ПЛЕНУМ ҚАРАРЛАРЫ – КОНСТИТУЦИЯЛЫҚ ҲУҚЫҚЛАРЫНЫҢ ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЛЫЎЫНА ХЫЗМЕТ ЕТЕДИ

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2024-жыл 16-декабрьдеги “Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының экономикалық ҳәм ҳәкимшилик ислер бойынша суд қәрежетлерин өндириў әмелияты ҳаққындағы қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы қарары менен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2020-жыл 19-декабрьдеги “Экономикалық ислер бойынша суд қәрежетлерин өндириў әмелияты ҳаққында”ғы қарарына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

 

Усы өзгерислерге бола исти көриў ушын бир экономикалық судтан басқа экономикалық судқа Экономикалық процессуал кодексиниң 39-статьясына тийкарланып өткерилгенде, алдын төленген мәмлекетлик бажы ҳәм почта қәрежетлери исти көриў жуўмағы бойынша есапқа алыныўы керек екенлиги белгиленди.

 

Экономикалық процессуал кодексиниң 152-статьясы үшинши бөлиминиң мазмунына муўапық, судқа тийислилигине қарай пуқаралық ислери бойынша судтан ямаса ҳәкимшилик судтан даўа арза (арза) яки ис материаллары келип түскенде мәмлекетлик бажының кем төленгенлиги анықланса, судья даўа арза (арза) ямаса ис материаллары судқа келип түскен күннен баслап бес күннен кешиктирмей кемшиликлерди сапластырыў зәрүрлиги ҳаққында даўагерди (арза бериўшини) уйғарыў арқалы хабардар етеди ҳәм оған буның ушын он күннен артық болмаған мүддет береди. Усы көрсетпе белгиленген мүддетте орынланбаған жағдайда, судья даўа арза (арза) ҳәм оған қосымша етилген ҳүжжетлерди Экономикалық процессуал кодексиниң 155-статьясы биринши бөлиминиң 11-бәнтине тийкарланып қайтарады.

 

Буннан тысқары, “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамның 17-статьясы сегизинши бөлиминиң мазмунына бола, егер мүлклик  даў бойынша судқа даўа арза берилгенде, даўа баҳасы сырт ел валютасында белгиленген болса, мәмлекетлик бажының муғдары даўа арзасы берилген сәнеде Өзбекстан Республикасы Орайлық банки тәрепинен белгиленген курс бойынша миллий валютада белгилениўи ҳәм өндирилиўине қаратылыўы белгиленди.

 

Сондай-ақ, даўагер тәрепинен даўа талаплары кемейтилген жағдайда, мәмлекетлик бажы қайта есаплап шығылмайтуғынлығы ҳәм төленген мәмлекетлик бажы қайтарылмайтуғынлығы белгиленди.

 

Неустойка муғдары экономикалық суд тәрепинен Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 326-статьясына тийкарланып кемейтилгенде, даўагердиң мәмлекетлик бажы бойынша қәрежетлери, неустойканы кемейтпестен өндирилиўи керек болған суммадан келип шыққан ҳалда жуўапкер тәрепинен қапланыўы, егер даўагер мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилген болса, мәмлекетлик бажы жуўапкерден (егер ол мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилмеген болса) жоқарыда белгиленген муғдарда мәмлекет дәраматына өндирилиўи көрсетилди.

 

Сондай-ақ, экономикалық судқа мүрәжат етиўде киши исбилерменлик субъекти тәрепинен белгиленген ставканың 50 проценти муғдарында мәмлекетлик бажы төленген болып, даўа талаплары қанаатландырылғанда, егер жуўапкер мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилмеген болса, исти көриў нәтийжеси бойынша оннан өндирилетуғын мәмлекетлик бажының муғдары даўагер тәрепинен төленген сумма менен шеклениўи, мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилген мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шахслар тәрепинен киши исбилерменлик субектлериниң мәплерин гөзлеп усынылған даўа талаплары қанаатландырылған ямаса қанаатландырыўсыз қалдырылған жағдайда мәмлекетлик бажының тәреплерден улыўмалық тийкарларда өндирилетуғынлығы белгиленди.

 

Буннан тысқары, егер экономикалық судқа мүрәжат етиўде киши исбилерменлик субъектине мәмлекетлик бажыны төлеўди кешиктириў ямаса бөлип-бөлип төлеў ҳуқықы берилген болса, мәмлекетлик бажы исти көриў нәтийжеси бойынша тийисли тәрептен нызамда белгиленген ставкада өндирилетуғынлығы белгиленди.

 

Мүлк ҳуқықы, мүлкти талап етип алыў менен байланыслы келиспеўшиликлер бойынша мүлктиң баҳасы анық болмаған жағдайда суд исти көриў даўамында мәмлекетлик бажының дурыс өндирилиўин тәмийинлеў мақсетинде бар ҳүжжетлер тийкарында мүлктиң баҳасын анықлаў илажын көриўи, егер бар ҳүжжетлер тийкарында мүлктиң баҳасын анықлаў имканияты болмаса, оны анықлаў судтың уйғарыўына тийкарланып баҳалаўшы шөлкем тәрепинен әмелге асырылыўы ҳәм баҳалаў қәрежетлери даўагерге жүклениўи белгиленди.

 

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң жумысын және де раўажландырыў бойынша шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы 2017-жыл 10-октябрьдеги қарары 3-бәнтиниң төртинши хатбасында фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеслерине фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң мәплерин гөзлеп судқа мәмлекетлик бажы төлеместен даўа арзалары, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының қарарлары, олардың лаўазымлы шахсларының ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен шағымлар бериў ҳуқықы берилген болып, онда даўа арзасын қанаатландырыўсыз қалдырылғанда мәпи гөзленип даўа арзасы киргизилген фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелеринен мәмлекетлик бажы өндирилмейтуғынлығы көрсетилген.

 

Жоқарыдағы Пленум қарары менен бул қағыйда даўа арзасы көрместен қалдырылған ямаса ис жүргизиўден қыскартылған жағдайда да қолланылыўы лазымлығы белгиленди. Усылардан келип шығып, Пленум қарарына киргизилген қосымша ҳәм өзгерислер физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң судқа мүрәжат етиў көринисиндеги конституциялық ҳуқықларының әмелге асырылыўына хызмет етеди.

 

 

Зульфия ХАСАНОВА,

Шымбай районлар аралық экономикалық суды судьясы