«Инсан ҳуқықлары ҳәптелиги» шеңберинде «Судья ҳәм жаслар» ушырасыўы өткерилди

 

Қарақалпақстан Республикасы судында Нөкис «Темурбеклер мектеби» әскерий-академиялық лицейинде усы атамада ушырасыў кешеси өткерилди.

 

Онда Нөкис районлараралық экономика суды судьясы Б.Баймуратов, Нөкис қаласы прокурорының аға жәрдемшиси А.Асенбаева, Нөкис районлараралық суды судьялары Г.Баймуратова, Р.Жумабаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, нызамлардан ҳуқықый түрде пайдаланыў ҳаққында  түсиниклер берилди.

 

 

Атап өтилгениндей, Өзбекстанда инсан ҳуқықларын тәмийинлеў, қорғаў ҳәм оған бойсыныў мәселелери мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарларынан болып, Миллий стратегия шеңберинде жеке, сиясий, экономикалық, социаллық ҳәм мәдений ҳуқықларды тәмийинлеў бойынша мақсетли илажлар әмелге асырылмақта.

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 7-февраль күнги ПҚ-46-санлы қарары тийкарында Инсан ҳуқықлары тараўындағы Миллий билимлендириў бағдарламасы ҳәм оны әмелге асырыў бойынша «жол карта» тастыйықланды.

 

Баслы мақсет – БМШ тың Инсан ҳуқықлары тараўында билимлендириў ҳәм тәрбия ҳаққындағы Декларациясының қағыйдалары ҳәм инсан ҳуқықлары тараўындағы Жәҳән билимлендириў бағдарламасының төртинши басқышын әмелге асырыў болып есапланады. Сондай-ақ, халықтың инсан ҳуқықлары менен еркинликлери ҳаққындағы миллий ҳәм халықаралық стандартлар бойынша хабардарлығын арттырыўдан ибарат.

 

 

Илажда студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

  • Leave a Reply

    Your email address will not be published. Required fields are marked *

Skip to content