәртнаманың жазба түрине әмел қылмаслық кепиллик шәртнамасының ҳақыйқый емеслигине алып келеди.

Кепилдиң жуўапкершилиги қарыздар тәрепинен кепиллик пенен тәмийинленген миннетлемелерди орынламғанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы нәтийжесинде пайда болады. Әдетте, кепил кредитор алдында солидар жуўапкер болады, нызам яки кепиллик шәртнамасында кепилдиң субсидиар жуўапкер болыўы да нәзерде тутылыўы мүмкин.

Солидар жуўапкершиликте кепил қарыздар менен бирдей дәрежеде миннетлемелер орынланыўын тәмийинлеўи зәрүр. Буннан тысқары, кепил миннетлемесиниң солидарлығы кредитордың өз талапларын ҳәм қарыздарға, ҳәм кепилге қойыўын, ҳәм биргеликте, ҳәм өз алдына, ҳәм толық, ҳәм қарыздың бир бөлегине талап қойыўға ҳақлы екенлигин аңлатады.

Субсидиар жуўапкершиликте кепил кредитор алдында қарыздардың жуўапкершилигине қосымша көлемде жуўап береди. Бундай жағдайда, талап дәслеп қарыздарға қойылады. Егер қарыздардың кепиллик пенен тәмийинленген өз миннетлемесин орынлаў имканы болмаса, жуўапкершилик кепилге өтеди ҳәм кредитор оннан қарыздардың миннетлемелери орынланыўын талап етиўге ҳақлы болады.
Кепиллик шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, кепил кредитор алдында қарыздар менен теңдей көлемде жуўап береди, соның ишинде пайызлар төлейди, қарызды өндирип алыў менен байланыслы суд қәрежетлерин ҳәм қарыздар миннетлемесин орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы себепли кредитор көрген басқа зиянларды төлейди (Пуқаралық кодексиниң 293-статьясы).

Пуқаралық кодекси бир неше шахслардың кредитор алдында кепил сыпатында қатнасыў имканиятына жол қояды. Егер кепиллер бир неше шахслар болса ҳәмде кепиллик шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, олар кредитор алдында солидар жуўап береди.

Кепил кредитордың талабына қарсы қарыздар билдириўи мүмкин болған барлық қарсылықларын қойыўға ҳақлы. Ҳәттеки қарыздар өзиниң қарсылығынан ўаз кешкен яки миннетлемесин тән алған жағдайда да кепил усы қарсылықларға болған ҳуқықын жойтпайды.

Миннетлемени орынлаған кепилге усы миннетлеме бойынша ҳуқықлары ҳәмде гиреўге алыўшы сыпатында қанша көлемде қанаатландырылған болса, сонша көлемде өтеди. Кепил кредиторға төленген суммаға пайызлар төлеўди қарыздардан талап етиўге ҳақлы.

Усы орында бир мысал, Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан басқармасы даўагер «Қоңырат сода заводы» ЖШЖниң мәпин қорғап жуўапкер «А» ЖШЖнен 2 146 439 315 сумды регресс тәртибинде өндириўди, өндириўди кредит есабына алынған мүлклерге ҳәм басқа мүлклерге қаратыўды сораған.
Исте анықланған жағдайларға қарағанда, АТБ “Микрокредитбанк” пенен «А» ЖШЖ ортасында 2018 жыл 14 март күни дүзилген 153-санлы кредит шәртнамасына тийкар ажыратылған кредиттиң қайтарылыўын тәмийинлеў мақсетинде “Қоңырат сода заводы» ЖШЖ кепил болған ҳәм тәреплер ортасында 2018 жыл 18 октябрь күни 2-санлы кепиллик шәртнамасы дүзилген. Кепиллик шәртнамасына тийкар “Қоңырат сода заводы» ЖШЖ қарыздар кредит шәртнамасында белгиленген миннетлемесин орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған жағдайда банк алдында 3 483 000 000 сум муғдарында қарыздар менен солидар тәртипте жуўап бериў миннетлемесин алған.

Қарыздар кредит шәртнамасы бойынша миннетлемелерин орынламаған. Сонлықтан Нөкис районлар аралық економикалық судының 2019 жыл 26 июнь күнги ҳал қылыў қарары менен “А” ЖШЖ, “С” ЖШЖ ҳәм «Қоңырат сода заводы» ЖШЖнен АК “Микрокредитбанк” пайдасына солидар тәртипте 2 641 900 000 сум кредит қарызы, 147 946 400 сум пайызы ҳәм 16 218 сум почта қәрежети өндирилген.
Судтың ҳүжжети орынлаў ушын Мәжбүрий орынлаў бюросының Қоңырат районы бөлимине жиберилип, мәмлекет орынлаўшысы тәрепинен «Қоңырат сода заводы» ЖШЖниң банк есап бетлеринен 2 146 436 315 сум пул қаржысы АК “Микрокредитбанк” есабына өндирилген. Бул жағдайлар истеги ҳүжжетлер менен тастыйықланғанлығы себепли биринши инстанция суды даўаның 2 641 900 000 сумды регресс тәртибинде өндириўди сораған талабын қанаатландырыў, ал өндириўди кредит есабына алынған мал-мүлкке ҳәм басқа мүлклерге қаратыўды сораған талабын қанаатландырыўсыз қалдырыў ҳаққында шешим қабыллаған.

Қарақалпақстан Республикасы
судының економикалық ислери бойынша
судлаў қурамы судьясы    Гаўҳар Зарипова