БАЛАЛАРДЫ ЗОРЛЫҚТЫҢ БАРЛЫҚ ТҮРЛЕРИНЕН ҚОРҒАЎ – МӘМЛЕКЕТ СИЯСАТЫНЫҢ ТИЙКАРҒЫ БАҒДАРЫ
Бизге белгили, 2025-жыл 24-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен «2026-2030-жылларға мөлшерленген Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы Пәрман қабыл етилди. Бул ҳүжжет мәмлекетимизде балалардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў жолында әҳмийетли ҳәм тарийхый қәдем сыпатында тән алынбақта.
Бул Пәрман тек ғана рәсмий-ҳуқықый ҳүжжет болып қалмастан, ал ҳәр бир баланың тыныш, саламат ҳәм бахытлы балалыққа болған ҳуқықын тәмийинлеўге қаратылған кең көлемли мәмлекетлик стратегия болып есапланады. Себеби, балалар – жәмийеттиң ең нәзик, ең қорғаўға мүтәж қатламы есапланады.
Тилекке қарсы, турмыста балалар ҳәр қыйлы түрдеги зорлыққа дус келиўи мүмкин. Соннан:
-шаңарақтағы қатаңлық ҳәм итибарсызлық,
-мектеп ямаса жәмийетлик орынларда кемситиў ҳәм басым өткериў,
-Интернет мәканындағы кибербуллинг,
-психологиялық ямаса физикалық күш көрсетиў жағдайлары.
Бурын да мәмлекетимизде балалар ҳуқықларын қорғаўға қаратылған нызамлар бар еди. Бирақ жаңадан қабыл етилген Пәрман бул машқалаға системалы, комплексли ҳәм узақ мүддетли қатнас жасаўды усыныс етпекте. Яғный, зорлық ақыбетлери менен гүресиў емес, ал оның алдын алыў, қәўипли факторларды сапластырыў стратегияның тийкарғы мақсети сыпатында белгиленген.
2026-2030-жылларға мөлшерленген бул стратегияның бас мақсети – балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў, олар ушын қәўипсиз орталық жаратыў және ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин толық тәмийинлеўден ибарат.
Бул болса төмендегилерди аңлатады:
-ҳәр бир бала өзин қорғалған сезиниўи керек;
-баланың пикири ҳәм даўысы еситилиўи шәрт;
-машқалаға дус келген бала ҳеш қашан жәрдемсиз қалмаўы керек.
Стратегияда бир қатар әҳмийетли жаңалықлар ҳәм тийкарғы бағдарлар белгилеп берилген. Соның ишинде, барлық қарарлар қабыл етилиўинде «баланың ең жақсы мәпи» тийкарғы өлшем сыпатында белгиленбекте. Яғный, ҳәр қандай илаж бәринен бурын балаға зыян жеткермеўи, керисинше, оның мәпине хызмет етиўи керек.
Пәрманда тек ғана жазалаўшы илажлар емес, ал профилактикаға қаратылған механизмлер де айрықша орын алған. Атап айтқанда:
ата-аналардың бала тәрбиясы бойынша ҳуқықый ҳәм психологиялық саўатлылығын арттырыў,
билимлендириў мәкемелеринде психологиялық хызметлерди күшейтиў,
балаларға өз ҳуқықлары ҳәм қорғаў механизмлери ҳаққында түсиник бериўге қаратылған илажлар белгилеп берилген.
Сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар арасындағы бирге ислесиў мәселеси де жаңа басқышқа алып шығылмақта. Енди балалар менен байланыслы машқалалар билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, ишки ислер, социаллық қорғаў ҳәм суд уйымлары арасында өз-ара аўызбиршилик ҳәм мәлимлеме алмасыў тийкарында шешиледи.
Зорлыққа ушыраған ямаса қәўип астындағы балалар кимге мүрәжат етиўин, қай жерден ҳәм қандай жәрдем алыўын билиўи ушын аңсат, исенимли ҳәм нәтийжели қорғаў системаларын енгизиў де стратегияның әҳмийетли бағдарларынан бири есапланады.
Жуўмақлап айтқанда, бул Пәрманның орынланыў процесинде баланы тәрбиялаў ҳәм оны қорғаў тек ғана шаңарақтың емес, ал пүткил жәмийеттиң жуўапкершилиги екенлиги және бир мәрте тастыйықланбақта. Мәмлекет бул ҳүжжет арқалы ҳәр бир баланың тәғдирине бийпәрўа емеслигин, оны тыңлаўға, қорғаўға ҳәм ҳәр бир жас өспирим шахс ушын жуўапкершиликти өз мойнына алыўға таяр екенин көрсетпекте.
Хамра БЕРДИКЛИЧЕВ,
Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы






