Нызамшылықтағы өзгерислер халықтың судқа болған исенимин арттырады

Мәмлекетимизде алып барылып атырған суд ҳуқық реформалары нәтийжесинде суд ҳәкимияты пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин тиклеўде, әдил судлаўды әмелге асырыў ҳәм ҳалықтың исенимине ерисиўде бир қанша нәтийжелерди қолға киргизди.

Реформалар нәтийжесинде ашылған ҳәкимшилик судлары пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик басқарыў уйымларының, нормативлик ҳүжжетлердың нызамсыз қарарлары ҳәм бул уйымлардың лаўазымлы шахсларының нызамға муўапық болмаған ҳәрекетлеринен қорғаўға хызмет етеди.

Ҳәкимшилик судлар тәрепинен пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын бузыўшы мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм мәмлекетлик шөлкемлердиң пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын бузыўшы, нызамға қайшы болған қарарлары ҳақыйқый емес деп, олардың лаўазымлы шахсларының ҳәрекетлери яки ҳәрекетсизликлери нызамға муўапық емес деп табылып келинди.

«Мәмлекетлик уйымлар менен қатнасықларды пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ҳуқықларының нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар көрилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам  ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының 2023-жыл 26-апрель күнги 833-санлы Нызамы қабылланды.

Нызам менен Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик суды ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодексине ҳәм басқада нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодексиниң тийкарғы принциплерине судтың белсене қатнасыўы деген принципи киргизилди.

Оған бола, ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў судтың белсене қатнасыўы тийкарында әмелге асырылып, суд исте қатнасыўшы шахслардың түсиндирмелери, арзалары, өтиниш хатлары, олар тәрепинен усынылған дәлийллер ҳәм истиң басқа материаллары менен шекленип қалмастан ҳәкимшилик истиң дурыс шешилиўи ушын әҳмийетке ийе болған барлық ҳақыйқый жағдайларды ҳәр тәреплеме, толық ҳәм қалыс тексереди. Исте қатнасып атырған шахслар истиң ҳақыйқый жағдайларын тексериўде ҳәм дәлийллерди топлаўда судқа жәрдем береди.

Буннан тысқары, ҳәкимшилик судтың ис жүргизиўине келип түскен арза яки шағымның басқа судқа тийисли екенлиги арзаны қабыл етиўде анықланған жағдайда суд арзаны қабыл етиўден бас тартады. Бирақ, арза яки шағымды ийесине қайтармасдан  тийисли судқа өткереди.

Ал, арза яки шағым тийкарында ис қозғатылған болса, ис өндиристен қысқартылып, ис тийисли судқа өткериледи.

Буннан тысқары, басқа судтан тийислилиги бойынша келип түскен арза (шағым)да кемшиликлер болса, оны да арза ийесине қайтармастан, усы кемшиликлерди сапластырыў ушын он күнге шекем мүддет бериледи, арза ийеси бул мүддетте кемшиликти сапластырмаған жағдайда ғана арза (шағым) ийесине қайтарылады. Егер, кемшилик сапластырылса, ис жүргизиўге қабыл етиледи.

Буннан тысқары, киргизилип атырған қосымшалар менен ҳәкимшилик судтың ўәкилликлери де кеңейип атыр.

Алдын ҳәкимшилик судта тек мәмлекетлик басқарыў уйымлары яки өзин-өзи басқарыў уйымларының лаўазымлы шахсларының ис-хәрекетлери, қарары үстинен келип түскен арза (шағым)лар бойынша ислер көрилетуғын болса, ендигиден былай усы ис-хәрекет яки қарар менен байланыслы зыянларды өндириў мәселеси де ҳәкимшилик судта көрилетуғын болды.

Буннан тысқары, алдынғы нызамшылыққа тийкарланып  ҳәкимшилик судта экономикалық судтың қарарын орынлаў бойынша мәмлекетлик орынлаўшысының тек ғана ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) бойынша ислер көрилип, экономикалық судтың қарарын орынлаў бойынша мәмлекетлик орынлаўшының  қарарлары үстинен берилетуғын арза (шағым)лар экономикалық судларда көрилетуғын еди.

Ал, ендигиден былай экономикалик судтың қарарларын орынлаў бойынша мәмлекетлик орынлаўшының ҳәрекетлери(ҳәрекетсизлиги), қарарлары үстинен ҳәкимшилик судқа мүрәжат етиледи.

Нызамларға киргизилген өзгерислер пуқараларға ҳәм исбилерменлик субъектлерине ҳәкимшилик судларға мүрәжат етиўде жеңилликлер пайда етеди  ҳәм ҳәкимшилик судлар тәрепинен олардың бузылған ҳуқықларын тиклеўде оғада үлкен әҳмийетке ийе.

Бул болса халықтың судқа болған исенимин беккемлеўге, судлардың ислерди көриў нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.

 

Р.Худайберганова

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды судьясы