Ҳуқық қорғаў уйымлары ўәкиллери ушын семинар өткерилди

Елликқала районы ишки ислер бөлиминде жынаят ислери бойынша Елликқала районы суды баслығы О.Мауленов тәрепинен ҳуқық қорғаў уйымлары ўәкиллери ушын семинар өткерилди.

 

 

Онда баслы итибар “Суд қарарларының нызамлылығы, тийкарлылығы ҳәм әдиллилигин тексериў институты жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Жынаят-процессуал кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы менен Жынаят-процессуал кодексине киргизилип атырған жаңа өзгерис ҳәм қосымшалардың мазмуны ҳәм әҳмийетин түсиндириўге қаратылды.

 

 

Судья өз баянатында атап өткениндей, Өзбекстан Республикасының 869-санлы нызамы менен  Жынаят-процессуал кодексине киргизилип атырған тийкарғы бес өзгерислердиң бири бул апелляция шағым арзасын бериў мүддети 20 суткадан, 10 суткаға қысқартылмақта. Және бир әҳмийетли өзгерислердиң бири, жынаят ислери бойынша район (қала) судлары, Қарақалпақстан Республикасы суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судларында биринши инстанцияда көрилген ҳәм апелляция инстанциясында көрилмеген ислер бойынша берилген шағым (протест)лер Қарақалпақстан Республикасы суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судлары тәрепинен кассация инстанциясында көрип шығылады. Жынаят-процессуал кодексине апелляция ҳәм кассация инстанциясынан кейинги жоқары инстанция сыпатында тексериў тәртибинде ис жүритиў түсиниги киритилмекте. Әмелде болған нызамшылықта бундай түсиник жоқ еди. Ендигиден былай, апелляция ҳәм кассация инстанциясында шығарылған суд ҳүкими ямаса уйғарыўынан нарийза болған шахслар тексериў тәртибинде шағым (протест) бериўге ҳақылы болады.

 

Семинарда усы ҳәм басқада нызамшылықтағы жаңалықлар бойынша жыйналғанларға кең түрде мағлыўмат берди, қызықтырған сораўлары бойынша өз-ара пикир алысты.

 

Оразбай Мауленов,    

жынаят ислери бойынша Елликқала районы суды баслығы