ИСБИЛЕРМЕНЛИК ИСКЕРЛИГИ ЕРКИНЛИГИНИҢ КЕПИЛЛИКЛЕРИ ҲӘМДЕ ОЛАРҒА ЖАРАТЫЛҒАН ЖЕҢИЛЛИКЛЕР

Исбилерменлик искерлиги (Исбилерменлик) – Исбилерменлик искерлиги субектлери тәрепинен нызамшылыққа муўапық әмелге асырылатуғын, өзи тәўекел етип ҳәм өз мүлкий жуўапкершилиги тийкарында дәрамат (пайда) алыўға қаратылған белсенди искерлиги есапланады.
Бүгинги күнде Республикамызда исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, исбилерменликти раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў бағдарында көплеген ислер әмелге асырылмақта.
Исбилерменлик искерлигиниң Мәмлекет тәрепинен қорғалыў кепиллигиниң бир дереги сыпатында Өзбестан Республикасының Конституциясын атап өтиў орынлы.
Себеби, Конституцияның 67-статьясында, мәмлекет қолайлы инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын тәмийинлейтуғынлығы, Исбилерменлер нызамшылыққа муўапық ҳәр қандай искерликти әмелге асырыўға ҳәм оның бағдарларын ғәрезсиз түрде таңлаўға ҳақылы екенлиги, Өзбекстан Республикасы аймағында економикалық кеңислик бирлиги, товарлар, хызметлер, мийнет ресурслары ҳәм финанслық қәрежетлердиң еркин ҳәрекетлениўи кепилленгенлиги, Монополиялық искерлик нызам менен тәртипке салынатуғынлығы ҳәм шекленетуғынлығы белгиленген.
Исбилерменлик искерлигиниң Мәмлекет тәрепинен қорғалыў кепиллигиниң және бир дереги сыпатында Өзбекстан Республикасының «Исбилерменлик искерлиги еркинлигиниң кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамды келтириўимиз мүмкин.
Себеби, бул Нызамның тийкарғы ўазыйпалары пуқаралардың исбилерменлик искерлигинде еркин қатнасыўы ҳәм оннан мәпдар болыўы ушын кепилликлер ҳәмде шараятлар жаратыўдан, олардың исшеңлигин асырыўдан, сондай-ақ исбилерменлик искерлиги субектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўдан ибарат.
Соның менен бирге, економикалық судларға даўа арза (арза) менен мүрәжат етиўде исбилерменлерге жаратылған жеңиллик ҳаққында айтып өтиў лазым.
Яғный, Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамы менен киши исбилерменлик субектлери тәрепинен економикалық судларға даўа арза (арза) менен мүрәжат еткенде төлениўи лазым болган мәмлекетлик бажы муғдарының 50 пайызын төлейтуғынлығы белгиленген.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат Палатасы ҳәм оның аймақлық басқармалары, прокуратура органлары, әдиллик органлары, Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкиллерге исбилерменлик субектлериниң мәпин қорғап економикалық судларға киритилген даўа арзалар бойынша алдын-ала мәмлекетлик бажы төленбестен киритиў ҳуқықы берилген.
Економикалық судларда ис жүритиўде жаратылған қолайлықлар ҳаққында айтып өтетуғын болсақ, олардан бири бул економикалық судларға даўа арза (арза) менен електрон мәлимлеме системасы арқалы електрон формада мүрәжат етиў тәртиби еңгизилген. Бунда, даўагер өз үйинде яки жумыс орнынан шықпаған ҳалда електрон мәлимлеме системасы арқалы електрон формада туўрыдан-туўры тийисли судқа даўа арзасын жоллаў мүмкиншилиги жаратылды.
Соның менен бирге, економикалық судлар тәрепинен исте қатнасыўшы шахсларды суд мәжилисиниң өткерилетуғын ўақты ҳәм орны ҳаққында СМС хабарландырыў арқалы хабардар етиў мүмкиншилиги де жаратылды.
Буннан тысқары, судларда, исте қатнасыўшы шахсларға суд мәжилисинде видеоконференц байланыс режими аркалы суд мәжилислеринде қатнасыў мүмкиншилиги жаратылды. Бул дегени исте қатнасыўшы шахслар басқа алыс аймақларда жайласқан судларда өткерилетуғын суд мәжилисинде өз аймақларынан шықпаған ҳалда видеоконференц байланыс арқалы қатнасыўға ҳақылы. Ол өз нәўбетинде шахслардың ўақты ҳәмде артықша қәрежетлериниң тежелиўине алып келеди.
Жуўмақластырып айтқанда, Исбилерменлик искерлигининг мүлкий тийкарлары, Исбилерменлик искерлиги еркинлигиниң конституциялық кепилликлери, мәмлекетлик органлар ҳәм басқа органлардиң қарарлары, олардың лаўазымлы шахсларының хәрекетлери (хәрекетсизлиги) үстинен шағым қылыў мүмкинлиги, Исбилерменлик искерлиги еркинлигиниң кепилликлери ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлық ушын жуўапкершиликтиң белгиленгенлиги мәмлекетимизде исбилерменлик искерлиги еркинлиги нызам менен кепилленгенлигин аңлатады.
Уткиржон САБИРОВ,
Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы