Ҳәмиледар келини ҳәм қудағайын өлтирген шахс 22 жылға қамалды

Инсан алдында не боларын билмейди. Гейде енелердиң өзбасымшалығы, өзгелердиң сөзине қулақ салып, қопал айтқанда өсекке жақынлығы ерли-зайыплы арасындағы татыўлықтың жоғалып, шаңарақлардың бузылыўына, ал айырым ўақытлары төмендегидей аўыр ҳәм аянышлы жағдай менен жуўмақланыўына алып келеди. Кеше ғана уйып отырған аўызбиршиликли шаңарақтың тынышлығы ене-келинниң жәнжели менен бузылды. Келинге түрли сөзлер менен азап берген енениң себебинен оның өмирлик жолдасы жынаятшыға айланды.

 

Гүзийпа (аты өзгертилген) өзи жас келин бир қызы бар, екиншисине ҳәмиледар еди. Барлық келиншеклерде болатуғын «токсикоз» усы Гүзийпада аўырлаў кешти. Ол июнь айының басында төркине барып азырақ ем алды, кейин 10-июнь күни үйине қайтып келди. Бирақ, Гүзийпаның төркинине барып емленгенин жақтырмаған қайыненеси Парша жоқ жерден жыр шығарып, Гүзийпаны күнлеп қоймады. «Таяқ еттен, сөз сүйектен өтеди» дегениндей, енесиниң гәп-сөзлерине шыдамы таўсылған Гүзийпа ашыўланып және төркинлеп кетти. Ертеси күни тал түсте анасы, және қасында еки жеңгеси менен күйеўиниң үйине келди. Парша оларды суўық күтип алды, өз-ара ортада болып өткен әңгимелерди айтып, келисимге келиў қыйынға түсти. Сол арада Гүзийпа ажырасаман, сепимди алып кетемен, қызымды да өзим менен алып кетемен деп сыртқа шыққан бойы сол…

 

Жеткер Паршаның күйеўи, Гүзийпаның қайын атасы. Үйде болып атырған урыс-жәнжелден оның да жақсы хабары бар еди, бирақ олда «көкирекке салып, ақлығымды мен өлгеннен кейин әкетесең» деп ишинен гижинип турды. Төрги бөлмеден өз қызын излеп шыққан Гүзийпа оның көзине «шайтан» болып көринди, сөйтти де асханада турған «газовый ключ» пенен ойда жоқта келининиң басына урып, басын «қақ» айырды. Гүзийпа «ўай-ўай»лаўғада үлгерместен сес семирсиз сол жерде жан тапсырды.

 

Иште отырғанлар коридорда бир нәрсениң қатты дүрсилдисинен сескенип кетти. Гүзийпаның анасы Ақшагүл кеўили бир нәрсени сезгендей сыртқа жуўырып шығып қараса қызының басы «қақ айырылып» қанға боялып жатыр. Бул жағдайды еле түсинип үлгерместен қудасы Жеткер оның басына, және ийинлерине қолындағы «қуралы» менен ҳүжим етти. Ақшагүлде есинен айырылып жерге қулады. Бул шаўқымнан иштегилердиң барлығы коридорға шықты. Жеткер қудағайы менен бирге келген еки абысынын да ура баслады. Бирақ олар жан айбат пенен қашып үлгерди. Сыртқа жуўырып шығып, сол жердеги қоңсы-қобаны жәрдемге шақырды. Буны көрген Паршаның аң-таңы шығып қатып қалды.

 

Жеткердиң қолында «газовый ключ», қасында Гүзийпа менен Ақшагүлдиң өли денеси…

 

Суд. Темир тор артында отырған Жеткер қылған исинен пушайман болсада, еле келининиң қызымды алып кетемен деген сөзлерине ғәзебин жасыра алмайды. Мине усы ашыў ҳәм ғәзеп себепли ол қамақта.

 

Жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды тәрепинен Жеткердиң жынаятлы иси ашық суд мәжилисинде көрип шығылып, ҳүкм оқылды.

 

Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 97-статьясы 2-бөлими “а”,“г”,“ж” бәнтлеринде ҳәм Жынаят кодексиниӊ 25,97-статьясы 2-бөлими “г” бәнтлеринде көрсетилген жынаятларды ислегенликте айыплы деп табылған Жеткерге 22 (жигирма еки) жыл мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланып, ол бул жазаны улыўма тәртиптеги колонияларда өтеўи белгиленди.

 

«Ақты қараға, қараны аққа» айырып, шаңарағына бас болып отыратуғын 1964-жылы туўылған Жеткер өз баласының ҳаялын өлтирген әке, ақлығын жетим қылған, еле бул дүнья жүзин көриў несип етпеген қурсақтағы нәрестени де қоса өлтирген ата, қудасын өмирлик жолдасы және қызынан айырған жаўыз жынаятшы атанды. Жеткердиң 22 жыл өмири қамақта өткени менен, бийгүнә төгилген көз жаслар ушын өзиниң ҳүжданы алдындағы судта не деп жуўап береди екен?! Жуўмақ өзиңизден…

 

Азат Сейтанов,
Жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды баслығы