ДАЎЫС БЕРИЎ ҲУҚЫҚЫ- НЫЗАМ МЕНЕН КЕПИЛЛЕНЕДИ

Өзбекстан Республикасының пуқаралары мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик уйымларына сайлаў ҳәм сайланыў ҳуқықына ийе болып табылады. Ҳәр бир сайлаўшы бир даўысқа ийе. Даўыс бериў ҳуқықы, өз ерк-ықрары теңлиги ҳәм еркинлиги нызам менен кепилленеди.

 

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына сайлаў тийислисинше олардың конституциялық ўәкиллик мүддети тамамланатуғын жылда — октябрь айы үшинши он күнлигиниң биринши екшембисинде өткериледи, Конституцияда нәзерде тутылған мүддетлерден алдын сайлаў өткериў жағдайлары буннан тысқары. Сайлаўлар улыўма, тең ҳәм туўрыдан-туўры сайлаў ҳуқықы тийкарында жасырын даўыс бериў жолы менен өткериледи. Өзбекстан Республикасының он сегиз жасқа толған пуқаралары сайлаў ҳуқықына ийе.

 

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ағзалары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлар, районлар ҳәм қалалар мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик уйымлары депутатларының тийисли қоспа мәжилислеринде усы депутатлар сайланғанынан соң бир ай ишинде олар арасынан жасырын даўыс бериў жолы менен сайланады.

 

Суд тәрепинен мәмилеге уқыпсыз деп табылған пуқаралар, сондай-ақ суд ҳүкими менен еркинен айырыў орынларында сақланып турған шахслар сайланыўы мүмкин емес.

 

Суд тәрепинен мәмилеге уқыпсыз деп табылған пуқаралар, сондай-ақ аўыр ҳәм жүдә аўыр жынаятлар ислегенлиги ушын судтың ҳүкимине көре еркинен айырыў орынларында сақланып атырған шахслар сайлаўда қатнасыў ҳуқықынан тек ғана нызамға муўапық ҳәм де судтың шешими тийкарында айрылыўы мүмкин. Басқа ҳәр қандай жағдайларда пуқаралардың сайлаў ҳуқықларын тиккелей ямаса жанапай шеклеўге жол қойылмайды.

 

Өзбекстан Республикасы пуқарасы бир ўақыттың өзинде екеўден артық мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик уйымының депутаты болыўы мүмкин емес.

 

Сайлаў өткериў тәртиби нызам менен белгиленеди.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине, ўәлаятлар, районлар, қалалар мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик уйымларына сайлаўларды, сондай-ақ Өзбекстан Республикасының референдумын шөлкемлестириў ҳәм өткериў ушын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси тәрепинен жумысының тийкарғы принциплери ғәрезсизлик, нызамлылық, коллегиаллық, ашықлық ҳәм әдилликтен ибарат болған Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы дүзиледи.

 

Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы сайлаў комиссиялары системасына басшылық етеди, өзиниң жумысын турақлы түрде әмелге асырады ҳәм де өзиниң хызметинде Өзбекстан Республикасының Конституциясына ҳәм нызамларына әмел етеди.

 

Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының ағзалары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы Кеңеслериниң усынысы бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты тәрепинен сайланады.

 

Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Өзбекстан Республикасы Президентиниң усынысына муўапық комиссия ағзалары арасынан бес жыллық мүддетке комиссия мәжилисинде сайланады. Әйне бир шахс қатарына еки мүддеттен артық Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы етип сайланыўы мүмкин емес.

 

Жанат АЙМАҒАНБЕТОВА,
Қарақалпақстан Республикасы судының судясы