Жер мүнәсибетлеринде теңлик ҳәм ашықлықты тәмийинлеў

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 08-июнь күниндеги «Жер мүнәсибетлеринде теңлик ҳәм ашықлықты тәмийинлеў, жерге болған ҳуқықларды исенимли қорғаў ҳәм оларды базар активине айландырыў иләжлары ҳаққында»ғы ПП-6243-санлы Пәрманы менен жер участкаларын ажыратыўдың ҳәмме ушын тең, ашық ҳәм базар принциплерине тийкарланған режимин енгизиў, жерге тийисли мүлкшилик ҳәм ҳуқықый мүнәсибетлерде турақлылықты тәмийинлеў, жерлерди қорғаў ҳәм жер ийелериниң мүлкшилик ҳуқықларын кепиллик бериўдиң жаңа ҳуқықый тийкары жаратылды.

 

Оған көре аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер мүлк ҳуқықы ҳәм ижәра ҳуқықы тийкарында электрон онлайн-аукцион арқалы реализация етилиўи белгиленди, соның менен бирге 2021-жылы 1-август күнинен баслап жергиликли мәмлекет ҳәкимияты уйымларының жер мүнәсибетлерине тийисли қарар, буйрық ямаса басқа түрдеги ҳүжжет қабыллаў ҳуқықы бийкар етилди.

 

Өзбекстан Республикасы Жер кодексиниң 23-статьясы жаңа редакциясында қабыл етилип, усы статьяның 2-бөлими, 1-бәнтинде жер участкаларын бериў яғный мүлк етип бериў аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын меншиклестириў ҳаққындағы нызамшылыққа муўапық, сондай-ақ жеке тәртипте турақ-жай қурыў ҳәмде үй-жайды абаданластырыў, исбилерменлик ҳәм қаласазлық искерлигин әмелге асырыў ушын электрон онлайн-аукцион жәрдеминде әмелге асырылыўы белгиленди.

 

Соның менен бирге жоқарыдағы Нызам менен Өзбекстан Республикасы Жер кодексиниң 27-статьясында жаңа редакцияда қабылланды. Оған көре Өзбекстан Республикасы пуқараларына жеке тәртипте турақ-жай қурыў ҳәм турақ-жайды абаданластырыў ушын 0,04 гектарға шекем жер участкалары электрон онлайн-аукцион арқалы мүлк ҳуқықы тийкарында реализация етиледи.

 

2021-жылы 15-ноябрь күни Өзбекстан Республикасының «Аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын меншиклестириў ҳаққында»ғы Нызамына көре, Өзбекстан Республикасының пуқарасы тәрепинен – жеке тәртипте турақ-жай қурыў ҳәм турақ-жайды абаданластырыў, соның менен бирге исбилерменлик ҳәм де қаласазлық искерлигин әмелге асырыў ушын өзине берилген ҳәм мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик қылыў, турақлы пайдаланыў ямаса ижәра ҳуқықы тийкарында өзине тийисли болған жер участкаларына салыстырғанда меншиклестириў ҳаққында арза бериледи. Жер участкасына болған турақлы пайдаланыў (ийелик қылыў) мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик қылыў ямаса ижәра ҳуқықы тийисли тәртипте Өзбекстан Республикасының юридикалық ҳәм физикалық шахсларға өткерилгенде оларға усы жер участкасын меншиклестириўге болған ҳуқықы да өтеди. Арза мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Өзбекстан Республикасы бирден-бир интерактив мәмлекет хызметлери порталы арқалы бериледи.

 

Жер участкаларына болған мүлк ҳуқықы ушын мамлекет ордери ҳуқықты белгилейтуғын ҳүжжет болып, ол меншиклестирилетуғын жер участкасының қунын төлеў толық ҳәм өз ўақытында әмелге асырылғаннан кейин бир ис күни ишинде Өзбекстан Республикасы мәмлекет активлерин басқарыў агентлиги тәрепинен бериледи.

 

Меншиклестирилетуғын жер участкасына болған жеке меншик ҳуқықы оған болған ҳуқық көшпес мүлк объектлерине болған ҳуқықлардың мәмлекет реестрине мағлыўматларды электрон тәризде кириў арқалы мәмлекетлик дизимнен өткерилген ўақыттан баслап жүзеге келеди.

 

Амир Нурлипесов,

Қарақалпақстан Республикасы

Ҳәкимшилик судының баслығы