Судлардың жыл даўамындағы жумыслары туўралы мағлыўмат берилди

Қарақалпақстан Республикасы судында ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ушын республикамыз судларында өткен 2022-жыл даўамында әдил судлаўды тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў бойынша әмелге асырылған жумыслардың жуўмағына бағышланған баспасөз конференциясы болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы К.Тарихов конференцияны кирис сөз бенен ашып, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Әдил судлаўға ерисиў имканиятларын және де кеңейтиў ҳәм судлар жумысының нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы, «Әдил судлаў жумысын әмелге асырыўды нәтийжели шөлкемлестириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған суд-ҳуқық тараўындағы реформалардың мазмун-мәниси ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди.

Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлипесов, Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары, жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясының баслығы  А.Адилов,  Қарақалпақстан Республикасы судының пуқаралық ислер бойынша судлаў коллегиясының баслығы А.Керимбаев, экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясының баслығы Б.Қтайбековлар өткен жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар бойынша мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў бағдарында өткен жыл даўамында жынаят ислери бойынша судлар тәрепинен 2545 жынаят иси көрилип, алдыңғы жылдың усы дәўирине салыстырғанда 36 процентке көбейген. Усы дәўирде 1725 адам судланған. Бул көрсеткиш Нөкис қаласы, Қоңырат, Төрткүл, Әмиўдәрья, Шымбай, Хожели ҳәм Берунийрайонларында бир қанша артқан.

Пуқаралық ислери судлары тәрепинен өткен жыл даўамында шаңарақ қатнасықлары менен байланыслы 4058, келисимлер менен байланыслы даўлар бойынша 12901, айрықша тәртипте көрилетуғын 2021, мийнет қатнасықлары менен байланыслы 784, турақ жай менен байланыслы 512, зыянды өндириў менен байланыслы 299, коммуналлық төлемлерди өндириў бойынша 77, жер менен байланыслы 403, басқа мазмундағы мәселелер бойынша 145 ис көрилген. Ал, экономикалық судлар тәрепинен жыл даўамында исбилерменлер ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлерден келип түскен 10135 даўа арза көрилген болып, соннан  8346 даўа арза қанаатландырылған.



Илажда ғалаба хабар қураллары менен суд уйымларының бирге ислесиўи мәселелери бойынша пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

  • Leave a Reply

    Your email address will not be published. Required fields are marked *

Skip to content