Өзбекстан Республикасыныӊ жаӊа редакциядағы Мийнет кодекси: жаӊа нормалар, жаңа түсиниклер мазмуны

Инсан ҳуқықлары бойынша дүнья жүзлик Декларациясында ҳәмде  Конституциямыз нормаларында ҳәр ким мийнет етиў, еркин кәсип таӊлаў нызамда белгиленген тәртипте жумыссызлықтан қорғаныў ҳуқықына ийе. Мине усындай Конституциялық ҳуқықты тәмийнлеўши, шахслардыӊ бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықларын тәртипке салыўшы норматив ҳуқықый ҳүжжет ӨзРның биринши Мийнет кодекси 1995 жылда қабыл етилген еди. Бирақ пүткил дүньяда, сол қатары мәмлекетимизде жәмийетте бул тараўда жүз берип атырған мүнәсебетлерди тәртипке салыўда нызамшылықты түпкиликли реформалаў зәрүрлиги жүзеге келди. Усы тийкарда Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги тәрепинен Мийнет кодексиниӊ жаӊа редакциясы ислеп шығылып, Олий Мажлис палаталары тәрепинен мақулланды ҳәм 2022 жылдыӊ 28 октябрь күни Президентимиз тәрепинен “Өзбекстан Республикасыныӊ Мийнет кодексин тастыйықлаў ҳаққында”ғы Нызамы имзаланды.

Жаңа Мийнет кодекси    2023 жыл 30 апрельден баслап күшке киреди.

Жаӊа редакциядағы Мийнет кодекси 7-бөлим, 34-бап, 581-статьядан ибарат болып, көлеми бир қанша кеңейтилген.

Жаңа Мийнет кодексинде өзгерисер жүдә көп:

Киритилген өзгерислердиң айырымларына тоқталып өтетуғын болсақ,

хызметкерлердиӊ дем алысы менен байланыслы, егер дем алыс күни исленбейтуғын байрам күнине туўры келип қалса, дем алыс күни байрамнан кейинги күнге көширилиўи белгиленди. Буннан тысқары, жумыс күни даўамында хызметкерге дем алыс ҳәм аўқатланыў ушын берилетуғын тәнепислердиӊ даўамлылығы да нызамда көрсетип өтилди ҳәм 30 минуттан еки саатқа шекем болған мүддет пенен шегараланды. Әмелдеги нызамшылық нормаларына көре, бул тәнепислердиӊ муғдары шөлкемниӊ ишки мийнет тәртип қағыйдаларында ҳәм басқа ишки локал ҳүжжетлерде белгиленеди.

Ҳәр жыллық тийкарғы мийнет дем алыслары еӊ кем мүддетиниӊ даўамлылығы да узайтырылды. Әмелдеги мийнет нызамшылығына көре, ҳәр жылы тийкарғы еӊ кем мийнет дем алысы 15 күнди қурайды. Жаӊа Мийнет кодексинде болса бул мүддет 21 календарь күни етип белгиленди. Себеби халықаралық Мийнет шөлкеминиӊ “Ҳақы төленетуғын мийнет дем алысы ҳаққында”ғы Конвенциясыныӊ 3-статьясында бир жыллық жумыс  ушын берилетуғын мийнет дем алысы муғдары ҳәр қандай ҳалатта 3 жумыс ҳәптесинен кем болмаў кереклиги белгиленген. Киритилген бул өзгериске көре, хызметкердиӊ жыллық тийкарғы мийнет дем алысы мүддети халықаралық стандартларға муўапықластырылды.

Хызметкерлерге жыл даўамында берилиўи мүмкин болған ис ҳақы  сақланбайтуғын дем алыстыӊ мүддетлерине де өзгерислер киритилди. Әмелдеги Мийнет кодексинде хызметкерге  бир жылда узағы менен 3 айға шекем ис ҳақы сақланбаған дем алыс берилиўи мүмкинлиги нәзерде тутылған. Ал, жаӊа Мийнет кодекси нормаларына көре, карантин шаралары әмелге асырылып атырғанда, айрықша жағдай жүзеге келгенде ҳәм пүткил ҳалықтыӊ яки оныӊ бир бөлегиниӊ өмирине яки нормал жасаў шараятларына қәўип салыўшы басқа жағдайларда хызметкер 6 айға шекем ис ҳақы сақланбаған дем алыс алыўы мүмкин. Соған байланыслы болған әҳмийетли жаӊалықлардан және бири хызметкерге ис ҳақы қысман сақланатуғын дем алыслар бериў ҳаққында нормалар ҳәм киритилди. Әмелдеги Мийнет кодексинде бундай нормалар сәўлеленбеген еди.

Сондай-ақ, хызметкерлер ушын унамлы болған өзгерислерден және бири соннан ибарат, келешекте ис ҳақы яки басқа төлемлердиӊ төлеў мүддети кешиктирилген күнлер ушын компенсация алыў ҳуқықына ийе болады. Бул пуллы компенсапция Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниӊ сол ўақыттағы әмелде болған қайта қаржыландырыўы ставкасынан келип шыққан ҳалда төленеди ҳәм оныӊ муғдары кешиктирилген ҳәр бир күн ушын усы қайта қаржыландырыў ставкасыныӊ 10 пайызы муғдарында белгиленди.

Жаӊалықлардан және бири – Мийнет кодекси күшке киргеннен соӊ жумыс бериўшилер өз басламасына көре, хызметкерди пенсияға шыққанлығы мүнәсибети менен жумыстан босата алмайды. Әмелдеги Мийнет кодекси нормаларында жумыс бериўшиниӊ басламасына көре, кеминде 2 ай алдын ескерткен ҳалда хызметкерди нызамда нәзерде тутылған пенсия жасына толғаннан кейин жумыстан босатыўғы  ҳуқықлы еди.

Мийнет кодексиниӊ жаӊа редакцияда жеке тәртиптеги мийнет тартысыныӊ көрип шығыўы ушын судқа мүрәжат етиў мүддетлери өзгертирилген, яғный жумысқа тиклеў тартыслар бойынша-хызметкерге ол менен мийнет шәртнамасы бийкар етилгенлиги ҳаққындағы буйрық көширмеси тапсырылған күннен 3-ай (әмелдеги Кодексте 1-ай еди),  басқа мийнет тартыслары бойынша-хызметкер өзиниӊ ҳуқықы бузылғанлығы ҳаққында билген яки билиўи керек болған күннен баслап алты ай (әмелдеги Кодексте 3-ай еди) белгиленген.

Кодекске бир қанша таза түсиниклер киртилмекте. Солардан бир бул “устазлық” болып, жаңа редакциядағы Мийнет кодексиниң 368-статьясына көре, устазлық – дегенде хызметкерлерди қайта таярлаў яки олардың маманлығын асырыў түрлери түсинилип, бунда мәкемениң ең тәжрийбели хызметкерлери (устазлар) белгили бир мийнет ўазыйпасын әмелге асырыў ушын зәрүр болған билимлер, көнликпелер ҳәм маманлықларды тәжрийбеси кемирек болған хызметкерлерге режели рәўиште жеткериўди тәмийинлейди.

Устазлық мәкеме хызметкерлери ортасында әмелге асырылады ҳәм жумыс бериўшиниң буйрығы менен рәсмийлестириледи.

Мийнет шәртнамасына тийисли қосымша келисим яки устаз бенен дүзилген мийнет шәртнамасы, егер оған алдыннан-ақ устазлық қылыў ҳаққындағы тийисли шәртлер киритилген болса, устазлықты әмелге асырыў ҳаққында буйрық шығарыў ушын тийкар болады. Устазлық етиў ҳаққындағы тийисли шәртлер дегенде устаздың кемрек тәжрийбеге ийе болған хызметкерди оқытыў ушын сарыплайтуғын жумыс ўақты, устазлық ўазыйпаларын орынлағанлық ушын төленетуғын ҳақы муғдары ҳәм усы Кодекске, жәмаатлик келисимлерге, мийнет ҳуқықы нормаларын өз ишине алған ишки ҳәм басқа ҳүжжетлерге қайшы болмаған басқа шәртлер түсиниледи.

Устазлықты әмелге асырыў дәўиринде устаз кемрек тәжрийбеге ийе болған хызметкердиң тиккелей баслығы есапланады ҳәмде оннан мийнет ўазыйпасын лазым дәрежеде орынлаўды ҳәм мийнет интизамына әмел етиўди талап қылыўға ҳақылы.

Устаз тайынланған жағдайда, кемрек тәжрийбеге ийе болған хызметкердиң мийнет шәртнамасында бул шәрт ҳаққында тийисли белги қойылады.

Устазлықты әмелге асырыў тәртиби мийнет ҳаққындағы нызамшылықта ҳәм мийнет ҳаққындағы басқа ҳуқықый ҳүжжетлерде, мийнет шәртнамасында белгиленеди.

Жуўмақлап айтқанда, жаӊа Мийнет кодекси хызметкерлердиӊ ҳәм жумыс бериўшилердиң ҳуқық ҳәм миннетлемелерине байланыслы қурамалы қатнасықларды нызамлы тәртипке салыўға хызмет қылады.

 

 

 Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы                                                      Е.Утениязов