Турақ жайға байланыслы тартыслар қалайынша тәртипке салынады?

 

Пуқаралық ислери бойынша судлар тәрепинен көрилетуғын ислердиң көпшилигин турақ жайға байланыслы даўалар қурайды. Бул бойынша нызамшылыққа әмел етиў пуқаралар, сондай-ақ, турақ жай фондын есапқа алыў, сақлаў, пайдаланыў ҳәм оңлаўды тәмийинлеў ўәкиллиги жүкленген мәмлекетлик уйымлар, кәрханалар, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң турақ жайға болған ҳуқықы менен мәплерин қорғаўдың әҳмийетли шәртлеринен бири болып есапланады. Сонлықтан да, судлар тәрепинен бундай категориядағы ислерди көриўде жуўапкершиликти және де асырыўы, даўлардың нызамлы көрилиўин толық тәмийинлеўи лазым.

 

Судлар тәрепинен турақ жайға байланыслы даўа арзаларды қабыл етиўде истиң судқа тийислилигин, талапкердиң бундай даўа арза менен судқа мүрәжат етиўге ўәкиллиги бар яки жоқ екенлигин тексерип, тийисли процессуал ҳәрекетлерди әмелге асырыўы зәрур.

 

Атап айтқанда, судлар турақ жайға байланыслы, жеке ҳәм мәмлекетлик турақ жай фондларына қараслы турақ жайларды ижараға бериўши ҳәм ижараға алыўшылар, олардың шаңарақ ағзалары арасындағы турақ жай мүнәсибетлери бойынша жүзеге келген даўларды, турақ жай қурыў яки турақ жай кооперативи менен пуқаралар арасындағы турақ жай мүнәсибетлеринен келип шығатуғын даўларды шешиў ўәкиллигине ийе. Сондай-ақ, мәмлекетлик турақ жай фондының турақ жайға берилген ҳүжжетти (ордерди) ҳақыйқый емес, деп табыў, ижара шәртнамасын өзгертиў ҳәм бийкарлаў ҳаққындағы, турақ жай кодексиниң 71-74, 79, 85-статьяларында көрсетилген тийкарлар бойынша турақ жайдан шығарыў менен ҳәм пуқаралық ҳуқық миннетлемелери тийкарында жүзеге келетуғын турақ жайға байланыслы, жер участкалары мәмлекет яки жәмәәт зәрүрликлери ушын алып қойылыўы менен пайда болатуғын даўларды шешиў ўәкиллигине ийе.

 

Мүлк ийеси, оның шаңарақ ағзалары, ижарашы ҳәм оның ер жеткен шаңарақ ағзалары арасында турақ жай мәселесинде келип шыққан даўлар (жайға киргизиў, турақ жайдан пайдаланыў ҳуқықын жоғалтқан, деп табыў, жайдан шығарыў) суд тәртибинде көриледи ҳәм бул категориядағы ислерди көриўде даўлы жайда жасаўшы ер жеткен барлық шахслар тийислилиги бойынша иске тартылыўы лазым.

 

Мүлк ийесине байланыслы турақ жайда жасаў ҳуқықын жоғалтқан, деп табыўға жол қойылмайды.

Нотариал тәртипте дүзилген турақ жай шәртнамасында сатыўшы ҳәм оның шаңарақ ағзаларының турақ жай есабынан шығып кетиў мүддети көрсетилген болса, сол мүддет тамамланған күннен баслап, олар турақ жайдан пайдаланыў хуқықын жоғалтқан болып есапланады.

 

Үлесли мүлктеги турақ жайларды бөлиўде мүлк ийелери өз-ара келисе алмағанда ғана суд тәртибинде шешиледи.

 

Үлесли мүлк болған турақ жайлар мүлк ийелерине олардың үлесин натура ҳалында ажыратып бериў орнына басқа мүлк ийеси тәрепинен компенсация төлениўине мүлк ийелериниң келисими менен жол қойылады. Мүлк ийелериниң үлеси сол турақ жайға байланыслы басқа мүлк ийесиниң үлесинен бир қанша кем болса, үлести тең бөлистириўдиң имканияты болмаса, мүлк ийеси даўлы жайда жасамай атырған болса, ол басқа турақ жай менен тәмийинленген болса, мүлктен пайдаланыўдан үлкен мәпке ийе болмаған жағдайларда суд усы мүлк ийеси келисим бермеген жағдайда да үлесли мүлктиң қалған қатнасыўшыларына усы мүлк ийесине компенсация төлеў миннетлемесин жүклеўи мүмкин.

 

Мәселен, даўагер С.Ж. жуўапкер З.С. ға қарата турақ жайдан үлес алыў ҳаққындағы даўа арзасы менен судқа мүрәжат еткен.

 

Пуқаралық ислери бойынша районлараралық судының шешиўши қарары менен даўа қанаатландырылып, даўагер С.Жның пайдасына жуўапкер З.С.дан 27 миллион 471 мың сум өндириў, даўлы жайды натура ҳалында жуўапкер З.С.ға қалдырыў белгиленген.

 

Ис ҳүжжетлерине қарағанда, даўагер С.Ж. ҳәм жуўапкер З.С. 1996-жылы турмыс қурған, орталарындағы неке 2007-жылы нызамлы түрде рәсмийлестирилген. Тәреплер өз-ара келиспеўшилик себепли 2015-жылы август айынан берли бирге жасамайды. 2016-жыл 15-сентябрь күнги судтың шешиўши қарары менен тәреплер нызамлы некеден ажыратылған ҳәм олардың некеден ажыратылғанлығы ПҲАЖ бөлиминде дизимге алынған. Тәреплердиң некеде болған дәўиринде, яғный 2009-жыл 9-февраль күни районлық мәмлекетлик нотариал кеңсесинде тастыйықланған турақ жайдың алды-сатты шәртнамасына тийкарланып 21-киши райондағы жайлардың биринен квартира сатып алынған ҳәм жуўапкер З.С.ның атына мүлк ҳуқықы мәмлекетлик дизимнен өткерилген.

 

Даўагер жуўапкер менен неке даўамында алынған бул даўлы жайдан үлес ҳуқықына ийе екенлигин 2016-жылы сентябрь айында билген болса да, судқа 2022-жыл 6-ноябрьде мүрәжат еткен.

 

Жуўапкер З.С. даўа мүддетин өткерип жибергенлиги себепли даўа мүддетин қоллаўды сорап судқа арза менен мүрәжат еткен.

 

Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодекси 27-статьясының 9-бөлимине муўапық, некеден ажыратылған ерли-зайыплының улыўмалық мүлкти бөлиў ҳаққындағы талапларына байланыслы үш жыллық даўа мүддети қолланылады. Биринши инстанция суды усы нызам талапларын итибарға алмастан даўаны қанаатландырыў ҳаққында надурыс шешим қабыл еткен. Сол себепли апелляция инстанциясының уйғарыўы менен биринши инстанция судының шешиўши қарары бийкар етилип, даўаны қанаатландырмастан қалдырыў ҳаққында жаңа шешим қабыл етилген.

 

Саодат Каипназарова,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

Ақ жағыслы турғынлардың пикир-усыныслары тыңланды

 

Нөкис қаласындағы Ақ жағыс мәкан пуқаралар жыйынында аймақ турғынларының қатнасыўында Конституциялық реформалардың мазмуны ҳәм әҳмийетин түсиндириўге бағышланған ушырасыў өткерилди.

 

Онда Жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық судының судьясы И.Калниязов, МПЖ баслығы Т.Алланиязов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, ҳәзирги ўақытта елимизде үлкен сиясий процесс басланғанлығын, атап айтқанда, усы жылдың 30-апрель күни киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалар менен жаңаланған Өзбекстан Республикасы Конституциясы бойынша Өзбекстан Республикасында улыўма халықлық референдум өткериў белгиленгенлигин атап өтти.

 

Конституциялық реформалардың мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.

 

Атап өтилгениндей, соңғы алты жылда ерискен табысларымызды, атап айтқанда, экономика, инсан ҳуқықлары, әдил судлаў, сөз ҳәм диний еркинлик, социаллық қорғаў тараўларындағы жүзлеген шеклеўлерди алып таслаў, нақ пул, валюта, кредит, дебитор-кредитор мәселелериндеги машқалаларды шешиў, қоңсы мәмлекетлер менен қатнасықларымызды жақсылаў сыяқлы жетискенликлеримизди исенимли конституциялық қорғаў арқалы тәмийинлеўимиз керек. Усы ерисилген табыслар, ҳуқық ҳәм еркинликлерден тек ғана ҳәзирги емес, ал, келешек әўладларымыз да емин-еркин пайдаланыўы ушын оларды, әлбетте, Конституцияда белгилеп қойыўымыз зәрүр.

 

Булардың барлығы ушын беккем ҳуқықый тийкар зәрүр ҳәм Жаңа Өзбекстанға жаңаланған Конституция керек.

 

Конституцияның тексти илимпазлар ямаса қәнигелер тәрепинен кабинетлерде жазылмады. Ал, дәслеп халқымыздың пикири, усыныслары еки басқышта үйренилди. Соннан кейин Конституция жойбары таярланды.

 

Тийкарғы  нызамымыздың 65 процент тексти халқымыздың усыныслары тийкарында жаңаланды. Өзбекстан – социаллық мәмлекет, деп белгиленбекте. Социаллық бул – инсанға итибар ҳәм ғамхорлық, дегени.

 

Илажда аймақ турғынларының пикир-усыныслары тыңланып, қызықтырған сораўларына жуўап алды.

 

Усы мазмундағы ушырасыўлар орынларда даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

Конституциялық реформалардың мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында ушырасыў болып өтти

 

Нөкис қаласы «Қутлы қоныс» мәкан пуқаралар жыйынында аймақ турғынларының қатнасыўында Конституциялық реформалардың мазмуны ҳәм әҳмийетин түсиндириўге бағышланған ушырасыў өткерилди.

 

Онда Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы Г.Зарипова, МПЖ баслығы Г.Бердиниязова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, ҳәзирги ўақытта елимизде үлкен сиясий процесс басланғанлығын, атап айтқанда, усы жылдың 30-апрель күни киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалар менен жаңаланған Өзбекстан Республикасы Конституциясы бойынша Өзбекстан Республикасында улыўма халықлық референдум өткериў белгиленгенлигин атап өтти.

 

Конституциялық реформалардың мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.

 

Атап өтилгениндей, соңғы алты жылда ерискен табысларымызды, атап айтқанда, экономика, инсан ҳуқықлары, әдил судлаў, сөз ҳәм диний еркинлик, социаллық қорғаў тараўларындағы жүзлеген шеклеўлерди алып таслаў, нақ пул, валюта, кредит, дебитор-кредитор мәселелериндеги машқалаларды шешиў, қоңсы мәмлекетлер менен қатнасықларымызды жақсылаў сыяқлы жетискенликлеримизди исенимли конституциялық қорғаў арқалы тәмийинлеўимиз керек. Усы ерисилген табыслар, ҳуқық ҳәм еркинликлерден тек ғана ҳәзирги емес, ал, келешек әўладларымыз да емин-еркин пайдаланыўы ушын оларды, әлбетте, Конституцияда белгилеп қойыўымыз зәрүр.

 

Булардың барлығы ушын беккем ҳуқықый тийкар зәрүр ҳәм Жаңа Өзбекстанға жаңаланған Конституция керек.

 

Конституцияның тексти илимпазлар ямаса қәнигелер тәрепинен кабинетлерде жазылмады. Ал, дәслеп халқымыздың пикири, усыныслары еки басқышта үйренилди. Соннан кейин Конституция жойбары таярланды.

 

Тийкарғы  нызамымыздың 65 процент тексти халқымыздың усыныслары тийкарында жаңаланды. Өзбекстан – социаллық мәмлекет, деп белгиленбекте. Социаллық бул – инсанға итибар ҳәм ғамхорлық, дегени.

 

 

Илажда аймақ турғынларының пикир-усыныслары тыңланып, қызықтырған сораўларына жуўап алды.

 

 

 

 

Нызамлы мәплерди қорғаў кепилликлери күшейтилмекте

Мүнәсибет

Усы жылдың 16-январь күни Президентимиздиң  «Әдил судлаўға ерисиў имканиятларын және де кеңейтиў ҳәм суд жумысларының нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.

Усы пәрманға муўапық, 2023-2026-жылларға мөлшерленген суд системасын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўдың қысқа мүддетли Стратегиясы  тастыйықланды.

Стратегия шеңберинде әдил судлаўды тәмийинлеўдиң тийкарғы ўазыйпалары етип  «Инсан қәдири ушын» идеясы тийкарында ҳақыйқый әдил суд системасын қәлиплестириў ҳәм оның жумысын  халық мәпи ҳәм инсан қәдирин нәтийжели қорғаўға қаратыў, әдил суд қарарларының қабыл етилиўине ерисиў арқалы халықтың, соның ишинде, исбилерменлердиң суд системасына болған исенимин беккемлеў, ҳәр бир шахс суд ҳәм судьялар тымсалында исенимли қорғаўшысын көриўине ерисиў, пуқаралар ҳәм исбилерменлерге өз ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин судларда  қорғай алыўы ушын барлық имканиятларды жаратыў ўазыйпалары белгиленди. Сондай-ақ, суд жумысларын алып барыўда тартысыў ҳәм тәреплердиң теңлиги принциплерин толық жүзеге шығарыў,  судлардың  әдиллигин әмелде тәмийинлеўге қаратылған нызамшылықты жетилистириў, судлардың жумысын  толық санластырыў, жасалма интеллект технологияларын енгизиў, уйымлар аралық электрон мағлыўмат алмасыўды жақсылаў, суд мәжилислеринде аралықтан турып қатнасыў имканиятларын кеңейтиў, судьялардың  бийғәрезлиги ҳәм қол қатылмаслығы кепилликлерин күшейтиў, судқа ҳүрметсизлик етиў ҳәм суд жумысына араласыў жағдайларының алдын алыў бойынша нәтийжели механизмлерди ислеп шығыў, суд қарарларының қатаң орынланыўын тәмийинлеў, бул бағдарда мәмлекетлик уйымлар ҳәм жергиликли ҳәкимликлердиң жуўапкершилигин арттырыў, судьялар ҳәм суд хызметкерлеринде  жоқары қарым-қатнас мәдениятын қәлиплестириў арқалы судқа мүрәжат еткен ҳәр бир пуқара ҳәм исбилерменде судтан, өз гезегинде болса мәмлекеттен разылық сезимин оятыў миннетлемелери белгиленди.

Сондай-ақ, пәрман районлараралық, районлық, қалалық судлары тәрепинен биринши инстанцияда көрилген  ислерди ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген судларда апелляция яки кассация тәртибинде қайта көрип шығыў, ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген судлар тәрепинен апелляция ямаса кассация тәртибинде көрилген ислерди усы судларда қадағалаў тәртибинде  қайта көрип шығыў, ал кассация тәртибинде көрилген ислерди усы судларда қадағалаў тәртибинде қайта көрип шығыў, жоқары инстанция судлары тәрепинен ислерди жаңадан көриў ушын төменги судларға жибериў тәртибин бийкарлаў ҳәм оларға ис бойынша жуўмақлаўшы қарар қабыл етиў жуўапкершилиги жүкленбекте.

Буннан тысқары, пәрманда судьялардың ҳақыйқый бийғәрезлигин тәмийинлеў мақсетинде олардың жумысына ҳәр қандай араласыўдың қатаң жазаланатуғыны, судьялардың  қәўетерсиз ислеўи ушын мәмлекет тәрепинен барлық шараятлар жаратылатуғыны атап өтилген.

Судтың бийғәрезлиги ҳәм судьяларға қол қатылмаслығын тәмийинлеўди күшейтиў бойынша судқа ҳүрметсизлик етиў жағдайларының алдын алыўдың нәтийжели механизмлерин ислеп шығыў, оның ушын  ҳәкимшилик жуўапкершилик илажларын күшейтиў ҳәм жынайый жуўапкершилик белгилеў, суд ислерин шешиўге  араласқаны  ҳәм суд ҳүжжетин орынламағаны ушын жуўапкершилик илажларын күшейтиў, сондай-ақ, суд ҳүжжетлериниң  орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған тәсиршең механизмлерди  енгизиў, әдил судлаўды әмелге асырыў жумысына араласқанлығына байланыслы ҳәр бир жынаят исиниң жуўмағы бойынша жәмийетшиликти ғалаба хабар қураллары арқалы мәжбүрий түрде хабардар етиў тәртибин  енгизиў белгиленбекте. Судьяға тийисли турақ жайдың қол қатылмаслығына, жазыўлар, телефон арқалы сөйлесиўлер ҳәм басқа да сөйлесиўлер, байланыс тармақлары арқалы жиберилетуғын почта, курьерлик жөнетпелер ҳәм телеграф хабарларының сыр сақланыўына болған ҳуқықларды шеклеўши, сондай-ақ, абонентлер ямаса абонент қурылмалары арасындағы байланыслар ҳаққындағы мәлимлемени алыўдан ибарат оператив-излеў илажларының өткерилиўине тек ғана Бас прокурордың санкциясы тийкарында жол қойылыўын белгилеў, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң процессуаллық характерге ийе болмаған, ҳуқықый түсиник бериў бағдарындағы мәселелер бойынша мүрәжатларын әдиллик уйымлары тәрепинен көрип шығыў әмелиятын жолға қойыў белгиленбекте.

Жәнеде соны айтып  өтпекшимен, Өзбекстан Судьялар Ассоциациясына халықтың арасында суд ҳәкимиятының унамлы имиджин қәлиплестириўде белсене қатнасыў, ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда судьялардың жумыслары бойынша нызамға қайшы ҳәм тийкарсыз жәрияланған ҳәр бир жағдайға  суд ҳәкимиятының ветеранлары  тәрепинен объектив түрде ҳәм жеделлик пенен мүнәсибет билдирип барыў, судьялар ҳәм суд ҳәкимиятының ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў мәселелери бойынша судларға мүрәжат етиў усыныс етилмекте.

Мәмлекет басшысының бул пәрманы «Жаңа Өзбекстан – жаңа суд» принципи шеңберинде халықтың әдил судлаўға ерисиў имканиятларын және де кеңейтиўге,  суд-ҳуқық системасын реформалаўды жеделлестириўге, тараўға алдыңғы халықаралық стандартларды енгизиўге, суд ҳәкимиятының ҳақыйқый ғәрезсизлигин тәмийинлеўге, сондай-ақ, судлардың жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў менен бир қатарда пуқара ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў кепилликлерин күшейтиў имканиятын береди.

 

Саодат Каипназарова,

Қарақалпақстан Республикасы суды

судьясы.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

Қыйсық жолға жетелеген қыңыр ис

 

Мәмлекетимизде жаслар өзлери таңлаған қәнигелиги бойынша жоқары яки орта арнаўлы мағлыўматқа ийе болыўы ушын оқыўға тест сынақлары арқалы қабылланып атыр. Соңғы жылларда тест сынақларында бир қатар жеңилликлер де жаратылмақта. Усындай жеңилликлерден көпшилик жасларымыздың утымлы пайдаланып атырғаны олар ушын да, ата-аналары ушын да қуўанышлы, әлбетте.

 

Әттең, айырым өз перзентиниң билимине исенбеген, билиминиң төменлиги арқасында нызамсыз жолларды излей баслаған ата-аналар, ҳәттеки олардың усы сыяқлы кемшиликлеринен пайдаланып қалыўды кеўиллерине түйген заманласларымыз бүгинги күни арамызда аз болса да ушыраспақта.

 

Пайтахтымыз турғыны болған С.Валида Нөкис қаласындағы Орайлық дийқан базарындағы дүканлардың биринде саўда-сатық пенен шуғылланып жүргенинде, өзине алдыннан таныс болған пуқара Шолпан күтпегенде оннан мәсләҳәт сорап қалады. Мәсләҳәти соннан ибарат, оның еки жақын ағайинин медицина колледжине оқыўға «киргизиў» керек болады. Сонда Валида да ҳеш екиленбестен, ол жерде жақсы танысларының бар екенин, олар менен сөйлесип көрип, бул мәселени шешиўге ҳәрекет ететуғынын айтады.

 

«Нәпсим мениң бәледур, жанған отқа саладур» дегендей, усы себеп пенен ортада азы-кем пул ислеп қалыўды ойлаған Валида сол күни дәрҳал Шолпанға қоңыраў етип, оқыў орны менен сөйлескенин, сол еки ағайинин тек ғана 6 миллион сум пул менен оқыўға киргизип бере алатуғын адамды тапқанын айтып билдиреди.

 

Арадан еки күн ўақыт өткеннен кейин, өз-ара келисимге бола, Валида Шолпанға және қоңыраў етип, оқыўға кириўге разылығын сорайды ҳәм айтылған пул таяр болса базарға алып келсе болатуғынын айтып, оны өзлери алдыннан келисилген орында күтип алады. Валида өзлери ўәделескен пулды Шолпанның алып келгенине исенгеннен кейин, сол оқыў орнының хызметкери болған Сулыўханды усы мәселеде шақырып, оған 6 миллион сумды тапсырады.

 

Халқымыздағы «Бузаўдың жуўырғаны сабанханаға шекем» деген даналық гәптиң де мәниси терең екенин олар, әттең, кеш түсинди. Өйткени, нызамсыз жоллар менен қолға киргизген бул пулларды алған ўақтында ўақыя орнына прокуратура, департамент ҳәм ишки ислер уйымларының тийисли тараў хызметкерлери жетип келген еди… Демек, қыңыр иске қол урғанлар өз ўақтында қолға алынды.

 

Өзиңиз гүўасы болғаныңыздай, бул ўақыя арқалы бир заманласымыз нызам алдында жуўапкершиликке тартылып, әтираптағылардың алдында басы ийилген ҳалында уятлы болып та қалды. Солай екен, келешекте бундай қыңыр иске қол урмастан алдын терең ойланыў тийис екенин умытпайық. Сондай-ақ, балаларымызды бундай жолларға емес, керисинше, терең билим ийелеўге қуштар етип тәрбиялайық. Себеби, мәмлекетимиздиң айдын келешеги сол жаслардың қолында.

 

(Мақалада адамлардың атлары өзгертилди)

Махмут БАЙНИЯЗОВ,

Жынаят ислери бойьшша Нөкис қаласы судының судьясы.

Көшпели қабыллаўда суд-ҳуқық тараўына байланыслы мүрәжатлар көрип шығылды

 

Әмиўдәрья районында Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды, Қарақалпақстан Республикасы судлары судьялары квалификациялық коллегиясы,  Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, Жаслар ислери агентлиги, «Нураный» қоры басшыларының қатнасыўында көшпели қабыллаў өткерилди.

 

 

Онда 12 пуқара қабыл етилип, олар тәрепинен билдирилген мүрәжатлардың екеўи жынаят, бесеўи пуқаралық, төртеўи ҳәкимшилик, биреўи экономикалық ислер бойынша судларға тийисли мәселелерди қурады.

 

Атап айтқанда, райондағы Пәраўан МПЖдан Муратбай Уразматов ҳәм Наўайы МПЖдан Муҳаббат Бабажанова  ислеген мийнет стажлары тийисли тәртипте мийнет стажына қосылмағанлығы бойынша тийисли мәкемелердиң ис-ҳәрекетлери бойынша, Гүлзар МПЖдан Мунира Юлдашева жай салыў ушын жер сатып алғанын, оны рәсмийлестириўде бир қатар машқалалар пайда болып атырғанын,  Жаңа абат МПЖдан Света Утабаева Жынаят ислери бойынша Әмиўдәрья районлық судының қабыл еткен ҳүкиминен наразы екенлигин билдирип мүрәжат етти.

 

 

Қабыллаўда айырым мүрәжат бойынша тийисли ҳуқықый түсиниклер берилип, айырымлары өз орнында шешимин таўып, қанаатландырылды.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

Китап ярмаркасы шөлкемлестирилди

Қарақалпақстан Республикасы суды имаратында юридикалық әдебиятлар китап саўда ярмаркасы өткерилди.

Ярмарка даўамында барлық судьялар ҳәм суд хызметкерлери тәрепинен соңғы өзгерис ҳәм қосымшалар менен баспадан шығарылған рәсмий басылымдағы Өзбекстан Республикасының кодекслери баспа баҳасында сатылды.

– Бул ярмарка Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы «Әдалат» миллий ҳуқықый мәлимлеме орайы ҳәм  Қарақалпақстан Республикасы суды менен биргеликте шөлкемлестирилди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы судының жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыслар бойынша бас консультанты Гүлзар Джумагулова.

Бундай илажлар судьялардың ҳәм басқа да тараў хызметкерлериниң нызамшылықтағы соңғы өзгерислер менен танысыў, жаңадан баспадан шығарылған китаплар ҳаққында билиў, арзан баҳада сатып алып күнделикли жумысында пайдаланыў имканиятын береди.


Ярмарка даўамында судьялар, суд аппараты хызметкерлери,  китап оқыўшыларға мәлимлеме орайы тәрепинен басқа юридикалық әдебиятлар да усынылды.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

Хожели районы «Таскөпир» МПЖ имәратында көшпели суд мәжилиси болып өтти

 

ЖИБ Хожели район суды баслығы И.Алланиязов тәрепинен Хожели районы «Таскөпир» МПЖ имәратында көшпели суд мәжилиси болып өтти.

Усы көшпели судқа Хожели районы ИИБ баслығы тәрепинен келтирилген усынысларды көрип шықты. Усыныста районлық ИИБ ЖҚХ Пробация топары есабында жаза өтеп атырған 5 шахс өзлериниң қылған қылмысын түсинип жетип, туўры жолға түскенлиги ушын мүддетинен алдын шәртли рәўиште азат етилди. Өткерилген көшпели судта 1 шахс суд тәрепинен тайынланған жазаны өтеўден бас тартып, жаза өтеў шәртлерин бузып, өзине тийисли жуўмақ шығармай жүргенлиги себепли жазасы еркинен айырыў жазасына алмастырылды.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды 

«Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде суд хызметкерлери

 

 

Жынаят ислери бойынша Елликқала районы суды жәмәәти де «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде белсендилик көрсетип, суд әтирапындағы жерлерге ислеў берип, декоратив терек нәллерин егиў ҳәм абаданластырыў жумысларын әмелге асырды.

 

 

 

Қарақалпақстан Республикасы суды 

“Инсан ҳуқықлары – жоқары қәдрият” атамасында ушырасыў өткерилди

  Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 7-февраль күнги “Өзбекстанда инсан ҳуқықлары тараўындағы миллий билимлендириў бағларламасын тастыйықлаў ҳаққында”ғы ПҚ-46-санлы қарары қабыл етилген еди.

 

 

Усы қарарға муўапық, Елликқала районы халық билимлендириў бөлиминде сәўбетлесиў илажы болып өтти.

Илажда жынаят ислери бойынша Елликқала районы судының баслығы О.Мауленов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде инсан ҳуқықларын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында сөз етти.

 

 

Атап өтилгениндей, Өзбекстанда инсан ҳуқықларын тәмийинлеў, қорғаў ҳәм оған бойсыныў мәселелери мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағларларынан есапланады. Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасының Миллий стратегиясы шеңберинде жеке, сиясий, экономикалық, социаллық ҳәм мәдений ҳуқықларды тәмийинлеў бойынша мақсетли илажлар әмелге асырылмақта.

 

2020-2024-жылларда инсан ҳуқықлары тараўындағы Жәҳан билимлендириў бағдарламасының төртинши басқышы әмелге асырылмақта. Усы басқыш жасларды теңлик, инсан ҳуқықларына әмел етиў ҳәм кемситпеў руўхында тәрбиялаў ҳәм инклюзив, тыныш жәмийетти жаратыўға мүмкиншилик бериўши билим бериўге қаратылған.

 

Атап өтилген Президент қарары тийкарында Миллий билимлендириў бағдарламасы ҳәм оны әмелге асырыў бойынша “Жол карта” тастыйықланды.

 

Буннан мақсет – БМШтың Инсан ҳуқықлары тараўында билимлендириў ҳәм тәрбия ҳаққындағы Декларациясының қағыйдалары ҳәм инсан ҳуқықлары тараўындағы Жәхан билимлендириў бағдарламасының төртинши басқышын әмелге асырыў, сондай-ақ бул ҳаққында халықты хабардар етиўден ибарат.

 

 

Ушырасыў қызғын даўам етип, илаж қатнасыўшылары тараў ўәкиллеринен инсан ҳуқықларын исенимли қорғаў ҳәм суд-ҳуқық тараўы менен байланыслы өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

 

 Оразбай Мауленов,

Жынаят ислери бойынша

Елликқала районы судының баслығы                                      

 

Skip to content