СУД ӘДИЛЛИГИН ТӘМИЙИНЛЕЎГЕ ИТИБАР ҚАРАТЫЛМАҚТА
Қарақалпақстан Республикасы судында республикамыз судларында өткен 2023-жыл даўамында әдил судлаўды тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў бойынша әмелге асырылған жумыслардың жуўмағына бағышланған баспасөз әнжуманы болып өтти.
Оған Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы, оның орынбасарлары, судьялар ҳәм республикамызда жумыс ислеп атырған ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Әнжуманды Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы К.Тарихов кирис сөз бенен ашып, суд қарарларын қайта көрип шығыў тәртиплери өзгертилгенлиги мүнәсибети менен елимизде ҳуқықый демократиялық мәмлекет қурыўда әҳмийетли бағдарлардан бири болған бийғәрез суд ҳәкимиятын қәлиплестириў жолында әмелге асырылып атырған реформалардың әҳмийетине тоқтап өтти. Әсиресе, соңғы 6 жыл ишинде суд системасында оғада көп өзгерислер, жаңалықлар жүз берип, оның нәтийжесинде пуқаралардың ҳуқықларының әдил судлаў арқалы қорғалыўы имканиятлары бираз артқанлығын айрықша атап өтти.
Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды баслығы А.Нурлипесов, Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары, жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясының баслығы А. Адилов, Қарақалпақстан Республикасы судының пуқаралық ислер бойынша судлаў коллегиясының баслығы А.Керимбаев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы судының пуқаралық ислер бойынша судлаў коллегиясының баслығы Б.Қтайбековлар өз тараўлары бойынша 2023-жылы әмелге асырылған жумыслар туўралы мағлыўматлар берип, пикир-усынысларын билдирди.
Әнжуманда журналистлер суд баслықларына суд-ҳуқық тараўына байланыслы бүгинги күни жәмийетшиликти ойландырып жүрген бир қатар мәселелер бойынша сораўлар берип, оларға тийисли жуўаплар алды.
Соңынан Қарақалпақстан Республикасы суды имаратына пресс-тур шөлкемлестирилип, онда әнжуман қатнасыўшылары Қарақалпақстан Республикасы судында соңғы жыллары жүз берип атырған өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар менен жақыннан танысты.
-Бүгинги әнжуманда өзимди қызықтырып жүрген бир қанша мәселелерге тийисли жуўап алдым,-дейди «Еркин Қарақалпақстан» газетасының журналисти Гүлнара Жүгинисова.-Бундай илажды шөлкемлестиргени ушын Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы Камал Тариховқа өзимниң терең миннетдаршылығымды билдиремен ҳәм журналистлер менен усындай ашық сәўбетлесиўлер тез-тез өткерилип турса мақсетке муўапық болар еди, деп ойлаймыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы