Мәмлекетимиз басшының БМШ Бас Ассамблеясының 78-сессиясында шығып сөйлеген баянатының мазмуны ҳәм әҳмийети

2023 жыл 19 сентябрь күни Нью-Йорк қаласында БМШ Ассамблеясының улыўмасиясий додалаўлар басланды. Онда Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев сөзге шықты.

Сессия басшысы Денис Френсис басшылығында өтип атырған додалаўлардың биринши күнинде БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш ҳәм ағза мәмлекетлер жетекшилери қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев өз сөзинде әмелий шериклик руўхын сақлаў, мәмлекетлерди бирлестириў зәрүрлигин айтып өтти. БМШ бас хаткери басламасы менен келеси жылы Келешек Саммити өткизилиўи халықаралық машқалаларын шешиўге, шөлкемниң тәсири ҳәм раўажландырыўын жәнеде асырыўда хызмет қылыўға исеним билдирди.

-Биз ҳукыкый демократиялық мәмлекет болып Жаңа Өзбекстанды қурыў сиясатын қатаң даўам етип атырмыз-деди Президент.

Өзбекстанда жаңаланған Конституция бойынша өткизилген референдумы миллий раўажланыўымыздың баслы жөнелиси белгилеп бергени айтып өтилди. Тийкарлы нызамымызда миллети, тили ҳәм дининен қаттий нәзер барлық пуқаралардың теңлиги, инсан ҳуқықлары сөз ҳәм ҳүждан еркинлиги принциплерине садықлық және бир бар тастыйықланды. Усы ҳуқықый тийкарда қабыл етилген «Өзбекстан-2030» раўажландырыў стратегиясы БМШниң раўажланыў мақсетлерине байланыслы.

Халық турмыс дәрежесин асырыўға қаратылған сиясат себепли мәмлекетимизде 2017-жылдан берли қамбағаллық еки есеге кемейди. 2030-жылға шекем оны 7 пайызға түсириў режелестирилген деди Президент.

Сондай-ақ, мәмлекетимизде инсан ҳуқыкларын қорғаў, мажбүрий ҳәм балалар мийнетине жол қоймаўға қаратылған нәтийжелер ҳаққында айтылды. Хар жылы Сентябрь айынан декабрь айына шекем халықтың асасий қысмы пахта теримине жиберилер еди. Буның нәтийжесинде өзбек пахтасына байкот жәрияланды,мәмлекет есе жыллар даўамында «қара дизим» лерге киритилген еди. Енди халқымыз пахта қуллығынан азат болды-деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан буннан тысқары, Орайлық Азияда жақсы қоңсышылық, өз-ара шериклик ҳәм раўажланыў орталығын беккемлеў жолынан қатаң барыўды айтып өтти.

Жүртымыз ҳәм барлық қоңсыларымыз биргеликтеги ҳәрекетлери себепли мәмлекет шегаралары, транспорт қагыўдалары ҳәм суўдан пайдаланыў бойынша машқаларарды сапластырыўға еристи.

Өзбекстан Президенти басламасы менен Жаслар сиясатының улыўмалық жөнелислери ҳаққындағы питим имзаланды. Бул тараўда БМШ менен шериклик орнатыў мақсетинде Орайлық Азия жасларын раўажландырыўға көмеклесиў бойынша исшит опар дүзиў ҳәм оның шеңберинде «Орайлық Азия жасларының күн тәртиби-2030» дәстүрин ислеп шығыў усыныс етилди.

Ҳаял-қызлардың жәмийет ҳәм мәмлекет басқарыўында белсенди қатнасыў бүгинги күнниң әҳмийетли мәселеси сыпатында айтып өтилди. Сойдай-ақ, келеси жылы Өзбекстанда Азия ҳаял-қызлар форумын өткериў усыныс етилди.

Буннан тысқары Өзбекстан тәрепинен Арал апатшылығы ақыбетлерин сапластырыў жолында көрилип атырған шаралар,  хаўа райының өзгериўиниң унамсыз тәсири хам суў менен тәмийинленгенлик дәрежесиниң кемейип кетиў тенденциялары ҳаққында мағлыўматлар келтирилди.

Усыннан келип шыққан ҳалда БМШ Бас хаткериниң Суў ресурслары бойынша арнаўлы ўәкили лаўазымы шөлкемлестирилиўи, Орайлық Азия суўын тежейтуғын технологиялар платформасын жаратылыўын ҳәм қабыл етилген Жасыл тараққиёт дәстури шеңберинде дизимли шериклик жолға қойылыўы қоллап-қуўатланды.

Мәмлекет басшысы экстремизм тарқалыўына жаслардық радикалласыўына жол қоймаслық ушын биргеликтеги ҳәрекетлерди активластырыўға тоқталып өтти. Экстремизм ҳәм терроризмге қарсы гүрес бойынша Миллий страгиямыз шеңберинде илгери экстремизм идеялары тәсиринде болған шахсларды жақсы өмирге қайтарыў ҳәм жәмийетке масластырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылғанлығын айтып өтти. Бес мәрте «Мийрим» аадамгершилик миссиясы өткерилди, оның шеңберинде 530 дан зыят пуқаралар, әсиресе, ҳаяллар ҳәм балалар қураллы урыслы аймақлардан елимизге қайтарылды деди Президент.

Сөзиниң жуўмақлаўында мәмлекетимиз басшысы бәршемиз ҳәзирги тарихий түптен бурылыўда келешектеги әўладларға планетамызды қандай ҳалда қалдырыў ҳаққында ойлаўымыз лазымлығын атап өтти.

 

Саодат Каипназарова,

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы