Материаллық ҳәм руўхый зыян түсиниги ҳәм оны өндириў тийкарлары

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексинде зыян-ҳуқықы бузылған шахстың бузылған ҳуқықын тиклеў ушын сарплаған яки сарплаўы мүмкин болған қәрежетлери, оның мал-мүлки жоғалыўы яки зыянланыўы ҳақыйқый зыян деп ал, шахстың өз ҳуқықлары бузылмағанында әдеттеги пуқаралық айланысы шәраятында алыўы мүмкин болған, бирақ ала алмай қалған дәраматлары қолдан жиберилген пайда деп түсиник берилген. Егер нызамда яки шәртнамада келтирилген зыянды кем муғдарда төлеў нәзерде тутылмаған болса, ҳуқықы бузылған шахс өзине жеткизилген зыянның толық қапланыўын талап етиўи мүмкин, сондай-ақ, ҳуқықты бузған шахс буның нәтийжесинде дәрамат алған болса, зыян көрген шахс зыян менен бир қатарда қолдан жиберилген қолдан жиберилген пайданы усы көрилген дәраматтан кем болмаған муғдарда төлениўин талап етиўге ҳақылы болады.

 

Нызамға қайшы ҳәрекет яки ҳәрекетсизлик себеп пуқараның шахсына яки оның мал-мүлкине жеткизилген зыян, юридикалық шахсқа жеткизилген зыян, соның менен бирге қолдан жиберилген  пайда зыянды жеткерген шахс тәрепинен толық көлемде қапланыўы тийис.

 

Зыян жеткизген шахс, егер зыян өзиниң айыбы менен жеткизилмегенлигин дәлийллей алса, зыянды төлеўден азат етиледи. Ал, зыян жәбирлениўшиниң илтимасы яки разылығы менен жеткизилген болса, зыян жеткизген шахстың ҳәрекетлери жәмийеттиң әдеп-икрамлылық нормаларын бузбаса, зыянды төлеў талабы қанаатландырылмаўы мүмкин.

 

Зәрүрли қорғаныў ҳалатында жеткизилген зыян, егер бунда зәрүрли қорғаныў шегарасынан шығылмаған болса, төленбейди.

 

Мәмлекетлик уйымы яки пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органы тәрепинен нызамға муўапық болмаған ҳүжжет қабыл етилиўи, сондай-ақ, олардың лаўазымлы шахсларының нызамға қайшы ҳәрекетлери яки ҳәрекетсизлиги нәтийжесинде пуқараға, юридикалық шахсқа жеткизилген зыян мәмлекетлик уйымы тәрепинен яки пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымы тәрепинен қапланыўы тийис. Егер мәмлекетлик уйымы яки пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымыныӊ бюджеттен тысқары қаржылары болмаған жағдайда, зыян Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети есабынан қапланады.

 

Суд тәрепинен зыян қайсы мәмлекетлик уйымы тәрепинен яки пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымы лаўазымлы шахсының айыбы менен жеткизилген болса, усы уйымлар лаўазымлы шахсына жүклетилиўи мүмкин.

 

Руўхый зыян – зыян жеткизиўшиниң айыбы болған жағдайда, зыян жеткизиўши тәрепинен толық қапланады,  ал егерде пуқараның өмири ҳәм денсаўлығына ашық қәўип дереги тәрепинен жеткизилсе, пуқараға оны нызамға қайшы тәризде ҳүким етиў, нызамға қайшы жынайый жуўапкершиликке  тартыў, ықтыят шарасы сыпатында қамаққа алыў яки мүнәсип минез-ҳулықта болыў ҳаққында тил хат алыў, нызамсыз түрде ҳәкимшилик жаза қолланыў, иркиўге алыў, ҳәр қандай қыйнаў, аяўсыз, нызамға қайшы, қәдир-қымбатын кемситиўши қатнас ҳәм жаза түрлерин қоллаў нәтийжесинде жеткизилсе, ар-намыс, қәдир-қымбат ҳәм исшеңлик абыройын ақыретлеўши мағлыўматлар тарқатыў себепли жеткизилген болса, зыян жеткизиўшиниң айыбы болыўы-болмаўына қарамастан руўхый зыян қапланады.

 

Жеткизилген руўхый зыян пул менен қапланады. Бунда шахсқа жеткизилген руўхый зыянның муғдары жәбирлениўшиге жеткизилген, руўхый, физикалық азаплардың қәсийетине, зыян жеткизиўшиниң айыбы дәрежесине қарап суд тәрепинен анықланып, усы руўхый зыян жеткизилген ҳақыйқый ҳалатлар, жәбирлениўшиниң жеке сыпатларына баҳа бериледи ҳәм ақылға уғрас муғдарда ҳәм әдалат талаплары итибарға алынып өндириледи.

 

 

 

 

Саодат Қайыпназарова,

 Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы