МҮЛК ҲУҚЫҚЫ КЕПИЛЛИКЛЕРИ

 

Белгили болғанындай, жәмийеттиң экономикалық негизин мүлк қурайды. Сондай-ақ, жәмийеттиң социаллық – экономикалық дүзилиси ҳәм мүлк пенен, мүлктиң кимлерге тийисли екенлиги менен белгиленеди. Мүлксиз социаллық қатнасықларды раўажландырыў, мәмлекетте халық гүллениўин тәмийинлеўге қаратылған ис-иләжларды әмелге асырыўдың имканы жоқ.

 

Соңғы жыллар даўамында мәмлекетимизде жеке мүлк үстинлигин тәмийинлеў ҳәм оның ҳуқықый қорғалыўын күшейттириўге тийисли бир қатар нызамлар ҳәм нормативлик ҳүжжетлер қабыл етилди.

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январда «Ҳәрекетлер стратегиясынан – Раўажланыў стратегиясына қарап» принципи тийкарында ислеп шығылған ҳәмде Ҳәрекетлер стратегиясының даўамы сыпатында «2022-2026 жыллырға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы» ҳаққында ПФ-60-санлы Пәрманы, 2023-жыл 11-сентябрьде «Өзбекстан – 2030» стратегиясы ҳақкындағы ПФ-158-санлы Пәрманы қабыл етилди. Оларда мәмлекетте әдалат ҳәм нызам үстинлиги принциплерин раўажланыўдың ең тийкарғы ҳәм зәрүр шәртине айлантырыў ең баслы бағдарлардан бири сыпатында белгиленди. Буның ушын бир неше зәрүр мақсетлер нәзерде тутылды.

 

Атап айтқанда, мүлклик ҳуқықлардың қолқатылмаслығын исенимли қорғаў ҳәмде мәмлекет органларының мүлкий қатнасықларға нызамсыз араласыўын шеклеў мақсети белгиленип, усы мақсетке жеке мүлк қолқатылмаслығы ҳам қорғалыўы кепилликлерин күшейттириў, мүлкий, соннан жер участкасына болған ҳуқықларды сөзсиз тәмийнлеў, жеке мүлк үстинлигин тийкарғы принцип сыпатында белгилеў, мәмлекет мәкемесиниң рәсмий мағлыўматына исенип мал-мүлк сатып алған шахстың ҳуқықын қорғаў  системасын енгизиў белгиленди.

 

Усы көз қарастан, 2023-жыл 30-апрельде улыўмахалықлық референдумы тийкарында қабыл етилген Өзбекстан Республикасының Конституциясында жеке мулк ҳуқықының қолқатылмаслығы, оның исенимли қорғалыўының кепилликлери белгиленди. Усы Өзбекстан Республикасы Конституциясының 41 ҳәм 47-статьяларына көре, ҳәр бир шахс меншик ҳуқықына ийе, банк операцияларының, аманатларының ҳәм есап-бетлериниң сыр сақланыўы ҳәмде мийрас ҳуқықы нызам менен кепилленеди, ҳеш ким судтың шешимисиз ҳәм нызамға қайшы түрде турақ жайынан айырылыўы мүмкин емеслиги, турақ жайынан айырылған меншик ийесине турақ жайдың қуны ҳәм де ол көрген зыянлардың орны нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ҳәм тәртипте алдын ала, тең муғдарда қаплап берилиўи тәмийинлениўи кепилликлери белгиленди.

 

Усы нормалардың киргизилиўи келешекте халықтың турмысы гүллениўин асырыў, журтымызда исбилерменлик искерлигин жәнеде қоллап-қуўатлаў, мүлкшилик қатнасықларын ҳуқықый жақтан кепиллеў, жеке мүлктиң қолқатылмаслығын күшейттириўге үлкен түртки болады. Соның ушын әмелге асырылып атырған конституциялық реформалар баскышында пуқаралардың мүлки менен байланыслы қатнасықларды ҳуқықый жақтан беккемлеў, халықтың үй-жайға болған ҳуқықлары қолқатылмаслығын кепилликлеў менен байланыслы нормаларды Конституция арқалы беккемлеў зәрүр саналады.

 

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының 1990-жыл 31-октябрьдеги «Өзбекстан Республикасында мүлкшилик ҳақкында»ғы нызамына көре, Өзбекстан Республикасы мүлклик ҳуқықты әмелге асырыўды кепиллейди, мүлкдардың конституциялық ҳуқықларын тәмийинлейди. Өзбекстан Республикасы нызамшылығында нәзерде тутылған жағдайлардан басқа, мал-мүлкти көбейттириўди шеклеўге ҳәмде оны мәжбүрий тартып алыўға жол қойылмайды. Өзбекстан Республикасының ҳәм басқа мәмлекетлердиң юридикалық ҳәмде физикалық шахсларына мүлклик ҳуқықларын қорғаўда Өзбекстан Республикасы тең шәраятлар жаратып береди.

 

Мүлкдар өзге шахс тәрепинен нызамға қайшы рәўиште ийелеп алынған мал-мүлкин Өзбекстан Республикасы пуқаралық нызамшылығына муўапық талап етип қайтарып алыў ҳуқықына ийе. Мүлкдар өз ҳуқықын ҳәр қандай бузылыўларды, егер бундай бузылыўлар оны мүлкке ийелик етиў ҳуқықынан айырыў менен байланыслы болмаса да, сапластырыўды талап етиўи мүмкин. Бул ҳуқықлар мүлкдар болмаса да, мүлктен толық хожалық жүргизиў, оны оператив басқарыў, мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў яки нызамда ямаса шәртнамада көзде тутылған жағдайларда, мал-мүлкке ийелик етиўши шахсқа ҳәм тийисли. Бул шахс өз ийелигин мүлкдардан ҳәм қорғаў ҳуқықына ийе. Мүлкий ҳуқықты қорғаў суд тәрепинен әмелге асырылады.

Жуўмақ орнында айтқанда, мәмлекетимизде жеке мүлк қолқатылмаслылығы ҳәм оны ҳәр қандай қастыянлықлардан қорғаў экономикалық сиясаттың тийкарғы ўазыйпаларынан бири болып есапланады.

 

 

Саодат ҚАЙЫПНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы