9 шахс 15 суткаға қамалды

 

Нөкис қаласы бойынша ИИО ЖМБ 4-сан ИИБ хызметкерлери тәрепинен алып барылған ис-илажлар нәтийжесинде Нөкис қаласы аймағында майда бийзарылық қылған пуқаралар ҳәм инсан өмирине зыян жеткерилетуғын өткир ушлы буйым алып жүрген пуқаралар анықланған.

Бул пуқаралардың қарсысына тийисли ҳүжжетлер рәсмийлестирилип Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы суды тәрепинен  Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 185прим 2 ҳәмде 183-статясына тийкарланып 9 ҳуқықбузар шахсларға 15 сутка ҳәкимшилик қамақ жазалары тайынланды.

Бәрше пуқараларымыздан жәмийетлик орынларда белгиленген тәртип қағыйдаларға әмел етиўин сорап қаламыз.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

Алимент төлемегени ушын 15 күнлик қамаққа алынды

 

Халқымыз әзелден перзент тәрбиясына айрықша итибар қаратып, олардың әдепли, өнерли ҳәм оқымыслы инсанлар болып жетилисиўи ушын қолайлы шараятлар жаратып берген. Бирақ, соңғы жыллары шаңарақлардағы келиспеўшиликлер себепли жүз берип атырған ерли-зайыплылардың ажырасыўлары перзент тәрбиясында айырым олқылықлардың пайда болыўына себеп болмақта.

Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 474-статьясында, материаллық жәрдемге мүтәж ержетпеген яки мийнетке жарамсыз шахсты материаллық тәмийинлеўден бас тартыў ямаса оларды материаллық жақтан тәмийинлеў ушын судтың шешиўши қарарына яки суд буйрығына тийкарланып өндирилиўи тийис болған пул қаржысын еки айдан артық мүддет даўамында төлемеў, ҳәкимшилик жуўапкершиликке себеп болатуғынлығы көрсетилген.

Лекин, тилекке қарсы өз перзентиниң тәрбиясы ҳәм камалға келиўи ушын тийисли төлемлерди төлемей жүрген пуқараларымыздың жәмийетимиз арасында барлығы көпшиликти таң қалдырады.

Жақында республикамыздың әмелдеги нызамшылығына бойсынбастан суд қарары менен өндирилиўи белгиленген алимент напақа пулларын төлеўден бас тартып жүрген еки пуқараның иси жынаят ислери бойынша Елликқала районлық суды тәрепинен Елликқала районлық Ишки ислер бөлими имаратында өткерилген көшпели суд мәжилисинде көрип шығылды.

Мәжилисте ис ҳалатлары толық үйренилип, тәреплердиң пикирлери тыңланды ҳәм алимент напақаларын төлеўден билқастан бас тартып жүрген пуқаралар Б.К ҳәмде С.Ф ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 474-статьясы менен айыпкер деп табылып, оларға усы статьяда нәзерде тутылған 15 сутка ҳәкимшилик қамаққа алыў жазасы тайынланды.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 64-статьясында ата-аналар өз перзентлерин ержеткенге шекем бағыў ҳәм тәрбиялаўға мәжбүр екенлиги атап көрсетилген.

Солай екен, перзент тәрбиясына жуўапкершилик пенен қараў, оларды материаллық жақтан тәмийинлеў ҳәр бир ата-ананың жуўапкерли ўазыйпасы есапланады. Келешегимиз болған жас әўлад тәрбиясына бийпәрўа болмаўымыз тийис.

 

Оразбай Мауленов,

Жынаят ислери бойынша

Елликқала районлық судының баслығы.

Қарақалпақстан Республикасы суды

Судлар тәрепинен көшпели қабыллаў болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы суды тәрепинен тастыйықланған 2023-жылдың 1-ярымында Қарақалпақстан Республикасы районлараралық, район (қала) судлары баслыкларының алыс аўылларда көшпели қабылларды өткериў режесине тийкар Жынаят ислери бойынша Шоманай районы суды баслығы Р.Назаров, Қоңырат районлараралық Економикалық судының баслығы А.Аяпов ҳәм де Қоңырат районлараралық пуқаралық ислери бойынша судының судьясы А.Сейтназаровлар тәрепинен Шоманай районы «Сарманбайкөл» аўыл пуқаралар жыйынында көшпели қабыл болып өтти.

Кошпели қабыллаўға Шоманай районы «Сарманбайкѳл» аўыл пуқаралар жыйыны турғынларынан 25 адам қатнасып, соннан 9 адам судларға тийисли мәселелер менен мүрәжат етти ҳәм ҳуқықый түсиниклер берилди.

Исбилерменлер ушын имканиятлар

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2023-жыл 3-февраль күни «Ҳаӯа райының өткир суӯып кетиӯиниң экономикаға кери тәсирин кемейтириӯ ушын исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуӯатлаӯ ис-иләжлары ҳаққында»ғы ПҚ-43-санлы Қарары қабыл етилди.
Қарарға көре хаӯа райынның өткир суӯып кетиӯи ақыбетинде қыйыншылықларға ушыраған исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуӯатлаӯ ҳәм искерлигин тез қайта тийклеӯ мақсетинде:

 

-Исбилерменлик субъектлериниң 2023-жыл 1-январ күнине болған
1-февраль жағдайына асқан (пайда болған) салық қарызын 2023-жыл
1-март күнинен 1-июль күнине шекем пайызларсыз, қосымша шәртлер қоймастан ҳәм тәмийнат талап етпестен тең үлеслерде бөлип-бөлип төлеӯге рухсат бериӯ.

 

Салық комитети салық қарызын бөлип-бөлип төлеӯ имкәниятын бериӯ ҳаққындағы арзаларды 5 күнге шекем мүддетте көрип шығыӯ. Бунда, ҳаӯа райының өткир суӯып кетиӯи дәӯиринде толық қуӯатта ислей алмаған салық төлеӯшилердиң январь айы жуӯмағы бойынша пайда болған салық қарызын бөлип-бөлип төлеӯ имкәниятыда берилип атырылғанлығы белгиленген.

 

-Исбилерменлик субъектлериниң салық қарызына пеня есаплаӯ
2023-жыл 1-апрель күнине шекем тоқтатылыӯы белгиленген.

 

-Сыртқы саӯда опреациялары бойынша мүддети өткен дебитор қарыздарлық ушын хожалық жүритиӯши субъектлерге жәриймалар қолланылыӯы, сондай-ақ, усы қарар күшке киргенге шекем қолланылған жәриймалар өндирилиӯи 2023-жыл 1-апрель күнине шекем тоқтатылыӯы белгиленген.

 

-Исбилерменлик субъектлерине 2022-жыл декабрь ҳәм 2023-жыл январь-февраль айларында мәмлекет мүлкинен пайдаланғанлық ушын ижәра төлемлерин 2023-жыл 1-марттан баслап 1-июль күнине шекем тең үлеслерде бөлип-бөлип төлеӯге рухсат берилген.

 

Мәмлекет мүлкинен пайдаланыӯ жүзесинен 2022-жылдан баслап әмелде болған ижәра шәртнамалары бойынша ижәра төлемлери муғдары 2023-жыл
1-апрель күнине шекем өзгериссиз қалдырылыӯы белгиленген.

 

-Исбилерменлик субъектлери тәрепинен бөлип-бөлип төлеӯ шәрти менен сатып алынған мәмлекет активлери бойынша 2022-жыл декабрь ҳәм 2023-жыл январь айларында төлениӯи лазым болған төлемлер, соның менен бирге дәслепки төлем төленбегенлиги ушын пайызлар ҳәм пенялар есаплаӯ 2023-жыл 1-апрель күнине шекем тоқатылып турылыӯы белгиленген.

 

Белгилениӯинше, 2022-жыл декабрь ҳәм 2023-жыл январь айларында мәмлекетлик сатып алыӯ шеңберинде дүзилген шәртнамалар шәртлери ҳаӯа райының өткир суӯып кетиӯи себепли орынланбағанлығы ушын исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик буйыртпашылары (соның менен бир қатарда, устав фондында мәмлекетлик үлеси 50 пайыз ҳәм оннан жоқары болған кәрханалар) тәрепинен жәрийма ҳәм пенялар қолланылмайды.

 

-Ҳаӯа райының өткир суӯып кетиӯи ақыбетинде қыйыншылықларға ушыраған исбилерменлик субъектлерине қарата 2023-жыл 1-апрель күнине шекем мәмлекет пайдасына өндириӯлер менен байланыслы суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлериниң мәжбүрий орынланыӯ тоқтатылып турылыӯы белгиленген.

 

-Орайлық банкке акционерлик банклери менен биргеликте усы қыс мәӯсиминде ҳаӯа райының өткир суӯып кетиӯи себепли зыян көрген исбилерменлик субъектлериниң:

 

-кредитлери бойынша 2023-жыл январь-март айлары ушын төлемлер мүддетин 2023-жыл 1-июнь күнине шекем узайттырыӯ;

 

-мүддети өткен кредитлерге жәрийма санкциялары ҳәм гиреӯ тәмийнаты бойынша 2023-жыл 1-апрель күнине шекем өндириӯ шараларын қолламаслық;

 

-искерлиги үзиликсизлигин тәмийнлеӯге, соның менен бирге ӯақтыншалық пул ағымларындағы үзилислерди қаплаӯ ҳәм айланба қәрежетлерин толтырыӯға қаратылған қысқа мүддетли (револьвер) кредит өнимлерин алдыннан мақулланған (модул) қарарлар тийкарында усыныӯ;

 

жарамсыз жағдайға келген тийкарғы қуралларын оңлаӯ ушын кредитлер ажыратыӯ;

 

-кредит бюроларында кредитлери бойынша төлемлер мүддетиниң узайтырылыӯын олардың кредит тарийхы ҳәм скоринг көрсеткишлерин тексериӯди инәбатқа алмаӯ бойынша тийисли шаралар көриӯ тапсырылған.

 

Бунда, мүддети узайтырылған кредитлер сыпаты жаманрақ тәрийпленбейди ҳәмде усы кредитлер бойынша қосымша шамалаӯ жоғалтыӯларға қарсы захиралар қәлиплестириӯ талап етилмейди деп белгиленген.

 

 

Шымбай районлар аралық

экономикалық судының баслығы                                       З.Д.Бердимуратов

Көшпели ашық суд мәжилиси өткерилди

Хожели районындағы Пәрўаз МПЖ имаратында, «Мениң мәҳәллем мениң судьям» атамасында алдаўшылық жынаяты бойынша көшпели суд мәжилиси өткерилди.

Мәжилисте Жынаят ислери бойынша Хожели районы судының баслығы И.Алланиязов, ИИБ профилактика инспекторы А.Тилеўмуратов ҳәм басқалар жынаятшылық, атап айтқанда, бала саўдасы жынаятының алдын алыў ҳәм зорлықтан жәбирленген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳаққында түсиниклер берип өтти.

Көшпели судта Жынаят ислери бойынша Хожели районы судының баслығы И.Алланиязов тәрепинен алдаўшылық жынаятын ислеген А.Б.ға қарата топланған жынаят иси көрип шығылды.

Суд мәжилисине усы аймақ турғынлары, судланыўшының туўған-туўысқанлары, алдын судланған пуқаралар, сондай-ақ, районлық ишки ислер бөлиминиң профилактикалық есабына алынған пуқаралар қатнасты.

Пуқара А.Б. өзиниң аталас жеңгеси Б.Р.ды  оның атына банктен 30 миллион сум кредит шығарып бериўин айтып алдап, оның исениминен қастан пайдаланып, жеңгесиниң паспортын, ИНН санын, пластик картасын алып, оның электрон имзасынан пайдаланып, банктен пул шығарып алады. Бирақ, банктен ажыратылған 30 миллион сум пулды жеңгесине берместен, өз мәпине жумсайды.

Судта жәбирлениўши Б.Р. өзине келтирилген зыян судланыўшы (қәйни) тәрепинен толық қапланғанын, ол кеширим сорағанын, оған кеширим бергенин, ҳәзирги ўақытта өз-ара жарасып кеткенин билдирип, судланыўшыға қарата жынаят исин жарасыў мүнәсибети менен жуўмақлаўды сорады.

Судта судланыўшы А.Б. қылмысынан пушайманлығын билдирип, жәбирлениўшиге келтирилген зыянды толық қаплап бергенин, жәбирлениўши оған кеширим бергенин билдирип, исти жарасыў мүнәсибети менен жуўмақлаўға қарсылығы жоқлығын билдирди.

Сонлықтан ис, суд тәрепинен Жынаят кодексиниң 661-статьясы (тәреплердиң жарасқанлығы мүнәсибети) менен өндиристен қысқартылды.

Ушырасыўда қатнасыўшылар усындай көшпели ашық суд мәжилислериниң тәрбиялық әҳмийети ҳаққында пикир-усыныслар билдирип, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

Кеширим берилип, жазасы жеңиллестирилди

 

Суд-ҳуқық тараўындағы реформалардың нәтийжесинде, көпшилик жағдайларда  билип-билмей жынаят ислеген адамларға берилген жаза оны жазалаў менен бирге тәрбиялаў характерине ийе болыўы елимизде инсан қәдири оғада жоқары туратуғынлығынан дәрек бермекте.

Жынаят ислери бойынша Кегейли районы судының баслығы Р.Бекмуратованың басшылығында көшпели ашық суд өткерилди.

Онда дәслепки тергеў уйымы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 266-статьясы 2-бөлими менен айыпланған И.Б.ның қарсысына топланған жынаят иси көрип шығылды.

Суд мәжилисинде анықланған жағдайларға қарағанда, И.Б. 2022-жыл 15-декабрь күни саат 18:00 де өзиниң басқарыўында болған, пуқара Д.А.ға тийисли «Дамас» маркалы автомашинасын исеним хаты ҳәм қамсызландырыў полиси арқалы «Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир» асфальт жолының Кегейли районы Жүзимбағ АПЖ аймағынан өтип турған 27-28 километринде «Жол ҳәрекети қағыйдалары» талапларын қопал рәўиште бузып, автомашинасын арқа тәрепке ҳәрекетлендирип атырғанында, автомашинасының арқа тәрепинде турған Н.К.ны қағып алып жол транспорт ҳәдийсеси жүз берген. Жол транспорт хәдийсеси ақыбетинде пуқара К.Н. аўыр дене жарақатын алып өзине келместен емлеўханада қайтыс болған.

Суд мәжилисинде судланыўшы Б.И. өзиниң айыбын толық мойынлап, пушайман екенлигин ҳәм жәбиркештен кеширим сорайтуғынын билдирип, өзине жеңиллик бериўди сорап, көрсетпе берди.

Сонлықтан суд, жоқарыдағыларға тийкарланып Б.И.ны Өзбекстан Республикасы ЖКниң 266-статьясы 2-бөлиминде көрсетилген жынаятты ислегенликте айыплы деп таўып, оған усы статья менен жаза тайынлаўды лазым деп есаплады.

Суд, судланыўшы Б.Иға жаза тайынлағанда, оның өз айыбын толық мойынлап, ислеген исинен шын кеўилден пушайманлығын, жасаў орнынан унамлы минезлемеге ийе екенлигин, шаңарақлы болып, қарамағында 2 жас перзентлери бар ҳәм олардың жалғыз бағыўшысы екенлигин, оның алдын жынайый жуўапкершиликке тартылмаған ҳәм судланбаған. Сондай-ақ, жәбиркештиң нызамлы ўәкилиниң судланыўшыға арза даўы жоқлығын, кеширим бергенлигин оның жазасын жеңиллестириўши тәрепи деп, жазасын аўырластырыўшы тәрепи жоқ деп есаплап, еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жаза менен толық дүзелиў имканиятының барлығын, оны жәмийеттен ажыратпаған ҳалда қайта тәрбиялаў мүмкин деген жуўмаққа келип, усы ҳалатларды жынаяттың қәўиплилик дәрежесин сезилерли кемейтиўши жағдай деп тапты.

Соның менен бирге, оның мийнетке қәбилетли екенлигин инабатқа алып, Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 266-статьясы 2-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятты ислегенликте айыплы деп табылып ҳәм оған усы статья менен ЖКниң 57-статьясы қолланылған ҳалда ЖКниң 45-статьясына тийкарланып 3 (үш) жыл мүддетке барлық түрдеги автотранспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырылып, ҳәр айлық ис ҳақысының 10 пайыз муғдарын мәмлекет пайдасына услаў жолы менен 2 (еки) жыл мүддетке дүзетиў ислери жазасы тайынланды.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

 

Суд системасындағы өзгерислер

«Әдил судлаўға ерисиў имканиятларын және де кеңейтиў ҳәм судлар жумысының нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент Пәрманы менен 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның «Жаңа Өзбекстан – жаңа суд» принципи шеңберинде раўажланыў стратегиясы тастыйықланды.

Стратегия шеңберинде төмендегилер әдил судлаўды тәмийинлеўдиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди:

«Инсан қәдири ушын» идеясы тийкарында ҳақыйқый әдил суд системасын қәлиплестириў ҳәм оның жумысын халық мәпи ҳәм инсан қәдирин нәтийжели қорғаўға қаратыў;

-әдил суд қарарларының қабыл етилиўине ерисиў арқалы халықтың, соның ишинде, исбилерменлердиң суд системасына болған исенимин беккемлеў, ҳәр бир шахс суд ҳәм судьялар тымсалында исенимли қорғаўшысын көриўине ерисиў;

-пуқаралар ҳәм исбилерменлерге өз ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин судларда қорғай алыўы ушын барлық имканиятларды жаратыў, суд жумысларын алып барыўда тартысыў ҳәм тәреплердиң теңлиги принциплерин толық жүзеге шығарыў, судлардың әдиллигин әмелде тәмийинлеўге қаратылған нызамшылықты жетилистириў;

-судлардың жумысын толық санластырыў, жасалма интелект технологияларын енгизиў, уйымлараралық электрон мағлыўмат алмасыўды жақсылаў, суд мәжилислеринде аралықтан турып қатнасыў имканиятларын кеңейтиў;

-судьялардың ғәрезсизлиги ҳәм қол қатылмаслығы кепилликлерин күшейтиў, судқа ҳүрметсизлик етиў ҳәм суд жумысына араласыў жағдайларының алдын алыў бойынша нәтийжели механизмлерди ислеп шығыў;

-суд қарарларының қатаң орынланыўын тәмийинлеў, бул бағдарда мәмлекетлик уйымлар ҳәм жергиликли ҳәкимликлердиң жуўапкершилигин арттырыў;

-судьялар ҳәм суд хызметкерлеринде жоқары қарым-қатнас мәдениятын қәлиплестириў арқалы судқа мүрәжат еткен ҳәр бир пуқара ҳәм исбилерменде судтан, өз гезегинде болса мәмлекеттен разылық сезимин оятыў.

Стратегия шеңберинде әдил судлаўды тәмийинлеўдиң тийкарғы ўазыйпаларының белгилениўи «Инсан қәдири ушын» идеясы тийкарында ҳақыйқый әдил суд системасын қәлиплестириў ҳәм оның жумысын халық мәпи ҳәм инсан қәдирин нәтийжели қорғаўға хызмет қылады.

 

Жынаят ислери бойынша 
Тахтакөпир районы суды баслығы Д.Сражатдинов

Пробация есабында турған шахслар шәртли түрде азат етилди.

 

 

Жынаят ислери бойынша Қанлыкөл районы суды тәрепинен, Қанлыкөл районы ИИО Пробация есабында турған шахслар М.Муратбаев, Б.Пирманов, М.Аллашов, Б.Жумамуратов ҳәмде А.Мадреймовлар ислеген қылмысынан шын кеўилден пушайман болып, дүзелиў жолына өткенлигин есапқа алып, Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 73-статьясына тийкар өтелмеген жазасы мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилди.

 

 

Мақсет Бекимбетов,

Жынаят ислери бойынша Қанлыкөл район суды баслығы

 

 

Мектепти нызамсыз табыс табыў орнына айландырмайық

 

Соңғы жыллары мәмлекетмизде барлық тараўлар сыяклы билимлендириў тараўына да үлкен итибар қаратылған. Бул бағдарда бир қатар нызам ҳәм қарарлар қабыл етилип, усы ҳүжжетлер тийкарында билимлендириў шөлкемлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў,  оларды жетик қәнигелер менен тәмийинлеў, олардың билимин жетистириў бағдарында бир канша унамлы ислер әмелге асырылмакта.

Ҳәр бир инсан мектепте алған билими ҳәм устазлар тәрбиясы тийкарында өмир деп аталған гүзар жолға атланады. Бул жолларды сүрникпестен басып өтиўде шаңарақта ҳәм мектепте алған билим ҳәм тәрбия үлкен әҳмийетке ийе. Солай екен бул дәргайды қәстерлеп абайлаў ҳәр биримиздин миннетли ўазыйпамыз есапланады.

Бирақ, жәмийетимизде айырым нәпсиниң қулына айланган инсанлар да табылады. Соның ишинде жынаят ислери бойынша Елликкала районлық судында көрип шығылған жынаят исиндеги төмендеги жағдайлар кимди болса да ойландырыўы сөзсиз.

Жынаят исинде айыпланыўшы сыпатында катнастырылған С.Р алдын бир нешше мәрте аўыр түрдеги жынаятлар ислегени ушын оның жәмийеттеги жүрис-турысын қадағалаў мақсетинде 2022-жылдың 21-июнь күни жынаят ислери бойынша Беруний районлық суды тәрепинен ҳәкимшилик қадағалаўына алыныўына карамастан ол және бир нызамсыз иске қол урды.

Атап айтатуғын болсақ, С.Р. Елликқала районы “Сарабий” АПЖ аймағында жайласқан Қарақалпакстан Республикасы Мәденият Министрлигине қараслы 23-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде қараўыл болып ислеп жүрип, ғәрезли мақсетлерде усы мектеп ишинде кыз ҳәм жигитлерге жынысый қатнаста болыўына пуллы хызмет көрсетип шараят жаратып келген.

“Гүзе күнде емес, күнинде сынады”-дегениндей оның өзинше ҳеш кимге билдирмей ақша таўып жүремен деген нийети әмелге аспай, 2022- жылдың 9-октябрь күни “Д” исимли шахс пенен Б.А исимли шахстың өз-ара жынысый қатнаста болыўы ушын 100.000 сум есабынан мектептиң бир ханасын ажыратып, гезектеги пуллы хызметин көрсетип атырған жеринде ишки ислер бөлими хызметкерлери тәрепинен қолға алынған.

Әлбетте, бул жынаятлы ис бойынша С.Р ға нызамда белгиленген тәртипте тийисли жаза шарасы тайынланды.

Жоқарыда гүўасы болғанымыздай усы тараўдың жуўапкерли  ўәкиллериниң өз хызмет ўазыйпасына итибарсызлығы және бир жынаяттың келип шыгыўына себепши болғандай көринеди. Себеби, пуқара С.Р ды жумыска қабыллаў ўақтында оның шахсы тийисли тәртипте тексерилип алыныўы ҳәм бул мәкемеде жумыс ислеўи каншелли дурыс екенлигине азғана итибар қаратылыўы керек.

Солай екен бизиң ҳәр биримиз, бул жағдайлардан жуўмақ шығарып жынаятшылықтың алдын алыўда белсене қатнасыўымыз тийис.

 

О. Мауленов,

Жынаят ислери бойынша

Елликқала районлық судының баслығы.

ҚМУда “Жоқары оқыў орны Коррупциясыз тараў” атамасында тараў қәнигелери менен ушырасыў болып өтти

 

 

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде “Жоқары оқыў орны-Коррупциясыз тараў” атамасында тараў қәнигелери менен ушырасыў болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы бөлим прокуроры А.Зарипов Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық суды судьясы Р.Каукышев, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң тергеў басқармасы баслығы орынбасары Р.Игамбердиев, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги үгит-нәсият бөлими баслығы А.Отеўлиев, университет проректорлары, бөлим баслықлары, факультет деканлары, оқыў ислери бойынша декан орынбасары, Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары, топар тюторлары ҳәм университет профилактика инспекторлары қатнасты.

 

 

Ушырасыўды университет ректоры А.Реймов алып барып, ол өз сөзинде коррупция дүня көлеминде шешилиўи керек болған глобал машқалалардың бири екенлиги, бундай жаман иллет ҳәр қандай мәмлекет ҳәм жәмийеттиң сиясий еконмикалық раўажланыўына кери тәсирин көрсетип, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң аяқ асты болыўына алып келетуғынлығын, усындай унамсыз жағдайларға қарсы гүресиў бүгинги күн сиясатының әҳмийетли мәселелериниң бири екенлигин айтып өтти.

Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы бөлим прокуроры А.Зарипов сөзге шығып, коррупцияға қарсы гүресиў, оларға имканият жаратып берип атырған себеп ҳәм жағдайлардың алдын алыў бойынша бир қатар Нызамлар ҳәм нызам асты ҳүжжетлери қабыл етилгенлигин ҳәм айрым жоқары оқыў орынларнда коррупция менен байланыслы ҳалатлардың ушырасып атырғанлығын айтып, бәршени бундай жаман иллеттен аўлақ болыўға шақырды. Сондай-ақ, илажда сөзге шыққанлар коррупция –жәмийеттиң раўажланыўына кери тәсир етип қоймастан, елимиздеги ҳәрекет етип турған нызамларға исенимсизлик ҳәм оларға ҳүрметсизлик түсинигин пайда ететуғынлығын, сонлықтанда бул иллетке қарсы гүресиў ең алды менен ҳәр бир инсанның өзине байланыслы екенлигин, коррупциянын алдын алыўда жәмийетшилик қадағалаўын күшейтиў керек екенлигин айтып, бәршени бул жаман иллетке қарсы гүресиўде бийпарўа болмаўға шақырды.

 

 

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

 

 

 

 

Skip to content