Суўық күнлерде баспанасыз қалған бир ҳаял реабилитация орайына жайластырылды

 

Өзбекстан Республикасының 2022-жыл 16-декабрь күнги ӨРН-810 санлы «Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгертиў ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында»ғы Нызамы менен турақлы жасаў орны болмаған пуқараларды реабилитация орайына жайластырыў Ҳәкимшилик судлардан жынаят ислери бойынша район (қала) судлары ўәкиллигине берилди.

2023-жылдың 11-январь күни Хожели районы ИИБ баслығы тәрепинен баспанасыз қалған 1964-жылы туўылған А.А. исмли еркек жынысындағы бир пуқараға қарата жынаят ислери бойынша Хожели районы судына киритилген илтимаснама жабық суд мәжилисинде көрип шығылып, ИИБ илтимаснамасы қанаатландырылып, бул пуқара реабилитация орайына жайластырылған еди.

Усы жылдың 13-январь күни ИИБ баслығы тәрепинен киритилген және бир илтимаснама суд мәжилисинде көрип шығылды.

Судта бул пуқараның 1973-жылы Нөкис қаласында туўылған, өмирлик жолдасынан ажырасқан, 2 перзенти шаңарақлық балалар үйине тапсырылған, К.С. исмли 50 жастағы ҳаял екенлиги, оның үй-жайсыз екенлиги, күндизги күнлери баклажка, картон терип сатып, түнги ўақытлары көшеде дус келген жерлерде түнеп қалып, күн кеширип келгени анықланды.

Судқа келип түскен усы илтимаснама тезлик пенен көрип шығылып, К.С. исмли ҳаял Қарақалпақстан Республикасы ИИМ ППХ ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасының турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахсларды Реабилитация етиў орайына 30 сутка мүддетке жайластырылды.

 

Ибрайым Алланиязов

Жынаят ислери бойынша

Хожели районы судының баслығы