Аңсат жол менен пул табыўды ойлап урлық ислеген шахс суд залынан қамаққа алынды

Перзент өмирдиң қуўанышы, даўамшысы, улыўма ата-ананың арзыў-үмитлерин жүзеге шығаратуғын өмирдиң жалғасы. Жақсыдан жақсы туўады, ал жаманы ше? Бул сораў мени көп ойландырады. Сондай инсанларды көрдим, ата-анасының баласын оқытыўға имканы болмай, “қолы жуқа” болсада тамағын тойдырғанына қуўанып, тынымсыз мийнет етседе бири-еки болмай, көп кыйыншылықларды басынан кеширеди. Бирақ мине усы ата-ананың перзенти күни келип, өз умтылысы ҳәм ҳадал мийнетиниң арқасында оқып илим алады, алым болады, қулласы елге, жәмийетке пайдасы тийетуғын ата-анасының көрген машаққат-қыйыншылықларын умыттыратуғын жақсы перзент болып камалға келеди. Ал және бир сондай инсанларды көрдим, “балам ишсин, жесин, қатарынан кем болмасын, усы баланың кеўили өксимесин” деп ата-анасы баласының кеўлине қарайды, “қас-қабағын” бақлап, “сол тыныш болсын” “бүгин жүрмесе, қыдырмаса, қартайғанда не кереги бар” деген тақылетте тәрбия береди. Ақыбетинде болса, ол ата-анасының, дүньяның қәдирин билмейтуғын адам болып жетилиседи, көптиң ғарғысына ушырайды. 2004-жылы Хожели районында туўылған С.О исимли шахс өзи жокары оқыў орны студенти бола тура, урлық жынаятына қол урады. Бир-еки емес, ал тәкирар урлық ислеп, өзгелерге материаллық зыян жеткереди. Дурыс та, қара мийнет пенен емес, ал аңсат жол менен пул табыў кимге жақпайды?!

Жынаят ислери бойынша Хожели районы суды тәрепинен райондағы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде өткерилген ашық көшпели суд мәжилиси де жәмийетте бундай жынаяттың қайталаныўының алдын алыў, басқаларға жынаятшыны таныстырыў арқалы оларды бундай истен аўлақ болыўға, жуўмақ шығарыўға қаратылғанлығы әҳмийетли болды.

 

 

Онда басшылық етиўши жынаят ислери бойынша Хожели районы суды баслығы И.Алланиязов, Б.Турдыбаевтың хаткерлигинде, тәреплер: мәмлекет айыпплаўшысы-Хожели районы прокурорының аға жәрдемшиси М.Жумабаев, жәбинлениўшилер, судланыўшының адвокаты М.Сидиқовтың қатнасында Өзбекстан республикасы жынаят кодексиниң 169-статьясы 3-бөлими “а” бәнти менен айыпланған С.Оның қарсысына топланған жынаят иси көрип шығылды.

 

  

 

Суд, суд мәжилисинде судланыўшы ҳәм жәбирлениўшилердиң көрсетпелерин, мәмлекетлик айыплаўшысы ҳәм қорғаўшы адвокаттың пикирлерин, тәреплердиң жарыс сөзлерин ҳәм судланыўшының ақырғы сөзин тыңлап, ис материалларын үйренип, оларға ҳуқықый баҳа берип төмендегилерди анықлады.

Суданыўшы С.О урлық жолы менен материаллық байлық арттырыў мақсетинде өзи бирге бир мәҳәлледе туратуғын Ю.Бның үйи алдында турған Дамас маркалы автомобилине 2023 жыл 30 август күни түнги саат 01:00 лерде урлыққа түсип, ишинен 1 млн 200 мың сум пулды урлап, ўақыя орнынан жасырынады. Судланыўшы буның менен шекленип қалмай, және Ю.Бның үйине 9-сентябрь күни барып, есиги алдында сыртта турған Дамас автомашинасының оң қаптал есигин бузып ашып, автомашна ишинде 75 мың сум пулларды алып кетеди.
Буннан басқада, С.О Хожели районы Саманкөл МПЖда жасаўшы өзиниң жорасы С.Аның үйине 2023 жыл 9-октябрь күни түнги саат 03:00 лер шамасында барып, есиги алдында турған “ВАЗ 21” автомашинасынасына тийисли бөлек турған мотор ҳәм оның аўысық бөлеклерин урлап, өзиниң басқарыўындағы Дамас автомашинасынасына тийеп, урлап кетеди.
С.Оның қылмысы узаққа бармады. Ҳуқыққорғаў хызметкерлериниң оператив ҳарекетлери нәтийжесинде уры усланды.

 

 

Суд мәжилисинде судья судланыўшы ҳәм жәбирлениўшилердиң көрсетпелерин, мәмлекетлик айыплаўшысы ҳәм қорғаўшы адвокаттың пикирлерин, тәреплердиң жарыс сөзлерин ҳәм судланыўшының ақырғы сөзин тыңлап, ис материалларын үйренип, оларға ҳуқықый баҳа берип, ҳүким етти. Судланыўшының жас, алдын судланбағанлығын есапқа алып, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 28-30-статьялары, жынаят процессуал кодексиниң тийисли статьяларын басшылыққа алып, С.Оны Өзбекстан Республикасы жынаят кодексиниң 169-статьясы 3 бөлими “а” бәнтинде көрсетилген жынаятты ислегенликте айыплы деп таўып, оған усы статья менен жынаят кодексиниң 57-статьясын қолланып, 2 (еки) жыл мүддетке еркинен айырыў жазасын тайынлады ҳәм сол ўақыттың өзинде суд залынан қамаққа алынды.

 

 

Суд мәжилиси қатнасыўшыларына ҳүкимнен нарийза тәреплер ҳүким жәрияланған күннен, судланыўшы суд ҳүкими нусқасын алған күннен баслап 10 сутка ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тәртибинде, бул мүддет өткеннен соң, кассация тәртибинде шағым арза бериўи, прокурор протест келтириўге ҳақылы екенлиги түсиндирилди.

 

Ибрайым Алланиязов,

жынаят ислери бойынша Хожели районы суды баслығы