Онлайн қабыллаўда 30 дан аслам пуқараның мүрәжаты тыңланды

 

Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы К.Тарихов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды баслығы А.Нурлипесовлар тәрепинен Бозатаў, Қараөзек, Кегейли, Нөкис районы пуқаралары ушын онлайн тәризде қабыллаў өткерилди.

 

Онда пуқаралардың суд қарарларына ҳәм басқа да мәселелерге байланыслы отыздан аслам мүрәжаты көрип шығылды.

 

Атап айтқанда, жер-мүлк, кадастр, ажырасыў, кредит, кепиллик, қарыздарлық ҳәм басқа да мәселелер бойынша көплеген мүрәжатлар билдирилди.

 

Бозатаў районындағы Еркиндәрья АПЖ дан Л.Қулымбетованың билдириўинше, Көкшиел елатындағы бурынғы мектептиң қасына қосымша жайлар көмек жолы менен салынған. Сол жайлардың бири оған берилген ҳәм ол жерде усы күнге шекем жасап келмекте. Усы қосымша жайлар мектептиң балансында қалып кеткен. Соң мектеп имараты бузылып алынып кетилген, ал сол жердеги қосымша жайлар бузылмай қалған. Сол қосымша жайларды мектептиң есабынан өзиниң атына өткериў бойынша ҳуқықый түсиник сорады.

 

Бозатаў ППЖ дан А.Бикеев 1 бас қара малын шопанға айына 60 мың сум есабынан бағыўға бергенин, бир айдан соң малы өлип қалғанын, келтирилген зыянды төлемей атырғанлығын билдирди.

 

Сондай-ақ, усы ППЖ дан М.Қожаназаров жасап турған жериниң берилиўи ҳақкындағы Бозатаў районы ҳәкими қарарының көширмеси мәмлекетлик архивтен табылмай атырғанлығынан наразылығын билдирди.

 

Бозатаў районынан С.Абипов автотранспорт басқарыў ҳуқықын мүддетинен алдын тиклеўин сорап мүрәжат етти.

 

Усы райондағы Көк суў АПЖ дан Қ.Қырықбаев 2018-жыл май айында қыйтақ жерине қызыл бурыш егиў бойынша кредит алғанын, бирақ, суў болмағанлығы себепли, еккен егини шықпай қалғанын мәлим етип, алған кредитин азайтып бериўин сорады. Себеби, еки ақлығына пособия алайын десе, атыңда кредит бар, деп АПЖ қайтарып жиберип атырған екен.

 

Кегейли районындағы Жылўанжап АПЖ дан Д.Атағуллаев жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети қарарынан наразы екенлигин билдирген болса, Мәденият МПЖ дан Е.Узақбергенов ҳәм Жилўанжап МПЖ дан М.Бекбаевалар турақ жай мәселеси бойынша мүрәжат етти.

 

Қабыллаў даўамында мүрәжатлардың көпшилиги өз орнында шешилип, тийисли мәсләҳәтлер берилди. Ал, айырым мүрәжатлар бойынша үйрениў жумыслары алып барылатуғынлығы белгиленип, орынланыўы қадағалаўға алынды.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

  • Leave a Reply

    Your email address will not be published. Required fields are marked *

Skip to content