Ѳзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексине суд ҳүжжетлерин ревизия тәртибинде қайта кѳриў бойынша киргизилген ѳзгерислер ҳаққында

Атап айтқанда, суд-ҳуқық системасын және де жетилистириў, пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаў шараларын күшейтириў, әдил судлаўды сыпатлы тәмийинлеў бойынша изшил ислер алып барылды. Алып барылған ислер нәтийжесинде әдил судлаўды әмелге асырыў процессинде шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў дәрежеси жаңа басқышқа шықты.

Соның менен бирге, бүгинги күнде суд қарарларын қайта кѳриў институтының анализи усы институтты жетилистириў арқалы әмелдеги тәртипти қайта кѳрип шығыў зәрүрлигин кѳрсетти.

Сол себепли Ѳзбекстан Республикасының 2023-жыл 25- декабрьдеги Нызамы менен Ѳзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексине бир қанша ѳзгерислер киритилди.
Атап айтқанда, Ѳзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексине жаңадан 36-бап киргизилип, оған муўапық районлар аралық, район, қала судлары тәрепинен судларда биринши инстанция судында кѳрилген ислер ўәлаят судларында ҳәм оларға теңлестирилген судларда апелляция яки кассация тәртибинде, ўәлаят судлары ҳәм оларға теңлестирилген судлар тәрепинен апелляция яки кассация тәртибинде кѳрилген ислер усы судларда ревизия тәртибинде, ўәлаят судлары ҳәм оларға теңлестирилген судлар тәрепинен ревизия тәртибинде кѳрилген ислер Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Экономикалық ислери бойынша судлаў коллегиясында ревизия тәртибинде қайта кѳрилиўи, айырым жағдайларда Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Экономикалық ислери бойынша судлаў коллегиясы тәрепинен кѳрилген ислер Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Президиумында ревизия тәртибинде қайта кѳрилиўи бойынша нормалар киргизилди.

Соның менен бирге, Экономикалық процессуал кодексиниң  309-статьясына муўапық ревизия тәртибинде шағым (протест) келтириў тәртиби белгиленип оған муўапық ревизия тәртибинде шағым (протест) исти ревизия тәртибинде кѳретуғын Қарақалпақстан Республикасы суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық судлары атына жолланады, бирақ, шешиўши қарары қабыл қылған судқа бериледи.
Шешиўши қарарын қабыл қылған суд ревизия тәртибиндеги шағым (протест) келип түскен күннен баслап бес күнлик мүддетте оны ревизия тәртибинде кѳретуғын Қарақалпақстан Республикасы суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық судларына ис пенен бирге жибериўи шәрт.

Усы Кодекс 307-статьясының екинши ҳәм үшинши бѳлимлеринде кѳрсетилген суд ҳүжжетлери үстинен ревизия тәртибиндеги шағым (протест) тиккелей Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы судына бериледи.

Экономикалық процессуал кодексиниң 310-статьясына муўапық ревизия тәртибинде шағым (протест) биринши инстанция судының шешиўши қарары, уйғарыўы, қарары нызамлы күшине кирген күннен баслап бир жыл ишинде бериледи.

Қарақалпақстан Республикасы суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық судларына ревизия тәртибиндеги шағым (протест) бериў мүддети кассация инстанциясы суды тәрепинен қарар қабыл қылынғанға шекем ѳткен болса, ревизия тәртибиндеги шағым (протест) кассация инстанциясы суды қарар қабыл қылған күннен баслап үш ай ишинде берилиўи мүмкин.
Сондай-ақ, Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Экономикалық ислери бойынша судлаў коллегиясына ревизия тәртибинде шағым (протест) бериў мүддети Қарақалпақстан Республикасы суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық судлары тәрепинен исти ревизия тәртибинде кѳриў нәтийжелери бойынша қарар қабыл қылынғанға шекем ѳткен болса, ревизия тәртибиндеги шағым (протест) усы судлар тәрепинен исти кѳриў нәтийжелери бойынша қарар қабыл қылынған күннен баслап үш ай ишинде берилиўи мүмкин.
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумына Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығының, Бас прокурордың протести усы Кодекс 307-статьясының биринши бѳлиминиң екинши ҳәм үшинши хатбасыларында кѳрсетилген шахслардың мүрәжаты келип түскен күннен баслап үш ай ишинде, лекин Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Экономикалық ислери бойынша судлаў коллегиясы тәрепинен исти ревизия тәртибинде кѳриў нәтийжелери бойынша қарар қабыл қылынған күннен баслап алты айдан артық болмаған мүддетте киргизилиўи мүмкин.

Ревизия тәртибиндеги шағым (протест) бериўдиң ѳткерилип жиберилген мүддети ревизия тәртибинде шағым (протест) берген шахстың илтимаснамасы бойынша суд тәрепинен, егер илтимаснама шағымды (протестти) бериў мүддети ѳткен күннен баслап үш айдан кешиктирмей берилген ҳәм ревизия тәртибинде шағымды (протестти) бериў мүдддети ѳткерип жиберилиўиниң себеплери суд тәрепинен кеширимли деп таўылған болса, тиклениўи мүмкин.

 

Алишер Аяпов,

Қарақалпақстан Республикасы судының экономикалық ислери бойынша судьясы

Хожели районында пуқаралар ушын кɵшпели қабыллаў ɵткерилди

Хожели районы «Кулаб» аўыл пуқаралар жыйыны имәратында аймақ турғынлары ушын көшпели қабыллаў өткерилди.

Оған жынаят ислери бойынша Хожели район судының баслығы И.Алланиязов, пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық судының судьясы Р.Ханполатова, Нөкис районлараралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратовлар қатнасты. Қабыллаўда пуқаралар ɵзлериниң қыйнап жүрген мǝселелерин билдирди ҳǝм оларға тийисли тǝртипте ҳуқықый түсиниклер берилди.

Үйренген әдет қалама …

Урлық ҳәм алдаўшылық кейинги ўақытта жүдә көп ушырасып атырған жынаятлар қатарынан орын алмақта. Деген менен, бул жынаятларға еле турмыстың ашшы-душшысын татып үлгермеген жаслардың араласып қалыўы аянышлы.

Жақында жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы суды тәрепинен өткерилген ашық көшпели суд мәжилисинде көрилген жынаят иси де мине усындай урлық ҳәм алдаўшылық пенен байланыслы. Кең жәмийетшилик ўәкиллери менен бирге жаслардың қатнасыўында өткерилген суд мәжилиси бәршеге бул жынаяттан аўлақ болыўға, адасып таңлаған жолын дүзетиўге мүмкиншилик жаратыўдың бир усылы, десек орынлы болады.

Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы судының судьясы М.Байниязовтың басшылығында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Мәденият сарайында болып өткен ашық көшпели суд мәжлисинде дәслепки тергеў уйымы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң  168-статьясы 3-бөлиминиң “б” бәнти ҳәм 169-статьясы 1-бөлиминде көрсетилген жынаятты ислегенликте айыпланған Б.У.дың қарсысындағы жынаят иси көрип шығылды.

 

 

Б.У. 25 жасына шекем 4-5 мәрте жынаят ислеп судланған, ҳәттеки бир нешше рет қамақ жазасын өтеген. Айырым жағдайларда жазасы жеңилирегине алмастырылып, еркинликке де шыққан. Бирақ, бул ислеген қылмысларынан дурыс жуўмақ шығармай және урлық ислеў жолына түсти. Енди ол биреўдиң үйин аӊлып отырмай, өзиниӊ таныс-билислеринен пайдаланған.

Қәўипли рецидивист Б.У. 2023-жыл 31-июль күни кешки саат 20:00 шамасында Нөкис қаласы Саманбай МПЖ аймағында жайласқан “Samanbay City” саўда орайында жайласқан компьютер ханаға барып, усы жерде ойын ойнап отырған жас өспирим С.А.ға өзин нашар аўҳалға түсип калғандай етип көрсетип, қол телефоннан қоңыраў етиўге мүтәж етип көрсетип, оның жас өспирим екенлигинен ҳәм исениўшеңлигинен пайдаланып, қоңыраў етип алыўын өтиниш етеди. Оның орташа базар баҳасы 1.500.000 сум болған “Redmi A1+” маркалы қол телефонынан сөйлесип атырғандай болып шетке шығып кетип, ўақыя орнынан қашып кетеди.

Буннан тыскары, Б.У. 2023-жыл 6-август күни басқалардың мүлкин жасырын түрде талан-тараж етиў мақсетинде өзиниң алдыннан таныс жорасы болған пуқара У.Р.дың Нөкис қаласы Теле орай МПЖда жайласқан жасайтуғын үйине келип, өзиниң үйиндегилер менен урысып қалғанлығы себепли оның үйинде қонып қалыўғарухсат бериўин өтиниш етеди. Оныӊ үйинен пуқара Р.У.ға тийисли базар баҳасы 1.000.000 сум болған бир дана “Vivo 12” маркалы, базар баҳасы 500.000 сум болған бир дана “Samsung A10S” маркалы,  базар баҳасы 300.000 сум болған бир дана “Samsung J2” маркалы,  базар баҳасы 300.000 сум болған бир дана “Samsung J2” маркалы, жәми 4 дана қол телефонын жасырын түрде урлап кетеди.

Сөйтип ол, өзи урлаған телефонларды Хожели районы базарында көтере баҳаға адамларға сатып жиберип, пулын болса жумсап қояды.

Суд, судланыўшы Б.У.ға жаза тайынлағанда, жынаяттың жағдайын ҳәм қәўиплилик дәрежесин, қылмыстың себебин ҳәм ақыбетлерин, судланыўшының шахсын, алдын бир неше мәрте судланғанлығын, айыбын мойынлайтуғынын, ислеген исине пушайманлығын, келтирилген зыянды қаплағанын итибарға алып  ҳүким   етти. Суд ҳүкимине бола, судланыўшы Б.У. Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 168-статьясы 3-бөлими “б” бәнти ҳәм 169-статьясының 1-бөлими менен айыплы деп табылып, жазаларды қосыў жолы менен 1 жыл мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланды. Жазаны қатты тәртипли колонияда өтеўи белгиленди.

 

Билмей иследим, енди қайталамайман, пушайманман… Судланыўшы бул сөзлерди ҳәр сапары суд залында тәкирарлай берип, оған яд болып кеткен үйреншик сөзлер. Судланыўшы бәлким, шыны менен де пушайман шығар, деген менен ол алдын бир нешше мәрте судланып, жаза мүддетин өтеген, айырым ўақытлары жазасын өтеп атырған ўақытта да тәкирар жынаят ислеген. Оған базыда жас екенлиги, басқада жағдайлары есапқа алынып, қамақ пенен байланыслы болмаған жазаларда тайынланған. Бирақ усы күнге шекем бул қылмысларынан дурыс жуўмақ шығармаған. Өзине берилген бул жеңилликти дурыс жолға түсип, ҳадал жасаў ушын бир имканият деп түсинбеген. Солай екен, ҳәр қандай жынаятқа жаза анық.

Суд мәжилиси жуўмақланғаннан соң, судья тәрепинен қатнасыўшыларға, соның ишинде, жасларға урлық, алдаўшылық жынаятлары, оның мине усындай ақыбетлери жөнинде кең түрде түсиник берилди. Жасларды бундай иллетлерден аўлақ болып, оқып, билим алыўға, илим үйренип, келешекте жетик маман қәниге болыўға шақырды.

 

М.Байниязов,
Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы судының судьясы

Көшпели суд мәжлисинде 25 шахстың қарсысына топланған ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ислери көрип шығылды

Жынаят ислери бойынша Кегейли районы суды баслығы Р.Бекмуратова тәрепинен ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықларды ислеген пуқаралардың қарсысына топланған ис материаллары ашық көшпели суд мәжилисинде көрип шығылды. Атап айтқанда, θзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 176,178, 183, 188, 194-статьяларында көрсетилген ҳуқықбузарлықларды ислеген 25 шахстың қарсысына топланған ҳәкимшилик ислери бойынша ҳуқықбузарларға тийисли жаза тайынланды. Еки шахсқа қарата 5 сутка қамақ жазасы тайынланып, халыққа лицензиясыз автотранспорт хызметин көрсеткенлиги ушын 18 пуқараға нызамда белгиленген муғдарда жәриймалар салынды. Сондай-ақ, және тәкирар бундай ҳуқықбузарлықларды ислемеў, бул бойынша белгиленген нызамшылықтағы жуўапкершилик мәселеси жөнинде судья қатнасыўшыларға түсиник берди.

 

Үгит-нәсият жумыслары алып барылды

Жынаят ислери бойынша Тақыятас районы суды баслығы Л.Отегенова тәрепинен хожалық жүргизиўши субъектлер басшылары ҳәм район Айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлериниң қатнасыўында ушырасыў өткерилди. Онда коррупцияның алдын алыў бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылды. Судья тәрепинен атап өтилгениндей, коррупция – шахстың өз лаўазымы ямаса хизмет ўәзыйпасынан жеке мәплерине ямаса басқа шахслардың мәплерин гөзлеп материаллық ямаса материаллық болмаған пайда алыў мақсетинде нызамға қарсы турде пайдаланыўы, сондай ақ, бундай пайданы нызамға қарсы турде баскаға усыныў болып есапланады. Жəмийетте коррупция иллети өзиниӊ түрли көринислери менен сəўлелениўи мүмкин, солай екен, барлық ҳуқық қорғаў органлары, сондай-ақ, кеӊ жəмийетшилик усы иллетке қарсы гүресиўимиз дəркар.

Конституциялық судқа байланыслы нызамшылықтағы жаңалықлар

Бәршемизге мәлим болғанындай мәмлекетимизде 2023-жыл  30-апрель күни өткерилген Өзбекстан Республикасы референдумында улыўма халықлық даўыс бериў жолы арқалы жаңаланған Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилди. Жаңаланған Конституция Жаңа Өзбекстан стратегиясын әмелге асырыўдың сиясий-ҳуқықый тийкарларын жаратып, миллий мәмлекетшилик раўажланыўының тарийхый әҳмийетли басқышында мәмлекет ҳәм жәмийетти жәнеде раўажландырыўдың баслы бағдарларын белгилеп берди.

Жаңаланған Конституция менен Өзбекстан Республикасы Конституциялық судына ҳәмде оның ўәкилликлерине байланыслы жаңа нормалар белгиленди.

Сонлықтан, жаңаланған Конституция нормаларына тийкарланып «Өзбекстан Республикасының Конституциялық суды ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамына Өзбекстан Республикасының 2024-жыл 12-январьдағы ӨРН-895-санлы Конституциялық нызамы менен өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.

Киритилген өзгерислерге көре, Конституциялық суд ўәкилликлерине Өзбекстан Республикасының Президенти тәрепинен имзаланғанға шекем – Өзбекстан Республикасы конституциялық нызамларының, ратификация қылыў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы нызамлары, Өзбекстан Республикасының Президенти тәрепинен имзаланғанға шекем – Өзбекстан Республикасы халық аралық шәртнамаларының Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапықлығын анықлаў, Өзбекстан Республикасы референдумына шығарылып атырған мәселелердиң Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапықлығы ҳаққында жуўмақ бериў, сондай-ақ, өз ўәкилликлери қатарына киритилген мәселелер бойынша нызамшылық басламасы ҳуқықы берилиўи бойынша өзгерис ҳәм қосымшалар киритилди.

Буннан тысқары, алдын Нызамға муўапық Конституциялық суд судьялары биринши мәрте бес жыллық мүддетке, нәўбеттеги мүддетке он жыллық мүддетке, лекин еки мәртеден артық болмаған мүддетке сайланыўы белгиленген болса, ендиликте нызамға киргизилген өзгерислерге көре Конституциялық судтың судьялары қайта сайланыў ҳуқықысыз он жыллық мүддетке сайланады.

 

 

Спартак Ниязов,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы

 

 

Коррупцияға қарсы гүресиў – бәршемиздиӊ ўазыйпамыз

Жәмийетте сондай иллет бар, ол мәлим бир тараўға емес, ал пүткил жәмийеттиӊ раўажланыўына өзиниӊ кери тәсирин тийгизеди. Мәмлекетти иш-ишинен жемиретугын бул иллет – коррупция ҳәм парахорлық. Әйне усы иллет себепли көпғана мәмлекетлердиӊ кризиске жүз бурғаны бизге тарийхтан мәлим.

Раўажланыўдыӊ жаӊа басқышына қәдем қойып атырған Өзбекстан ушын коррупцияныӊ ҳәр қандай көринистеги түрлери реформалар барысын төменлестириўи менен қәўипли. Сол себепли мәмлекет басшысы Шавкат Мирзиёев өз ўәкалатына кирисиўи менен Президент сыпатында қойған еӊ биринши ҳүжжети “Коррупцияға қарсы гүресиў туўрысында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы болды. Усы нызамныӊ талапларын тийкарлы орынланыўын тәмийнлеў, жәмийет ҳәм мәмлекеттиӊ барлық тараўларында коррупцяиныӊ алдын алыўға байланыслы ис-иләжларды өз ўақтында ҳәм сыпатлы әмелге асырыў мақсетинде Президенттиӊ 2017-жыл 2-февралдағы қарары менен “2017-2018-жылларға арналган коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекет бағдарламасы” қабыл етилди. Бағдарлама шеӊберинде бир қатар нызам жойбарлары ислеп шығылды, бар қарарлар инвентаризациядан өткерилди. Улыўма алғанда, соӊғы жылларда исленген жумыслар нәтийжелилиги халықтыӊ ҳукықый санасын ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыўға, жәмийетте коррупцияға бәсекесиз мүнәсибетти қәлиплестириўге қаратылған системалы илажлар алып барылганлығын атап өтиў орынлы.

Реформаларды әмелге асырыў шеӊберинде пуқаралардыӊ ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, мәмлекет ҳәкимияты ҳәм баскарыў органлары искерлигиниӊ ашықлығын, жәмийетшилик ҳәм парламент бақлаўын тәмийинлеў механизмлери жетилистирилди, сондай-ақ ҳукықты қорғаў ҳәм суд органларыныӊ искерлигиниӊ ҳуқықый тийкарлары жетилистирилди.

Әлбетте, орынланған ислер салмақлы. Бирақ биз кешеги ислеген жумыслардыӊ нәтийжесине исенип, қуўанып қалсақ, ертеӊ исимиздиӊ жуўмағы биз күткендей болмаўы анық.

Буннан келип шығып экономиканы жәнеде өсириў, ҳалық пәраўанлығын асырып, мәмлекетте инвестиция барысын жақсылаў барысындағы стратегиялық ўазыйпаларды шешиў керек екенлиги үлкен әҳмийетке ийе. Бул болса коррупцияға қарсы гүресиў тараўында мәмлекет сиясатыныӊ нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша жаӊа системалы илажлар көрилиўин талап етпекте. Президентимиз тәрепинен имзаланған “Өзбекстан Республикасында коррупцияға карсы гүресиў системасын жәнеде жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы пәрманы да әйне усы мақсетти гөзлегенлиги менен әҳмийетли есапланады.

Коррупция сондай иллет болып, оны бир яки еки шөлкемниӊ ҳәрекети менен жоқ етип болмайды. Тийкарында, барлық пуқараларымыз, жәмәәт оған қарсы биргеликте гүресип, оныӊ тамырын жоқ етиўге умтылғанда ғана унамлы нәтийжеге ерисиў мүмкин.

Пәрманныӊ түп мәнисине итибар қарататуғын болсақ, коррупцияға қарсы тек ғана ҳуқықты қорғаў органлар ҳәм мәмлекетлик шөлкемлеринде, ал жәмийетлик бақлаўы институты имканиятынанда кеӊ пайдаланыў зәрүрлиги белгилеп қойылғанлығын көриў мүмкин.

Бириншиден, пәрманда жәмийетлик бақлаўын алып барыўда әҳмийетли орын тутыўшы Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлиси палаталары ҳәм сиясый партиялардыӊ ролин жәнеде күшейтириў айрықша белгиленип қойылған.

Екиншиден, орынларда коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы ислердиӊ жағдайын комплекс үйрениў ҳәм бар болған машқалаларды сапластырыў жүзесинен усыныслар таярлап барыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси, халық депутатлары ўәлаят ҳәм Ташкент каласы Кеӊеслери, халық депутатлары районы ҳәм қала Кеӊеслериниӊ қурамы коррупцияға қарсы гүресиў комиссияларын шөлкемлестириў усыныс етилмекте.

Үшиншиден ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты жәнеде асырыў, жәмийетте коррупцияға қарата бәсекесиз мүнәсибетти күшейтириў, усы тараўдағы нызам бузылыўы жағдайлары жүзесинен хабар берген шасларды қорғаўдыӊ шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый механизмлерин жәриялаў атап өтилген.

Төртиншиден, пуқаралық жәмийети институтлары, ғалаба хабар қураллары искерлигиниӊ еркинлигин тәмийинлеў ҳәм оларды коррупцияға қарсы илажларын таярлаў, орынлаў ҳәм мониторинг ислеўде қатнасыўға қамтып алыў нәзерде тутылған.

Буннан тысқары, пәрманда мәмлекетлик уйым хызметкерлериниң ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын жоқарылатып барыў, оларда коррупция ҳәм басқада ҳуқықбузарлықларға қарата бәсекели мүнәсибетлерин әлиплестириў ўазыйпасы белгилеп берилди. Бул норма, әлбетте, ҳәр бир лаўазымлы шахстиң тийисли жуўмақ шығарыўын талап етеди.

Усы тийкарда, ҳәр бир мәмлекетлик уйым хызметкерлери ҳәм ҳуқық қорғаў органлары хызметкерлериниӊ минез-ҳулқына Өзбекстан Республикасы нызамларына бойсыныў ҳәм оларды ҳүрмет етиў әдебин сиӊдирип барыў еӊ әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады. Пәрманда көрсетилгениндей, жәмийетимизде коррупцияға қарсы қатаң гүрес алып барылып атырған ҳәзирги дәўирде лаўазымлы шахслардыӊ ҳуқықый билими ҳәм мәденият дәрежесине қарата айрықша талаплар ислеп шығыў, нызамларға ҳүрметсизлик еткен лаўазымлы шахслар туўрысында тийкарлы көрсетиўлер, еситтириўлер шөлкемлестириў, мақалалар шығарыў, олардыӊ қылмысы дурыс емес екенлигин тәсирли қураллар арқалы көрсетип бериў, әлбетте бул ислер, өз нәўбетинде унамлы шешимин береди.

Жуўмақ етип айтқанда, бул пәрман жәмийетте әдиллик идеясын кен ен жайдырыў, бәршениӊ нызам алдында теӊлиги, пуқаралардыӊ ҳуқық ҳәм еркинликлерин, нызамлы мәплерин қорғаўда зәрур ҳүжжет болып есапланады. Әдиллик үстемлиги болған мәмлекетте болса раўажланыў, халық пәраўанлығы, жаӊа реформалар жетискелигин тәмийнлейди.

 

 

Тимур Сейилханов,

Пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық суды архив меӊгериўшиси

 

 

Ҳəкимшилик суд тараўындағы жаңалықлар

Кейинги жылларда «Жаңа Ɵзбекистан— жаңа суд» принципи шеңберинде халықтың əдил судлаўға ерисиў имкəниятларын жəнеде кеңейттириўге, инсанның қəдир-қымбаты үстинлигин тəмийинлеўге қаратылған айрықша реформалар əмелге асырылды.

Атап айтқанда, елимизде мəмлекетлик уйымлар ҳəм лаўазымлы шахсларының искерлиги үстинен нəтийжели суд бақлаўын орнатыў, сондай-ақ, пуқаралар ҳəм исбилерменлик субъектлериниң əдил судлаўға ерисиў дəрежесин асырыў, мəмлекетлик уйымлар менен қатнасықларда пуқаралар ҳəм исбилерменлик субъектлери ҳуқықларының нəтийжели қорғалыўын тəмийинлеў барысында турақлы реформалар əмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, бүгинги күнде суд қарарларын қайта кɵриў институтының анализи усы институтты жетилистириў арқалы əмелдеги тəртипти қайта кɵрип шығыў зəрүрлигин кɵрсетпекте.

Ɵзбекстан Республикасының «Суд қарарларының нызамлылығы ҳəм тийкарлылығын тексериў тəртибиниң жетилистирилиўине байланыслы Ɵзбекстан Республикасының ҳəкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы кодексине ɵзгерис ҳəм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамы 2023-жыл 25-декабрь күни қабыл етилип, усы нызам менен Ɵзбекстан Республикасының ҳəкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы кодексине ислерди кɵриўдиң ɵте орайластырылыўын сапластырыў, пуқаралардың узақ аймақлардан судқа келип əўере болыўының алдын алыў мақсетинде ўəлаят судлары ҳəм оларға теңлестирилген судларда ислер апелляция ямаса кассация ҳəм ревизия тəртибинде кɵрилиўи, ислер ревизия тəртибинде Ɵзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Ҳəкимшилик ислер бойынша судлаў коллегиясында ҳəм айрықша жағдайларда Ɵзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумында кɵрилиўин ҳəмде жоқары инстанция судлары тəрепинен ислерди жаңадан кɵриў ушын биринши инстанция судына жибериў тəртибин бийкар етиў, сондай ақ жерге байланыслы ҳуқықый қатнасықлар менен байланыслы ислерди ҳəкимшилик судлар тəрепинен кɵриўде прокурор қатнасыўы шəртлигин нəзерде тутыўшы ɵзгерис ҳəм қосымшалар киритилмекте.

Усы нызам пуқаралардың Ɵзбекстан Республикасының Конституциясында нəзерде тутылған суд арқалы қорғаў ҳəм судқа шағым етиў ҳуқуқы кепилликлерин жəне де асырыўға, олардың бузылған ҳуқық ҳəм еркинликлерин, сондай-ақ нызамлы мəплерин кеңирек қорғаўға, əдил судлаўға ерисиў дəрежесин жəнеде асырыўға, ислердиң сапалы ҳəм ɵз ўақытында кɵрилиўине, суд қарарларын қайта кɵриўде орта буўын— ўəлаят судлары ҳəм оларға теңлестирилген судлар имкəниятларынан нəтийжели пайдаланыўға, сондай-ақ пуқаралардың судлардағы артықша қəрежетлериниң тежелиўине хызмет етеди.

 

 

 Жанат Аймаганбетова,

Қарақалпақстан Республикасы  ҳəкимшилик суды судьясы                                       

Конституциялық судтың ўәкилликлери кеңейттирилди

2024-жылдың 13-январынан баслап «Өзбекстан Республикасының Конституциялық суды ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызамына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамы күшке кирди.

«Өзбекстан Республикасының Конституциялық суды ҳаққында»ғы конституциялық нызам жаңаланған Конституцияға муўапықластырылды.

Яғный, жаңа нызамға бола, Конституциялық суд Өзбекстан Республикасы референдумына шығарылып атырған мәселелердиң Конституцияға муўапық екенлиги ҳаққында жуўмақ береди. Бул бойынша дузилмениң ис жүритиў тәртиби белгиленди.

Конституциялық суд текғана өз ўәкиллигине киритилген мәселелер бойынша нызамшылық басламасы ҳуқықына ийе екенлиги белгиленди.

Сондай-ақ, киргизилген өзгериске бола, Конституциялық судының судьялары қайта сайланыў ҳуқықысыз он жыллық мүддетке сайланады (бурын биринши рет бес жылға, екинши рет он жылға сайланған).

Кɵшпели суд мәжилиси ɵткерилди

Жынаят ислери бойынша Мойнақ районы суды баслығы Ж.Кдырниязов тәрепинен кɵшпели суд мәжилиси ɵткерилип, онда 3 шахсқа қарата 2 ҳәкимшилик ис материалы кɵрип шығылып, 2 шахсқа қарата жәрийма жазасы, ал 1 шахсқа болса ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланды.

 

 

Буннан соң, суд баслығы жыйналғанларға суд нызамшылығына киргизилип атырған соңғы ɵзгерис ҳәм қосымшалардың мазмун-мәнисин түсиндирип ɵтти.

 

Жыйналыстан соң, жынаят ислери бойынша Мойнақ районы суды баслығы Ж.Кдырниязов тәрепинен пуқаралардың суд-ҳуқық тараўы бойынша мүрәжатлары тыңланып, сол жердиң өзинде тийисли түсиниклер берилди.

 

 

Skip to content