ДЫҚҚАТ ТАҢЛАЎ

Қарақалпақстан Республикасы судының кадрлар резервине таңлаў жәрияланады.

 

Таңлаўда жоқары юридикалық мағлыўматқа, қәнийгелиги бойынша 2 жыллық үзликсиз мийнет стажына, соннан район (қала), районлараралық судларда 1 жыллық мийнет стажына ийе болған Ɵзбекстан Республикасы пуқаралары қатнасыўы мүмкин.

 

Таңлаўда қатнасыўды қәлеўшилер 2022-жыл 03-июнь күни саат 16:00 ге шекем Қарақалпақстан Республикасы судына арза менен тɵмендеги ҳүжжетлерди қосымша еткен ҳалда мүрәжаат етиўи мүмкин:

 

– талабанның объективкасы ҳәм жақын туўысқанлары ҳаққында мағлыўматнама;

 

– дипломның нусқасы (сырт елде оқығанлығы ҳаққындағы дипломға, диплом тән алынғанлығы ҳәм нострификация етилгенлигин тастыйықлаўшы гүўалық);

 

– талабанның паспорт нусқасы;

 

– мийнет дәптершеси нусқасы.

 

Таңлаўда Ɵзбекстан Республикасы Жоқарғы судының веб-сайтына жайластырылған сораўлардан пайдаланылады: http://sud.uz/аттестация-саволлари

 

Байланыс ушын телефон номери: (55) 102-40-42 (129)

Электрон почта мәнзили: qrs.kadr@sud.uz

 

Таңлаўды ɵткериў ўақты ҳаққында қосымша хабар етиледи.

 

Мәнзил: Нɵкис қаласы, И.Каримов кɵшеси 122-жай

 

Мағлыўмат ушын: Қарақалпақстан Республикасы судының судья аға жәрдемшиси (Ɵзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы мектебинде оқыўда болғанлығы ушын ўақтынша вакант) лаўазымы вакант.

 

 

Некеден ажыратыў ҳаққындағы арза қанаатландырылмастан қалдырылды

Шаңарақ муқаддес дәргай. Ата-бабаларымыз әзелден шаңарақты усылай қадирлеп, онда перзентлердиң дүньяға келип, әўладлар даўамлылығының беккем қорғаны сыпатында қәдирлеп келген. Шаңарақта әке басшы, ана болса оның орынбасары, перзентлери мине усы шаңарақтың беккемлигин ҳәм аўызбиршилигин тәмийинлеўде әҳмийетли роль тутады.

 

Малика менен Манас (атлары өзгертилген) 2008-жылы жақсы нийетлер менен бир көпшикке бас қойып, турмыс қурады. Бул еки жас жубайдың мухаббаттың қүдиретинен жүреклери шәўкилдеп, турмыс машқаласынан, оның аўыр жүгинен аўлақ бахытлы күнлери өте баслады. Сол арада 2009-жылы биринши идиралды перзенти Қыяс туўылады, буннан соң 2012-жылы Мадина, 2018-жылы Жәдигер дүньяға келеди.  Ҳәр бир перзенти дүньяға келгенде өзинде жоқ шексиз қуўанышқа бөленген Манастың кейин ала минезиде өзгерип, өз ерк-ықрарына күши жетпей ишиўшиликке берилип кетеди.

 

«Бир күн урыс-жәнжел болған үйден қырқ күн берекет көтериледи» дегениндей Манас ишип келип үйде урыс шығаратуғын, ҳәтте кишкене балаларына болыўына қарамастан Маликаға қол көтеретуғын әдет шығарды. Күнлер усылай өте берди. Енди өзине болған мухаббаттың сөнгенин, және минезлериде бара-бара бир-бирине туўры келмей үйде урыстың көбейип кеткенин, Манастың да өзгермеслигин түсинген Малика жәнжелли күнлердиң биринде үш баласын ертип төркинке кетип қалады.

 

Бул арада Манаста қылған қылмысынан шын кеўилден пушайман болып, бала-шағасын үйине алып қайтыўдың илажын таппай арақ пенен жолдас болып жүре береди. Буннан Маликаның әбден ары келип, ҳәтте перзентлери де күйеўиниң көзине көринбегенине ашыўланып, ажырасыў ушын  судқа арза менен мүрәжат етеди.

 

Пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық суды тәрепинен 2021-жыл июль айында еки жасты некеден ажыратыў бойынша ис көрип шығылып, суд тәреплердиң пикирлерин тыңлап, оларды турмыстан ажыратып, үш баланы тири жетим етиў ушын жетерли дәлийллер келтирилмеген деп есаплап, Маликаның даўа арзасын қанаатландырмастан қалдырады. Суд шаңарақты жарасыўға шақырды. Сонда да, Малика өз пикиринен қайтпай және Қарақалпақстан Республикасы судының пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясына пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық суды 2021 жыл 24 июльдағы бийлигин бийкар етиўди сорап апелляциялық шағымын келтиреди. Бул ис ашық суд мәжлисинде көрип шығылып, коллегия ағзалары да талапкердиң ҳәм ўәкилдиң түсиндирмелерин тыӊлап, апелляциялық шағымда келтирилген ўәжлерди ис ҳүжжетлери менен биргеликте үйренип ҳәм додалап, биринши инстанция судының бийлигин өзгериссиз, апелляциялық шағымды қанаатландырмастан қалдырыўды лазым тапты.

 

Себеби, ис бойынша анықланған ҳалатларға қарағанда, тәреплер 2008-жыл май айында турмыс қурған, 2009-жыл Қараөзек районы ПҲАЖ бөлими арқалы нызамлы некеден өткен. Орталарында 2009-жылы, 2012-жылы ҳәм 2018-жылы туўылған перзентлери бар. Тәреплер өз-ара келиспеўшиликлер себепли 2020-жыл март айынан баслап бөлек жасап атырған.

 

Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 41-статьясына көре, егер суд ер ҳәм ҳаялдың буннан былай биргеликте жасаўына ҳәм шаңарақты сақлап қалыўға мүмкиншилиги жоқ деп тапса, оларды некеден ажыратады.

 

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы Суды Пленумының «Судлар тәрепинен некеден ажыратыў менен байланыслы ислер бойынша нызамшылықты қоллаў әмелияты ҳақкында»ғы 2011-жыл            20-июль күнги 6-санлы қарарының 14-бәнти, 1-хатбасына көре, некеден ажыратыў менен байланыслы ислер бойынша нызамлы ҳәм тийкарлы бийлик қабыл етилиўи ушын суд истиң ҳақыйқый жағдайларын ҳәр тәреплеме, толық ҳәм қалыс тексерип шығыўы, сондай-ақ ерли-зайып ортасындағы өз-ара мүнәсебетлер жағдайын, некеден ажыратыў мәселеси қойылыўына тийкар болған себеплер, ерли-зайып ортасындағы келиспеўшиликтиң анық себеплерин анықлаўы шәрт. Сол мақсетлерде, суд исти еки тәреп қатнасыўында көриўи лазым, усы Қарардың 16-бәнтине көре, некеден ажыратыў ҳаққындағы талап, тек ғана ерли-зайып буннан былай бирге жасаўларының ҳәм шаңарақ пүткиллей бузылғанлығы себепли оны сақлап қалыўдың иләжи жоқлығы анықланған ҳалда ғана қанаатландырылыўы лазым. Турмыста кешетуғын ўақтыншалық келиспеўшиликлер ҳәм күтилмеген себеплерге көре ерли-зайып ортасында келип шыққан қарама-қарсылықлар, сондай-ақ ерли-зайыплының биреўи яки ҳәр екеўиниң тийкарлы ўәжлер келтирмеген ҳалда неке мүнәсебетлерин даўам еттириўди қәлемеслиги некеден ажыратыў ушын жетерли тийкар бола алмайды. Некеден ажыратыўға тийкарлар болмағанда, суд даўаны қанаатландырмастан қалдырады.

 

Биринши инстанция суды тәрепинен талапкер Маликаның некеден ажыратыўға тийкарлы ўәжлер келтирмеген ҳалда неке мүнәсебетлерин даўам еттириўди қәлемеслиги некеден ажыратыў ушын жетерли тийкар бола алмайтуғынлығы, қала берсе жуўапкер Манаста перзентлерин тири жетим болыўын қәлемейтуғынлығы, жарасыўды қәлейтуғынлығы ҳәм шаңарағын сақлап қалыў ушын  ҳәрекет ететуғынлығы итибарға алынып даўа арзаны қанаатландырмастан қалдырыў ҳаққында дурыс жуўмаққа келинген, деп коллегия есаплап, биринши инстанция суды бийлигин өзгериссиз қалдырыўды лазым тапты.

 

 

Абатбай Аяпов,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы

Бала саўдасы

Жаңа туўылған нәрестелер — ҳәзирги ўақытта дүнья жүзинде адам саўдасының көп пайызын қураўы ашшы ҳақыйқат.

Хош, буның алдын алыў мүмкинбе?

Әлбетте мүмкин. Егер биз жас аналарды бул жолдан қайтара алсақ, турақлы түрде профилактик сәўбетлер өткерсек, жәмийет тәрепинен алданған қызларға пәс нәзер менен қаралмаса, зорлыққа ушыраған ҳаял дуньяға келтириўи мүмкин болған баланың “ҳарамы” дейилиўине жол қойылмаса яки улыўма буның алды алынса.

Бир қарағанда, үрп-әдетлерге тийкарланған жәмийетте унамсыз иллетлерге орын жоқ. Биринши нәўбетте, муқәддес динимизде ҳәр қандай зорлықты-биреўдиң ҳаялына (қызына, сиңлисине) жаман көз бенен қараў қатты қараланады.

Бирақ бизлер 21-әсирде жасап атырмыз. Қәлеймизбе-жоқпа, глобалласыў процесси кетип атыр. Усы процесс бизиң жәмийетимизди де шетлеп өтип атырған жоқ. Мың жыллық қәдириятларымыз ҳәм дәстүрлеримизгеде шаң салмақта. Сол себепли, социаллық тармақларда “Зорлады, некесиз бала туўылды, баласын сатыўға урынды» сыяқлы хабарлар тез-тез көзге түседи. Жасларымыздың дерлик көп ўақты интернетте социаллық тармақларды пайдаланыў менен өтеди. Олардың қызығыўшылығын шеклеўдиң мүмкиншилиги жоқ. Тек ғана бир жолы бар, ол да болса жаслығынан үрп-әдетлеримизди қулағына сиңдириў.

Қандай қызлар алданып қалады? Көбинисе, шаңарағы тыныш емес, жетиспеўшиликте жасайтуғын, мүтажлиги бар шаңарақлар қызлары. Буның тийкарғы себеби, шаңарақта мийрим көрмей өскен қызды алдаў оғада аңсат.

Неге бизлерде алданған қызлар ҳәммениң жеркенишине себеп болып, баланы үйине алып кетиўи керек? Неге баланы дүньяға келтириўде “үлесин” қосқан жигит шетте қалыўы керек? Себеби, “ДНК” тестлерин өткериўге, судласыўға мүтажлиги бар шаңарақлардың пули жоқ. Солай екен, дүнъяға келтирилген алдаў мийўеси болған баланы өз-өзинен тәрбиялаўдың мүмкиншилиги жоқ. Сол себепли бала саўдасы менен байланыслы жынаятлар күн сайын көбейип атыр.

Ҳәр бала туўылыўы менен Өзбекстан Республикасы Конституциясында белгиленгениндей оның пуқаралық ҳуқықлары пайда болады. Солай екен, бала сатыў-жынайый жуўапкершиликке алып келеди.

 

Азат  Сейтанов, 

жынаят ислери бойынша Нөкис район суды баслығы

Ҳаял-қызларға ҳуқықый түсиниклер берилди

Бүгин Қараөзек районы 16-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби имаратында «Ҳаяллар дәптери» не киритилген, ҳуқықый мәсләҳәтге мүтәж болған ҳаял-қызлар менен ушырасыў болып өтти.

 

Оған Шымбай районлар аралық пуқаралық ислери бойынша суды баслығы М. Сапаев, Шымбай районлар аралық экономикалық суды баслығы З. Бердимуратов, Жынаят ислери бойынша Қараөзек районлық суды баслығы Ж. Алланиязов, Қараөзек районы ҳәкими орынбасары шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы П. Утениязовалар қатнасты.

Ушырасыўға қатнасқан ҳаял-қызлар өзлерин қыйнап жүрген машқалалары бойынша мүрәжетлерин билдирди ҳәм судялар тәрепинен ҳуқықый түсиниклерге ийе болды.

ДЫҚҚАТ ТАҢЛАЎ

Қарақалпақстан Республикасы район (қала), районлараралық судларының кадрлар резервине таңлаў жәрияланады.

Таңлаўда жоқары юридикалық мағлыўматқа ийе болған Ɵзбекстан Республикасы пуқаралары қатнасыўы мүмкин.

Таңлаўда қатнасыўды қәлеўшилер 2022-жыл 25-май күни саат 18:00 ге шекем Қарақалпақстан Республикасы судына арза менен тɵмендеги ҳүжжетлерди қосымша еткен ҳалда мүрәжаат етиўи мүмкин:

– талабанның объективкасы ҳәм жақын туўысқанлары ҳаққында мағлыўматнама;

– дипломның нусқасы (сырт елде оқығанлығы ҳаққындағы дипломға, диплом тән алынғанлығы ҳәм нострификация етилгенлигин тастыйықлаўшы гүўалық);

– талабанның паспорт нусқасы;

– мийнет дәптершеси нусқасы.

Таңлаўда Ɵзбекстан Республикасы Жоқарғы судының веб-сайтына жайластырылған сораўлардан пайдаланылады: http://sud.uz/аттестация-саволлари

Байланыс ушын телефон номери: (55) 102-40-42 (129)

Электрон почта мәнзили: qrs.kadr@sud.uz

Мәнзил: Нɵкис қаласы, И.Каримов кɵшеси 122-жай

Мағлыўмат ушын: Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша Қараөзек районы судының кеңсе меңгериўшиси лаўазымы вакант.

Таңлаўды ɵткериў ўақты ҳаққында қосымша хабар етиледи.

Социаллық тармақлардан пайдаланғанда итибарлылық талап етиледи

Интернеттеги социаллық тармақлардан пайдаланғанда ҳәр биримизден итибарлы болыў талап етиледи. Себеби, оның өзине тән тәртип-қығыйдасы бар. Деген менен айырымлар буны түсинбестен, қәлеген хабарды тарқатып, қәтеликке, ҳәттеки жынаятқа жол қояды.

Хожели районында жасаўшы Г.Қ.ҳәм Г.А. «телеграм» интернет тармағы арқалы Өзбекстан Республикасына алып кириў, таярлаў ҳәм тарқатыў қадаған етилген диний баянатты тарқатып, жынаятқа жол қойған. Жынаят ислери бойынша Хожели районы судының гезектеги суд мәжилисинде мине, усы жынаятлы ис көрип шығылды.

Мәлим болғанындай, Г.Қ. диний қызығыўшылығы нәтийжесинде «телеграм» интернет тармағы арқалы өзиниң «Samsung J5» маркалы уялы телефонына Рафик Камаловтың 8-март байрамы ҳәм оның тарийхы ҳаққындағы «2_5339054376570850013»деп аталған догматикалық идеялары менен уйғынласқан диний баянатты жүклеп алып, 2021-жылы 8-март күни  телеграм каналындағы 24 ағзасы бар «Тuwisqanlar» группасына тарқатқан.

Судланыўшы Г.А.да «телеграм» интернет жәҳән тармағындағы «you toube» арқалы өзиниң «Samsung J4» маркалы уялы телефоны аппаратына Рафик Камаловтың 8-март байрамы ҳәм оның тарийхы ҳаққындағы «2_5339054376570850013» деп аталған догматикалық идеялары менен уйғынласқан диний баянатты жүклеп алып, 2021-жылы 8-март күни  тегерамм каналындағы 16 ағзасы бар «Синфдошлар 9г» группасына тарқатқан.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитети экспертлери тәрепинен өткерилген диний-комплекс экспертизасының 2021-жылы 6-апрель күнги  ИП-595-санлы жуўмағы бойынша «2_5339054376570850013» файлдағы мағлыўмат догматикалық идеялары менен уйғынласқан болып, оны Өзбекстан Республикасына алып кириў, таярлаў ҳәм тарқатыў қадаған етилген.

Солай етип, олар жоқарыдағы ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 2441-статьясы 3-бөлими «г» бәнтинде нәзерде тутылған жынаятты қастан ислеген.

Судланыўшыларға жаза тайынлағанда, олардың қылған исинен шын кеўилден пушайман екенлиги, алдын судланбағанлығы, биреўиниң шаңарағынан ажырасқанлығы, қарамағында ер жетпеген перзентлери бар екенлиги, жасаў орнындағы мәкан пуқаралар жыйының баслықлары ҳәм профилактика инспекторлары тәрепинен жақсы минезлемеге ийе екенлиги есапқа алынды.

Суд ҳүкими менен пуқаралар Г.Қ. ҳәм Г.А.ға Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 2441-статьясы 3-бөлими «г» бәнти менен Жынаят Кодексиниң 57-статьясы қолланылып, 4 (төрт) жыл мүддетке азатлықтан шеклеў жазасы тайынланды.

 

И.АЛЛАНИЯЗОВ,

Жынаят ислери бойынша Хожели районлық судының баслығы

 

КОРРУПЦИЯ ЖАМАН ИЛЛЕТ

 Жəмийетте коррупция иллети өзиниӊ түрли көринислери менен сəўлелениўи мүмкин, бул бойынша барлық ҳуқықты қорғаў органлары, сондай-ақ, кеӊ жəмийетшилик усы иллетке қарсы гүресиўимиз дəркар.

Мəмлекетимизде басқышпа-баскыш əмелге асырылып атырған раўажланыўлардыӊ тийкарғы мақсетлеринен бири инсан ҳуқық, еркинлиги ҳəмде нызамлы мəплерин исенимли қорғаўдан ибарат.

Жəмийетте нызам үстинлигин тəмийинлеў, пуқаралардыӊ ҳуқықый мəдениятын асырыў, пуқаралардыӊ нызамларға бойсыныўы ҳəмде ҳүрмет етиў руўхында тəрбиялаў демократиялық, ҳуқықый мəмлекет ҳəмде еркин пуқаралық жəмийетти қурыўда əҳмийетли ўазыйпалардан бири есапланады.

Ҳəр бир пуқара Конституцияда белгиленген мəжбүриятларын сөзсиз орынлап барыўы керек.

Коррупция иллетининӊ көринислери айрым ўақытлары ашықтан-ашық көринбеслиги ҳəм мүмкин, бул көринислер жасырын формада, мəселен саўғалар бериў ямаса илтимаслар арқалы өз мүтəжликлерин питкериў сыяқлы.

Айрым ҳалларда өз хызмет ўазыйпалары менен байланыслы ҳалда əмелге асырылыўы мүмкин. Буған мысал ретинде, усы жылдыӊ февраль айында жынаят ислери бойынша Елликқала район судында көрип шығылған жынаят иси мазмунында өз сəўлелениўин тапқан.

Пуқара А.Н. Төрткүл районында жайласқан авто мектепте жумыс ислегенинен пайдаланып, буннан алдын алдаўшылық жынаяты менен судланғанлығынан өзине тийисли жуўмақ шығармастан, жеӊил жоллар менен байлық арттырыўды өзине мақсет қылып, Төрткүл районы “Дўстлик” МПЖ да жасаўшы пуқара Ш.С. ны өзиниӊ лаўазымлы таныслары арқалы транспорт қуралын басқарыў ушын айдаўшылық гүўалығын алып бериўди ўəде етип оннан пара сыпатында 2 700 000 сўм пул талап қылып оны пара бериўге ийтермелеп, дəслеп 2020-жылдыӊ октябрь айында усы соралған пулдың 1 000 000 сўмын алдын ала алып, қалған бөлегин 2021-жыл 12-апрель күни Төрткүл районында жайласқан “Руслан” кафеси алдында алдаўшылық жолы менен алған ўактында дəлийллер менен бирге ҳуқық қорғаў уйымлары ўәкиллери тәрепинен иркиўге алынады.

Бул пуқараға суд тəрепинен нызамда белгиленген тийисли жаза шарасы қолланылды.

Бул жағдайдан көринип турғанындай жəмийетимизде бул унамсыз иллеттиӊ алдын алыў, оған имкəният жаратыўшы ҳəр қандай көринислерге қатаң қарсы гүресиўде бəршемиз бирдей қатнасыўымз тийис.

 ОРАЗБАЙ МАЎЛЕНОВ,

Жынаят ислери бойынша Елликқала районы суды баслығы

Жергиликли атқарыў ҳǝкимияты уйымлары хызметкерлерин ҳǝкимшилик судлар искерлиги ҳǝм олардың жǝмийетте нызамлылықты тǝмийинлеўдеги роли, жергиликли мǝмлекетлик уйымларға байланыслы ҳǝкимшилик ислерди кɵрип шығыў бойынша суд ǝмелияты ҳаққында семинар-тренинглер өткерилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022 жыл 29 январь күнги “Мәмлекетлик уйымлар менен мүнәсибетлерде пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ҳуқықларының нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў ҳәмде халықтың судларға болған исенимин жәнеде асырыў  ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-107-санлы Қарарының 5-бәнти биринши хатбасында Жоқарғы суд ҳәм Судьялар жоқарғы кеңеси тәрепинен мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерин, сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары хызметкерлерин ҳәкимшилик судлар искерлиги ҳәм олардың жәмийетте нызамлылықты тәмийинлеўдеги роли менен толық таныстырылыўын тәмийинлеў белгиленген.

Атап өтилген Қарар талапларын орынлаў мақсетинде Ɵзбекстан Республикасы Жоқарғы суды ҳǝм Судьялар жоқарғы кеңеси тǝрепинен ислеп шығылған “Жол картасы”на муўапық Судьялар жоқарғы кеңеси тәрепинен “Жергиликли атқарыў ҳǝкимияты уйымлары хызметкерлерин ҳǝкимшилик судлар искерлиги ҳǝм олардың жǝмийетте нызамлылықты тǝмийинлеўдеги роли, жергиликли мǝмлекетлик уйымларға байланыслы ҳǝкимшилик ислерди кɵрип шығыў бойынша суд ǝмелияты ҳаққында”ғы темада семинар-тренинглер өткерилиўи режелестирилген еди.

Усыған байланыслы, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды имәратында онлайн тәризде болып өткен семинар-тренингте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер кеңеси, район, қала ҳǝкимлик юрисконсультлери (мǝслǝҳǝтшилери) ҳǝмде ҳǝким орынбасарлары қатнасты.

Семинар тренингде Ɵзбекстан Республикасы жоқарғы суды судьялары ҳǝмде Судьялар жоқарғы мектеби оқытыўшылары тǝрепинен “Ҳǝкимшилик атқарыў уйымлары қарарлары ҳǝм ҳǝрекетлери (ҳǝрекетсизлиги) жүзесинен даўларды судта кɵриў ǝмелияты”, “Ҳǝкимшилик судлар искерлиги ҳǝм олардың жǝмийетте нызамлылықты тǝмийинлеўдеги роли”, “Жергиликли атқарыў уйымлары қарарлары, ҳǝрекетлери үстинен ҳǝкимшилик судқа шағым етиўдиң ɵзине тǝн қǝсийетлери ҳаққында”ғы баянатлар тыңланды. Семинар-тренинг соңында қатнасыўшылардың қызықтырған сораўларына жуўаплар берилди.

 

Жанат Аймаганбетова,

Қарақалпақстан Республикасы ҳǝкимшилик суды судьясы

Судья ашық сабақ өтти

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық судының судьясы Ш.Абдыжемилова тәрепинен студентлер ушын ашық сабақ шөлкемлестирилди. Онда судья болажақ юристлерге пуқаралық процессуал ҳүжжетлер,  яғный суд уйғарыўлары, бийлик, айрықша уйғарыў ҳаққында түсиник, оларға қойылатуғын талаплар ҳәм рәсмийлестириў тәртиплери ҳәм өзгешеликлери бойынша кең турде мағлыўмат берди.

Сондай-ақ пуқаралық ислери бойынша судларда ис жүритиў тәртиби, атап айтқанда, даўа тәртибинде, айрықша тәртипте ҳәм суд буйрығы тәртибинде ис жүритиў тәртиби ҳәм олардың бир-биринен айырмашылықларын да айтып өтти.

Пуқаралық процессуал ҳуқықының тәреплери, даўагер ҳәм жуўапкер, өндириўши ҳәм қарыздар, арза бериўши, олардың ҳуқық ҳәм миннетлемелери, суд мәжилисинде тәреплердиң теңлиги принципи ҳаққында әмелияттан мысаллар келтирген ҳалда кең түрде түсиниклер берилди.

Студент жаслар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

 

 Шолпанай Абдыжемилова,

Пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық судының судьясы

Пайнетши жумысын тоқтатты  

Сапарбай (аты өзгертип алынды) алдын еки мәрте алдаўшылық жынаятын ислеп жаза өтеп шыққанынан тийисли жуўмақ шығарыўдың орнына пуқараларды алдаўдың жаңа усылын ойлап тапты.

Районлық Газ тәмийнаты мекемеси алдынан “Paynet” ашып, усы мекемеге газ қарыздарлықларын есаплатыў ҳәм төлем төлеўге келген пуқаралардың пулларын қабыллап, пул төлегенлиги ҳаққында газ китапшасына мөр ҳәм штамп басып берип газ ушын өткерместен өз мәпине ислетип бираз “көкледи”.

Солай етип, Сапарбай 2021-жылдың январынан май айына шекем жәми 64 пуқараның 20 миллион сўмнан аслам пулларын алдаўшылық жолы менен өз мәпине өзлестирип, Өзбекстан Республикасы  Жынаят кодексиниӊ 168-статьясы 3-бөлими «б» бәнтинде көрсетилген жынаятты қастан ислеген.

«Қыңыр истиң қыйығы қырық жылда да шығады» дегениндей Сапарбайдың бул «бизнеси»не шек қойылды.

Тергеў ҳәм суд мәжилиси даўамында жәбирлениўшилерге келтирилген зыянлар толық қаплаттырылды ҳәм судланыўшыға суд тәрепинен әдил жаза тайынланды.

 

Ибрайым Алланиязов,

Жынаят ислери бойынша Хожели районы судының баслығы                                      

 

 

 

Skip to content